Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Шүкирлик
#Бүгин 80 жасты қарсы алған Шымбайлы апа
Избасқанова Бағдагүл апа 80 жаста
Сабыр етиў шыдамлы болыў арқалы узақ жасап атырған заманласымыз
Өмирде тек ғана өзине исенген ҳеш қашан мийнет етиўден қашпаған инсан ғана бахытқа ерисе алады.
Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў : https://t.iss.one/shimbayrk

Forwarded from Наргиза Толыбаева Азат қызы
#Шүкирлик
#Сабыр етиў
#Кеўилде тек ғана жақсылық
Шымбай районы "Дослық" мәкан пуқаралар жыйыны турғыны Избасқанова Бағдагүл 1943- жылы 25 - февраль күни туўылған апамыз бүгин 80 жасты қарсы алмақта.
Перзентлериниң рәтин көрип олардан жигирма ақлық он үш шаўлық көрип отырған бахытлы нураный апамыз.
Бүгин жумыс барысында қалайынша кеш болғанында сезбей қалып кеш болсада арнаўлы репортаж таярлаў ушын Гулзар апа менен бирге Бағдагүл апанын үйине бардық.
Апаны туўылған күни менен қутлықлап жумысымызға киристик.
Сәўбет даўамында апаның тыныш елимизде бахытлы нураный болып перзентлериниң алдында пәтия берип келинлери қызлары пәрўана екенинен бүгинги тойға келген мийманлардың мүнәсибетлерин толып тасып айтип бергени менде өзгеше бир тәсир қалдырды.
Инсанға жасты Аллаталам береди ал оны қандай өткериў ҳәр кимниң өзине байланыслы екенин бүгин турмыс дәллиледи.
Ҳәмме ўақыт кеўилли жүриў кеўилде тек жақсы нийетлер болса ғана адам узақ жасайды екен.

#Даналар айтады
Өмирде бахытлы инсанлар ғана ҳеш кимниң өмирине турмысына араласпайтуғын инсанлар екен.
Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў : https://t.iss.one/shimbayrk
Өмирде бахытлы инсанлар ғана ҳеш кимниң өмирине турмысына араласпайтуғын инсанлар екен.
Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў : https://t.iss.one/shimbayrk
Бос жумыс орынларын жасырыў жағдайлары анықланды ҳәм тийисли тәртипте шара көрилди
Жоқарғы Кеңес Баслығының тапсырмасы менен 2023-жылдың басынан усы күнге шекемги алып барылған үйрениўлер даўамында бир қанша министрлик ҳәм басқарыў уйымлары тәрепинен бос жумыс орынлары жасырылғанлығы анықланды.
Атап айтқанда, Халық билимлендириў министрлиги тәрепинен Нөкис қаласындағы 19 мектепте бар болған 21 бос жумыс орынлары, Денсаўлықты сақлаў министрлиги районлар кесиминде 182 бос жумыс орынларын, Тоғай хожалығы комитети болса 61 бос жумыс орнын жасырып, Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлигине усыныс етпеген.
Нәтийжеде бар болған бос жумыс орынлары ҳаққындағы мағлыўматтан бәнтлигин тәмийинлеўге мүтәжлиги бар пуқараларымыз бийхабар қалған.
Анықланған кемшиликлер бойынша жуўапкерлерге тийисли тәртипте жаза шарасы қолланылды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter

Қурманың пайдалы тәреплери
️ Жүрек, баўыр ҳәм бүйрек жумысын жақсылайды;
️ Қанды азықландырады, кемқанлық ҳәм гипертонияда пайдалы есапланады;
️ Иммунитетти көтереди;
️ Ишек тәбийий микрофлорасын тиклейди;
️ Кислота теңсалмақлылығын сақлайды;
️ Өспе кеселликлерир қәўпин азайтады,
️ Мий жумысын жақсылайды.
Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў : https://t.iss.one/shimbayrk
️ Жүрек, баўыр ҳәм бүйрек жумысын жақсылайды;
️ Қанды азықландырады, кемқанлық ҳәм гипертонияда пайдалы есапланады;
️ Иммунитетти көтереди;
️ Ишек тәбийий микрофлорасын тиклейди;
️ Кислота теңсалмақлылығын сақлайды;
️ Өспе кеселликлерир қәўпин азайтады,
️ Мий жумысын жақсылайды.
Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў : https://t.iss.one/shimbayrk
Хабарландырыӯ
Шымбай районында сектор баслықлары тәрепинен Халық қабыллаӯханасы ҳәм ҳәким жәрдемшилери менен биргеликте өткерилетуғын «Мәҳәллебай» көшпели қабыллаӯы ӯақты ҳәм мәнзили
2023-жыл 1 - март саат 15:00
«Майжап» аӯыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 26- санлы мектеп имаратында
Шымбай районы Ишки ислер бөлими баслығы , 3 - сектор баслығы C.Утамбетов
2023-жыл 2 - март саат 15:00
«Жипек - жолы » мәкан пуқарлар жыйыны аймағындағы 38 - санлы мектеп имаратында
Шымбай районы Салық инспекциясы баслығы ҳәм , 4 -сектор баслығы К.Байжанов
Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
Каналымызға ағза болың : 👉 @shimbayrk

ТАСҚА КӨГЕРГЕН ГҮЛ
Адам адам болып тилге келгели,
Дәстанлар дөретип, китаплар жазып,
Өз-өзин түсинип болған жоқ еле,
Адам тастан қатты, гүлден де нәзик.
Инсан ийниндеги жүктиң аўырын
Артсаң, асқар таў да ыңырана баслар.
Қус шоқыса Прометейдиң баўырын,
Адам төзер, лекин төзбейди таслар.
Сол қара тасларды жарып бәҳәрде,
Өскен гүлди көрип жаның қулазып,
Мақтанып, елжиреп ойларсаң ҳәм де:
"Адам тастан қатты гүлден де нәзик".
Брестте тас ерип, темир тапланды,
Соңғы демге дейин шайқасты солдат.
Карбышев музлады, Гастелло жанды,
Тәслим болғанда да тас пенен полат.
Бирақ мәңги тарийх тасына олар
Мәртлик оты менен кеттилер жазып,—
Бул жазылған бес сөз былай оқылар:
"Адам тастан қатты, гүлден де нәзик."
Инсан кеўлиндеги мийрим—шәпәәт
Егер қуяш болса, тас гүллер еди.
Ағар дәрья болса ышқы-муҳаббат,
Дүньяда шөл қалмай гүлленер еди.
Соңғы нанын берип өз жолдасына,
Адам жығылады жүреги сазып.
Жазсаң арзыр оның қулпы тасына:
"Адам тастан қатты, гүлден де нәзик".
Дослық, мийрим ушын кең қушақ ашқан
Бул заманда озық ақыл-зейинлер.
От ҳәм суў, пал ҳәм уў табысты қашшан,
Табысалмай атыр бирақ пейиллер.
Олар Хиросима ҳәм Освенцимди
Дүньяға таңбақшы ақылдан азып.
Қыйраған тиршилик тахтына ҳәм де
"Адам тастан қатты... "деп қоймақ жазып.
Кеўил-бир гөззал бағ, тәбият етип,
Татлы мийўасын жеп, аралаў мүмкин.
Бир жыллы жүз бенен ўақтын хош етип,
Бир жаман сөз бенен жаралаў мүмкин.
Гүлленсин деп инсан кеўлиниң бағы,
Бағман гүл егеди тәңирге жазып.
Гүлди женшип кетер малдың туяғы,
Ал адамның кеўли гүлден де нәзик.
Адамзат дүньяға келгели бери,
Жақсылық-жаманлық ойынын ойнап,
Кимлигин түсине алмай өзлери,
Канша китап жазар басларын қыйнап.
Адамзаттың минезлемесин маған
Дәл, толық сүўретлеп бер десе жазып,
Айтар едим халықтың нақылын оған:
"Адам тастан қатты, гүлден де нәзик."
Май, 1982-жыл.

