Shimbay.uz
7.04K subscribers
29.4K photos
4.94K videos
32 files
10.9K links
Download Telegram
Shimbay.uz
Поэзия әлеминиң жулдызы, районымыз мақтанышы, шайыра Гүлистан Даўлетова менен дөретиўшилик ушырасыў болып өтти.
Шымбай районы 8-санлы Балалар музика ҳәм көркем - өнер мектебинде Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген мәденият хызметкери, “Дослық” ордениниң ийеси, шайыра Гүлистан Даўлетова дөретиўшилигине бағышланған әдебий кеше болып өтти.

Ҳәрбир талант ийесиниң баҳасын,қәдир қымбатын халық белгилеп береди.Халқымыз арасында тәбият инам еткен бийбаҳа пазыйлетлери менен бар ықлас интасын дөретиўшиликке арнаған талант ийелери оғада көп. Усындай инсанлардың бири бул Гүлистан Даўлетова.

Мағлыўмат ушын, Г.Дәўлетова 1959-жылы Шымбай районында туўылған. Оның туңғыш қосықлары «Әмиўдәрья» журналында, республикалық ҳәм районлық газеталарда жарық көрди. Оның «Әжинияз поэзиясында дәстүр ҳәм жаңашыллық» (1997-жыл) монографиясы менен «Әжинияз поэзиясында руўхый дәреклер» (1998-жыл), «Руўхыйлық-әдебият өлшеми» (1998-жыл), «Инсан тәрбиясы балалықтан басланады» (1999-жыл) атамасындағы китапшалары ҳәм «Сениң дәртиң менен жасайман, ҳаял» (2001-жыл), «Аёл ишқи» (2001-жыл), «Қыз тахтым» (2009-жыл) қосықлар топламы басылып шығып, китапқумарлар тәрепинен сүйип оқылмақта.
Г.Дәўлетова 2006–жылдан Қарақалпақстан Республикасы Жазыўшылар аўқамының ағзасы.

Дөретиўши халықтың жазған шығармалары, китаплары жас әўладтың тәлим-тәрбиясына мүнәсип үлес болып қосылса, буннан артық бахыт жоқ. Бүгинги күнде Ибрайым Юсуповтың ҳақыйқый әўладлары Шымбайдан жетилисип шығып атыр ҳәм жас талант ийелериниң дөретиўшилиги ҳәр қәдемде қоллап-қуўатланбақта, буның ушын район ҳәкими А.Тажетдиновқа айрықша миннетдаршылығымды билдиремен, дейди шайырамыз.

Бизде өз гезегинде районымыздың мақтанышы, поэзия жулдызы, шайырамызға дөретиўшилик табыслар тилеймиз.

Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме  хызмети

Каналымызға ағза болың : 👉 
@shimbayrk
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#ҒХҚ_биз_ҳаққымызда
#Қарақалпақстан_МТРК

Өнерлиниң өзеги талмас,
Өнерди үйренде жийрен,
халқымыздың өнер ҳаққындағы бундай пикирлери ҳақыйқый өнермент, мийнеткеш заманласларымызға арналған. Районымызда өнерментлер, қолы гүл усталар баршылық, усындай инсанлардың бири “Темир - жол гүзары” мәкан пуқаралар жыйыны турғыны Қошқарбай Даўлетов, ол 30 жылдан берли тандыр соғыў өнери менен шуғылланып келмекте. Тандыршы, уста балалығынан усы кәсипке меҳир қойған, өйткени бул өнер түриниң өзине жараса заўқы бар. Зайыбы Нурсулыў Қайыпназаровада өмирлик жолдасына сүйениш болып, үй қапталынан үнемли пайдаланып, өзлерине керекли болған мийўе ҳәм палыз өнимлерин жетилистирип, мол зүрәәт өнимин алмақта. Өзи ҳәр бир өнердиң артында үлкен мийнет жатады, тандырдың пүтин ҳалына келемен дегенге шекемги басқышы инсаннан сабырлылықты, шыдамды, күш-ғайратты талап етеди. Усындай мийнеткеш, пидайы заманласларымыздың машақатлы жумысларына раўаж тилеймиз.

Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме  хызмети

Каналымызға ағза болың : 👉 
@shimbayrk
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#Даналар_нәсияты

Негатив инсанлардан узақ жүриң, өйткени олар ҳәр қандай шешимге де машқала излеп таўады.

Альберт Эйнштейн

Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме  хызмети

Каналымызға ағза болың : 👉 
@shimbayrk
#xalqaro_davra_suhbati

Ўзбекистон ўз демократик тараққиёт йўлига эга


Демократик жараёнларни таҳлил қилиш маркази томонидан “Демократик жараёнларни янада такомиллаштириш: замонавий ёндашувлар ва халқаро тажриба” мавзусида халқаро давра суҳбати ўтказилди.

Маҳаллий мутахассилар ҳамда Буюк Британия, Канада, Озарбайжон, Миср, Покистон, Россия каби давлатлардан халқаро даражадаги экспертлар иштирок этган тадбирда мамлакатимизда олиб борилаётган демократик ислоҳотлар билан бир қаторда халқаро тажрибанинг аҳамиятли жиҳатлари таҳлил қилинди.

Хусусан, сўнгги 7-8 йил давомида юртимизда чуқур демократик ислоҳотлар ортга қайтмас одимлар билан илдамлаётгани, инсон манфаатлари устувор бўлган Янги Ўзбекистонни бунёд этишдаги инсонпарварлик сиёсати, ижтимоий давлатчиликка асосланган конституциявий ислоҳотлар, гендер тенглик, аёллар ва болалар ҳуқуқлари кафолатини таъминлаш ва бошқа йўналишларда амалга оширилаётган ҳаракатлар ва уларнинг натижалари эътироф этилди.

Батафсил

〰️〰️〰️〰️〰️
👉 Kanalga ulanish - @cadpuz
"E-auksion" платформасында 423 ке жақын мәмлекетлик мүлклерди ижараға алың !!!
e-auksion.uz
🔷Нөкис қаласы 61 (көриў)
🔷Әмиўдәрья районы 63 (
көриў)
🔷Беруний районы 21 (
көриў)
🔷Бозатаў районы 8 (
көриў)
🔷Қараөзек районы 17 (
көриў)
🔷Кегейли районы 13 (
көриў)
🔷Қоңырат районы 15 (
көриў)
🔷Қанлыкөл районы 16 (
көриў)
🔷Мойнақ районы 10
көриў)
🔷Нөкис районы 12 (
көриў)
🔷Тақыятас районы 24 (
көриў)
🔷Тахтакөпир районы 17 (
көриў)
🔷Төрткүл районы 80 (
көриў)
🔷Хожели районы 13 (
көриў)
🔷Шымбай районы 16 (
көриў)
🔷Шоманай районы 21 (
көриў)
🔷Елликқала районы 16 (
көриў)

социаллық
тармақларда:
Telegram | Facebook | Instagram | Youtube
#Руўхыйлық_бостаны

"Егер темир пайдаланылмаса, тат басады. Егер суў ақпай турса, айныйды.
Егер адам пикирлемесе, ақылымыз да сайызланады"
________________
"Агар темир ишлатилмаса, занглайди. Агар сув ҳаракатланиб турмаса, айнийди. Агар киши фикрламаса, ақлда ҳам шундай ҳолат юз беради"


Леонардо Да Винчи

Biziń betlerimiz: || Bizning sahifalarimiz:
Telegram | Instagram | Facebook | X
#коррупцияга_қарши_курашиш

Пенсия жамғармаси тизимида жорий йилнинг 1-31 октябрь кунлари “Коррупцияга қарши курашиш ойлиги” ўтказилади


🤔 Мазкур ойлик давомида тизимдаги барча ходимлар иштирокида коррупцияга қарши курашишга қаратилган амалий-тарғибот тадбирлари ўтказилиши режалаштирилган.

