Shimbay.uz
5.65K subscribers
29.9K photos
5.08K videos
30 files
11K links
Download Telegram
Forwarded from Karakalpakstan.uz
Министрлер Кеңеси Баслығының нәўбеттеги көшпели қабыллаўы болып өтти

2023-жыл 9-июнь күни Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрмановтың нәўбеттеги көшпели қабыллаўы Шымбай районында өткерилди. Бунда пуқараларымыз тәрепинен медициналық жәрдем, коммуналлық машқалалар, студент жаслардың контракт төлемлери, материаллық жәрдем алыў ҳәм бәнтлигин тәмийинлеў бойынша мүрәжатлер келип түсти. Мүрәжатлер тийисли тәртипте үйренип шығылып, машқаланы унамлы шешилиўи ушын тараў басшыларына тапсырмалар берилди.

Каналға ағза болыў
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#бир_аят_тәфсири

❗️МИЛЛЕТШИЛИК – МӘМЛЕКЕТ ПАРАХАТШЫЛЫҒЫ ҲӘМ РАЎАЖЛАНЫЎЫНА ТОСЫҚ



Устаз Шамсуддин Баҳауддинов

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#бир_ҳәдис_шолыўы

 ❗️ МИЛЛЕТШИЛИК – ИСЛАМНАН ЕМЕС. МИЛЛЕТШИЛИК – ЖӘҲИЛИЯТ ИСЛЕРИНЕН

Устаз Шамсуддин Баҳауддинов

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Шаңарақлық исбилерменлик ушын берилетуғын жеңилликли кредитлердиң муғдары асырылады:

2023-жылда:

- исбилерменлер искерлигин кеңейтиў ушын кредит муғдары 225 млн сумнан 300 млн сумға шекем асырылады;

- дийқан хожалықларына берилетуғын гиреўсиз кредит муғдары 50 млн сумға шекем асырылады (алдын 33 млн сум еди);

- алдын шаңарақлық исбилерменлик бағдарламалары шеңберинде кредит алып, жақсы нәтийже көрсеткен исбилерменлер бул бағдарламалар шеңберинде және жеңилликли кредит алыўы мүмкин болады (алдын тек бир рет алыў мүмкин еди);

- кредитлердиң бир бөлегин пластик картаға алыўға рухсат бериледи.

2023-жылда шаңарақлық исбилерменлик бағдарламасына 12 триллион сум бериледи (2022-жылда дерлик 10 триллион сум.) Президент тәрепинен жақында қол қойылған қарарға муўапық, шаңарақлық исбилерменликке қосымша 300 миллион доллар ажыратылады.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Кеңес

#Онлайн

Ҳәким жәрдемшиси Қ.Дәўлетов жумыс алып барып атырған аймақта исбилерменлик жақсы раўажланбақта

Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў :
https://t.iss.one/shimbayrk
Жоқарғы Кеңес Баслығы БМШ Раўажланыў бағдарламасы ўәкиллери менен ушырасты

Толық мағлыӯмат :
https://shimbay.uz/7228.html

Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналымызға ағза болың : 👉
@shimbayrk
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Кеңес

#Онлайн

Кеңес аўыл пуқаралар жыйынында аўызбиршилик ҳәм бирге ислесиў жақсы жолға қойылған.

Бүгин журналистлер усы аймақта көрсетиў таярлаў ўақтында буған гүўасы болды

Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналымызға ағза болың : 👉
@shimbayrk
Турақ жайға мүтәж жетим балаларға олар 18 жасқа толған жылда 1 ханалы квартиралар ажыратылады

Нызамшылыққа бола, өзлерине бириктирилген турақ жайға ийе болмаған ҳәм турақ жайға мүтәжлер сыпатында есапта турған жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балаларға олар 18 жасқа толған жылда көп квартиралы үй-жайлардан улыўмалық майданы 25 квадрат метрден кем болмаған 1 ханалы, ер жетпеген жетим балалар арасында неке дүзилген жағдайларда, 50 квадрат метрден кем болмаған 2 ханалы квартиралар ажыратылыўы белгиленген.

❗️ Бунда усы категорияға кириўши майыплығы болған балаларға квартиралар көп қабатлы үйлердиң 3-этажына шекем ажыратылады.

⚠️ Үй-жайлар мүлкке ийелик етиў ҳуқықы тийкарында, бирақ, 30 жасқа толғанға шекем оны сатыў ҳуқықысыз бериледи.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Кеңес

#Исбиременлик дәўир талабы

#Видеоролик

#Кеңес халқы мийнеткеш ҳәр тараўда белсенди

Ҳәким жәрдемшиси Қ.Дәўлетов жумыс алып барып атырған аймақта исбилерменлик жақсы раўажланбақта

Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў :
https://t.iss.one/shimbayrk
📣📣💡ЖОҚАРЫ БИЛИМЛЕНДИРИЎ,  ИЛИМ ҲӘМ ИННОВАЦИЯЛАР МИНИСТРЛИГИ жанындағы Инновациялық раўажланыў агентлиги Қарақалпақстан Республикасының инноватор жаслары ушын "START4REGION" таңлаўы өткерилетуғынын жәриялайды.

