Shimbay.uz
5.88K subscribers
28.9K photos
4.75K videos
29 files
10.7K links
Download Telegram
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Күн тәртибиндеги кейинги мәселе Халықтың репродуктивлик саламатлығын беккемлеў, аналар ҳәм балалар саламатлығын қорғаў, саламат бала туўылыўын тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған илажлар ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министриниң есабаты туўралы болып, бул мәселе бойынша Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри М.Қурбанов баянат жасады.

Бүгинги күнде Қоңырат районында жаңадан шѳлкемлестирилген районлараралық перинатал орайында нәрестелер реанимациясы бѳлиминиң жумыслары жолға қойылады ҳәмде Шымбай ҳәм Беруний районлараралық перинатал орайында нәрестелер реанимациясы бѳлимин шөлкемлестириў режелестирилген.

Бирлескен Араб Әмирлигиниң “Шейх Халифа” фонды тǝрепинен 28 млн. долларлық “Ана ҳǝм бала” клиникасының қурылыс жумыслары усы жылдың сентябрь айында жуўмақланыўы режелестирилген.

Халықтың репродуктивлик саламатлығын беккемлеў, аналар ҳәм балалар саламатлығын қорғаў мақсетинде медициналық жәрдем сапасын арттырыў бойынша 2024-жылдың 4 айы даўамында 499 мың 976 туўыў жасындағы ҳаяллардан 216 мың 159 ҳаял (43,2%) системалы профилактикалық медициналық тексериўден ѳткерилди. Нәтийжеде 110 мың 928 ҳаялда (51,3%) экстрагенитал кеселликлер анықланып, 68мың 967 ҳаял (62,2%) саламатластырылған ҳәм 41мың 961 ҳаял (41,9%) саламатластырыў процесинде.

Сондай-ақ, 18 жасқа шекемги 190 мың 250 бала (28,1%) системалы профилактикалық медициналық тексериўден ѳткерилди ҳәм тексериў нәтийжесинде 59 мың 480 балада (31,2%) кеселликлер анықланған. Соннан 54 мың 293 бала (91,2%) саламатластырылған болса, 5 мың 187 бала (8,7%) саламатластырыў процесинде.

Аналар ҳәм нәрестелер өлиминиң алдын алыў мақсетинде илажлар жобасы ислеп шығылды ҳәм усы илажлар жобасына муўапық бир қатар жумыслар әмелге асырылып атыр.

Күн тәртибиндеги мәселе толық қарап шығылды ҳәм депутатлар тәрепинен қарар қабыл етилди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Күн тәртибиндеги кейинги мәселе Өзбекстан Республикасы Олий Мәжлисиниң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (Омбудсман)ның Қарақалпақстан Республикасындағы аймақлық ўәкилиниң 2023-жылда әмелге асырған жумыслары ҳаққындағы мәлимлемеси туўралы болып, бул мәселе бойынша Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (омбудсман)ның Қарақалпақстан Республикасындағы аймақлық ўәкили Ж.Шлымбетов баянат жасады.

Күн тәртибиндеги бул мәселе де толық қарап шығылды ҳәм депутатлар тәрепинен қарар қабыл етилди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Күн тәртибиндеги кейинги мәселе Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 7-марттағы «Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызларды системалы қоллап-қуўатлаўға байланыслы жумысларды буннан былай да жеделлестириў илажлары ҳаққында»ғы ПП-87-санлы Пәрманында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы бойынша Қарақалпақстан Республикасы Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министриниң мәлимлемеси туўралы болып, бул мәселе бойынша Қарақалпақстан Республикасы Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министри Қ.Әзербаев баянат жасады.

Пәрман тийкарында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы бойынша бир қатар илажлар әмелге асырылды. Атап айтқанда, ҳаял-қызлардың мийнет ҳуқықлары тәмийинленгенлик жағдайын үйренип шығыў бойынша 2024-жылдың январь-апрель айлары даўамында 30 мекеме, кәрханаларда ҳаял-қызлардың мийнет ҳуқықлары тәмийинленгенлик жағдайы үйренип шығылды.

