Shimbay.uz
5.88K subscribers
28.9K photos
4.75K videos
29 files
10.7K links
Download Telegram
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев халықты социаллық жақтан қорғаў системасын раўажландырыў бағдарында Президентимиз тәрепинен белгилеп берилген тапсырмаларды атап өтти.

Социаллық жақтан қорғай реестрине кирген шаңарақларға көмир, суйылтырылған газ, азық-аўқат ҳәм басқада зәрүрликлер ушын 600 мың сўмнан бир мәртелик жәрдем пулы ажыратылады.

15-сентябрден баслап Қарақалпақстан Республикасы ушын пенсия ҳәм напақа алыўшылар, майыплығы болған шахсларға темир жол ҳәм авиа билет сатып алыўы ушын 50 пайыз шегирме тикленеди.

2025-жылға шекем қосылған қун салығы бойынша режеден артық орынланған түсимлер Қарақалпақстанның бюджетинде қалдырылады.

Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Нөкис қаласы орайындағы зәўлим Амфитеатрда Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 31 жыллығына бағышланып өткерилип атырған "Жаңа Өзбекстанда ел әзиз, инсан әзиз" атамасындағы байрам салтанаты басланды.

Каналға ағза болыў:@joqargikenes
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 31 жыллығыңа бағышланып өткерилип атырған "Жаңа Өзбекстанда ел әзиз, инсан әзиз" атамасындағы байрам салтанаты көтериңки руўхта даўам етпекте.

Көркем өнер ғайраткерлери тәрепинен таярланған тынышлықты, дослықты, миллетлер аралық татыўлықты сүўретлеўши қосықлар жыйналғанлар кеўлине көтериңкилик бағышламақта.

Каналға ағза болыў: @joqargikenes
#Инсан қәдири ушын

#Итибар ҳәм нәтийже

Бүгин және бир инсанның қуӯанышына шерикпиз

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев басшылығында районымызда кен көлемли жумыслар еледе даӯам етпекте. Алдын хабар бергенимиздей пуқаралар тәрепинен билдирилген мүрәжатларға тийкар студентлердиң контракт төлемлерин қаплап бериў ушын "Ваучер"лер тапсырылған еди. Атап айтқанда «Дослық» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы Қарақалпақ мәмлекетлик Университетиниң Көркем - өнер факультетиниң 2 курс студенти Сабырбаев Баҳрамның ата-анасының мүрәжатына көре, өткен жылғы контракт пулын шаңарак жағдайына байланыслы төлей алмай атырғанлығы себепли ӯақтынша дем алыс алыӯына мәжбүр болған ҳәм 12 млн 800мын сум төлеп бериӯине жәрдем сораған еди. Мүрәжаты тез пурсатта орынланып Баҳрамға 12 млн 800 мын сум муғдарында контракт төлеми төлеп берилди ҳәм ол өз оқыўын дослары арасында даўам еттиретуғын болды.

Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналымызға ағза болың : 👉 @shimbayrk
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 31 жыллығыңа бағышланып өткерилип атырған "Жаңа Өзбекстанда ел әзиз, инсан әзиз" атамасындағы байрам салтанаты көтериңки руўхта даўам етпекте.

Каналға ағза болыў: @joqargikenes