Таңлаўда қатнасыўшылар идеясы, илимий дәрежеси ҳәм жумыс орнына қарамастан жас шегарасы 40 жастан аспаған болыўы керек ҳәм 1 команда 1 илимий идея менен қатнаса алады.

Илимий идеяны әмелге асырыў ушын соралған қаржы муғдары ҳәр бир талабан ушын базалық есаплаў муғдарының 100 есесинен 200 есесине шекем болыўы зәрүр.

Таңлаў шеңберинде кеминде 10 илимий идея қоллап қуўатланады ҳәм таңлаў бойынша усыныслар 2023-жылдың 5-июнь сәнесинен 15-июль саат 18: 00 ге шекем қабыл етиледи.

📂 Қатнасыўшылар www.yoshlarakademiyasi.uz веб-сайтының таңлаўлар бөлими арқалы көрсетилген формада арза тапсырыўы керек.

📱👉Байланыс ушын телефон: 976680747

👉Толық мағлыўмат ҳәм таңлаўда қатнасыў ушын


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
#Ҳикметлер_ғәзийнеси

Өмирди шын жақсы көрген адам ҳеш қашан тоқтамайды

#Пауло_Коэло

Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў :
https://t.iss.one/shimbayrk
Ҳәр жылы Қарақалпақстанлы жасларды жоқары оқыў орынларына қабыл етиў ушын қосымша 6500 квота ажыратылады

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 31-август сәнесиндеги «Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлик, инновациялық технологиялар ҳәм инфраструктураны жедел пәтлерде раўажландырыў арқалы халықтың абаданлығын арттырыўдың қосымша илажлары ҳаққында»ғы ПП-213-санлы  Пәрманына тийкар:

Қарақалпақстан Республикасында билимлендириў тараўында қосымша имканиятлар жаратыў мақсетинде 2022/2023-оқыў жылы ушын 500, кейинги оқыў жыллары ушын болса ҳәр жылы 1-сентябрьге шекем қосымша 6500 квота ажыратылады.

Бул, ҳәр жылы Қарақалпақстанлы 6500 жаслардың қосымша квота тийкарында ўәлаятлардағы мәмлекетлик жоқары оқыў орынларына окыўға кириўи ҳәм жоқары билим алыўы ушын имканият жаратады
.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Ўзбекистон Республикаси Президенти Шавкат Мирзиёев Қозоғистоннинг Абай вилоятида содир бўлган йирик ўрмон ёнғинлари оқибатида инсонлар ҳалок бўлгани ва катта зиён кўрилгани муносабати билан Президент Қасим-Жомарт Тоқаевга ва қардош Қозоғистон халқига таъзия йўллади. Давлатимиз раҳбари қурбон бўлганларнинг оила аъзолари ва яқинларига чуқур ҳамдардлик билдирди.

Президент Республики Узбекистан Шавкат Мирзиёев направил соболезнования Президенту Касым-Жомарту Токаеву и братскому народу Казахстана в связи с человеческими жертвами и значительным уроном в результате масштабных лесных пожаров в Абайской области. Глава нашего государства выразил слова сочувствия и поддержки семьям и близким погибших.

Facebook|Instagram|Twitter
#Барлығы инсан қәдири ушын

Республикалық қәнигелестирилген илимий - әмелий педиатрия медицина орайы ҳәм республикалық балалар медицина орайының тәжирийбели шыпакерлери Шымбай районында болып, 700 ден аслам балалардың денсаўлығын тексериўден өткерди.

Олардың арасынан 17 жас өспиримге республикалық емлеўханаларға операция ислеў ушын жоллама берилип, емлеўханаға жатып емлениўге мүтәж наўқас балаларға имканиятлар жаратылды.

Толық мағлыӯмат :
https://shimbay.uz/7232.html

Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналымызға ағза болың : 👉
@shimbayrk
Субсидия арқалы үй алмақшы болған шаңарақлардың айлық дәраматы қанша болыўы керек?

Толық мағлыӯмат :
https://shimbay.uz/7236.html

Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналымызға ағза болың : 👉
@shimbayrk
Гүнжи дийхан ҳәм фермерлеримиз ушын пайда келтириўши ҳәм экспортқа өтимли өсимлик

Пүткил дүньяда әсиресе аралбойы аймағында суўдыӊ кескин кемейип кетип атырғанлығы ҳеш кимге сыр емес. Бул жағдайдан келип шығып, аўыл хожалығында майлы егинлер, соның ишинде климатымызға сәйкес болған гүнжини жетистириў арқалы дәрамат алыў нәтийжели усыллардың бири болып табылады.

