Shimbay.uz
8.9K subscribers
28.9K photos
4.77K videos
29 files
10.7K links
Download Telegram
Forwarded from Shimbay rayoni Mektepke shekemgi bilimlendiriw janaliqlari (RA'NO MAMBETNIYAZOVA)
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Шымбай районы 22-санлы МШБШ мектепке таярлаў топары тəрбияланыўшысы Г.Жалғасбаева
Тəрбияшы: Г.Мырзабаева
СУУДАН АБАЙЛЫ БОЛАЙЫК.
Үлкемизге жаз келип, шомылыў мәўсими басланғанынан баслап «Қарақалпақстан» телевидениеси, радиосы, орайлық ҳәм жергиликли газета-журналларда шомылыў қағыйдалары ҳаққында видео-аудио роликлер, мақалалар бериледи. Оларға соншелли үйренисип кеткенимизден итибарда бермеймиз. Итибарсызлықтың, арқайыншылықтың ақыбетинде келешекте және қанша адам суўға кетип қаза қылыўы мүмкин? Буның алдын алыўға болама?
Шөгип атырып не ислеўди, шөгип атырған адамға қалай жәрдем бериў кереклигин билмеген адамның өмири, әлбетте, жоқары қәўип астында. Республикамыздың қайсы орынлары шомылыӯ ушын белгиленген ямаса белгиленбеген. Айрықша жағдайға түсип қалған ўақытта қандай қандай ҳәрекет етиў кереклигин билиў ҳәммениң ўазыйпасы. Бирақ адам бундай жағдайға түсиўин алдыннан биле алмайды. Түсип қалған жағдайда қандай ҳәрекет етиўди билиўи ушын районлық Айрықша жағдайлар бөлими хызметкерлери тәрепине алып барылып атырған үгит-насият жумысларына итибар бериў талап етиледи.
Дыққат етиң! Шымбай районы аймағында рәсмий шөлкемлестирилген пляж зоналары жоқ. Бирақ районымыз аймағынан өтиӯши ири каналлар қатарына кириўши Кегейли каналы, Бес жап, Май жап, Тағ жап ҳәм тағы басқа каналларымыз бар болып, булардың биреўи де қорықланбайды. Районлық Айрықша жағдайлар бөлими ҳәмде жергиликли тараӯ хызметкерлери менен шөлкемлестирилип атырған илажлар жетерли емес. Соның ушын, ҳүрметли ата-аналар өз перзентлериңизге шомылыў ушын белгиленбеген суў ҳәўизлеринде шомылыў инсан өмири ушын қаншелли қәўипли екенин түсиндириўимиз керек. Айрым пуқараларға шомылыў өмир ушын қәўипли екенлигин түсиндирген ўақытымызда олар туӯры қабылламай, мен ҳәмме ўақыт усы жерде шомылып келгенмен, мениң менен бундай ўақыя болмайды, деп ойлайды. Спиртли ишимликлер ишип шомылыў суўда инсан өмири ушын жүдә қәўипли болып есапланады.
– Қуяшлы, самалсыз ҳаўада шомылыў ( әмел етилмеген жағдайда ақыбети шомылыўшы адамның денеси суўыққа тарайып қан тамырлары тартысыӯ нәтийжесинде ҳәрекетсиз қалыӯ ақыбетинде шөгиў ямаса ҳәр түрли кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин). Бунда ҳаўа райының температурасы +20° С дан +25° C қа дейин шамасында, суўдың температурасы +20° С дан +25° қа дейин шамасында болыўы керек.
Егерде сиз шомылып атырған ўақтыңыз қан тамырыңыз тартысып қалған жағдайда төмендеги мәслаҳатлерге әмел етиўиңиз лазым:
– Қолда: денени бос тутып тамыры тартысып қалған қолды мушлап алдынға қарата тезлик пенен лақтырғандай ҳәрекетлентирип мушыңызды ашып жибериң;
– Балтыр мүскүллери тартысқан жағдайда: ийилип тартысқан аяқ астынан услап өзиңиз тәрепке қарата тартың;
– Сан мүскүллери тартысқан жағдайда: тобығыңыз жанында аяғыңыз астынан услап, аяғыңызды дизеден бүгип, арқа тәрепке тартың.
Төменде көрсетилген жағдайларда шомылыў қәўип-қатерге алып келиўи мүмкин:
– Шаршаған болсаңыз;
– Денеңиз артықша қызып кеткен болса;
– Қарыныңыз аш болса;
– Шөллеген болсаңыз;
– Жақын арада қандайдыр кеселликтен емленген болсаңыз;
Жоқарыдағы көрсетип өтилген қағыйдаларға әмел қылыӯыңызды соранамыз.

К. Бекмуратов,
Шымбай районы АЖБ НТБ баслығы.
Forwarded from Karakalpakstan.uz
Диққат! Ўзбекистон Республикаси Инновацион ривожланиш вазирлиги танлов эълон қилади!

Батафсил: https://karakalpakstan.uz/uz/news/show/2168

👉 Каналға ағза болыў - @QresMinistrlerKenesi
Forwarded from Karakalpakstan.uz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Мурожаат ва ечим: Қорақалпоғистонда оммавий қабуллар (18.06.2020)
Forwarded from Karakalpakstan.uz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Брифинг

Қарақалпақстан Республикасы Шымбай районы ҳəкими Ещанов Полат Қадирбергенович қатнасындағы онлайн брифинг

Қорақалпоғистон Республикаси Чимбой тумани ҳокими Ещанов Полат Қадирбергенович иштирокидаги онлайн брифинг

Шымбай районы ҳəкимлигиниң мəлимлеме хызмети

👉 Каналға ағза болыў - @QresMinistrlerKenesi
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Forwarded from Karakalpakstan.uz
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Нөкис қаласы ҳәм барлық район ҳәкимликлериниң рәсмий телеграм каналларына ағза болың ҳәм аймақлардағы ең соңғы жаңалықларды бақлап барың!

