Shimbay.uz
7.04K subscribers
29.4K photos
4.94K videos
32 files
10.9K links
Download Telegram
#Шембилик_бүгин

Шымбай районында

Шымбай районы Прокуратура хызметкерлери де бүгинги шембилике  қатнасып, мекеме имәраты әтираплары абаданластырылып, мийўе тереклери түплери жумсартылып, оларға қайта ислеў берилмекте
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Хоразм вилояти ижобий тажрибасини бошқа ҳудудларимиз ҳам ўрганиши керак

Ҳар 10 минг аҳолига АйТи соҳасида банд бўлганлар сони бўйича Хоразм вилояти Тошкентдан ташқари барча ҳудудларимиз орасида биринчи ўринда. Ўтган йили вилоятда АйТи Парк резидентлари сони 2 баробарга, уларнинг хизматлари ҳажми 4 баробарга, экспорти эса 5 баробарга ўсди.

Ёшларимизни АйТи орқали юқори даромадли иш билан таъминлаш бўйича Президентимиз топшириқларини тўлиқ тушуниб етган Хоразм вилояти ҳокимияти томонидан нафақат вилоят марказида, балки барча туманларда ҳам замонавий АйТи Парклар ташкил этилганини ушбу роликда кўрсангиз бўлади. Энди уларда Ал-Хоразмий ворислари лойиҳаси бўйича мактаблардан саралаб олинган иқтидорли ёшларимиз инглиз тили ва ахборот технологияларига бепул ўрганиб, юқори малакали мутахассис бўлиб етишадилар.

Вилоятлик мутахассислар нафақат чет элга аутсорсга, балки Тошкентдаги компанияларга аутсорсга ҳам ишламоқдалар, масалан Узинфокомнинг катта лойиҳаларини амалга оширадиган филиали айнан Хоразмда фаолият юритмоқда.

Маҳаллий стартаплар ҳам бошқа ҳудудларга кенгаймоқда. Хусусан, MAAB Innovation чет элга Data Science йўналишида хизматлар кўрсатишга юқори малакали кадрлар қидириб, бошқа ҳудудларда филиалларини очаётган бўлса, ёқилғи қуйиш шаҳобчалари учун онлайн навбатга қўйиш тизими MBOS ҳам вилоят автомобиллар хайдовчилари учун қулайлик яратиб, бошқа ҳудудларга ҳам кенгаймоқда.

Албатта, бу йилга вилоятда АйТи экспортини ошириш бўйича жуда катта марра белгиланган, бунинг учун ҳар маҳалладан камида 7 тадан С1 даражада чет тилини биладиган мутахассисларни тезроқ тайёрлаш керак бўлади.
#Sport_Gimnastika

Бердақ мәҳәллеси турғынларының
кишкенелериде белсенди

Шымбай районы Бердақ МПЖ-на қараслы Ажинияз көшесинде жайласқан "Ақыллы балалар" бақшасының тәрбияланыўшылары спорттың "Миллий гимнастика" түри бойынша бақшалар-ара шөлкемлестирилип атырған жарыстың  районлық басқышында сыйлы 1-орынды ийелеп Қарақалпақстан Республикалық басқышына жоллама алыўға еристи.

Районымыз жас спортшыларына әўметлер тилеп қаламыз.
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Жоқарғы Кеңес Баслығы Шымбай районы белсендилери менен ушырасты

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Шымбай районындағы мәҳәлле белсендилери, көше бийлери ҳәм район жуўапкерлери менен ушырасты.

Онда дәслеп, соңғы жыллары елимизде ҳүрметли Президентимиздиң тиккелей итибары ҳәм ғамхорлығы менен әмелге асырылып атырған кең көлемли илажлар, тек ғана Қарақалпақстан ушын берилген имканият ҳәм жеңилликлер, усы тийкарда халқымыз турмысына терең кирип барып атырған реформалар ҳаққында атап өтилди.

