Shimbay.uz
9.98K subscribers
31.3K photos
5.45K videos
32 files
11.4K links
Download Telegram
«Жасыл мәкан» акциясы шеңберинде Шымбай районында илаж өткерилди

Мәўсим басланғанлы районымызда аўызбиршиликли түрде даўам етип атырған «Жасыл мәкан» улыўма халықлық акциясы шеңберинде декоратив терек нәллерин егиў жумыслары алып барылып атыр.

Бүгин болса район ҳәкими Айбек Тажетдинов басламасы менен "Тазғара" аўыл пуқаралар жыйынында "Депутатлар бағы" шөлкемлестирилди.

Илажда Халық  депутатлары Шымбай районлық Кеңесиндеги депутатлар топары ағзалары қатнасып, акция шеңберинде абаданластырыў ҳәм көкелемзарластырыў жумысларында өз үлеслерин қосты.

Келешекте үлкен "Депутатлар бағы" жаратыў бойынша  бәрше депутатлар бул бойынша өзлериниң усынысларын билдирди.

Соны айрықша атап өтемиз бәҳәр мәўсими  басланса бул бағда үлкен нәтийжели жумыслар алып барылады.

Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме  хызмети

Каналымызға ағза болың : 👉 
@shimbayrk
#Жасыл_мәкан_акциясы

Жасыл мәкан акциясы шеңберинде


Шымбай районы 2-сектор аймағында «Жасыл мәкан» жойбары ҳәмде абаданластырыӯ ислери қызғын даӯам етпекте.

Мағлыӯмат ушын, сектор аймағында 4 мәкан пуқаралар жыйыны  ҳәмде 2 аӯыл пуқаралар жыйынында бәрше аймақ турғынлары сондай-ақ прокуратура хызметкерлери де биргеликте  белсене  қатнаспақта.

Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме  хызмети

Каналымызға ағза болың : 👉 
@shimbayrk