Shimbay.uz
6.66K subscribers
29.4K photos
4.95K videos
32 files
10.9K links
Download Telegram
Forwarded from Hudud Inform
«Нукус» умумқўшин полигонида тунги машғулотлар ўтказилди

Мамлакатимизнинг шимолида аралаш таркибдаги ҳарбий қисм иштирокида тунгги шароитда чўл ҳудудида мудофаа жангини ташкил этиш бўйича кўргазмали мажмуавий батальон тактик ўқуви ўтказилди.

Кўргазмали батальон тактик ўқуви шартига кўра бир неча юзлаб километр масофада давлат чегарасини ноқонуний бузиб кирган ва мамлакат ичкарисига ҳаракатланаётган шартли террорчи бўлинмалар ҳаракатини тўхтатиш ва яксон қилиш бўйича ўқув-жанговар вазифа олган ҳарбий қисм кечга томон «йиғин» сигнали бўйича юқори жанговар шайлик ҳолатига келтирилди.

https://t.iss.one/hudud_inform
⚡️ Мәмлектлик пуқаралық хызметине жумысқа кирмекши болған талабанлар ушын нәўбеттеги жеңиллик!

Ҳүрметли талабанлар, 2023-жыл 1-декабрь сәнесинен баслап жаңаланған “Мәмлекетлик пуқаралық хызметшиси” тести енгизиледи.

Сол себепли усы жылдың 23-24, 28-29-30 ноябрь күнлери саат 14:00 ден 18:00 ге шекем Президент жанындағы Мәмлекетлик хызметин раўажландырыў агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы филиалы тест орайында "Ашық есиклер күни" шөлкемлестириледи.

Талабанлар тест жөнелислери менен танысып, өз билимлерин сынап көриўи мүмкин.

@ARGOS_QR
Қарақалпақстанда самал электр станциясын қурыў бойынша өткерилген тендер жеңимпазы мәлим етилди

Усы жойбар Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки жәрдеминде “Улыўма қуўатлылығы 200 Мвт болған самал электр станциясы қурыў жойбарын ислеп шығыў ҳәм мәсләҳәт хызметлерин көрсетиў бағдарламасы (EBRD Phase 2) шеңберинде әмелге асырылып атыр.

Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Қытай Халық Республикасында болып турған Қарақалпақстан делегациясы Шинжон экология ҳәм география институтында болып, институт директоры Чжан Юаньмин менен ушырасты

Онда Қытайда шөллениўге қарсы гүресиў бойынша исленип атырған жумыслар, соның менен бирге Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Аралбойы халықаралық инновациялық орайы менен биргеликте әмелге асырылып атырған қоспа жойбарлар презентациясы болып өтти.

Ушрасыуда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Президентимиздиң басламасы менен Аралбойында, атап айтқанда Арал теңизиниң қурыған ултанында әмелге асырылып атырған кең көлемли жумыслар, яғный 1 миллион 700 мың гектар майданда пайда етилген жасыл тоғайлықлар ҳаққында атап өтти.

Өз гезегинде институт директоры Чжан Юаньмин бул бағдардағы жумысларда еки мәмлекет арасындағы бирге ислесиўди еледе раўажландырыўдан мәпдар екенлигин билдирди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы басшылығындағы делегацияның Қытай Халық Республикасына болған әмелий сапары даўам етип атыр

Сапар даўамында делегация ағзалары бир қанша ири компаниялар менен перспективалы шәртнамаларға қол қойды. Бул әлбетте елимиздиң раўажланыўы жолындағы әҳмийетли адымлардың бири болды.

Делегация ағзалары сапар даўамында ШУАР партия комитети секретары Ма Синжуй менен ушырасты.

Ушырасыўда ШУАР партия комитети секретары Ма Синжуй усы жылдын март айында мәмлекетимиз басшысы менен ушырасқанын, бүгинги күнде Өзбекстан социаллық-экономикалық жақтан жедел пәтте раўажланып атырғанын айрықша атап өтип, аймақлар арасындағы бирге ислесиўде бул раўажланыў оғада әҳмийетли екенине исеним билдирди.

Өз гезегинде Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев Қытай регионымыздың екинши тийкарғы импрот етиўши мәмлекет болып, ең ири сыртқы саўда шеригине айланғанын атап өтти ҳәм жыллы жүзлилик пенен күтип алғаны ушын өзиниң миннетдаршылығын билдирди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Қытайдағы әмелий сапар даўамында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы басшылық етип атырған делегация Қытай самал турбинасын ислеп шығарыўшы "Gold wind" компаниясында болып, компания директоры менен сәўбетлести

Сәўбетлесиў даўамында компания директоры Қарақалпақстанның Устирт тегислигинде күшли самал басымы бар екенлигинен хабардар екенин атап өтти.

Сондай-ақ, Қарақалпақстанда 2,5 мың гегаваттлы Самал электр станциясын қурыў ушын үйрениў жумысларын алып барыў бойынша компания директоры менен келисимге ерисилди.

Және бир әҳмийетли тәрепи компания менен Қарақалпақстанда Самал электр станциясы ушын керекли аўысық бөлеклер ислеп шығарыў бойынша 30 млн. долларлық шәртнама дүзилди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM