Shimbay.uz
7.75K subscribers
29.3K photos
4.9K videos
31 files
10.9K links
Download Telegram
#Хорезм_ўәлаяты

Район ҳәкими А.Тажетдинов басшылығындағы делегация ағзалары Хорезм ўәлаятындағы бир қатар исбилерменлик орынларында болып өз-ара тәжирийбе алмасты

#Фоторепортаж

Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналымызға ағза болың : 👉
@shimbayrk
Руўхый-ағартыўшылық үгит-нәсият илажлары даўам етпекте

Илаж даўамында үгит-нәсиятшылар тәрепинен жәмийетте социаллық руўхый орталықтыӊ турақлылығын тәмийинлеў, миллетлерара татыўлықты беккемлеў ҳәмде елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, қабыл етилип атырған пәрман ҳәм қарарлардың мазмун-мәниси ҳәм әҳмийети ҳаққында кең түрде түсиниклер берилди

Толық мағлыӯмат :
https://shimbay.uz/8378.html

Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналымызға ағза болың : 👉
@shimbayrk
Ўзбекистон Республикаси Президентининг "Зулфия номидаги Давлат мукофоти билан тақдирлаш тўғрисида"ги қарори билан

Худайбергенова Гулшинар Жангабаевна - Қорақалпоғистон Республикаси Нукус шаҳридаги 1-болалар мусиқа ва санъат мактабининг бахшичилик синфи ўқитувчиси

Коканова Нурсулыў Жеңисбай қызы - Қорақалпоқ давлат университетининг чет тиллари факультети филология йўналиши 4-босқич талабаси

Зулфия номидаги Давлат мукофоти билан тақдирланди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Зулфия атындағы мәмлекетлик сыйлығы менен хошаметлеў ҳаққында”ғы қарары менен

Худайбергенова Гулшинар Жангабаевна – Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қаласындағы 1-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң бақсышылық класы оқытыўшысы

Коканова Нурсулыў Жеңисбай қызы – Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң шет тиллери факультети филология бағдары 4-курс студенти

Зулфия атындағы мәмлекетлик сыйлығы менен сыйлықланды.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
4-март – Өзбекстан Республикасы Айрықша жағдайлар министрлиги  хызметкерлери күни

Елимизде айрықша жағдайлардың алдын алыў, пуқаралардың қәўипсизлигин тәмийинлеўде тараў хызметкерлериниң мийнети үлкен.

Бүгинги байрам мүнәсибети менен районда жумыс алып барып атырған Айрықша жағдайлар хызметкерлерине  район ҳәкимлиги тәрепинен  ҳүрмет жарлығы ҳәм баҳалы саўғалары тапсырылды
.
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев қала ҳәм районлардағы ҳәким жәрдемшилери менен ушырасты

Онда бүгинги күнде ҳәким жәрдемшилери тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар, жол қойылған кемшиликлер ҳәм алдағы ўазыйпалар бойынша пикирлесилди.

2023-жыл даўамында ҳәким жәрдемшилери тәрепинен исбилерменликти раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бойынша бир қатар жумыслар əмелге асырылған болып, нәтийжеде мәҳәллелерде жаңадан исбилерменлик субъектлери шөлкемлестирилди. Халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша қатар илажлар әмелге асырылды.

Деген менен, айырым орынлардағы ҳәким жәрдемшилери тәрепинен өз жумысына немқурайдылық пенен қараў жағдайлары да ушыраспақта. Өткерилген ушырасыўда өз ўазыйпасын орынлаўда қәте-кемшиликлерге жол қойған бир қатар ҳәким жәрдемшилериниң жумыслары сынға алынды.

Соның менен бир қатарда, халқымыздың бүгинги күннен разылығын тәмийинлеў, исбилерменлик субъектлерин иске түсириў, жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм басқа да бағдарлар бойынша ўазыйпалар белгилеп алынды.

Ушырасыў даўамында өзине бириктирилген аймағында жоқары нәтийжелерге ерискен, жумыс орынлары жаратылыўына комеклескен ҳәким жәрдемшилерине Жоқарғы Кеңестиң көкирек белгиси ҳәм Ҳүрмет жарлығы тапсырылды.

Ўзб

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM