Shimbay.uz
5.88K subscribers
28.9K photos
4.75K videos
29 files
10.7K links
Download Telegram
Уллы шайырдың туўылған сәнеси белгиленди

Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры Ибрайым Юсуповтың 95 жыллығы мүнәсибети менен Шымбай районында салтанатлы әдебий кеше болып өтти

Толық мағлыӯмат :
https://shimbay.uz/8598.html

Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналымызға ағза болың : 👉
@shimbayrk
Шымбай районында  Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Шымбай факультети быйылғы жылы жети бағдардар бойынша студентлерди қабыллайды

Хабарыңыз бар 2022 - жыл 5 - сентябрь күни Шымбай районында  Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Шымбай факультети  ашылды ҳәм бул тарийх бетлеринде қалды.Районымыз ушын үлкен жаңалық болып жасларымыздың турмысында үлкен өзгерислер алып келди. Шымбай факультети ушын 2022 – 2023 - оқыў жылы ушын өз алдына квота ажыратылды. Бунда жәми 95 орын болып, соннан 20 грант, 75 төлемли шәртнама тийкарында оқыӯға қабыл етилди. Факультетте 2022-2023-оқыў жылында Психология: әмелий психология, Шет тили ҳәм әдебияты: инглис тили, Математика, Филология ҳәм тиллерди оқытыў: қарақалпақ тили бакалавр тәлим бағдарлары бойынша жоқары мағлыўматлы кадрлар таярлаў басланды.Ал 2024-2025 оқыӯ жылы ушын Шымбай факультетиниң тәлим бағдары, бойынша жети бағдарда атап айтқанда :
1. Филология ҳәм тиллерди оқытыў: қарақалпақ тили ,
2. Шет тили ҳәм әдебияты: инглис тили,
3. Математика,
4. Психология ҳәм әмелий психология
5. Экономика ( тармақлар ҳәм тараӯлар бойынша)
6.Бухғалтерия есабы ҳәм аудит (тармақлар бойынша)
7.Дене мәденияты бағдары бойынша студентлер қабыллап баслайды.


Мағлыӯмат орынында бүгинги күнде Шымбай факультетинде 257 студент билим алып атырған болса солардан 80 ни районымыздың жаслары болып есапланады.

Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме  хызмети

Каналымызға ағза болың : 👉 
@shimbayrk
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Шымбайлы Жулдыз Халмуратоваға АҚШтағы Жоқары оқыў орынларынан бири 28 мың АҚШ доллары муғдарында грант ажыратты

Шымбай районындағы 19-санлы мектептиң 11-класс оқыўшысы Жулдыз Халмуратова АҚШтың еки жоқары оқыў орнына — Миннесота университетине ҳәм Нью-Йорк технология институтына оқыўға қабыл етилди. Олардан Нью-Йорк технология институты Жулдыз Халмуратоваға 28 мың АҚШ доллары муғдарында грант ажыратқан.

Чимбойлик Жулдыз Халмуратовага АҚШдаги Олий таълим муассасаларидан бири 28 минг АҚШ доллари миқдорида грант ажратди

Чимбой туманидаги 19-сон мактабнинг 11-синф ўқувчиси Жулдыз Халмуратова АҚШнинг икки олий таълим муассасасига — Миннесота университетига ва Нью-Йорк технология институтига ўқишга қабул қилинди. Улардан Нью-Йорк технология институти Жулдыз Халмуратовага 28 минг АҚШ доллари миқдорида грант ажратди.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
📣 E'lon

🔵 Oila va xotin-qizlar qo‘mitasi mutaxassisligi bo‘yicha kamida 5 yil mehnat staji mavjud, biroq oliy maʼlumotga ega bo‘lmagan xotin-qizlarga tavsiyanoma berish uchun arizalar qabul qilish boshlanganligini maʼlum qiladi!


🇺🇿 O‘zbekiston Respublikasi Vazirlar “Mahkamasining “Mutaxassisligi bo‘yicha kamida besh yil mehnat stajiga ega bo‘lgan xotin-qizlarni davlat oliy taʼlim muassasalariga o‘qishga qabul qilish tartibini tasdiqlash haqida” 2022-yil 9-iyundagi 322-son Qarori bilan tasdiqlangan “Mutaxassisligi bo‘yicha kamida besh yil mehnat stajiga ega bo‘lgan xotin-qizlarni davlat oliy taʼlim muassasalariga o‘qishga qabul qilish tartibi to‘g‘risida”gi Nizomga ko‘ra, mutaxassisligi bo‘yicha kamida 5 yil mehnat staji mavjud, biroq oliy maʼlumotga ega bo‘lmagan xotin-qizlar davlat oliy taʼlim muassasalariga alohida qabul parametrlari (jami 500 ta kvota) doirasida to‘lov-kontrakt asosida o‘qishga qabul qilinishi belgilangan.

🌐 Batafsil: https://wcu.uz/oz/lists/view/676

💠 Oila va xotin-qizlar qo‘mitasi axborot xizmati

🌐Veb sayt |🌐Facebook |🌐Instagram |🌐Youtube
⚡️ДЫҚҚАТ

Aрзаларды қабыллаў басланды

❗️Қәнигелиги бойынша 5 жыл жумыс стажына ийе ҳаял-қызларға ЖООына оқыўға кириў ушын усыныс бериледи.

📃 Ҳүкиметтиң 09.06.2022 жыл күнги 322-санлы Қарары менен тастыйықланған қағыйдаға көре, қәнигелиги бойынша кеминде 5 жыл мийнет стажы бар, бирақ жоқары мағлыўматқа ийе болмаған ҳаял-қызлар мәмлекетлик ЖООына бөлек қабыллаў параметрлери (500  квота ) шеңберинде төлемли-контракт тийкарында оқыўға қабыл етилиўи белгиленген.

