Shimbay.uz
9.97K subscribers
31.2K photos
5.42K videos
30 files
11.4K links
Download Telegram
Дүньяға белгили Эрмитаж музейинде Шымбайлы өнерментлердиӊ фотосуўретлери көргизбеге қойылды

Толық оқыў
👉 https://karakalpakstan.travel/news-532/?lang=qr

👉 t.iss.one/turizm_kr

Karakalpakstan.travel|Telegram|Facebook|Instagram|YouTube|
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Шымбай районы Ишки ислер бөлими ескертеди!
Мүтәж шаңарақлардағы ҳаял-қызларға қосымша қосымша қабыллаў көрсеткишлери шеңберинде ажыратылатуғын 2000 орын ушын усыныснама алыў мақсетинде талабанлардан арзалар 2023-жыл 30-майдан 8-июньға дейин https://xotin-qizlar.uz/ платформасы арқалы электрон формада қабыл қылынўы белгиленбекте.
Республика жоқары оқыў орынларына қосымша мәмлекетлик грант тийкарында қабыллаў көрсеткишлери шеңберинде жоқары мағлыўмат алыў нийетинде болған мүтәж шаңарақлардағы ҳаял-қызлардың таңлаўда қатнасыўы ушын усыныснама төмендеги критериялар тийкарында бериледи:
- кем тәмийинлеген шаңарақлардағы ҳаял-қызлар.Бунда кем тәмийинлеген шаңарақ дегенде, шаңарақтың ҳәр бир ағзасына жәми дарамат анықланатуғын дәўирде белгиленген мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарының 0,527 есесинен көп болмаған муғдарына туўры келетуғын бир айлық орташа жәми дараматқа ийе болған шаңарақ түсиниледи;
- толықсыз шаңарақта тәрбияланып атырған, яғный атасы яки анасы ямаса олардың екеўиде қайтыс болған соқоллап-қуўатлаўға мүтәж қызлар;
- бағыўшысы қайтыс болған, ер жетпеген перзентлерин жалғыз тәрбиялап атырған социаллық қоллап-қуўатлаўға түтәж ҳаяллар;
- нәгиранлығы болған перзенти бар мүтәж шаңарақлардағы ҳаял-қызлар;
- еки ҳәм оннан көп перзентлерди тәрбиялап атырған, басқа ағайин-туўысқанларынан бөлек (ижарада) жасап атырған социаллық қорғаўға мүтәж жалғыз ҳаяллардың қыз перзентлери;
- ата-аналарынан бири яки ҳәр екеўи де биринши яки екинши топар майыплылығы болған мүтәж шаңарақлардағы ҳаял-қызлар;
Усыныснама жоқарыдағы критерияларға мас келген сондай-ақ, улума билим бериў (11-класс негизинде) яки орта арнаўлы, кәсип-өнер оқыў орынларын тамамлағанлығы ҳаққындғы ҳүжжетке ийе болған мүтәж шаңарақлардағы барлық талабан ҳаял-қызларға бериледи.
Жоқарыдағыларға бола арзалар https://xotin-qizlar.uz/ платформасы арқалы электрон формада талабанның өзи тәрепинен толтырылады.
Бүгин гезектеги қабыллаў

Ҳәр ҳәптениң сийшемби яғный, 2-күни район ҳәкими А.Тажетдиновтың жеке қабыллаӯы болып өтеди

Пуқаралар өзлериниң машқалаларын қыйнап киятырған нешше жыллардан берли питпей атырған мүрәжатларын район ҳәкимине билдирип унамлы шешилген мүрәжатлар бойынша жумыслары питкеннен соң келип қабыллаў күни өзлериниң шексиз миннетдаршылығын билдирмекте.

Ҳәр ҳәптеде аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынынан бир қанша пуқаралар газ , ишимлик суў ишки жолларды оңлаў ҳәмде денсаўлығына байланыслы мүрәжатларын айтып өтпекте.

Толық мағлыӯмат :
https://shimbay.uz/7165.html

Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналымызға ағза болың : 👉
@shimbayrk
Балалар - өмиримиздиң мазмуны,келешегимиз даӯамшылары

Толық мағлыӯмат :
https://shimbay.uz/7170.html

Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналымызға ағза болың : 👉
@shimbayrk
Shımbay, Qaraózek hámde Taxtakópir rayonları turǵınları, mekeme, kárxana, shólkem basshıları dıqqatına!
Shımbay rayonı aymaǵında jaylasqan «Shımbay” avtomatlastirilg’an gaz bo’listiriw stanciyasinnan shıǵıwshı diametri-426 mm jer astı magistral joqari basim gaz tarmaǵında ońlaw jumısları isleniwine baylanıslı 2023-jildiń 31-may kuni saat 06:00 den saat 18:00 ge shekem Shımbay, Qaraózek hám Taxtakópir rayonları tutiniwshilariniń tábiyǵıy gaz támiynati waqtınsha toqtatılatuǵınlıǵın xabarlaymız.
Tutınıwshılardan tábiyǵıy gazdi óshirip hám qayta jalǵaǵan waqıtlarda texnika qaǵıydalarına ámel etiwińizdi soraymız.

