Shimbay.uz
5.73K subscribers
29.5K photos
4.96K videos
29 files
10.9K links
Download Telegram
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Қарақалпақстан Республикасы Шымбай районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 42-санлы улыўма билим бериў мектебиниң жаслар жетекшиси Пердебаева Нуржамал Сапарбаевнаның Ғәрезсизлигимиздиң 29 жыллығына арналған байрам қутлықлаўы Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы Шымбай районлық бөлими.
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Янгиланаётган Ўзбекистон: Тошкент шаҳри Сергели туманида кўп қаватли уй-жой қурилиши

Обновляющийся Узбекистан: Строительство многоэтажных домов в Сергелийском районе города Ташкента

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
Қарақалпақстан Республикасы Коронавирус инфекциясының тарқалыўына қарсы гүресиў илажларын муўапықластырыў бойынша оператив Штабының жанында “CALL CENTER” – медициналық орайы өз жумысын даўам етпекте.

“CALL CENTER” – медициналық орайы ҳәр күни 24 саат даўамында Қарақалпақстан Республикасы халқыныӊ медициналық жақтан қорғалыўын күшейтиў, “COVID-19” коронавирус кеселлигиниӊ белгилери пайда болған жағдайда зәрүр мәсләҳәт ҳәм мәлимлеме бериў бойынша күни-түни жумыс алып барады.

Әҳмийетлиси, орайға Нөкис қаласындағы Республикалық емлеў-профилактикалық мәкемелериниӊ жоқары маманлықтағы шыпакерлери бириктирилген.

Ҳүрметли пуқаралар!

Егер Сизде денсаўлығыӊыз бенен байланыслы, яғный коронавирус кеселлигиниӊ белгилери пайда болғанда “CALL CENTER” мәсләҳәт орайыныӊ 1105 телефон номерине қоӊыраў етиӊ!

Өзиӊизди ҳәм өзгелерди сақлаӊ!
Forwarded from Karakalpakstan.uz
Быйылғы оқыў жылы ушын Қарақалпақстан Республикасында 82 мың 397 абитуриент онлайн түрде дизимге алынған болса, соннан 70 482 абитуриент тест сынақларында қатнасады, 11 915 абитуриент дөретиўшилик имтиханлар тийкарында өз билимин сынақтан өткереди.

“Туран” орайлық стадионында 2-сектор болып, 1-сменада 1800 абитуриент, Қарақалпақстан балалар ҳәм жас өспиримлер футбол академиясы стадионында 780 ҳәм Республикалық ойын түрлери ҳәм жеңил атлетика бойынша балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебиниң теннис кортында 420 абитуриент тест тапсырыўы ушын шараятлар жаратылған болып, ҳәр бир абитуриент ушын 6 м2 ажыратылған.

Сондай-ақ, ҳәр бир абитуриентти медициналық нықап ҳәм қолғап, ручка 0,5л сыйымлықтағы суў менен тәмийинлеў мәселелерине айрықша итибар берилмекте.

Соныда атап өтиў керек, тест сынақларының әдалатлы өтиўин тәмийинлеў мақсетинде стадионларға 360 градуслы радиусқа ийе видеобақлаўлар, абитуриентлердиң шахсын анықлаўшы идентификациялаў қурылмалары орнатылған.

@QresMinistrlerKenesi
Дәстүрий август кеңеси болып өтти

Билимлендириӯ ҳәм тәрбия системасының барлық буӯынларының хызметлерин бүгинги заман талаплары тийкарында жетилистириӯ биринши дәрежели ӯазыйпамыз деген еди- Ш.Мирзиёев.
Халық билимлендириӯ бѳлимине қараслы 49-санлы мектепте «Сен қүдирет дереги, бахыт диярысаң жанажан Ѳзбекстаным!» сүрени тийкарында мектеп директорларының гезектеги дәстүрий август кеңеси видеоконференция формасында болып ѳтти. Илажды районлық Халық билимлендириӯ бѳлими баслығы Э.Мамбеткаримова баслап берди. Оннан соң район ҳәкими орынбасары У.Қалилаев билимлендириӯ тараӯындағы барлық хызметкерлерди таза оқыӯ жылы менен қутлықлап ийгиликли ислеринде табыслар тиледи. Илажға районлық халық билимлендириӯ бѳлими хызметкерлери, мектеп директорлары ҳәм орынбасарлары қатнасында. Быйылғы дәстүрий август кеңесинде 9 пән бағдары бойынша 20 тренер оқытыўшылар секция жумысларында муғаллимлерди халық билимлендириў системасындағы ѳзгерис ҳәм 2020-2021-оқыў жылында алда турған ўазыйпалар менен ҳәр бир пән кесиминде таныстырып ѳтти.
ҚАНДАЙ ЖАҒДАЙДА АНТИБИОТИК ҚОЛЛАНЫЛАДЫ?
Коронавирусқа қарсы Қытай тәжирийбесинде базы жағдайларда антибиотиклерден пайдаланылғаны айтылмақта. Бирақ көплеген қәнигелер оларды коронавирусты емлеўде пайдасыз екенлигин айтып атыр. Ал, бул мәселеге қәниге не дейди?

Ташкент медицина академиясы ректоры, медицина илимлери докторы Лазиз Тўйчиев:

— Антибиотик қабыл етиў дәрежеси ҒМДАның бир қатар мәмлекетлеринде ҳәдден тыс жоқары. Көплеген раўажланған мәмлекетлерде болса антибиотиклер рецептсиз улыўма берилмейди. Бизде де негизи рецептсиз берилмеўи тийис. Бул нызамшылықта да өз көринисин тапқан. Бирақ дәриханашылар ҳәм халық арасында буған биз күткендей әмел етилмей атыр. Пүткил дүньяда тән алынған нормалар бар. Онда қайсы кеселликте қандай дәри тәсир етиўи анық белгилеп қойылған. Антибиотикти вирус ушын қоллаў-ғо сирә мүмкин емес, бирақ антибактериал қурал сыпатында қолланғанда шыпакер рецептине қатаң әмел етилиўи тийис. Ең ашынатуғыны, халық арасында антибиотик коронавирусты емлеўде пайда бериўи туўралы еле де жаңылыс пикир бар. Буның тийкарсыз екенлигин тынбай тәкирарлап атырмыз.

Қытай тәжирийбесинде де пневмонияның алдын алыў ушын ғана базы жағдайларда антибиотик қолланылған болыўы мүмкин. Коронавирус дем алыў жолларын истен шығарып, пневмонияға алып келеди. Бирақ пневмонияның пайда болыўында бактериялардың да тәсири анықланса, сонда ғана антибиотик усыныс етиледи. Бирақ антибиотиктиң түрлери жүдә көп. Олардың тәсир механизми де ҳәрқыйлы болады.

Адамлар профилактика көзқарасынан қайсы антибиотикти қабыл етсе болады, деп сорайды. Антибиотиклерди профилактика ушын қабыл етиў мүмкин емес. Олар организмниң индивидуал қәсийетлеринен келип шығып берилиўи тийис. Шыпакер антибиотиктиң анық түри ҳәм оптимал дозасын белгилеп бериўи керек. Бирақ адамлар, мәселен, үш күн антибиотик буйырылса, “төрт күн ишеғояйын, және де жақсы болып қаламан”, деп ойлап, организминде антибиотикке шыдамлылық пайда етип қояды. Буның қәўиплилиги сонда, организмге әдеттеги дәрежеде берилген доза тәсир етпей қалады ҳәм және де күшли антибиотик бериў тийис болады. Барып-барып антибиотиклердиң ҳешбир түри организмге улыўма тәсир етпей қалады.
Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министри С.Турманов районымыздағы макан пуқаралар ҳәм аӯыл пуқаралар жыйыны баслықлары менен ушырасты.Ушырасыӯда Өзбекстан Респуликасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлигиниң 2020-жыл 9-июньдағы кеңейтирилген видеоселектор мәжилисиниң 4-санлы баяннамасында «Жанажан журтым абаданшылығына өз үлесимди қосаман» сүрени астында аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынлары аймақларындағы шаңарақлар ҳәм көшелерди абаданластырыў жумысларын шөлкемлестириў ҳәм алып барыў бойынша 2020-жыл июнь-август айларында алып барыўға бағдарланған ис-реже қабылланған. Өз гезегинде Шымбай районы бойынша абаданластырыў жумысларын алып барыў барлық көше, елатлы пункт ҳәм ҳар бир шаңарақты итибардан шетте қалдырмастан алып барыўымыз кереклиги ҳаққында айтып өтилди.
Сондай-ақ коронавирус пандемиясы дәўиринде анықланған ўақытша дараматсыз, жәрдемге мүтәж 1079 шаңарақтың абаданластырыў, ремонт жумысларын алып барыў жағдайлары айрықша итибарға алыныў кереклиги ескертилип өтилди, жәрдемге мүтәж шаңарақларды үйренип шығыў, дизимин қәлиплестириў ҳәм олардың материаллық ҳәм басқа да берилетуғын жәрдем көлемин ҳәр бир пуқаралар жыйында алып барылған жумыслар бойынша сынға алды.