Shimbay.uz
5.88K subscribers
28.9K photos
4.76K videos
29 files
10.7K links
Download Telegram
Президент Шавкат Мирзиёев Россиянинг “ЛУКОЙЛ” компанияси президенти Вагит Алекперовни қабул қилди.
Учрашувда пандемия оқибатларини енгиб ўтиш ва қўшма лойиҳаларни амалга ошириш масалаларига алоҳида эътибор қаратилди.
Қўшма лойиҳаларнинг самарадорлигини ошириш ва “ЛУКОЙЛ” компанияси билан стратегик ҳамкорликни кенгайтиришга қаратилган идоралараро ишчи гуруҳ тузиш ва “йўл харитаси”ни қабул қилишга келишиб олинди.

Президент Шавкат Мирзиёев принял президента российской компании «ЛУКОЙЛ» Вагита Алекперова.
В ходе беседы особое внимание было уделено вопросам преодоления последствий пандемии и реализации совместных проектов.
Достигнута договоренность о создании межведомственной рабочей группы и принятии «дорожной карты» по повышению эффективности проектов и расширению стратегического сотрудничества с компанией «ЛУКОЙЛ».

#Mirziyoyev #qabul #LUKOIL #hamkorlik

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
Forwarded from Karakalpakstan.uz
Министрлер Кеңеси Баслығы Қ.Сариев Ишки ислер уйымлары профилактика инспекторлары менен ушырасты
Ҳуқық қорғаў уйымлары тәрепинен жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў, бул бағдарда алып барылып атырған жумыслардың нәтийжелигин буннан былай да арттырыў баслы ўазыйпалардың бири есапланады.

Усы мақсетте Министрлер Кеңеси Баслығы Қ.Сариев профилактика инспектолары менен ушырасыў өткерди. Онда Президентимиз тәрепинен белгилеп берилген ўазыйпаларға тоқталып өтти. Атап айтқанда, мәҳәллелерде жынаятшылықтың алдын алыў, профилактика инспекторларының жумыс нәтийжелигин арттырыў ҳәм хызмет шараятларын жақсылаў сыяқлы мәселелерге итибар қаратылды. Аймақларда жынаят жүз бериўиниң алдын алыў бойынша жуўапкершиликти арттырыў, өзин-өзи басқарыў уйымлары менен бирге ислесиўди жеделлестириў ҳәм ең әҳмийетлиси мәҳәллелерге бақлаў камераларын орнатыў арқалы жәмийетлик қәўипсизликти сақлаў мәселелери айрықша додаланды.

Жаслардың бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў бойынша мәҳәллелерде алып барылып атырған жумыслар талқыланды. Соның менен бирге мәҳәллелерде жынаятшылықтың алдын алыў бойынша профилактика инспекторларының пикир усыныслары тыңланды.

ҚР Министрлер Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў: @QResMinistrlerKenesi
❗️Дыққат

Үй-жай сатып алыў ушын пуқараларға мәмлекетлик субсидиясын алыў бойынша мәмлекетлик хызметин көрсетиў ушын арзалар қабылланып басланды.

Белгиленген параметрлерге муўапық «Ипотека кредитине мәмлекетлик субсидиясын алыўға арза бериў» хызметинен БИМХП (my.gov.uz) ҳәм Мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы арзалар қабыл етилмекте.
РЕСПУБЛИКАЛЫҚ АРНАЎЛЫ КОМИССИЯСЫНЫҢ МӘЛИМЛЕМЕСИ

Өзбекстан Республикасына коронавирустың кирип келиўи ҳәм тарқалыўының алдын алыў бойынша ис-илажлар бағдарламасын таярлаў бойынша республикалық арнаўлы комиссияның коронавирус пандемиясын есапқа алған ҳалда мәмлекетимизде Наўрыз улыўмахалықлық байрам илажларын шөлкемлестириў мәселелерине арналған кеңейтирилген мәжилиси болып өтти.

Мәжилисте соңғы күнлерде халық арасында коронавирус инфекциясы менен кеселлениў жағдайлары бираз артқанлығы атап өтилди. Сол себепли жуўапкер министрлик ҳәм мәкемелерге:

- байрам илажларында халықты көп жыйнамаў ҳәм байрамға келиўшилердиң медициналық нықапта болыўын ҳәм социаллық аралықты сақлаўы үстинен қадағалаў орнатыў;

- халықтың бир жерге ғалаба топланыўының алдын алыў мақсетинде байрам илажларын киши көлемде мәҳәллелерде шөлкемлестириў илажларын көриў сыяқлы көрсетпелер берилди.

-Соның менен бирге, байрам илажларында жәмийетлик тәртипти сақлаў ҳәм қәўипсизлик илажларын көриў мақсетинде ҳуқық қорғаў уйымларына тийисли тапсырмалар берилди.

- Орынларда өтетуғын байрам илажларын жоқары көркемлик дәрежеде өткериў, оның ушын эстрада қосықшылары менен театр актёрларын тартыў сыяқлы ўазыйпалар белгиленди.

Сондай-ақ, Санитария -эпидемиологиялық хызмет тәрепинен халық арасында коронавирус пенен кеселлениў жағдайларын ўақтынан бурын анықлаў бойынша ПЗР лабораториялардың толық қуўатларда искерлигин шөлкемлестириў, жәнеде, коронавирус инфекциясына қарсы қәўип асты топарына тийисли халық қатламын ықтыярлы түрде емлеў илажларын шөлкемлестириў бойынша тийисли тапсырмалар берилди.

Айырым сырт ел ҳәм қоңсы мәмлекетлерде бүгинги күнде бақланып атырған коронавирус инфекциясы менен байланыслы кескин эпидемиологиялық жағдайды есапқа алған ҳалда, мәмлекетимизде сол сыяқлы жағдайлардың қайталанбаўы ушын кең үгит-нәсиятлаў жумысларын алып барыў усыныс етилди.

Дерек:koronavirusinfouz

Каналға ағза болыў: @QResMinistrlerKenesi
Аналар ҳәм балалар саламатлығы әҳмийетли ўазыйпа

👉https://karakalpakstan.uz/kk/news/show/2956

Каналға ағза болыў: @QResMinistrlerKenesi
Forwarded from Karakalpakstan.uz
Жеңимпазлар мүнәсип сыйлықланды

👉https://karakalpakstan.uz/kk/news/show/2957

Каналға ағза болыў: @QResMinistrlerKenesi
Forwarded from Karakalpakstan.uz
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ НӨКИС ҚАЛАСЫ ҲӘМ РАЙОНЛАРЫНДА ЭЛЕКТРОН АУКЦИОН САЎДАЛАРЫНА ҚОЙЫЛАТУҒЫН ЖЕР УЧАСТКАСЫНАН ТУРАҚЛЫ ПАЙДАЛАНЫЎ ҲУҚЫҚЫН ҲӘР БИР РАЙОН (ҚАЛА) КЕСИМИНДЕ МИНИМАЛ БАҲАСЫН ТАСТЫЙЫҚЛАЎ ҲАҚҚЫНДА

👉https://karakalpakstan.uz/kk/news/show/2958


Каналға ағза болыў: @QResMinistrlerKenesi
Forwarded from MTRK ǀ Rasmiy kanal
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Янгиликлар 24 | Карантин қоидаларига қанчалик риоя қилиняпти?
#17mar #covid19 #uzbekiston24

mtrk.uz | Youtube | Facebook | Telegram