Shimbay.uz
8.91K subscribers
29K photos
4.76K videos
29 files
10.7K links
Download Telegram
Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиниң гезектеги елиӯ төртинши сессиясы жуӯмақланды

Толық мағлыӯмат :
https://shimbay.uz/7451.html

Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналымызға ағза болың : 👉
@shimbayrk
Шымбай районы ҳәкими Тажетдинов Айбек Алтынбековичтиң 1-сектор тәрепинен 2023-жыл 6 айы даӯамында әмелге асырылған жумыслары ҳәм де жыл жуӯмағына шекем белгилеп берилген ӯазыйпалары ҳаққында есабаты

Толық мағлыӯмат : 👉
https://shimbay.uz/7454.html

Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналымызға ағза болың : 👉
@shimbayrk
Ўзбекистон Республикаси Президенти Шавкат Мирзиёевнинг Туркманистонга амалий ташрифи якунланди, давлатимиз раҳбари Тошкентга жўнаб кетди.

Рабочий визит Президента Республики Узбекистан Шавката Мирзиёева в Туркменистан завершился, глава государства вылетел в Ташкент.

#Mirziyoyev #tashrif #Turkmaniston #sammit

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
Утамбетов Сабит Абдижамиловичтиң 2023-жылдың 6 айы даўамында ҳуқықбузарлықлар профилактикасы, жынаятшылыққа қарсы гүресиў, жәмийетлик тәртипти сақлаў ҳәм пуқаралардың қәўипсизлигин тәмийинлеўде алып барылған жумыслар ҳаққында есабаты

Толық мағлыӯмат :
https://shimbay.uz/7458.html

Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналымызға ағза болың : 👉
@shimbayrk
Екинши қәнигеликке имтихан қандай болады?

Ҳәзирги ўақытта 2-қәнигеликке қабыллаў даўам етпекте. Квоталар тастыйықланды. 2-қәнигеликке жоқары мағлыўматқа ийе абитуриентлер ҳүжжет тапсыра алады. 2-қәнигеликке қабыл етилген студентлер төлемли-контракт тийкарында 2-курстан оқыўды баслайды.

2-қәнигеликке кириў имтиханы формасы, баҳалаў өлшемлери, имтихан өткериў мүддетлери жоқары оқыў орынларының категориясынан келип шығып, жоқары оқыў орны кеңеси тәрепинен белгиленеди ҳәм оқыў орнының рәсмий веб-сайтында жәрияланады.

Демек, 2-қәнигеликке оқымақшы болған абитуриентлер өзлери ҳүжжет тапсырған ЖОО рәсмий бетлерин бақлап барыўы мақсетке муўапық.

Қосымша сораўларды (@uztdibot) телеграм ботына жибериўге болады.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Клиникалық ординатураға ҳүжжетлер қабыллаўы даўам етпекте

Республика қыстаўлы медициналық жǝрдем илимий орайы Қарақалпақстан филиалы, Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң 26.07.2023-жылдағы 179-санлы буйрығына тийкар, төмендеги бағдардағы клиникалық ординатураға ҳүжжетлер қабылланыўын жәриялаған еди.

Қǝнигеликлер бойынша бағдарлар:

1. Анестезиология ҳǝм реаниматология;
2. Балалар анестезиологиясы ҳǝм реаниматологиясы;
3. Терапия;
4. Педиатрия;
5. Травматология ҳǝм ортопедия;
6. Улыўмалық хирургия;
7. Қыстаўлы медициналық жǝрдем;

Клиникалық ординатура (резидентура)ға кириў ушын талабанлар қабыллаў комиссиясына төмендеги ӽүжжетлерди усыныўы керек:

1. РҚМЖИО Қарақалпақстан филиалы директоры атына арза (қолда жазылған, үлги тийкарында);
2. Паспорт нусқасы;
3. Диплом ҳǝм оның қосымшасының нусқасы;
4. Әскерий билет нусқасы;
5. Сораўнама;
6. Автобиография (үлги тийкарында);
7. Медициналық тексериўден өткенлиги ҳаққында мағлыўматнама (086 –У – форма)
8. 3х4 фото суўрет (8 дана)

Клиникалық ординатура (резидентура) ға ҳүжжетлер қабыллаўы бойынша таңлаў усы жылдың 4-август күннен баслап, 22-августқа шекем (усы күни де) ǝмелге асырылады.

Қабыллаў бойынша жуўапкер хаткер Алламуратов К.Е
Мағлыўмат ушын телефонлар: (61) 222-93-70, (91) 379-80-52.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Президент Шавкат Мирзиёевга Тошкент шаҳридаги бунёдкорлик лойиҳаларининг бориши ҳақида ахборот берилди.

Президенту Шавкату Мирзиёеву доложено о ходе строительных проектов в городе Ташкенте.

#Mirziyoyev #taqdimot #Toshkent #qurilish

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
Тайынлаў

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президумының Қарары менен Алланазаров Адилбек Рустамович-Қарақалпақстан Республикасы Жаслар сиясаты ҳәм спорт министри лаўазымына тайынланды.

Адилбек Алланазаров усы күнге шекем Қарақалпақстан Республикасы Жаслар сиясаты ҳәм спорт министри ўазыйпасын ўақтынша атқарыўшы лаўазымында жумыс алып барған.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Шымбай районында қурылыс жумысларының көлеми қанша

2023-жылдың январь-июнь айларында Шымбай районында қурылыс жумыслары көлеми 75.1 млрд. сӯмды ямаса 2022- жылдың сол дәӯирине салыстырғанда 104.5 % ти қурайды

Толық мағлыӯмат :
https://shimbay.uz/7466.html

Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналымызға ағза болың : 👉
@shimbayrk
#Дыққат_вакансия

📣Бүгин төмендеги вакант лаўазымларға ҳүжжет тапсырыўдың ақырғы күни:


🔷 Қоңырат районы ҳәкимлиги:

▫️ Қоңырат районы ҳәкимлиги канцеляриясы биринши дәрежели қәниге;

▫️ “Туран” МПЖда ҳәким жәрдемшиси.

🔷 Аўыл хожалығы министрлиги:

▫️ Министрдиӊ азық-аўқат қәўипсизлиги ҳәм де аўыл хожалығында экономикалық реформалар мәселелери бойынша орынбасары;

▫️ Өсимликлер қорғаўы ҳәм альтернатив аўыл хожалығы әмелиятын раўажландырыў бойынша бас қәниге;

▫️ Бозатаў районы Аўыл хожалығы бөлими: баслықтың жер, суў, аўыл хожалығында экономикалық реформалар, азық-аўқат қәўипсизлиги ҳәм агротехнология мәселелери бойынша орынбасары;

▫️ Нөкис районы Аўыл хожалығы бөлими баслығы;

▫️ Қоңырат районы Аўыл хожалығы бөлими баслығы;

▫️ Бозатаў районы Аўыл хожалығы бөлими баслығы;

▫️ Бозатаў районы Аўыл хожалығы бөлими: Жер дүзиў ҳәм мониторинг секторы баслығы;

▫️ Шымбай районы Аўыл хожалығы бөлими: Жер дүзиў ҳәм мониторинг секторы бас қәнигеси (Бюджеттен тысқары) .

🔹 Суў хожалығы министрлиги жанындағы мелиоратив экспедиция басқармасы:

▫️ Қанлыкөл районы Бас шеп жағалаў мелиоратив системасы инженер мелиоратор.

🔹 Педагогларды жаңа методикаларға үйретиў миллий орайы:

▫️ Канцелярия ҳәм архив бөлими баслығы.

🔹Шымбай районы шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими:

▫️ “Кеңес” АПЖда ҳаял-қызлар белсендиси.

🔷 Қурылыс тараўында аймақлық қадағалаў инспекциясы:

▫️ Юрист;

▫️Буйыртпашылар менен ислеў бөлими баслығы (Ишки таңлаў).

🔷 Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлиги:

▫️ Инвестиция бағдарламалары ҳәм инфраструктуралары бойынша бас қәниге;

▫️ Инсан ресурсларын раўажландырыў ҳәм басқарыў секторы баслығы (Ишки таңлаў) .


❗️Aрзалар 08.08.2023-жыл саат 23:59 ға шекем қабыл етиледи.


Ҳүжжетлерди электрон жибериў тәртиби бойынша видеоқолланба.

@ARGOS_QR
Қарақалпақстан Республикасы бойынша 1803 исбилерменлик ушын жер участкалары мүлк ҳәм ижара ҳуқықы менен саўдаға шығарылды
e-auksion.uz
🔷Нөкис қаласы 5 (көриў)
🔷Әмиўдәрья районы 32 (
көриў)
🔷Беруний районы 143 (
көриў)
🔷Бозатаў районы 77 (
көриў)
🔷Қараөзек районы 111 (
көриў)
🔷Кегейли районы 136 (
көриў)
🔷Қоңырат районы 321 (
көриў)
🔷Қанлыкөл районы 70 (
көриў)
🔷Мойнақ районы 129
көриў)
🔷Нөкис районы 100 (
көриў)
🔷Тақыятас районы 62 (
көриў)
🔷Тахтакөпир районы 106 (
көриў)
🔷Төрткүл районы 182 (
көриў)
🔷Хожели районы 152 (
көриў)
🔷Шымбай районы 85 (
көриў)
🔷Шоманай районы 53 (
көриў)
🔷Елликқала районы 39 (
көриў)

социаллық
тармақларда:
Telegram | Facebook | Instagram | Youtube
Дыққат!

🖌Исбилерменлер ушын оғада әҳмийетли жаңалық


Бүгин Қарақалпақстан Республикасын раўажландырыў ҳәм ибсилерменликти қоллап-қуўатлаў бойынша Президентимиздиң және бир тарийхый ПП-129-санлы «Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлерге қолайлы шараятлар жаратыўға тийисли қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы пәрманы қабыл етилди.

Пәрман менен Тиклениў ҳәм раўажланыў фонды тәрепинен Қарақалпақстан Республикасында ислеп шығарыўды кеңейтиў бойынша инвестициялық жойбарларды қаржыландырыў мақсетинде 100 млн. АҚШ доллары ажыратылады. Усы қаржылар шеңберинде:

Коммерциялық банклер тәрепинен инвестиция жойбаларын қаржыландырыў ушын сырт ел валютасында 5 процент, миллий валютада 12 процент болған жыллық ставкаларда 10 жыл мүддетке шекем 5 жыллық жеңилликли дәўир менен Орайлық банктиң тийкарғы ставкасынан жоқары болмаған муғдарда кредитлер ажыратылады.

Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги тәрепинен 2024-жыл жуўмағына шекем жаңа жойбарларды қаржыландырыў жумысларын шөлкемлестириў мақсетинде халықаралық қаржы институтларынан қосымша 200 миллион АҚШ доллар муғдарында кредит қаржылары тартылады.

Қарақалпақстан Республикасында бизнес орталығын еле де жақсылаў мақсетинде исбилерменлик субъектлериниң жойбарларына Исбилерменликти қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик фонды тәрепинен, инвестиция жойбарларын қаржыландырыў ҳәмде айланба қаржыларын қәлиплестириў мақсетлерине миллий ҳәм сырт ел валютасында ажыратылатуғын кредит муғдарының 75 процентине шекем, бирақ, 5 млрд сумнан аспаған муғдарда кепиллик бериледи.

Киши ҳәмде жаслар санаат ҳәм исбилерменлик зоналарында инвестиция миннетлемелерин орынлаған исбилерменлерге жер участкаларын, имарат ҳәм объектлерди меншиклестирип бериў тәртиби белгиленеди.

Аймақта ғалабалық саўдаларда турған мәмлекетлик мүлк объектлери 3 ай мүддетте сатылмағанда оларды электрон таңлаў тийкарында ең жақсы усыныс билдирген талабанға инвестиция киргизиў миннетлемеси менен бериў тәртиби енгизиледи.

2023-2024-жылларда Нөкис қаласында 1 млн АҚШ доллары, қалған районларда 300 мың АҚШ доллары муғдарында инвестиция киргизиў миннетлемеси менен жойбар басламашыларына Министрлер Кеңеси қарары тийкарында жер участкаларын туўрыдан-туўры узақ мүддетли ижара ҳуқықы менен бериў системасы енгизиледи.

Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласындағы саўда, улыўмалық аўқатланыў бағдарындағы ҳәм автомобильлерге жанылғы қуйыў ҳәм электр қуўатландырыў шақапшалары жумысын шөлкемлестирген киши исбилерменлик субъектлерине қуяш панеллерин сатып алыў ҳәм орнатыў ушын ажыратылып атырған кредитлерге белгиленген муғдар ҳәм шәртлер шеңберинде компенсация усынылады.

Орайлық банк тәрепинен 2024-жылдан баслап ҳәр жылы коммерциялық банклерге Қарақалпақстан ушын шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарламалары шеңберинде кеминде 2 трлн. сум қаржылары ажыратылады.

- Шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарламалары шеңберинде жаңадан шөлкемлестирилген, есап бетинде қаржы жетерли дәрежеде айланбаған исбилерменлик субъектлерине, қаржылық қоллап-қуўатлаў ушын гиреў тәмийнатынан келип шығып, базалық есаплаў муғдарының 100 есесине шекемги болған муғдарда;

- жасларды кәсип-өнерге үйретиў ҳәмде ислеп шығарыў процесиндеги кәнигелерди қайта таярлаў, билим ҳәм потенциалын арттырыў мақсетинде олардың сырт мәмлекетлерде билим алыўы ушын 4 жыллық жеңилликли дәўир менен 10 жыл мүддетке Орайлық банктиң тийкарғы ставкасынан аспаған муғдарда кредит қаржылары ажыратылыўы системасы енгизиледи.

Хожели районындағы 100 гектар жер майданында «Жаслар социаллық-экономикалық орайы» шөлкемлестириледи.
Жаслар орайында белгиленген объектлерди қурыў ушын Өзбекстан Республикасы республика бюджети қаржылары есабынан 2023-2027-жыллар даўамында 10 жыл мүддетте қайтарыў шәрти менен 1 трлн сум муғдарында ссуда қаржылары ажыратылады
.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Ўзбекистон Республикаси Президенти Шавкат Мирзиёев Туркиянинг "Cengiz Holding" компанияси бошқаруви раиси Мехмет Женгиз бошчилигидаги делегацияни қабул қилди

Батафсил:
https://shimbay.uz/uz/7471.html

Чимбой тумани ҳокимлиги Ахборот хизмати

Xабардор бўлиш учун : 👉
https://t.iss.one/shimbayrk