Shimbay.uz
5.88K subscribers
28.9K photos
4.75K videos
29 files
10.7K links
Download Telegram
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
“3-декабрь – Халықаралық имканияты шекленгенлер күни” мүнәсибети менен байрам илажы өткерилди

Бүгинги күнде мәмлекетимизде инсан қәдири, оның ҳуқық ҳәм еркинликлерин тәмийинлеў, социаллық қоллап-қуўатлаўға мүтәж пуқараларға ғамхорлық көрсетиў мәмлекетлик сиясаттың баслы бағдарларының бирине айланған.

Бул бағдарда барлық пуқараларымыз сыяқлы имканияты шекленген ўатанласларымызға итибар ҳәм әмелий жәрдем көрсетиў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға айрықша кеўил бөлинбекте. Оларға барқулла итибар қаратылып, бар мүмкиншиликлер жаратылып атыр.

Бүгин Нөкис қаласындағы зәўлим орынлардыӊ биринде “3-декабрь – Халықаралық имканияты шекленгенлер күни” мүнәсибети менен байрам илажы болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниӊ Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасып, мәмлекетимизде ҳеш ким меҳир ҳәм итибардан шетте қалмайтуғынлығын атап өтти.

Байрам илажында қатнасыўшыларға баҳалы саўғалар тапсырылды.

Көркем өнер ҳәм мәденият хызметкерлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы жыйналғанларға хош кейпият бөлисти.

"3 декабрь - Халқаро ногиронлиги бўлган шахслар куни" муносабати билан байрам тадбири ўтказилди

Бугунги кунда мамлакатимизда инсон қадри, унинг ҳуқуқ ва эркинликларини таъминлаш, ижтимоий қўллаб-қувватлашга муҳтож фуқароларга ғамхўрлик кўрсатиш давлат сиёсатининг устувор йўналишларидан бирига айланган.

Бу борада барча фуқароларимиз каби имконияти чекланган юртдошларимизга эътибор ва амалий ёрдам кўрсатиш, уларни ҳар томонлама қўллаб-қувватлашга алоҳида эътибор қаратилмоқда. Уларга доимий ғамхўрлик қаратилиб, имкониятлар яратилмоқда.

Бугун Нукус шаҳридаги сўлим масканларнинг бирида "3 декабрь - Халқаро ногиронлиги бўлган шахслар куни" муносабати билан байрам тадбири бўлиб ўтди.

Унда Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгесининг Раиси Аманбай Орынбаев иштирок этиб, мамлакатимизда ҳеч ким меҳр ва эътибордан четда қолмаслигини таъкидлади.

Байрам тадбирида иштирокчиларга қимматбаҳо совғалар топширилди.

Санъат ва маданият ходимлари томонидан тайёрланган концерт дастури йиғилганларга хуш кайфият улашди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

🌐Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐YouTube
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Итибар ҳәм ғамхорлық

Бүгин сәне мүнәсибети менен районымыздағы сектор баслықлары ҳәм район ҳәкиминиӊ орынбасарлары 24 -санлы көп тармақлы қәнигелестирилген МШБШне барып бақша тәрбияланыўшыларының жағдайынан хабар алып олардың кеўлин көтерип  байрам саўғаларын тапсырды.

Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме  хызмети

Каналымызға ағза болың : 👉 
@shimbayrk
Ҳеш ким итибардан шетте қалмайды

Бүгинги күнде мәмлекетимизде инсан қәдири, оның ҳуқық ҳәм еркинликлерин тәмийинлеў мәмлекетлик сиясаттың баслы бағдары етип белгиленген.

Бул бағдарда барлық пуқараларымыз сыяқлы майыплығы болған ўатанласларымызға итибар ҳәм әмелий ғамхорлық көрсетиў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға айрықша кеўил бөлинбекте.

3-декабрь Халық аралық “Майыплығы болған шахслар күни” мүнəсибети менен Шымбай  районы ҳәкимлиги тәрепинен район аймағындағы социаллық жəрдемге мүтəж майыплығы болған пуқараларға байрам дәстурханы жайылды. Илажда район ҳәкими  орынбасары Р.Жумамуратов,Қарақалпақстан Республикасы денсаўлықты сақлаў министири М.Қурбанов ҳәмде сектор баслықлары  бәрше қатнасыўшыларды сәне мүнәсибети менен қутлықлап, саўғалар тапсырды.


Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме  хызмети

Каналымызға ағза болың : 👉 
@shimbayrk