📄 Бюджетдан ташқари Пенсия жамғармаси коррупцияга қарши курашиш бўйича “ISO37001:2016” халқаро сертификатига эга.

💬 Батафсил

💬 РУС

📞 12-71     🌐 pfru.uz

Telegram | 💬Facebook |📸 Instagram | 📹 Youtube 📱 X
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Олий Мажилис Сенати тәрепинен шөлкемлестирилген “Ең жақсы социаллық баслама” таңлаўының Қарақалпақстан Республикасы басқышы болып өтти

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Комитет баслығы Ш.Өтемисов, тийисли комиссия ағзалары, таңлаў қатнасыўшылары ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

Толық оқыў

Олий Мажлис Сенати томонидан ташкил этилган “Энг яхши ижтимоий ташаббус” кўрик-танловининг иккинчи Қорақалпоғистон Республикаси босқичи бўлиб ўтди

Унда Қорақалпоғистон Республикаси қўмита раиси Ш.Өтемисов, тегишли комиссия аъзолари, танлов иштирокчилари ва оммавий ахборот воситалари иштирок этди.

Тўлиқ ўқиш


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

🌐Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐YouTube
Mámleketlik uyımlar hám shólkemlerdiń korrupciyaǵa baylanıslı is-háreketler haqqında xabar beriw ushın mólsherlengen baylanıs kanalları

📌Qaraqalpaqstan Respublikası Ministrler Keńesi hám Wálayat hákimlikleri

▫️ Qaraqalpaqstan Respublikası Ministrler Keńesi

▫️ Ándijan wálayatı

▫️ Buxara wálayatı

▫️ Jizzax wálayatı

▫️ Namangan wálayatı

▫️ Nawayı wálayatı

▫️ Samarqand wálayatı

▫️ Sırdárya wálayatı

▫️ Surxandárya wálayatı

▫️ Tashkent qalası

▫️ Tashkent wálayatı

▫️ Ferǵana wálayatı

▫️ Xorezm wálayatı

▫️ Qashqadárya wálayatı

📌Esletip ótemiz: Nızamshılıqta korrupciyaǵa baylanıslı huqıqbuzarlıqlar haqqında xabar bergen shaxslar hám olardıń jaqın tuwısqanları mámleket qorǵawında ekenligi belgilengen.

Eger siz korrupciyaǵa dus kelseńiz Agentliktiń "Call-orayı" - 1253 yamasa eanticor.uz elektron platforması arqalı múrájat etiwińizdi soraymız.
—————
Davlat organlari va tashkilotlarining korrupsiyaga oid harakatlar to‘g‘risida xabar berish uchun mo‘ljallangan aloqa kanallari

📌Qoraqalpog‘iston Respublikasi Vazirlar Kengashi va Viloyatlar hokimliklari

▫️Qoraqalpog‘iston Respublikasi Vazirlar Kengashi

▫️Andijon viloyati

▫️Buxoro viloyati

▫️Jizzax viloyati

▫️Namangan viloyati

▫️Navoiy viloyati

▫️Samarqand viloyati

▫️Sirdaryo viloyati

▫️Surxondaryo viloyati

▫️Toshkent shahri

▫️Toshkent viloyati

▫️Farg‘ona viloyati

▫️Xorazm viloyati

▫️Qashqadaryo viloyati

📌Eslatib o‘tamiz: Qonunchilikda korrupsiyaga oid huquqbuzarliklar to‘g‘risida xabar qiluvchi shaxslar va ularning yaqin qarindoshlari davlat himoyasida ekanligi belgilangan.

Biziń betlerimiz: || Bizning sahifalarimiz:
Telegram | Instagram | Facebook | X