Shimbay.uz
6.75K subscribers
32.4K photos
5.72K videos
33 files
11.7K links
Download Telegram
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2022-жыл 31-августтағы ПП-213-санлы “Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлик, инновациялық технологиялар ҳәм инфраструктураны жедел пәтлерде раўажландырыў арқалы халықтың абаданлығын арттырыўдың қосымша илажлары ҳаққында”ғы Пәрманына тийкар быйылғы жылда 500 жастың жоқары оқыў орнына қосымша квота тийкарында қабыл етилиўи белгиленген болып, Дониёр Комилов Ташкент медицина академиясы Үргениш филиалы студенти болыў бахтына миясар болды.
Хожалық жүргизиўши субъект баслықлары, жер қазыў техникасы ийелери ҳәм жерден пайдаланыўшыларға еслетпе!

Бәршемизге белгили, халқымыз ушын хызмет көрсетиўге мөлшерленген жер асты магистрал байланыс кабеллери мәмлекетлик қадағалаўға алынған.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 1998-жыл 15-майдағы 210-санлы қарары тийкарында магистрал байланыс кабеллериниң ҳәр еки тәрепинен 2 метр аралық қорғаў аймағы болып есапланады.

Сонлықтан, аймақларда руқсатсыз бәрше түрдеги жер қазыў-көмиў ҳәм ҳәр түрли формадағы қурылыс жумысларын әмелге асырыў қадаған етиледи!

Егер сизде усындай аймақларда жер қазыў ҳәм қурылыс ислерин әмелге асырыў зәрүрлиги болса, магистрал байланыс кабель трассасы белгиси көрсетилген мәнзилге яки 1133 қысқа нөмерине мүрәжат етиўиңиз соралады.

Еслетип өтемиз: бундай жағдайларда материаллық зыян ҳәм авария-тиклеў жумысларын алып барыў ушын талап етилетуғын қәрежетлер байланыс линияларына зыян жеткерген пуқарадан өндириледи.
Forwarded from Karakalpakstan.uz
⚡️"Жаңа нәпес" ғалабалық жуўырыў марафоны болып өтти

🔷Толық оқыў

Каналға ағза болыў:https://t.iss.one/QResMinistrlerKenesi
Қутлықлаймыз

Ҳүрметли Мийригул Жумабаевна!

Сизди бүгинги туўылған күниӊиз бенен қутлықлаймыз.

Сизге беккем денсаўлық, шаӊарағыӊызға аманлық, халқымыз ийгилиги, әсиресе ҳаял-қызлардыӊ мәплерин қорғаў ҳәм шаӊарақлар беккемлигин тәмийинлеўдей машақатлы жумысларыӊызда табыслар тилеймиз.

Ҳүрмет пенен, Шымбай районы Шаӊарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими жәмәәти

Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

https://t.iss.one/shimbayrk
АНАМДЫ САҒЫНДЫМ

Балалық сезимге қайтайын,
"Түлкишек" қосығын айтайын,
Аўылға бир барып қайтайын,
Анамды сағындым, анамды.

Қоллары мийнеттен қабарған,
Шашлары сийрексип ағарған,
Көзлери жолыма қадалған,
Анамды сағындым, анамды.

Өтмишке бир нәзер салайын, Қабарған кеўилин алайын,
Жанында бир қонып қалайын,
Анамды сағындым, анамды.

Қашпа деп қыйыннан мийнеттен,
Турмыстың сырларын үйреткен,
Сөзимди қамырдай ийлеткен,
Анамды сағындым, анамды.

Кеўили кең жазық даладай,
Барсам ол қуўанар баладай,
Таппадым шын сырлас анадай,
Анамды сағындым, анамды.


Р. Отарбаев.
#Табыслар_даўамлы_болсын

Шымбай районы Медицина бирлеспесиниң қыстаўлы медициналық жәрдем бөлиминиң хирург шыпакери Кайпов Сапарбай Уразбаевич Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Медицина хызметкерлери күни мүнәсибети менен тараўдың хызметкерлеринен бир топарын сыйлықлаў туўрысында"ғы Пәрманына муўапық "Дослық" ордени менен сыйлықланды.

Бүгин усы мүнәсибет пенен Сапарбай Уразбаевичти Шымбай районы ҳәкими А.Тажетдинов шыпакерлер байрамы ҳәмде "Дослық" ордени менен сыйлықланғаны ушын шын кеўилден кутлықлады.Бул жетискенлик районымыз шыпакерлери ушын даўамлы болыўын тиледи.

Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

https://t.iss.one/shimbayrk
#Шымбай

Қыз – жигити кийген атлас дарайы,
Бағы – бостан гүл – гүл дөнген шырайы, Қарақалпақтың Нөкистен соң орайы, Шадлықта шалқыған ели Шымбайдың.
Ибрайым Юсупов