Shimbay.uz
7.77K subscribers
29.3K photos
4.9K videos
31 files
10.9K links
Download Telegram
#Mánawiyat_marafonı
#Shımbay_rayonı
#Sálemseliw_eń_ullı_qádiriyat

«Biz bir bolsaq-bir xalıqpız, birlessek-Watanbız!» ideyası tiykarındaǵı «Mánawiyat marafonı» joybarı sheńberinde Shımbay kásip-óner mektebinde “Sálemseliw_eń ullı_qádiriyat”  atamasında ruwxıy-aģartiwshılıq ilajı bolıp ótti.

Ilajda respublika hám rayonnan biriktirilgen úgit-násiyatshılar tárbiyanıń tiykarı bolǵan sálemlesiw hám basqada milliy  hám ulıwma insanıy qádiriyatlar hám pazıyletler haqqında ózleriniń pikirlerin bildirip, oqıwshı jaslar menen sáwbetlesti.
#Onlayn
#Mánawiyat_marafonı
#Shımbay_rayonı
#Kitaplar_akciyası

«Biz bir bolsaq-bir xalıqpız, birlessek-Watanbız!» ideyası tiykarındaǵı «Mánawiyat marafonı» joybarı sheńberinde rayondaģı 37-sanlı mektepte «Qádirdan mektebime kitap sawģa etemen” akciyası bolıp ótpekte.
Сектор баслықлары ҳәм жаслар ушырасыўы

Бүгинги күнде елимизде жасларды қоллап-қуўатлаў  бағдарында көплеген унамлы жумыслар әмелге асырылмақта. Жасларды киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликке қызықтырыў, заманагөй кәсип-өнер ийелеўлери ушын қосымша шәрт-шараятлар жаратыў, оларды жумыс пенен тәмийинлеўге көмеклесиў мақсетинде районлық сектор басшылары тәрепинен бир қатар унамлы жумыслар алып барылмақта.

Жасларды қыйнап киятырған машқалалары ҳәм олардың усыныслары ҳәмме ўақытта итибарда. Бүгин “Жаслар орайы” имаратында район ҳәкими, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети районлық бөлими баслығы, район прокуроры, районлық Ишки ислер бөлими баслығы, районлық Салық инспекциясы баслықларының жасларды қабыллаўы болып өтти.

Қабыллаў  даўамында 100 ден аслам жаслардың машқала, усыныс ҳәм пикирлери тыңланды.

Жаслар тәрепинен билдирилген мүрәжатлардың айырымлары сол ўақыттың өзинде шешим тапты қалған мүрәжатлар бойынша тийисли тараў ўәкиллерине тапсырмалар берилип шешими бойынша мүддетлер белгилеп берилди.