Shimbay.uz
6.81K subscribers
32.3K photos
5.67K videos
32 files
11.6K links
Download Telegram
Shimbay.uz
Пәшенттаўда үлкен жаңалық!
Япония ҳүкимети қаржысы есабынан Бирлескен миллетлер шөлкеми раўажландырыў бағдарламасы тәрепинен Пәшенттаў аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы “Салыкеш” суў дузсызландырыў қурылыс объекты ашылды. Салтанатлы ашылыўға район ҳәкими А.Тажетдинов қатнасты. Сондай-ақ Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Раўажланыў Бағдарламасының Өзбекстандағы турақлы ўәкили Акико Фуджи ханым қатнасып, бәршени қутлықлады. Мағлыўмат орнында атап өтиў орынлы реконструкция қылыў ҳәмде 1 км ишимлик суў тармағын жаңадан қурыў ушын 146 мың АҚШ доллоры сарыпланды. Районымыздың алыс аймақларында жасаўшы пуқараларды ишимлик суўы менен тәмийинлеў, олардың күнделикли турмысында пайдаланыўы ушын суў жеткерип берилиўин жолға қойыў мақсетинде әмелге асырылып атырған бундай қурылыс обекътлери, ийгикли жумыслардың барлығы инсан қәдири ушын.
Реконструкция нәтийжесинде
1 дана 250 куб метр суў сақлағыш (резервуар) жаңадан қурылып суў дузсызландырыў қурылыс объектының қуўатлылығы 8 куб метр/сааттан 12 куб метр/саатқа асырылды ҳәмде 300ге жақын хожалықтың ишимлик суў тәмийнаты жақсыланды. Өз нәўбетинде бул жумыслар толық орынланыўы менен аўыл турғынлары суў менен тәмийинленип, ең баслысы, жаңа жерлер ашылыўы нәтийжесинде аўыл халқы ушын жаңа жумыс орынлары да жаратылады ҳәм аймақ турғынларының турмыс абаданлығы жақсыланады. Халық ийгилиги жолында әмелге асырылып атырған бул жумыслар әлбетте өз нәтийжесин берери сөзсиз. Ең баслысы, бул әмеллер халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеўге хызмет етеди.

Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме  хызмети

Каналымызға ағза болың : 👉 
@shimbayrk
Forwarded from Joqarǵı Keńes.uz
Жоқарғы Кеңес Баслығы БМШ Раўажланыў Бағдарламасы ўәкиллерин қабыллады

Бүгин, 29-октябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Раўажланыў Бағдарламасының Өзбекстандағы турақлы ўәкили Акико Фуджи ханым ҳәм оның орынбасары Анас Файяд Карман мырзаны қабыллады.

Ушырасыўда Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев Президентимиз тәрепинен Қарақалпақстанды ҳәр тәреплеме раўажландырыў мақсетинде кең көлемли реформалар әмелге асырылып атырғаны, мәмлекетимиз басшысы Аралбойы регионындағы экологиялық машқалаларды шешиў ушын БМШ минбериндеги ҳәр бир шығып сөйлеўинде дүнья жәмийетшилигиниң дыққатын қаратып атырғанлығын, сондай-ақ, Арал теңизиниң қурыған ултанында жасыл тоғайлықларды пайда етиў жумыслары ҳаққында мағлыўмат берди.

Илажда БМШ Раўажланыў Бағдарламасы шеңберинде Қарақалпақстан Республикасында Япония ҳүкимети тәрепинен қаржыландырылған улыўмалық баҳасы 2 миллион АҚШ доллары болған «Аралбойы регионында климатқа шыдамлы аўыл хожалығы арқалы өз-өзин тәмийинлеўди қоллап-қуўатлаў» қоспа жойбарының нәтийжелери ҳәм алдағы бирге ислесиў перспективалары додаланды.

Атап өтиў орынлы, БМШтың Раўажланыў Бағдарламасы тәрепинен ҳәзирги ўақытта Қарақалпақстанда улыўмалық муғдары 12 миллион АҚШ долларынан аслам болған 4 жойбар әмелге асырылмақта.

Халықаралық шөлкем ўәкиллериниң елимизге сапары шеңберинде Экология министрлиги жанындағы Аралбойы халықаралық инновациялық орайында «Смарт аўыл хожалығы» қоспа бағдарламасы жумыслары менен танысыўы, Тақыятас районы турғынлары менен ушырасыўы, Шымбай районы «Пәшентаў» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында тазаланған ишимлик суўынан пайдаланыў, Қараөзек районында «Туқымлық ҳәм егинлерди қайта ислеў» жойбарлары, Мойнақ районында «Кәсип-өнерге оқытыў орайы»ның иске түсирилиўи және Нөкис қаласында Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийетлик саламатлық басқармасына лабораториялық үскенелерди тапсырыў илажларының өткерилиўи жобаластырылған.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

🌐Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐YouTube
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Жоқарғы Кеңес Баслығы Жәҳән банки ўәкиллери менен ушырасты

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Жәҳән банкиниң Өзбекстан Республикасындағы ўәкиллери Пьер Гербер, Преслава Ненова ҳәм Албан Беллингезлерди қабыллады.