Forwarded from Joqarǵı Keńes.uz
Айырым мектеплерде оқыўшыларға сапасыз азық-аўқат өнимлери берилип атырғанлығы анықланды
Өзбекстан Респбликасы Министрлер Кабинетиниӊ 2022-жыл 25-август күнги «Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўалаятында жайласқан улыўма орта билим бериў мәкемелеринде саламат аўқатландырыў системасын еле де жетилистириў ис-илажлары ҳаққында»ғы 472-санлы қарары талапларының орынланыўы ҳәм балалардың сапалы азық-аўқатлық затлар менен тәмийинлениўин қадағалаў бойынша Жоқарғы Кеңес Баслығының тапсырмасы менен Кегейли районында жайласқан Халық билимлендириў бөлимине қараслы 1-8-19- ҳәм 55-санлы улыўма орта билим бериў мектеплеринде Санитария эпидемиология басқармасы хызметкерлери тәрепинен алып барылған үйрениў жумыслары нәтийжесинде бир қанша қопал қәте-кемшиликлер анықланды.
Атап айтқанда, балаларға берилип атырған азық-аўқат өнимлери белгиленген нормадан аз муғдарда, сондай-ақ, ишимлик суўы менен тәмийинленбеген ҳәмде ыссы чай менен тәмийинлеў ушын үскенелер толық орнатылмаған.
Ең ашынарлысы азық-аўқат ɵнимлериниң сапасы үйренилгенде, алма мийўеси тутыныўға жарамсыз (ширик) жағдайда, соның менен бирге, қадақланған өнимлер зыянкеслер менен патасланған.
Буннан тысқары, бул азық-аўқат өнимлери арнаўлы автотранспортларда емес, жолаўшы тасыўшы транспортлар арқалы жеткерип берилмекте. Соның менен бирге айырым мектеплерде ҳәр күнлик азық-аўқат өнимлериниң сапасын қадағалап алыўшы комиссия қурамы дүзилмеген.
Бүгинги күнде анықланған кемшиликлерди сапластырыў ҳәм жуўапкерлерге шара көриў бойынша қадағалаўшы уйымлар тәрепинен тийисли тәртипте жумыслар алып барылмақта.
Соныда айрықша атап өтиў орынлы, балаларды аўқатландырыў талапларының орынланыўы бойынша республикадағы барлық мектеплерде үйрениў жумыслары алып барылады ҳәм бийпәрўа болған мектеп директорлары менен жуўапкерлерге қатаң жаза шара көриледи.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉ Telegram 🌐Website 📱 Instagram 📱 Facebook 📱 Twitter

Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Район ҳәкимликлери есабында турған резерв жерлер ҳеш бир ҳүжжетсиз пайдаланыўға киргизилген
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевтың тапсырмасы менен аўыл хожалығы тараўында алып барылған үйрениўлер нәтийжесинде бир қанша нызамсыз ҳәрекетлер анықланған.
Атап айтқанда, өткерилген мониторинг нәтийжесинде район ҳәкимликлериниң резервинде турған 7 157 гектар егислик жерлерге ҳеш бир ҳүжжетсиз аўыл хожалығы егинлери егип келгенлиги анықланған.
Атап айтқанда:
- Шоманайда 2 408 гектар,
Берунийде 665 гектар,
Қанлыкөлде 643 гектар,
Қараөзекте 436 гектар,
Тақыятаста 392 гектар,
Шымбайда 363 гектар,
Төрткүлде 203 гектар,
Бозатаўда 182 гектар,
Қоңыратта 107 гектар ҳәм Кегейли районында 89 гектар жер майданға ҳеш бир ҳүжжетсиз аўыл хожалығы егинлери егилип келинген.
Бул кемшиликлер ҳәкимлердиң ҳәм тараў басшыларының итибарсызлығы себебинен келип шыққан.
Соның менен бирге тийкарғы түрдеги азық-аўқат өнимлериниң бири болған картошка ҳәм пыязды жетистириў бойынша ҳеш бир районда қәнигелескен хожалықлар шөлкемлестирилмеген ҳәм бул хожалықларды шөлкемлестириў бойынша ҳеш бир мәселе көтерилмеген.
Анықланған кемшиликлер бойынша жуўапкерлерге қатаң жаза шарасын қоллаў илажлары көрилмекте.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевтың тапсырмасы менен аўыл хожалығы тараўында алып барылған үйрениўлер нәтийжесинде бир қанша нызамсыз ҳәрекетлер анықланған.
Атап айтқанда, өткерилген мониторинг нәтийжесинде район ҳәкимликлериниң резервинде турған 7 157 гектар егислик жерлерге ҳеш бир ҳүжжетсиз аўыл хожалығы егинлери егип келгенлиги анықланған.
Атап айтқанда:
- Шоманайда 2 408 гектар,
Берунийде 665 гектар,
Қанлыкөлде 643 гектар,
Қараөзекте 436 гектар,
Тақыятаста 392 гектар,
Шымбайда 363 гектар,
Төрткүлде 203 гектар,
Бозатаўда 182 гектар,
Қоңыратта 107 гектар ҳәм Кегейли районында 89 гектар жер майданға ҳеш бир ҳүжжетсиз аўыл хожалығы егинлери егилип келинген.
Бул кемшиликлер ҳәкимлердиң ҳәм тараў басшыларының итибарсызлығы себебинен келип шыққан.
Соның менен бирге тийкарғы түрдеги азық-аўқат өнимлериниң бири болған картошка ҳәм пыязды жетистириў бойынша ҳеш бир районда қәнигелескен хожалықлар шөлкемлестирилмеген ҳәм бул хожалықларды шөлкемлестириў бойынша ҳеш бир мәселе көтерилмеген.
Анықланған кемшиликлер бойынша жуўапкерлерге қатаң жаза шарасын қоллаў илажлары көрилмекте.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Реклама қурылмаларын орнатып исбилерменлик басламакшысызба?
Қарақалпақстан Республикасы бойынша 68 реклама конструкцияларын орнатыў ушын жер участкалары e-auksion.uz да
▫️ Әмиўдәрья районы 2 (қараңыз)
▪️ Бозатау районы 2 (қараңыз)
▫️ Қараөзек районы 4 (қараңыз)
▪️ Кегейли районы 6 (қараңыз)
▫️Қоңырат районы 6 (қараңыз)
▪️ Мойнақ районы 1 (қараңыз)
▫️ Нөкис районы 2 (қараңыз)
▪️ Тақыятас районы 8 (қараңыз)
▫️ Тахтакөпир районы 3 (қараңыз)
▪️ Хожели районы 12 (қараңыз)
▫️ Шымбай районы 2 (қараңыз)
▪️ Шоманай районы 2 (қараңыз)
▫️Нөкис қаласы 18 (қараңыз)
Аймақлардан сыртқы реклама объектлерин жайластырыў хуқықын сатып алың!
Telegram | Facebook | Instagram | Youtube