«Hududgaz Qoraqalpoǵiston» gaz támiynatı filialı ma’limleme xızmeti
Ҳүрметли Шымбай районы исбилерменлери ҳәм өз бизнесин баслаўды қәлеўши пуқаралар !

🏢 Ɵзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы Сизлерди, исбилерменлер, жаслар ҳәм жумыссызлар ушын “BizTalks: бизнесте жетискенликке ерисиў қәдемлери” атамасында тренинглер сериясына мирәт етеди.

Тренинглерди шѳлкемлестириўден мақсет – аймақларда исбилерменлер, жаслар ҳәм ҳаял-қызларға бизнести шѳлкемлестириў ҳәм раўажландырыўға үйретиў, сондай-ақ HR-managеmеnt, бизнесте саўда кѳлемин асырыўға кѳмеклесиўден ибарат.

➡️ Тренингте ѳзлериниң бизнес тараўындағы билими ҳәм тәжрийбелери менен қатар жетискенликлерге ийе болған қәнийгелер мирәт етилген:
- Мэлс Қосназаров, Ɵзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығының орынбасары; темасы - "Бизнесиңиз үзликсиз раўажланыўы ушын тоқтаўсыз оқыўдың әҳмийети".
- Мухаббат Жолшимова, «Alpamis Stoma Dent» ЖШЖ директоры, Modern Business Club ағзасы, темасы - "Бизнесте биринши қәдем атыў ушын не қылыў керек".
- Марат Комеков, «KUSHMAG NUKUS» ЖШЖ директоры, темасы - "Бизнесте персоналды басқарыў".
- Ислам Примбетов, «OIL MAX GOLD» ЖШЖ директоры, темасы - "Бизнесте финансты басқарыў".

➡️ Тренинг нәтийжесинде қатнасыўшылар бизнес тараўындағы билимлерин жетилистиреди, бизнести жаңа дәрежеге кѳтериў ҳәмде жоқары дәраматқа ийе болыў жолларын үйренеди, жәнеде, бизнести жүритиўде ҳәм жаңа жойбарларды әмелге асырыў әмелиятында пайдаланады.

📆 Тренинг усы жылдың 1-июнь күни Шымбай районы Қәнийгелестирилген мектептиң мәжилислер залында саат 9-30 да басланады.

🏢 Мәнзил: Шымбай районы, Шымбай-Тахтакөпир гузар жолы номерсиз жай (бурынғы Академиялық лицей имараты)

📞 Мағлыўмат ушын телефон: +99894 904 10 80

‼️Тәжирийбели спикерлерден баҳалы билим ҳәм мотивация алыў имканиятын қолдан жибермең!

📈 BizTalks – бизнесиңизди кейинги басқышқа кѳтериң!

🏢 Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мәлимлеме хызмети

👉https://t.iss.one/+HxApGZXKzDcwMGNi
Перзентли болған ата-аналар дыққатына туўылғанлық ҳаққындағы гүӯалықты ендигиден былай медицина бирлеспелери арқалы пуқараларға пуқаралық ҳалаты акт жазыў бөлимлеринде дизимге алыў тәртиби 2023- жыл 1-январдан баслап Ташкент қаласында, 2023- жыл 1-июннан баслап барлық Республика бойлап енгизилиў белгиленген.
Туўылғанлық ҳалаты пуқаралық ҳалаты актлерин жазыў бөлимлеринде дизимге алынғанлығы ҳаққында медицина бирлеспелери тәрепинен ҚР код (матрик штрих код) түсирилген мағлыўматнама бериледи. Усы мағлыўматнама туўылғанлық ҳаққында гербли гуўалыққа теңлестириледи ҳәм мәмлекет органлары ҳәм шөлкемлери тәрепинен қабыл етиўден бас тартыў қатаң қадаған етиледи.

Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналымызға ағза болың : 👉
@shimbayrk
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Онлайн

#Мода_балалар

Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў :
https://t.iss.one/shimbayrk
1-июнь "Халықаралық балаларды қорғаў күни" мүнәсибети
балалар ушын «Мода - балалар» таңлаӯынан

#Фоторепортаж

Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў : 👉
https://t.iss.one/shimbayrk