Shimbay.uz
8.91K subscribers
29K photos
4.77K videos
29 files
10.7K links
Download Telegram
#Ғәлле_2023

Шымбай районында ғәлле орымы  қызғын даӯам етпекте

Шымбай районында 169 фермер хожалықларында  3800 гектар жерге ғәлле егилген болып, орым - жыйын мәўсимине 15 отряд бириктирилген.

Атызларда писип жетистирилген дән өнимлерин зая етпестен жыйнап  алыў мақсетинде районда орым - жыйым ушын 15 дана комбайн, 45 дана дән тасыўға қатнастырылатуғын техникалар, бириктирилген.

Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме  хызмети

Каналымызға ағза болың : 👉 
@shimbayrk
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#ǴXQ_Shımbay_haqqında

#Zor_TV

#Bes baslama olimpiadası” sheńberinde Shımbay rayonı jaslarınıń jeńimpazlıqtı qolǵa kirgizgenligi haqqında

Shımbay rayonı hákimligi Málimleme xızmeti

Kanalǵa aǵza bolıw :
https://t.iss.one/shimbayrk
Дыққат!

Дағаза!

Қарақалпақстан Республикасы Денсаӯлықты сақлаӯ министрлигиниң 2023-жыл 19-июньдағы хатына муӯапық исши топар ағзалары атап айтқанда Шымбай районлық медициналық бирлеспесинде Республикамыздың тәжирийбели шыпакерлеринен жәмленген маман қәнийгелер қатнасыӯында медициналық көрик шөлкемлестирилмекте.

Ҳүрметли Шымбай районы турғынлары өзлериңизди қыйнап жүрген кеселликлер бойынша шыпаркерлер көригинен өтип, консультация ҳәм денсаӯлығыңызды тиклеӯ ушын әмелге асырылатуғын жоқарғы техникалық операцияларға мүтәж болған пуқараларға жәрдем көрсетилетуғынлығын хабарлаймыз.

Медициналық көрик 2023-жыл 21-июнь күни саат 9:00 де басланады.

Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналымызға ағза болың : 👉
@shimbayrk
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Көше сәрдарлары ҳәм белсенди жаслар менен пикирлесилди

Бүгин Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев «Жаслар айлығы» шеңберинде Хожели районының белсенди жаслары ҳәм көше сәрдарлары менен ушырасты.

Өткерилген ушырасыўда елимизде жасларға деген итибар, олардың қәбилетин ҳәм уқыплылығын жүзеге шығарыў ушын жаратып берилген шараятлар, кең мүмкиншиликлер ҳәм бул имканиятлардан нәтийжели пайдаланыў бағдарында сөз етилди.

Жасларға деген итибар мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилген бир ўақытта теңлеслери арасында үлги боларлық нәтийжелерге ерискен, барлық тараўларда өзиниң күш-жигерлилиги, айрықша минез-қулқы, умтылыўшаңлығы, ең баслысы жаңа баслама ҳәм идеяларға бай екенлиги менен ажыралып туратуғын жаслар көпшиликти қурайды.

Ушырасыўда жасларға болған усындай итибардың жоқарылығы, бунда Хожели районы жаслары арасынан да бир қатар алдынғы жигит-қызлар жетилисип шығып атырғанлығы атап өтилди.

Хожели районында бүгинги күнде бир қатар миллет ўәкиллери дос, татыў ҳәм аўызбиршиликте жасап келмекте. Көп миллетли район халқы арасынан елимизге белгили, бәршемиз мақтаныш тутатуғындай жаслар камалға келип, жетилисип шыққан.

Ушырасыўда сондай-ақ, бүгингидей глобалласыў дәўиринде ең бийбаҳа байлық болған тынышлықты сақлаў, кеңпейил халқымызға тән аўызбиршиликти еле де беккемлеў, жасларға жаратып берилип атырған оғада кең көлемли имканиятлардан нәтийжели пайдаланып, елимиз раўажланыўы жолында биргеликте ат салысыў керек екенлиги бойынша сөз етилди.

Буннан тысқары, теңлеслери арасында үлги болып атырған бир қатар жаслар "Үмит ушқыны" көкирек белгиси ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Жоқарғы Кеңес Баслығы Тақыятаслы жаслар менен ушырасты

Әзелден «Дослық қаласы» деген ат пенен белгили болған Тақыятас районында көплеген миллет ўәкиллери дослық, татыўлықта, аўызбиршиликли түрде жасап келмекте. Районға бул ат бийкарға берилмеген. Себеби, бул жерде түрли миллет ўәкиллери бир үйдиң перзентлериндей болып, бир жеңнен қол, бир жағадан бас шығарып жасап келмекте. Миллетлер аралық татыўлықты сақлаўда Тақыятас районы халқы көпшиликке үлги бола алады. 

Бүгин Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев тақыятаслы көше сәрдарлары ҳәм белсенди жаслар менен ушырасты.

Ушырасыўда жасларға жаратылып берилип атырған кең мүмкиншиликлер ҳәм жаратылып берилип атырған шараятлар ҳаққында сөз етилди. Соның менен бирге усындай кең имканиятлардан нәтийжели пайдаланып, теңлеслери арасында көпшиликке үлги болып киятырған жаслар көпшиликти қурап атырғанлығы айтып өтилди.

Жақыннан мүнәсибет түринде өткерилген ушырасыўда усындай имканиятлардан нәтийжели пайдаланып, жетискенликлерге ерисиўде аўызбиршилик, тынышлықты сақлаўдың тутқан орнының да айрықша екенлиги атап өтилди. Соның менен бирге, миллетлер аралық татыўлықты сақлаў, аўызбиршиликтиң жоқары үлгисин көрсетиўде Тақыятас жаслары белсендилер қатарында болатуғынлығы айрықша тилге алынды.

Ушырасыў даўамында елимиздеги жасларға итибар мәмлекетлик сиясат дәрежесине алып шығылғанлығы, олардың өз қәбилетин жүзеге шығарыў ушын бар мүмкиншилик жаратып берилгенлиги, ҳәр қандай машқалаларын шешиў илажлары көрилип атырғанлығы кең түрде атап өтилди. 

Өзиниң белсендилиги менен теңлеслери арасында үлги болып атырған тақыятаслы бир қатар жасларға ушырасыў соңында «Үмит ушқыны» көкирек белгиси ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#Даналар ғәзийнеси

Ҳақықый бахыт бийбаҳа!
Егер оны сатып алыўыңыз  мүмкиндей түйилсе, демек, бул бахыт жалғандур

#Леонид_Гайдай

Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў : 👉
https://t.iss.one/shimbayrk
#Шыпакер_кеңеси

Аўқатланыў ушын қолай ўақыт қашан?

Таңғы ас:
Саат 07:00 - 08:00 аралығында ишиў керек. Ал, 10:00 ден кеш қалмаўы керек.

Түслик:
Саат 12:30 - 14:00 аралығында жеген мақул. Бирақ, 16:00 ден кешиктирмеў керек.

Кешки ас:
Саат 18:00 - 19:30 аралығында аўқатланың. Бирақ, 21:00 ден кеш болмасын. Кешки асты уйқылаўдан 3 саат алдын қабыл еткениңиз дурыс болады.


Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў :
https://t.iss.one/shimbayrk