Дүнья базарында 3,5 млрд. доллар гүнжи өнимлери экспорт-импорт етиледи. Дүньядағы жәми импорттың дерлик ярымы Қытай мәмлекетине (48-50%) туўра келеди. Ал, ең ири экспортёрлар қатарында Индия (16-18%), Мьянма (13-15%), Эфиопия ҳәм Нигерия (10-12%), Пакистан (7-9%), Танзания (5-8%) сыяқлы мәмлекетлер жетекшилик етпекте.

Қарақалпақстан Республикасы аймағында жетистирилген гүнжи өнимлери 2021-жылда Ирақ мәмлекетине 4,0 млн. долларлық 2,4 мың тонна, Әзербайжанға 241 мың долларлық 156 тонна экспорт әмелге асырылған (1 кг орташа 1,56 долл.), 2022-жылда дүнья базарында гүнжиге болған талап жоқары болыўына қарамастан экспорт көлеми пәсейип, 5 экспортёр тәрепинен бары-жоғы 493 мың долларлық өнимлер экспорты әмелге асырылған (1 кг орташа 1,81 долл).

Егер гүнжини жетистириў, қайта ислеў, сондай-ақ, сортлаў ҳәм калибрлеў процессин туўры жолға қойып алсақ нәтийжеде азық-аўқат тараўында ислеп шығарыўды диверсификациялаўға ҳәм дүнья базарында жоқары бәсекиликтеги өним жаратыўға ерисиўимиз мүмкин.

Себеби, гүнжи суўсызлыққа шыдамлылығы, арнаўлы топырақ таңламаслығы, тийкарғы ҳәм тәкирарый егин сыпатында егилсе, 100-120 күнде жетилисиўи, сондай-ақ, минерал төгин онша көп талап етпеўи ҳәм витаминлерге бай жоқары калориялы азықлық сыпатында өзиниң абзаллық тәреплери менен белгили.

Гүнжини әдетте май айыныӊ ақырларынан 15-июнь аралығында ексе болады ҳәм раўажланыў дәўиринде 1 мәрте суўғарылады, себеби, өсимлик тәбиятына бола ығаллық көп талап етпейди.

Қысқа қылып айтқанда, гүнжи дийханларымыз ҳәм де фермерлеримиз ушын пайда келтириўши ҳәм экспортқа өтимли өсимлик болып табылады.

Бүгинги күнде ири экспортёрларымыз жақсы гүнжи жетистирип беретуғын фермерлер менен фьючерс (алдын-ала пул өткерип бериў) шәртнамасын дүзиўге де таяр. Ҳәзирдиӊ өзинде Россия Федерациясы, Туркия, Иран, Әзербайжан, Беларусь, Қытай, Корея ҳәм Қазақстан мәмлекетлери елимизде жетистирилген гүнжи өнимлерин импорт етиўге таяр.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
⚡️Ǵállezarlardı órtten saqlań!
Хабарландырыӯ!

Район турғынлары дыққатына!

Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен «Өзбекстан темир жоллары» АЖ ҳәм «Саламат әўлад ушын» халықаралық қайырқомлық фонды менен биргеликте және бир саламатлық акциясына старт берилип, усы шөлкемлердиң басламасы менен Қарақалпақстан Республикасына «Саламатлық поезды» жетип келген еди .

Бүгин болса усы акция Шымбай районында болып өтеди

Ҳүрметли Шымбай районы турғынлары өзлериңизди қыйнап жүрген кеселликлер бойынша Ташкент қаласынан келген шыпаркерлер көригинен бийпул өтип,консультация ҳәм денсаӯлығыңызды тиклеӯ ушын әмелге асырылатуғын жоқарғы техникалық операцияларға мүтәж болған пуқараларға жәрдем көрсетилетуғынлығын хабарлаймыз.

Районлық Медицина бирлеспесинде көрик басланды.

Мағлыўмат ушын : көрик бүгин кешки 17 : 00 ге шекем даўам етеди

Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналымызға ағза болың : 👉
@shimbayrk
#Барлығы_инсан_қәдири_ушын

#Онлайн

#Район_турғынлары_медициналық_тексериўден_өткерилмекте

Алдын хабар бергенимиздей , бүгин Шымбай районлық Медицина бирлеспесинде «Саламатлық поезди» шыпакерлери район халқына бийпул медициналық хызмет көрсетпекте.

Онда Травматолог-ортопед, , Уролог, Нейрохирург, интервенцион кардиолог, Ревматолог, нейрохирург ҳәм балалар шыпакерлери келген наўқасларды қабыллап өз мәсләҳәтлерин бермекте.

Еслетип өтемиз, көрик бүгин кешки 17 : 00 ге шекем даӯам етеди.

Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналымызға ағза болың : 👉
@shimbayrk