Жумыссыз ҳаял-қызларды бос (вакант) ҳәм квоталанған жумыс орынларына жайластырыў бойынша тийисли илажларды көриў белгиленген болып, бул бойынша 2024-жылдың январь-апрель айлары даўамында 4 450 ҳаял-қызлар бос (вакант) ҳәм квоталанған жумыс орынларына жайластырылды.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Сондай-ақ, хызмет көрсетиў ҳәм сервис, санаат ҳәм экономиканың басқа тармақларында ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеўге көмеклесиў бойынша реже тийкарында ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеўге көмеклесилди.

Жумыссыз ҳаял-қызларды ҳақы төленетуғын жәмийетлик жумысларға қамтып алыў бойынша усы жылдың январь-апрель айларыда 2 216 ҳаял-қызлар жәмийетлик жумысларға қамтып алыў арқалы бәнтлиги тәмийинленди.

Майыплығы болған ҳаял-қызларды кәсипке оқытыў ҳәм билимлендириў орынларына қамтып алыў бойынша да жумыслар даўам еттирилмекте.

Ҳаял-қызларды кәсип-өнерге оқытыў ҳәм маманлығын асырыў бойынша белгиленген режедеги жумыслар системалы түрде даўам еттириледи.

Күн тәртибиндеги мәселе толық қарап шығылды ҳәм депутатлар тәрепинен қарар қабыл етилди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Президент Шавкат Мирзиёевга мамлакатимизда рақамли технологияларни ривожлантириш, бу соҳада ёшларни ва лойиҳаларни қўллаб-қувватлаш чора-тадбирлари бўйича ахборот берилди.

Президенту Шавкату Мирзиёеву доложено о мерах по развитию цифровых технологий в стране, поддержке молодежи и проектов в этой сфере.

#Mirziyoyev #taqdimot #IT #yoshlar

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|X
Шымбай районында IT-қалаша шөлкемлестириледи

Президентимиздиң тапсырмасы менен IT-тараўын шетки аймақлардада раўажландырыў мақсетинде мәмлекетимиздиң бир қанша аймақлары қатарында Шымбай районында да IT-қалаша шөлкемлестириледи.

Президентимиз қалашалар жаслар ушын қолайлы орында болыўы менен бирге жоқары маманлыққа ийе қәнигелер билим бериўи керек екенлигин тапсырды.

Чимбой туманида IT-шаҳарча ташкил қилинади

Президентимиз Шавкат Мирзиёевнинг топшириға билан IT-соҳасини чекка ҳудудларда ҳам ривожлантириш мақсадида мамлакатимизнинг бир қанча ҳудудлари қаторида Чимбой туманида ҳам IT- шаҳарча ташкил қилинади.

Президентимиз шаҳарчалар ёшлар учун қулай жойда бўлиши, уларда юқори малакали мутахассислар дарс бериши зарурлигини таъкидлади. ‌


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Районымызда «Сайхунабад» тәжрийбеси

Жоқаргы Кеңес Комитет баслығы Ш.Өтемисов ҳәм Өзбекстан Мәҳәллелер аўқамы Шымбай районы бөлими баслығы О.Байниязовлар «Қаракөл», «Көкши қала», «Оржап» ҳәм «Дослық» мәҳәллелеринде көше бийлери менен ушырасып, «үлгили көше бийи» таңлаўы бойынша мәҳәллелерде исленип атырған жумыслар менен танысты.

Мәхәллелердеги үлгили көшелердиң бири «Қ.Аймбетов», «Ата журт», «Қарақулов», «Дуўтаршы» ҳәм «Дослық» көшелеринде жасаўшы пуқаралардың тамарқа жерлеринде жетистирип атырған өнимлери, олардың үй шараятында қусшылық, биогумис жетистириў ҳәм мийуе бағларынан сондай-ақ қол өнери қараүй ҳәм дуўтар ислеп шығарып шаңарағына дәрамат таўып атырғанын көрген көше бийлери де өзлериниң көшесиндеги турғынларына үлги етип көрсетиў мақсетинде тәжрийбелер алмасты.