❗️ Бунда талабан Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар мәмлекет комитетиниң усынысына ийе болыўы керек.

❗️ Усынысты алыў ушын талабан төмендеги талапларға туўры келиўи керек:

1) орта арнаўлы ямаса профессионал тәлим бойынша қәнигеликке ийе болыўы;

2) усыныс алғанға шекем жоқары билимлендириў алмағанлығы ямаса алмай атырғанлығы;

3) орта арнаўлы ямаса профессионал билимлендириў қәнигелиги бойынша 5 жыллық мийнет стажына ийелеўи.

✏️ Қарарда усыныс алыў ушын талабан турақлылы жасаў ямаса ўақытша дизимде турған мәнзилиндеги район (қала ) шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлимлерине ҳәр жылы 1 майдан 1 июньге шекем арза менен мүрәжат етиўи кереклиги көрсетилген.

Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме  хызмети

Каналымызға ағза болың : 👉 
@shimbayrk
#Наўайы_ўәлаяты

#Тәжирийбе_алмасыў

Шымбай районы спорт мектеби хызметкерлери тараўда тәжрийбе алмасыў мақсетинле Наўайы ўәлаятында хызмет сапарында болды.Сапар даўамында спортқа байланыслы мәселелер бойынша Наўайы ўәлаяты Спорт басқармасы баслығы  Ж.Муртазаев пенен ушырасты.
#Шымбай

Қыз – жигити кийген атлас дарайы,
Бағы – бостан гүл – гүл дөнген шырайы, Қарақалпақтың Нөкистен соң орайы, Шадлықта шалқыған ели Шымбайдың.
                        
Ибрайым Юсупов


Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме  хызмети

Каналымызға ағза болың : 👉 
@shimbayrk
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Поэзия_жулдызы

5-май Өзбекстан қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан ҳалық шайыры, Поэзия байтереги,
Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты Ибрайым Юсупов туўылған күни!

Ҳеш қашан сөнбес Поэзия жулдызының "95 жыллығы" менен қутлықлаймыз!

Жасыл жапырақ самал менен ойнаса,
Ашықлық ышқыдан кеўил тоймаса,
Гүллер ғумшаланса, бүлбүл сайраса,
Сен жанасаң поэзия жулдызы.
Сиз ҳәмийше қәлбимизде жасайсыз!

Шайыр Ибрайым Юсуповтың дөретиўшилигине бағышланған видео челлендж

Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

👉
https://t.iss.one/shimbayrk
Шайырлық шоққысы

(Өзбекстан қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры И.Юсуповқа)

Поэзия мудам жаслық тымсалы,
Сиз пәк кеўиллердиң әзиз инсаны,
Ташкенттиң “Анҳор”ы, шөлдиң жуўсаны,
Қәлбиңди йош болып тастырған екен.

“Азат” аўылының сәўир самалы,
Таллар арасынан ессе намалы,
Институт өркенлетип сананы,
Кең дүньяға қушақ аштырған екен.

Балалықты урыс деген ийт қаўып,
Турмыс тесик дорба, тең келмей аўып,
Мийнет - бахыт ушын, саңлақ жол таўып,
Есейтип қатарға қостырған екен.

Кексе, жас, сөзиңди яд еткен бәри,
Қандай болсадағы кәсиби кәри,
Дүнья қулпы дөнген таўыстың пәри,
Мәрт болып жасаўды уқтырған екен.

Раўаж Отарбаев
Бүгин Өзбекстан Қаҳарманы, атақлы шайыр Ибрайым Юсуповтың туўылған күни

Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры, Өзбекстан Қаҳарманы Ибрайым Юсупов 1929-жыл 5-майда Шымбай районында туўылған.

Шайырдың «Күншығыс жолаўшысына», «Бахыт лирикасы», Йош», «Аласатлы дүнья бул», «Үйлер», «Жети асырым», «Дала әрманлары», ««Дузлы самаллар», «Кеўилдеги кең дүнья», «Беглигиңди бузба сен…», «Кеўил кеўилден суў ишер», «Тумарис ҳәм басқа поэмалары», «Ҳәр кимниң өз заманы бар» атамасындағы қосық китаплары ҳәм «Таңламалы шығармалары» топламлары басып шығарылған.

Оның қосықлары түркий тиллер әдебиятының гүлтажына айланды. Бир қатар дөретпелери қазақ, украин, беларусь, грузин, болгар ҳәм басқа да халықлардың тиллерине аўдармаланды.

Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң арнаўлы қарары менен Нөкисте Ибрайым Юсуповтың естелиги ҳәм оның атындағы дөретиўшилик мектеби қурылды.

Әдебиятымыздың уллы тулғасының мийрасы барқулла ардақланып, еске алынады. 

Республикамызда өткерилиўи дәстүрге айланған «Үш әўлад» ушырасыўларында да шайыр Ибрайым Юсуповтың өмири ҳәм дөретиўшилиги айрықша тилге алынып келинбекте.  

Қарақалпақ әдебиятының қос байтерегиниң бири, белгили шайыр, Өзбекстан қаҳарманы, «Эл-юрт ҳурмати», «Дўстлик» орденлерине мүнәсип деп табылған пазыйлетли инсанды халқымыз барқулла ядында сақлайды. Оның өлмес мийрасы болса әдебиятымыздың гүлтажы сыпатында әўладларға үлкен руўхый азық дереги болып хызмет етеди.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter