Shimbay.uz
6.75K subscribers
32.4K photos
5.72K videos
33 files
11.7K links
Download Telegram
Қуяш панели арқалы ислеп шығарылған электр 1000 сумнан сатып алынады

Қуяш панелин орнатқан пуқаралар тәрепинен өз мүтәжлигинен артықша ислеп шығарылған электрдиң ҳәр киловатты ушын 1 000 сумнан субсидия бериледи, яғный, мәмлекет электрди пуқаралардан 1 000 сумнан сатып алады.

Усы субсидияны алыў ушын “Soliq” (Салық) мобил қосымшасы арқалы дизимнен өтиў керек.

Исбилерменлер тәрепинен қуяш, самал ҳәм биогаз электр станцияларында ислеп шығарылған ҳәр бир киловатт электр 720 сумнан сатып алынады. Буның ушын тийисли шәртнаманы дүзиў ушын «Аймақлық электр тармақлары» АЖниң районлық (қала) филиалларына мүрәжат етиў керек.

Қуёш панели орқали ишлаб чиқарилган электр 1000 сўмдан сотиб олинади

Қуёш панели ўрнатган аҳоли томонидан ўз эҳтиёжидан ортиқча ишлаб чиқарилган электрнинг ҳар бир киловатти учун 1 000 сўмдан субсидия берилади, яъни давлат электрни аҳолидан 1000 сўмдан сотиб олади.

Мазкур субсидияни олиш учун “Soliq” мобил иловаси орқали рўйхатдан ўтиш лозим.

Тадбиркорлар томонидан қуёш, шамол ва биогаз электр станцияларида ишлаб чиқарилган ҳар бир киловатт электр 720 сўмдан сотиб олинади. Бунга оид шартномани тузиш учун “Ҳудудий электр тармоқлари” АЖнинг туман (шаҳар) филиалларига мурожаат қилиш лозим.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

🌐Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐YouTube
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#ҒХҚ_биз_ҳаққымызда

Шымбайлы бағман ҳәм пал өнимин жетистириўши мийнеткеш инсан ҳаққында….

Өмир мазмунының, бахытлы турмыстың, жетискенлик ҳәм әўметтиң түп негизинде инсан мийнети бар, буны районымыз турғыны, ардақлы нураный Ахмет Сметов өзиниң турмыс тәжрийбеси арқалы дәлиллегендей. Ол мийнеткеш дийқан, бүгинниң ҳақыйқый адамы яғный заман менен тең қәдем таслап киятырған инсан десек асыра айтқан болмаймыз. Қоңсылас мәмлекетлерге шәртнама тийкарында өнимлерин сатады, базарларға алып барады, пал ҳәррешилиги менен шуғылланады, перзентлерин оқытқан, аўыл-ел арасында ҳүрмет-иззетке бөленген инсан.

Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме  хызмети

Каналымызға ағза болың : 👉 
@shimbayrk
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Видеоролик

Бес баслама олимпиадасы


🏐Жасларымыздың бос ўақтын мазмунлы шөлкемлестириў ҳәм олардың физикалық саламатлығын беккемлеў мақсетинде "Бес баслама олимпиадасы" шеңберинде  Волейбол жарысының районлық басқышы болып өтти.

🔗Ер балалар ҳәм қызлар командалары қатнасып, мәҳаллелер арасында болып өткен жарыс қызғын гүреслерге ҳәм күтилмеген мәўритлерге бай болды.
Кеўил билдириў

Усы жылдың 22-сентябрь күни Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген санаат хызметкери, белгили мәмлекетлик ғайраткер Худайберген Айманов 68 жасында дүньядан өтти.

Худайберген Айманов 1956-жылы Нөкис қаласында туўылған. 1973-1974-жылларда Нөкис авиаотрядының жанылғы-майлаў материаллары бөлиминде қоймашы лаўазымында мийнет жолын баслаған болып, 1976-1979-жылларда Нөкис авиаотрядының авиатехниги лаўазымында, буннан соңғы жылларда "Тақыятас нефть базаси" унитар кәрханасының үлкен диспетчери, бас инженери, директоры лаўазымларында жемисли мийнет етти.

Ғәрезсизлигимиздиң дәслепки жылларында Республикалық "Нефтөнимлери тәмийнаты" кәрханасы директорының орынбасары, 1995-2002-жылларда "Шымбай нефть базасы" унитар кәрханасының директоры, 2002-2003-жылларда "Қарақалпақнефтөнимлери" кәрханасының директоры лаўазымларын табыслы атқарды.

Худайберген Айманов 2003-2004 ҳәм 2006-2009-жылларда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Санаат, қурылыс, транспорт, саўда ҳәм байланыс мәселелери комитети баслығы сыпатында елимиздиң жәмийетлик-сиясий турмысында, санаат, қурылыс ҳәм басқа да тараўлардың раўажланыўында, нызам дөретиўшилиги ҳәм орынланыўын тәмийинлеў бағдарында да нәтийжели жумыс алып барды.

Буннан соңғы жылларда "Ўзтрансгаз" акционерлик компаниясы "Шимолгазтаъминот" унитар кәрханасы директоры ўазыйпасын атқарыўшы лаўазымларында ҳәм өмириниң ақырына шекем "Ҳудудгазтаъминот" акционерлик жәмиети "Ҳудудгаз Қарақалпақстан" газ тәмийнаты филиалының директоры лаўазымларында өз ўазыйпасын жуўапкершилик пенен атқарды.

Худайберген Айманов қайсы лаўазымда ислеседе, өзин мийнетсүйгиш, терең билимли, истиң көзин билетуғын шебер шөлкемлестириўши басшы сыпатында таныта билди. Ол республикамыз санаатын раўажландырыўдай үлкен ўазыйпаны атқарыўда өзиниң салмақлы үлесин қосып, бир неше шәкиртлер таярлады. Оның мийнетлери өз ўақтында мүнәсип баҳаланып, «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген санаат хызметкери» атағы менен сыйлықланды.

Халқымыз ийгилиги ушын аянбай мийнет еткен қәдирли инсан, белгили санаат тараўы хызметкери, сиясий-жәмийетлик ғайраткер, үлгили устаз Худайберген Аймановтың жарқын естелиги халқымыздың ядында узақ сақланып қалады.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси,
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Бизнес марафон



⚡️Шымбайлы жаслар "Бизнес марафон" да белсене қатнасты

📍2024-жыл "Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў жылы" мүнәсибети менен жасларымыздың бизнес потенциалын асырыў мақсетинде кең көлемли ис-илажлар әмелге асырылмақта.

🖇Жаслар арасында бизнеске қызығыўшылығын арттырыў ҳәм жас исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў мақсетинде болып өткен "Бизнес марафон"ға районымыз жаслары да белсене қатнасып, өз бизнес жойбарларын усынды.

📌Марафон даўамында жаслар бизнес бойынша билим ҳәм көнликпелерге ийе болды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң ютуб (YouTube) каналы өз жумысын баслады

Сиз бул жерде Президентимиз басшылығында Қарақалпақстан Республикасында әмелге асырылып атырған реформалардың турмысымызда сәўлелениўи, халқымыз абаданлығын тәмийинлеў жолындағы ийгиликли ислерден хабардар боласыз.

Соның менен бирге Жоқарғы Кеңес, ҳүкимет ҳәм депутатлардың жумыслары жөнинде кеңнен мағлыўматлар берип барылады.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

🌐Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐YouTube
#Дыққат_вакансия

⚡️Президент жанындағы Мәмлекетлик хызметин раўажландырыў агентлиги Қарақалпақстан Республикасы филиалы мәмлекетлик уйым ҳәм шөлкемлер менен биргеликте төмендеги вакант лаўазымларға ашық таңлаў жәриялайды.

🔷 Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлиги:


▫️ Коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм ҳуқуқый қадағалаў секторы баслығы.

🔷 Қарақалпақстан Республикасы Экономика ҳәм қаржы министрлиги:

▫️ Хожели районлық бөлими: санаатты раўажландырыў бойынша бас қәниге.

▫️ Тахтакөпир районлық бөлими: санаатты раўажландырыў бойынша бас қәниге.

▫️ Шымбай районлық бөлими: санаатты раўажландырыў бойынша бас қәниге.

▫️ Бозатаў районлық бөлими: санаатты раўажландырыў бойынша бас қәниге.

▫️ Әмиўдәрья районлық бөлими: санаатты раўажландырыў бойынша бас қәниге.

▫️ Беруний районлық бөлими: санаатты раўажландырыў бойынша бас қәниге.

▫️ Қараөзек районлық бөлими: санаатты раўажландырыў бойынша бас қәниге.

▫️ Елликқала районлық бөлими: санаатты раўажландырыў бойынша бас қәниге.

▫️ Тақыятас районлық бөлими: санаатты раўажландырыў бойынша бас қәниге.

❗️Aрзалар 24.09.2024-жыл саат 23:59 ға шекем қабыл етиледи.

Ҳүжжетлерди жибериў бойынша видеоқолланба.

@ARGOS_QR
Қарақалпақстан Республикасы бойынша 2886 исбилерменлик ушын жер участкалары мүлк ҳәм ижара ҳуқықы менен саўдаға шығарылды !!!
e-auksion.uz
🔷Нөкис қаласы 35 (көриў)
🔷Әмиўдәрья районы 11 (
көриў)
🔷Беруний районы 292 (
көриў)
🔷Бозатаў районы 186 (
көриў)
🔷Қараөзек районы 247 (
көриў)
🔷Кегейли районы 154 (
көриў)
🔷Қоңырат районы 202 (
көриў)
🔷Қанлыкөл районы 145 (
көриў)
🔷Мойнақ районы 266
көриў)
🔷Нөкис районы 226 (
көриў)
🔷Тақыятас районы 99 (
көриў)
🔷Тахтакөпир районы 176 (
көриў)
🔷Төрткүл районы 310 (
көриў)
🔷Хожели районы 166 (
көриў)
🔷Шымбай районы 114 (
көриў)
🔷Шоманай районы 149 (
көриў)
🔷Елликқала районы 108 (
көриў)

социаллық
тармақларда:
Telegram | Facebook | Instagram | Youtube
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
22 сентябрь – Бутунжаҳон автомобилсиз кун

Халқаро акциядан кўзланган мақсад мегаполислар аҳолисининг эътиборини автомобилларнинг ҳаддан ташқари кўплиги ва уларнинг атроф-муҳитга салбий таъсирига қаратишдан иборат.

Транспорт вазирлиги БМТ Тараққиёт дастурининг Ўзбекистондаги Ваколатхонаси билан ҳамкорликда “TAILEV” лойиҳаси доирасида барчани кам углеродли жамоат транспортидан мунтазам фойдаланишга чорлайди.

Telegram | Facebook | Instagram | Медиабанк
Қарақалпақ миллий көркем өнери Қубла Кореядағы дүньяжүзлик фестивальда кең үгит-нәсият етиледи

Усы жылдың 25-29-сентябрь күнлери Қубла Кореяның Чхонан (Cheonan) қаласында «Cheonan world dance festival 2024» дүньяжүзилик фестивалы өткериледи. Фестивальда дүңьяның көплеген халықларының миллий ҳәм заманагөй аяқ ойыншылары, соның менен бирге фольклор ҳәмде миллий эстрада қосықшылары қатнасады. Фестивальда «Айқулаш» қарақалпақ мәмлекетлик миллий ансамбли, фольклор атқарыўшылары ҳәмде миллий эстрада қосықшылары қатнасады.

Мағлыўмат орнында, «Cheonan world dance festival» 2003-жылдан берли өткерилип, 2020-жыл Қубла Кореяның абыройлы мәденият ҳәм туризм фестивалы сыпатында тан алынған. 2023-жылы бул фестивальда пүткил дүньядан 870 мың көркем өнер ўәкиллери қатнасқан.

Қорақалпоқ миллий санъати Жанубий Кореядаги бутунжаҳон фестивалида кенг тарғиб этилади

Жорий йилнинг 25-29 сентябрь кунлари Жанубий Кореянинг Чхонан (Cheonan) шаҳрида «Cheonan world dance festival 2024» бутунжаҳон фестивали ўтказилади. Фестивалда дунёнинг қатор халқларининг миллий ва замонавий раққослари, шунингдек, фольклор ва миллий эстрада хонандалари иштирок этишади. Шулар қаторида, ушбу фестивалда “Айқулаш” қорақалпоқ давлат миллий ансамбли, фольклор ижрочилари ҳамда миллий эстрада хонандалари қатнашади.

Маълумот ўрнида, «Cheonan world dance festival» 2003-йилдан буён ўтказилиб, 2020-йилда Жанубий Кореянинг нуфузли маданият ва туризм фестивали сифатида тан олинган. 2023-йилда ушбу фестивалда бутун дунёдан 870 минг санъат вакиллари иштирок этишган.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

🌐Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐YouTube
Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиниң алпыс тоғызыншы сессиясына шақырылады

Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиниң алпыс тоғызыншы сессиясы 2024-жыл 24 – сентябрь күни саат 16:00 де Шымбай районы ҳәкимлигиниӊ мәжилислер залында болып өтеди.

Сессия Шымбай районы ҳәкимлигиниӊ facebook каналы арқалы туўрыдан-туўры алып көрсетиледи.

Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў : 👉
https://t.iss.one/shimbayrk
Президент Шавкат Мирзиёев раислигида қурилиш индустрияси ва қурилиш материаллари тармоғини ривожлантириш чора-тадбирлари муҳокамаси бўйича видеоселектор йиғилиши ўтказилди.

Под председательством Президента Шавката Мирзиёева состоялось видеоселекторное совещание, посвященное обсуждению мер по развитию строительной индустрии и отрасли строительных материалов.

#Mirziyoyev #videoselektor #qurilish #materiallar

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|X
Ҳафтанинг энг муҳим воқеалари шарҳи: Давлатимиз раҳбари "Марказий Осиё - Германия" иккинчи саммитида иштирок этди. Хорижий давлатларнинг янги тайинланган элчилари Ўзбекистон Президентига ишонч ёрлиқларини топширди.

Ҳәптениң ең әҳмийетли ўақыяларына шолыў: Мәмлекетимиз басшысы “Орайлық Азия - Германия” екинши саммитинде қатнасты. Сырт мәмлекетлериниң жаңа тайынланған елшилери Өзбекстан Президентине исеним жарлықларын тапсырды.

Обзор важнейших событий за неделю: Глава государства принял участие во втором саммите «Центральная Азия – Германия». Вновь назначенные послы иностранных государств вручили верительные грамоты Президенту Узбекистана.

Facebook|Instagram|X