Shimbay.uz
8.72K subscribers
29.1K photos
4.82K videos
29 files
10.8K links
Download Telegram
Президент Шавкат Мирзиёев Ислом Каримов номидаги илмий-маърифий ёдгорлик мажмуасига ташриф буюриб, Биринчи Президентимиз ҳайкали пойига гулчамбар қўйди.

Президент Шавкат Мирзиёев посетил Научно-просветительский мемориальный комплекс имени Ислама Каримова и возложил цветы к подножию памятника Первому Президенту.

#Mirziyoyev #marosim #xotira #BirinchiPrezident

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
АБИТУРИЕНТЛЕР ҲӘМ ОЛАРДЫҢ АТА-АНАЛАРЫ УШЫН ЖӘНЕ БИР ЖЕҢИЛЛИК

Барлық мәмлекетлик жоқары оқыў орынларында категорияластырылған (супер) төлемли-контракт муғдары 10 пайызға кемейтилди.

Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен студент жасларға жоқары билим алыўы ушын жаратып берилип атырған имканиятлар себеп жаңа оқыў жылында барлық жоқары оқыў орынларында төлемли-контаркт муғдары көтерилмеди.

Мәмлекетлик жоқары оқыў орынларына оқыўға қабыл етиў процесслерин муўапықластырыў бойынша мәмлекетлик комиссияның қарарына муўапық 2022/2023-оқыў жылы ушын барлық жоқары оқыў орынларының бакалавриат тәлим бағдарлары бойынша базалық төлемли-контракт муғдарынан келип шығып, тек ғана категорияластырылған (супер) төлемли-контракт муғдарын 10 пайызға кемейтиў белгиленген.

Кесте менен таныссаңыз болады.

Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Пуқараларға қолайлы шараятлар жаратыў, олардың мүрәжатларын өз ўақтында унамлы шешим таптырыў ушын Нөкис қаласындағы ишки жоллары аўыр болған 28 мәҳәлледеги 457 көшени оңлаў, ЩПС (қум щебен араласпасы) төсеў ҳәм тегислеў, абаданластырыў жумысларын шөлкемлестириў ушын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевтың арнаўлы тапсырмасы менен жуўапкерлер бириктирилип, баянлама тастыйықланды.

Баянламаға муўапық, усы жылдың 1-октябрь сәнесине шекем жуўапкерлер өзлерине бириктирилген көшелерди үйренип шығып, анықланған кемшиликлерди сапластырыўға жеке жуўапкер етип белгиленди.

Сондай-ақ, мәҳәллелердеги көшелерди оңлаў ушын зәрүр болған муғдардағы ЩПС (қум щебен араласпасы)тың өз ўақтында жетип келиўи, соның менен бирге арнаўлы техникаларды басқарыўшыларға қолайлы шараятлар жаратыў бойынша да жуўапкерлер бириктирилип, бул бағдардағы жумыслар Жоқарғы Кеңес Баслығының жеке қадағалаўына алынды.

Ҳәзирги ўақытта баянламаға муўапық 28 мәҳәлледеги 457 көшени тегислеў ҳәм ЩПС төсеў жумыслары алып барылмақта.

Каналға ағза болыў: https://t.iss.one/joqargikenes
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы тәрепинен тастыйықланған баянламаға муўапық
Нөкис қаласы «Алтын жағыс» МПЖда ишки жолларды оңлаў жумыслары алып барылмақта.

Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Бүгинги күнимизге шүкирлик

Толық оқыӯ: 👉 https://shimbay.uz/5370.html

Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналымызға ағза болың : 👉 @shimbayrk
Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлик, инновациялық технологиялар ҳәм инфраструктураны жедел пәтлерде раўажландырыў арқалы халықтың абаданлығын арттырыўдың қосымша илажлары ҳаққында

Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы қабыл етилди.

Толық мағлыӯмат : 👉 https://shimbay.uz/5373.html

Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналымызға ағза болың : 👉 @shimbayrk
Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлик, инновациялық технологиялар ҳәм инфраструктураны жедел пәтлерде раўажландырыў арқалы халықтың абаданлығын арттырыўдың қосымша илажлары ҳаққындағы

Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманында

2022-жыл 1-октябрьден 2028-жыл 1-январьға шекемги дәўирде:

Қарақалпақстан Республикасында ислеп шығарылған өнимлерди сырт мәмлекетлерге экспорт етиўде, соның ишинде, экспорт етилетуғын өнимлерди ислеп шығарыў ушын сатып алынған шийки затты республика бойлап тасыўда транспорт қәрежетлериниң 70 проценти Сыртқы саўда, инвестициялар, жергиликли санаатты раўажландырыў ҳәм техникалық жақтан тәртипке салыў мәселелери бойынша Ҳүкимет комиссиясы тәрепинен белгиленген дизимге тийкарланып Экспортты хошаметлеў агентлиги тәрепинен қаплап бериледи.

Толық мағлыӯмат : 👉 https://shimbay.uz/5376.html

Каналымызға ағза болың : 👉 @shimbayrk
КЕЎИЛ АЙТЫЎ

Шымбай районы ҳәкимлиги районлық Халық билимлендириӯ бөлимине қараслы 44-санлы мектеп директоры Муратбай Шамекеевтың қайтыс болыўына байланыслы марҳумның шаңарақ ағзаларына, жақынларына, туўған туўысқанларына терең қайғырыў менен кеўил билдиреди.

Шымбай районы ҳәкими А.Тажетдинов ҳәм район белсендилери.

Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналымызға ағза болың : 👉 @shimbayrk
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлик, инновациялық технологиялар ҳәм инфраструктураны жедел пәтлерде раўажландырыў арқалы халықтың абаданлығын арттырыўдың қосымша илажлары ҳаққында

Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы қабыл етилди.

📌Онда Қарақалпақстанды ҳәр тәреплеме раўажландырыў, пуқараларға мүнәсип турмыс шараятын жаратыў бойынша әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп берилген.

Каналға ағза болыў
: @joqargikenes
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Мүнәсибет

Президентимиздиң Пәрманы менен жаратылған жеңилликлер бойынша Бюджеттен тысқары Пенсия қоры Шымбай районы бөлими баслығы Утемуратов Махсет Шапиевич

Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналымызға ағза болың : 👉 @shimbayrk
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Мүнәсибет

Президентимиздиң Пәрманы менен жаратылған жеңилликлер бойынша

Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси депутаты

Мамбетниязова Гулзар Шерниязовна

Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналымызға ағза болың : 👉 @shimbayrk
Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы менен:

📌 Фермер хожалықлары ҳәм кластерлердиң пайдаланыўындағы пахта ҳәм ғәлледен қысқартылатуғын, елатлы пунктке жақын ҳәм суў тәмийнаты жақсы болған аймақлардан резервке қайтарылған жер майданлары дийқан хожалығын шөлкемлестирген ҳалда овощ, палыз, собықлы, майлы егинлер, картошка жетистириў сыяқлы жойбарларды әмелге асырыў ушын пуқараларға, бурынғысынан өзгеше тәризде, 2 гектарға шекемги өлшемлерде ашық электрон таңлаў арқалы 30 жылға ижараға бериледи.

📌 мийўе, жүзим, овощ, картошка, палыз егинлери, гүл, көк шөплер ҳәм дәрилик өсимликлер, мәкке дәни, собықлы ҳәм майлы егинлерди жетистириў ушын өним баҳасының 50 процентине шекем, бирақ гектарына 7 миллион сумнан артпаған муғдарда жыллық 14 процент (соннан 2 проценти банк маржасы) ставкада, 6 айлық жеңиллетилген дәўир менен 12 ай мүддетке кредитлер ажыратылады.

Каналға ағза болыў: @joqargikenes