Shimbay.uz
9.99K subscribers
31.4K photos
5.46K videos
32 files
11.4K links
Download Telegram
Forwarded from Joqarǵı keńes.uz
Күн тәртибиндеги мәселе бойынша Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри, 3-сектор басшысы Б.Торебеков баянат жасады.

Республиканың 3-секторына Тахтакөпир, Қараөзек, Шымбай, Бозатаў ҳәм Кегейли районлары бириктирилген болып, усы жылда 3-сектор аймағындағы 5 районда мийнет базарына кирип келиўши жәми 22 мың 122 пуқара бәнтлиги тәмийинлениўи лазым болған пуқаралар болып, соннан улыўма билим бериў мектебиниң 2 мың 918 питкериўшилери, 9 мың 816 мигрaциядан қайтып келетуғынлар, 9 мың 388 жумыссыз шахсларды қурайды. 

Өткен 1-шерек даўамында 3 мыӊ 467 жаңа жумыс орынлары жаратылып, белгиленген реже 136,9 % орынланды.

Халықты исбилерменликке қамтыў, бәнтилигин тәмийинлеў ҳәм кәсипке оқытыў мақсетинде де бир қатар жумыслар әмелге асырылды.

Президентимиздиң басламасы менен «Абат шаңарақ, абат көше, абат маҳәлле» бағдарламасы тийкарында да салмақлы жумыслар әмелге асырылмақта.

Сондай-ақ, аймақларда жасаўшы аўыр жағдайға түсип қалған шаңаракларды қоллап-куўатлаў бойынша да жумыслар даўам еттирилмекте.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Forwarded from Joqarǵı keńes.uz
Буннан соң Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик Салық басқармасы баслығы, 4-сектор басшысы Х.Бекчанов баянат жасады.

Айтып өтиў орынлы, Президентимиздиң басламасы менен халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, олардың машқалаларына шешим табыў ҳәмде оларға қолайлы шараятлар жаратыў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.

Республиканың 4-секторына Нөкис қаласы, Хожели, Тақыятас ҳәм Нөкис районлары бириктирилген.

Салық уйымлары тәрепинен «мәҳәлле жетилиги» жумысының нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасындағы 452 мәҳәллеге 220 салық хызметкери бириктирилип, жумыслар системалы даўам еттирилип атырғанлығы атап өтилди. 

Күн тәртибиндеги дәслепки мәселе бойынша депутатлар тәрепинен қарар қабыл етилди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Forwarded from Joqarǵı keńes.uz
Күн тәртибиндеги кейинги мәселе мүрәжатлар менен ислесиў жағдайы бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында болып, бул мәселе бойынша Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханасы баслығы С.Худайбергенов баянат жасады.

Бүгинги күнге шекем Президент Виртуал ҳәмде Халық қабыллаўханаларына пуқаралардан келип түскен мүрәжатлардың көпшилиги өзиниң унамлы шешимин таўып атыр.

Бунда мүрәжатлардың унамлы шешилиў дәрежесиниң көтерилиўиниң тийкарғы себеплериниң бири Жоқарғы Кеңесте шөлкемлестирилген мүрәжатлар платформасы, Министрлер Кеңесиндеги Арнаўлы штаб жумысы, соның менен бир қатарда, министрликлер ҳәмде сектор басшылары тәрепинен орынларда пуқаралар менен турақлы түрде ушырасыўлар өткерилип атырғанлығы себепли, көпшилик мүрәжатлар өзиниң унамлы шешимин таппақта.

Күн тәртибиндеги мәселе депутатлар тәрепинен толық қарап шығылды ҳәм арнаўлы қарар қабыл етилди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Forwarded from Joqarǵı keńes.uz
Күн тәртибинде және бир әҳмийетли болған Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының жаңа қурамын дүзиў туўралы мәселе қарап шығылды.

«Сайлаў ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 12-статьясына муўапық Халық депутатлары қалалық ҳәм районлық Кеңеслери тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы ағзалығына 21 адам қурамында талабанлар усынылды ҳәм депутатлар тәрепинен мақулланды.

Депутатлар тәрепинен бул мәселе бойынша да арнаўлы қарар қабыл етилди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Forwarded from Joqarǵı keńes.uz
Сессияның күн тәртибиндеги соңғы мәселе Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының тийисли қарарларын тастыйықлаў ҳаққында болып, депутатлар бул мәселе бойынша да тийисли қарар қабыл етти.

Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезексиз елиўинши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Қарақалпақстанда мийманхана хызметлерин раўажландырыў бойынша әҳмийетли қарар қабыл етилди

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Қарақалпақстан Республикасында мийманхана хызметлерин раўажландырыў ҳәмде қолайлы шараятлар жаратыў ис-илажлары ҳаққында»ғы 287-санлы қарары қабыл етилди.

Қарарға муўапық, Қарақалпақстанда үш жулдызлыға айландырылатуғын бар болған мийманханалар ушын субсидия ажыратыў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды.

Реже менен, Туризм комитетиниң Туризмди қоллап-қуўатлаў фонды Қарақалпақстанда жумыс алып барып атырған, жулдыз категориясына ийе болмаған бар болған мийманханаларды үш жулдызлыға айландырыў мақсетинде исбилерменлик субъектине мийманхана ханаларын үскенелеў ушын жумсалған қәрежетлердиң бир бөлегин қаплап бериў ушын субсидия бериледи.

Субсидия Мәмлекетлик хызметлер орайы яки Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер Порталы арқалы ажыратылады.

Субсидия Қарақалпақстанда жумыс алып барып атырған ҳәм катеорияға ийе болмаған мийманхана белгиленген тәртипте үш жулдызлығы ийе болғанда ажыратылады.

Исбилерменге үш жулдызлы категорияға айландырылатуғын бар болған мийманханалардың ҳәр бир ханасына 20 млн. сумнан субсидия бериледи.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Хабарда

#Шымбай_районы

Ҳаяллар ҳәм жаслар дәптеринде дизимде турған ҳаял-қызларға субсидия тийкарында әсбап-үскенелер тапсырылды


Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналымызға ағза болың : 👉
@shimbayrk
Хабарландырыў

Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиниң алпыс үшинши сессиясына шақырылады


Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиниң алпыс үшинши сессиясы 2024-жыл 21 – май күни саат 16:00 де Шымбай районы ҳәкимлигиниӊ мәжилислер залында болып өтеди.

Сессия Шымбай районы ҳәкимлигиниӊ facebook каналы арқалы туўрыдан-туўры алып көрсетиледи.

Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў : 👉
https://t.iss.one/shimbayrk
Forwarded from Joqarǵı keńes.uz
Ишимлик суўы менен тәмийнлениўи аўыр болған 76 аймақтың суў тәмийнаты жақсыланады

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев басшылығында аппарат мәжилиси өткерилди.

Мәжилисте бүгинги күнде халқымызды таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў бағдарында жүзеге келип атырған машқалаларға шешим табыў мәселесине айрықша итибар қаратылды.

Айтып өтиў орынлы, 2024-2027-жылларда халықаралық қаржы институтлары қатнасыўында ишимлик суўы тармақларын раўажландырыў ҳәм модернизациялаў бойынша улыўма баҳасы 238 млн. АҚШ доллар болған 2 инвестиция жойбарын әмелге асырыў режелестирилген. Усы қаржылар есабынан 3 мың 114 км ишимлик суўы тармақлары ҳәм 124 дана ишимлик суўы объектлерин қурыў ҳәм реконструкциялаў жумыслары алып барылыўы белгиленген. 246 мың пуқара таза ишимлик суўы менен тәмийинлениўи, 422 мың пуқараның ишимлик суўы тәмийнатының жақсыланыўы, нәтийжеде 3 жылда таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў дәрежеси 72,4 пайыздан 83,1 пайызға жетиўи күтилмекте.

Толық оқыў

Ўзб


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#Strategiya_2030

🔰“Taraqqiyot strategiyasi” markazi ekspertlari “O‘zbekiston — 2030” strategiyasi va 2024-yilga mo‘ljallangan Davlat dasturi ijrosi ustidan monitoring va jamoatchilik nazoratini tashkil etish, shuningdek, ularning maqsad va vazifalarini aholiga yetkazish maqsadida Qoraqalpog‘iston Respublikasida monitoring va jamoatchilik tadbirlarini amalga oshirish uchun tashrif buyurdi

👉Batafsil

Kanalga ulanish👇👇👇
@KRAdillikMinistrligi
Ўтган ҳафтанинг энг муҳим воқеалари шарҳи: Малайзия Бош вазирининг ташрифи. Тошкентда Ботир Зокиров ҳайкали очилди. Бой тарихимиз кинода гавдалантирилади

Өткен ҳәптениң ең әҳмийетли ўақыяларына шолыў: Малайзия бас министриниң сапары. Ташкентте Батыр Зокиров естелигине ҳәйкел орнатылды. Бай тарыйхымыз киноларда сәўлелендириледи

Обзор важнейших событий за неделю: Визит Премьер-министра Малайзии. В Ташкенте открылся памятник Батыру Закирову. Богатая история страны получит киновоплощение

Facebook|Instagram|X