Айтып өтиў керек, Шымбай районын раўажландырыў бойынша ҳүрметли Президентимиз тәрепинен ажыратып берилген қаржылар тийкарында бир қатар жумыслар әмелге асырылды. Халық ийгилиги жолындағы бундай ийгиликли илажлар быйылғы жылда да даўам еттириледи.

Өткерилген ушырасыўда Шымбай районын раўажландырыў бойынша район ҳәкиминиң 2024-жылда әмелге асырылыўы режелестирилген жумыслары ҳәм белгиленген ўазыйпалары бойынша презентациясы тыңланды.

Жоқарғы Кеңес Баслығы ушырасыўда зиярат орынларын абаданластырыў, оларға алып барыўшы жолларды оңлаў бойынша жумыслар басланғанлығын атап өтти. Усы қатарда классик әдебиятымыздың көрнекли ўәкиллери болған Күнхожа ҳәм Бердақ бабаларымыз жерленген «Қарақум ийшан» қойымшылығына алып барыўшы жол қайта оңланатуғынлығы, қойымшылық зиярат туризминде айрықша әҳмийетли мәнзиллердиң бирине айландырыў бойынша әмелий илажлар көрилетуғынлығы айрықша тилге алынды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Шымбай районындағы «Пәшентаў» аўылы абат мәнзиллердиң бирине айланады

Ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында пуқараларымыздың күнделикли турмысында ушырасып атырған машқалаларды шешиў, әмелге асырылып атырған реформалардың ҳәр бир шаңараққа кирип барыўын тәмийинлеў, мәҳәллелерди ҳәр тәреплеме абат етиў ҳәм ең шетки аймақларды да пайызлы мәҳәллелерге айландырыў бойынша кең көлемли жумыслар алып барылмақта.  

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Шымбай районының алыс ҳәм аўыр аймақларының бири болған «Пәшентаў» аўыл пуқаралар жыйыны пуқаралары менен ушырасты.

Аўыл турғынлары менен ушырасыўда Пәшентаўда кең көлемли абаданластырыў, пуқаралардың абадан турмысын тәмийинлеў бағдарындағы әмелий жумыслар алып барылатуғынлығы, буның ушын тийисли қаржылар ажыратылып, барлық зәрүр илажлар көрилетуғынлығы атап өтилди.

Жоқарғы Кеңес Баслығы аймақ ушын режелестирилген барлық қурылыс жумысларының өз ўақтында, сапалы алып барылыўы турақлы түрде қадағалаўда болатуғынын атап өтти. 

Соның менен бирге, тараў басшыларына тийисли тапсырмалар берилип, аўыл халқы турмысын жақсылаў, олардың бүгинги турмысынан разы етиў, «Абат аўыл, абат көше, абат үй» принципи тийкарында барлық жумысларды шөлкемлескенлик пенен алып барыў кереклиги айрықша сөз етилди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
TAYÍNLAW

Joldasbaev Jamshid Naubetbaevich — Ózbekstan Respublikası Jaslar isleri agentligi Qaraqalpaqstan Respublikası Shımbay rayonı Jaslar isleri bólimi baslıǵı lawazımına tayınlandı.

Maǵlıwmat ushın, ol usı kúnge shekem Shımbay rayonındaǵı 31-sanlı ulıwma bilim beriw mektebinde muǵallim bolıp jumıs islep kelgen.

👉
https://t.iss.one/shimbayrk
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
8-март “Халықаралық ҳаял-қызлар күни” байрамы мүнәсибети менен Шымбай районы Мәлимлеме хызмети нәзериңизге усынады

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының бүгинги күнде ҳаял-қызларға қаратылған итибары нәтийжесинде районымызда елимиздиң раўажланыўы ҳәм халық ийгилиги жолында тынымсыз мийнет етип атырған белсенди ҳаял-қызлар сыйлықланбақта

Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналымызға ағза болың : 👉
@shimbayrk