Дийхан хожалығы жерлерин e-auksion.uz арқалы ижараға алыӊ!
Ҳәзирги ўақытта Қарақалпақстан Республикасы бойынша 2167 жер майданлары ашық таӊлаўға шығарылған. Ашық электрон таӊлаўда қатнасыӊ!
e-auksion.uz
▪️ Әмиўдәрья районы 436 (қараңыз)
▪️ Беруний районы 173 (қараңыз)
▪️ Қараөзек районы 62 (қараңыз)
▪️ Кегейли районы 14 (қараңыз)
▪️ Қоңырат районы 129 (қараңыз)
▪️ Қаңлыкөл районы 75 (қараңыз)
▪️ Мойнақ районы 18 (қараңыз)
▪️ Нөкис районы 112 (қараңыз)
▪️ Тахтакөпир районы 235 (қараңыз)
▪️ Төрткүл районы 148 (қараңыз)
▪️ Хожели районы 90 (қараңыз)
▪️ Шымбай районы 134 (қараңыз)
▪️ Шоманай районы 491 (қараңыз)
▪️ Елликқала районы 50 (қараңыз)
e-auksion.uz
👇Хабардар болыў ушын👇
Telegram | Facebook | Instagram | Youtube

#Пилле қырманы ушын
Шымбай районы пиллекешлери 2023-жылдың пилле өнимин жетилистириў ушын аянбай мийнет етип, бүгин дәслепки мәмлекетке пилле жетилистириў бойынша қабыллаў баслады
Быйылғы жылы да район пиллекешлери белгиленген шәртнаманы артығы менен орынлаўына әўмет тилеймиз
Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў : 👉 https://t.iss.one/shimbayrk

🔰 “Бирлемши медицина-санитария жәрдемин халыққа жақынластырыў ҳәм медициналық хызметлер нәтийжелилигин арттырыў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында”ғы Президент қарарына (ПҚ–215-санлы, 25.04.2022-ж.) бола:
2022-жыл 1-июльдан:
- алыс ҳәм шетки аймақлардағы шаңарақлық шыпакерлик пунктлери ҳәм шаңарақлық поликлиникаларда жумыс алып барып атырған барлық шыпакерлер айлық мийнет ҳақысына қосымша 2 миллион сум муғдарында ҳәр айлық үстеме белгиленеди ҳәмде оларға ипотека тийкарында үй-жай сатып алыўда үй-жай баҳасының 50 процентине шекемги бөлеги, бирақ, БЕМның 500 есесинен (135 млн сумнан) аспаған муғдарда қаплап бериледи;
- алыс ҳәм шетки аймақларда үзликсиз 3 жыл ислеген шыпакерлер клиникалық ординатураға тест сынаўларысыз қабыл етиледи.
Ҳәр жылы 1 000 ға шекем жеңиллиги болмаған, узақ жыллар мәмлекетлик медицина мәкемелеринде ислеп атырған бийтап хызметкерлерге жоқары технологиялық операциялар қамсызландырыў төлемлери есабынан өткериледи.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter

Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Жоқарғы Кеңес Баслығы өзи аталыққа алған жаслар менен ушырасты
Президентимиз басламасы менен 14-30 жас аралығындағы жаслар социаллық жағдайы, қәбилети ҳәм қызығыўшылықларынан келип шығып, үш категорияға ажыратылды. Мәмлекеттиң итибары ҳәм жәрдемине мүтәж болған жаслар Жоқарғы Кеңес Баслығы, сектор басшылары, министрликлер менен қала ҳәм район ҳәкимлери, сектор басшыларына бириктирилди. Усы тийкарда республикамызда жаслар менен индивидуал ислеў системасы жаратылмақта.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев өзи аталыққа алған жаслардың машқала ҳәм усынысларын тыңлаў мақсетинде бир қатар жаслар ҳәм олардың ата-аналары менен екинши мәрте ушырасты.
Өткерилген ушырасыўда жаслар менен жақыннан пикирлесилип, олардың тилек-өтинишлери, сондай-ақ, турмысында ушырасып атырған машқалалары тыңланды.
Атап айтқанда, денсаўлығын беккемлеў ушын әмелий жәрдем көрсетиў, бәнтлигин ҳәм өзин өзи бәнт етиўин тәмийинлеў, социаллық қоллап-қуўатлаў, оқыў ушын контракт пулларын төлеп бериў, оқыўға кириў ушын арнаўлы таярлаў курсларында оқыў ушын қаржылай жәрдем бериў сыяқлы бир қатар мәселелер жаслар ҳәм олардың ата-аналары тәрепинен көтерилди.
Сол орынның өзинде бир неше жаслардың өзин-өзи бәнт етиўи ушын тигиў машиналары, сантехника буйымлары, кепсерлеў үскенелери жыйнағы менен тәмийинлеў бойынша жуўапкерлерге тапсырма берилди. Сондай-ақ, жумыссыз пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде кәсип-өнерге бағдарлаў бойынша арнаўлы курсларда оқытыў белгилеп алынды.
Жоқарғы Кеңес Баслығы бул машқалаларға шешим табыў бойынша тийисли тараў басшылары менен бирге арнаўлы “Жол картасы”н ислеп шығыў ҳәм тез пурсатта шешим табыў мәселесинде тапсырмалар берди.
Ашық-айдын жақыннан пикирлесиў усылында өткерилген ушырасыўда жаслар өзлеринин пикирлерин емин-еркин билдирди.
Ушырасыў жуўмағында ўазыйпалар белгилеп алынды.
Толық мағлыўмат
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉ Telegram 🌐Website 📱 Instagram 📱 Facebook 📱 Twitter

Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Алыс Белтаў аўылында жаңа өмир басланған
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Тахтакөпир районындағы алыс аймақларда аўыл хожалығы егислик майданларынан нәтийжели пайдаланыў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларды барып көриў мақсетинде Белтаў аўыл пуқаралар жыйыны аймағында болды.
Онда Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кеңесгөйи Т.Худайбергенов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов, Республика прокуроры Э.Таджиев, Ишки ислер министри Б.Торебеков ҳәм басқа да бир қатар жуўапкерлер қатнасты.
Пуқаралардың абадан турмысын тәмийинлеў бағдарында республикамыздың алыс аймақларында жасаўшы пуқараларды ишимлик суўы менен тәмийинлеў, олардың күнделикли турмысында пайдаланыўы ушын суў жеткерип берилиўин жолға қойыў да усы тийкардағы жумыслардан болып, тайнапыр бурғылаўшы техникалар жәрдеминде артезиан қудықларын қазыў жумыслары Тахтакөпир районының алыс Белтаў АПЖ аймағынан басланған еди. Ҳәзирги ўақытта аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан үлкен көлемдеги артезиан қудықлары қазылып, 500-600 мт тереңликтен суў шығарыўға ерисилди.
Сондай-ақ, аймақта жаңа егислик жерлерин ашыў мақсетинде 2000 гектар жер майданы таярланды. Бул ушын зәрүрли барлық техникалар мобилизация етилди. Соның менен бирге, усы егислик майданларына тамшылатып суўғарыў жолы менен суў жеткерип берилиўин тәмийинлеў мақсетинде 12 орында жасалма суў сақлаўшы бассейнлерди қазыў жумыслары алып барылды. Нәтийжеде жыллар даўамында қараўсыз қалған егислик майданлары қайта жанланды.
Бул әмелге асырылып атырған жумыслар нәтийжесинде аўыл турғынлары суў менен тәмийинленди, ең баслысы, жаңа жерлер ашылыўы менен аўыл халқы ушын жаңа жумыс орынлары да жаратылып, аймақ турғынларының турмыс абаданлығы жақсыланыўы ушын бар мүмкиншилик жаратылды.
Аўыл ҳәзирги ўақытта жаңадан өмир баслаған.