Ушырасыўда Қарақалпақстан Республикасында шарўашылық тараўын раўажландырыў мақсетинде Жәҳән банкиниң грант қаржыларын ажыратыў мәселелери додаланды.

Атап айтқанда, быйыл Қарақалпақстан Республикасы ушын 5 миллион АҚШ доллары муғдарында грант қаржылары ажратылыўы белгилеп алынып, ноябрь-декабрь айларында усы қаржылар есабынан қарамаллардың нәсилин жақсылаў мақсетинде эмбрион ислеп шығаратуғын лабораториялық әсбап-үскенелер алынып, ҳайўанларды идентификациялаў ушын 110 дана планшет, 18 дана компьютер, шарўа ҳайўанларын идентификациялаў ушын 3 миллион 282 мыңнан артық биркалар менен тәмийинленеди.

Сондай-ақ, Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажладырыў комитетиниң материаллық-техникалық базасы беккемленип, ветеринариялық сервис хызметин жақсылаў мақсетинде 2 дана арнаўлы дезинфекциялық автомобиль, 5 тонналық – 1 дана, 1 тонналық – 13 дана музлатқышлы камера ҳәм 53 дана музлатқыш, 16 дана компьютер ҳәм 16 дана принтер менен тәмийинлеў белгиленбекте.

Ушырасыўда шарўашылық тараўын раўажландырыў мақсетинде Жәҳән банки тәрепинен 2,8 миллиард сум муғдарында кредит қаржылары ажыратылғанлығы атап өтилип, соның менен бирге, 44 миллиард сумлық кредитлер де ажыратылыўы жобаластырылғанлығы ҳаққында мағлыўмат берилди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

🌐Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐YouTube
Forwarded from Joqarǵı Keńes.uz
Кеўил билдириў

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң хызметкери Искендеров Жахангердиң әкеси Искендеров Қәдирберген Оразымбетовичтиң дүньядан өтиўине байланыслы Жоқарғы Кеңес жәмәәти терең қайғырыў менен кеўил айтади.

Искендеров Қәдирберген көп жыллар даўамында өзиниң терең билими, бай тәжирийбеси менен билимлендириў тараўында жемисли мийнет еткен пидайы инсан еди.

Ол қайсы лаўазымда ислесе де, өзин мийнетсүйгиш, терең билимли, истиң көзин билетуғын шебер шөлкемлестириўши сыпатында таныта билди ҳәм халқымыз арасында үлкен ҳүрмет-иззетке ийе болды.

Искендеров Қәдирбергенниң жарқын естелиги халық ийгилиги ушын аянбай мийнет еткен қәдирли инсан сыпатында халқымыздың ядында узақ жыллар сақланып қалады.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң мийнет жәмәәти


Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

🌐Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐YouTube
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Үлкемизде «Алтын гүз»

Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналымызға ағза болың : 👉
@shimbayrk
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Үлкемизде «Алтын гүз»

Қайтыӯ ушын кетип баратырған гүз сырлы болыӯ менен бирге, ескен самалы менен сыбырлап алдымызда қәҳәрлы қыс барын еслетпекши болады...

Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналымызға ағза болың : 👉
@shimbayrk
«Алтын гүз»

Жадыраған жаз өтип,
Келди гүздиң мәҳәлли,
Қуслар қайтып қублаға,
Қашан келер бәҳәри.

Мийӯалары мазалы,
Гүздиң сәни басқаша,
Алдымызда қыс барын,
Сыбырлайды қуллаққа

Каналымызға ағза болың : 👉 @shimbayrk
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Онлайн

Биз ҳәзир әйне мәўритлерде “Гүлназ доктор” клиникасындамыз.

Клиниканың тийкарғы мақсети халыққа сапалы хызмет көрсетиў болып табылады.


Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме  хызмети

Каналымызға ағза болың : 👉 
@shimbayrk
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Онлайн

Дерлик бес жылдан берли халыққа хызмет көрсетип киятырған бул клиникада район турғынлары заманагөй ҮЗИ тексериўинен өтип оннан соң өз диазноз нәтийжесин билип шыпакердиң кеңеси менен ем буыйырады.

Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме  хызмети

Каналымызға ағза болың : 👉 
@shimbayrk
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Онлайн

Ҳүрметли район турғынлары соны айрықша атап өтиў орынлы жылына еки мәрте медициналық тексериўден өтип турыўды естен шығармаң.

Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме  хызмети

Каналымызға ағза болың : 👉 
@shimbayrk
#Фото_репортаж

Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме  хызмети

Каналымызға ағза болың : 👉 
@shimbayrk