«Пуқаралардың мəмлекетлик пенсия тəмийнаты туӯрысында»ғы Нызамның 7-статьясына тийкар жасына байланыслы пенсия алыӯ ҳуқықына:
Еркеклер - 60 жасқа толғанда ҳəмде мийнет стажы кеминде 25 жыл болғанда;
Ҳаяллар – 55 жасқа толғанда ҳəмде мийнет стажы кеминде 20 жыл болған жағдайда ийе болады.
Жоқарыдағы Нызамның 8-статьясына тийкар, пенсия таярлаӯ ушын (7-статья) жетерлише мийнет стажына ийе болмаған пуқараларға жасына байланыслы пенсиялар усы Нызамның 37-статьясы биринши бөлиминиң ”а”, ”б”, ”в” ҳəмде ”г” бəнтлеринде нəзерде тутылған кеминде 7 жыл мийнет стажына ийе болған жағдайда, бар мийнет стажына тең муғдарда (29-статья) таярланады.
Пенсия қоры Шымбай районы бөлими исеним телефоны: (61) 444-04-11

Kóshpeli qabıllaw Shımbayda
SHımbay rayonı isbilermenleri hám puqaraları dıqqatına!
Kadastr agentligi Qaraqalpaqstan Respublikası basqarmasınıń kadastr agentligi SHımbay rayonınıń bo'limi
27-fevral kúni saat 15:00 de SHımbay rayonında gezektegi kóshpeli qabıllawı bolıp ótedi.
Kadastr agentligine hám basqada tarawǵa baylanıslı sorawlarıńız bolsa, kóshpeli qabıllawǵa mirát etemiz.
Mánzil: SHımbay rayonı Gu'listan MPJ Jaqsiliq kóshesi 41-jay Gu'listan MPJ imáratı

Президент қарори
Протез-ортопедия мосламалари билан таъминлашда тиббий хулоса сўралмайди
2023 йил 1 сентябрдан бошлаб ногиронлиги бўлган шахсларни протез-ортопедия мосламалари ва реабилитация қилишнинг техник воситалари билан таъминлашда ногиронлиги бўлган шахслардан тиббий хулоса талаб қилиш бекор қилинади.
📍https://uza.uz/posts/458046
🔻Ўзбекистоннинг ягона расмий ахборот агентлиги
Тelegram | Facebook | Instagram | You Tubе

Ногиронлар, уларга ғамхўрлик қилувчи фуқаролар давлат хизматларидан навбатсиз фойдаланиши мумкин
📍https://uza.uz/posts/458028