Министрлер Кеңеси 👉🏻 t.iss.one/QResMinistrlerKenesi
Нөкис қаласы 👉🏻 t.iss.one/paytaxt_city
Əмиўдәрья районы 👉🏻 t.iss.one/amudarya
Беруний районы 👉🏻 t.iss.one/beruniy_news
Қараөзек районы 👉🏻 t.iss.one/QaraozekHakimligi
Кегейли районы 👉🏻 t.iss.one/kegeylirkuzofficial
Қоңырат районы 👉🏻 t.iss.one/qongiratrkuz
Қанлыкөл районы 👉🏻 t.iss.one/kanlikulnews
Мойнақ районы 👉🏻 t.iss.one/MuynakPress
Нөкис районы 👉🏻 t.iss.one/Aqmangituz
Тахтакөпир районы 👉🏻 t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
Төрткул районы 👉🏻 t.iss.one/turtkulhokim_uz
Хожели районы 👉🏻 t.iss.one/xodjeyli_rk
Тақыятас районы 👉🏻 t.iss.one/taqiyatasrk
Шымбай районы 👉🏻 t.iss.one/shimbayrk
Шоманай районы 👉🏻 t.iss.one/shomanay_rayon
Елликқала районы 👉🏻 t.iss.one/ellikqala1977
Бозатаў районы 👉🏻 t.iss.one/bozataw_uz

👉🏻Каналға ағза болыў 👉🏻 t.iss.one/QResMinistrlerKenesi
Дунё бўйича коронавирусга чалинганлар сони 9 млндан ошди

👉 https://kun.uz/58660106

Kun.uz Telegram каналлари👇

Ўзбекча | O‘zbekcha | Русская
Forwarded from Hudud Inform
Қорақалпоғистон Республикаси

🟥🟨🟩 Эпидемиологик вазиятдан келиб чиққан ҳолда тоифаланган туман ва шаҳарлар
(2020 йил 20 июнь ҳолати):

🟥Қўнғирот тумани,
🟥Хўжайли тумани.
🟩Амударё тумани
🟩Беруний тумани
🟩Қанликўл тумани
🟩Қораўзак тумани
🟩Кегейли тумани
🟩Мўйноқ тумани
🟩Нукус тумани
🟩Тўрткўл тумани
🟩Чимбой тумани
🟩Шуманай тумани
🟩Элликқальа тумани
🟩Тахиатош тумани
🟩Тахтакўпир тумани
🟩Бўзатов тумани
🟩Нукус шаҳар.

Изоҳ: Республика махсус комиссиясининг 2020 йил 29 майдаги йиғилиш баёнида белгиланган вазифалардан келиб чиқиб, Санитария-эпидемиологик осойишталик агентлиги томонидан туман (шаҳар)ларнинг тоифалари ўзгартирилди.

Каналга уланиш: 👇
@hudud_inform
«Денсаŷлық ушын 5000 қәдем»

Кексе әŷлад ӯәкиллериниң жәмийетимиз турмысында белсендилигин арттырыӯ ҳәм олардың саламатлығын беккемлеŷ мақсетинде барлық мәҳәллелерде саламатлық ушын 5000 қәдем атлы пияда жүриў марафоны өткерилмекте.
Ҳәр күни азанғы саат 05-00 ден баслап районымыздың шырайлы кɵшелери менен спорт майданшаларында сондай-ақ, саяманлы орынларда кексе аталарымыз бенен кемпир апаларымызды ҳәм оларға ерип жүрген жасларымызды кɵплеп ушыратамыз.

Сиз ɵзиңиздиң денсаŷлығыңызды беккемлегиңиз келсе ҳәр күни таң ертеден ҳәм кешки аŷқаттан кейин 5000- адым жүриŷ басламасына қосылың.
Бул сизиң узақ жасаŷыңыздың ең әпиŷайы усылы.

«Келиң бизиң қатарымызға қосылың»
Шымбайда «Ең билимли жаслар жетекшиси» таңлаўыныӊ жеңимпазы анықланды

Жаслар аўқамы басланғыш шөлкеми жетекшилериниң жәмийетлик-сиясий тараўға байланыслы билимлерин беккемлеў, соның менен бирге, кең жәмийетшилик алдында сөйлеў шеберлигин арттырыў, басланғыш шөлкем жетекшилери арасынан ең билимли, зийрек жетекшилерди анықлаў ҳәм басланғыш шөлкем жетекшилериниң интеллектуаллық, импровизаторлық дәрежесин раўажландырыў мақсетинде Жаслар аўкамы Шымбай районлық Кеңеси ҳәм Халық билимлендириў бөлими менен биргеликте 22-июнь күни 49-санлы мектепте райондағы барлық жетекшилер арасында «Ең билимли жаслар жетекшиси» таңлаўы өткерилди.
Өз билимлерин тест, жазба жумысы, сөйлеў шеберлиги сыяқлы шәртлерде сынақтан өткерген жетекшилер арасынан 4-санлы мектептиң басланғыш шөлкем жетекшиси Дамир Бийимбетов жеңимпаз болып, таңлаўдың Қарақалпақстан Республикасы басқышына жолламаны жеңип алды.
Кейинги орынларды 36-санлы мектептиң басланғыш шөлкем жетекшиси Әжинияз Юсупов ҳәм 24-санлы мектептиң басланғыш шөлкем жетекшиси Гүлнара Хожаметовалар ийеледи.
Жеңимпазлар Жаслар аўқамы Шымбай районлық Кеңеси тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.