Forwarded from Joqarǵı keńes.uz
Жоқарғы Кеңес Баслығы өзи аталыққа алған жаслар менен ушырасты
Президентимиз басламасы менен 14-30 жас аралығындағы жаслар социаллық жағдайы, қәбилети ҳәм қызығыўшылықларынан келип шығып, үш категорияға ажыратылды. Мәмлекеттиң итибары ҳәм жәрдемине мүтәж болған жаслар Жоқарғы Кеңес Баслығы, сектор басшылары, министрликлер менен қала ҳәм район ҳәкимлери, сектор басшыларына бириктирилди. Усы тийкарда республикамызда жаслар менен индивидуал ислеў системасы жаратылмақта.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев өзи аталыққа алған жаслардың машқала ҳәм усынысларын тыңлаў мақсетинде бир қатар жаслар ҳәм олардың ата-аналары менен екинши мәрте ушырасты.
Өткерилген ушырасыўда жаслар менен жақыннан пикирлесилип, олардың тилек-өтинишлери, сондай-ақ, турмысында ушырасып атырған машқалалары тыңланды.
Атап айтқанда, денсаўлығын беккемлеў ушын әмелий жәрдем көрсетиў, бәнтлигин ҳәм өзин өзи бәнт етиўин тәмийинлеў, социаллық қоллап-қуўатлаў, оқыў ушын контракт пулларын төлеп бериў, оқыўға кириў ушын арнаўлы таярлаў курсларында оқыў ушын қаржылай жәрдем бериў сыяқлы бир қатар мәселелер жаслар ҳәм олардың ата-аналары тәрепинен көтерилди.
Сол орынның өзинде бир неше жаслардың өзин-өзи бәнт етиўи ушын тигиў машиналары, сантехника буйымлары, кепсерлеў үскенелери жыйнағы менен тәмийинлеў бойынша жуўапкерлерге тапсырма берилди. Сондай-ақ, жумыссыз пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде кәсип-өнерге бағдарлаў бойынша арнаўлы курсларда оқытыў белгилеп алынды.
Жоқарғы Кеңес Баслығы бул машқалаларға шешим табыў бойынша тийисли тараў басшылары менен бирге арнаўлы “Жол картасы”н ислеп шығыў ҳәм тез пурсатта шешим табыў мәселесинде тапсырмалар берди.
Ашық-айдын жақыннан пикирлесиў усылында өткерилген ушырасыўда жаслар өзлеринин пикирлерин емин-еркин билдирди.
Ушырасыў жуўмағында ўазыйпалар белгилеп алынды.
Толық мағлыўмат
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉ Telegram 🌐Website 📱 Instagram 📱 Facebook 📱 Twitter

Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Forwarded from Joqarǵı keńes.uz
Алыс Белтаў аўылында жаңа өмир басланған
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Тахтакөпир районындағы алыс аймақларда аўыл хожалығы егислик майданларынан нәтийжели пайдаланыў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларды барып көриў мақсетинде Белтаў аўыл пуқаралар жыйыны аймағында болды.
Онда Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кеңесгөйи Т.Худайбергенов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов, Республика прокуроры Э.Таджиев, Ишки ислер министри Б.Торебеков ҳәм басқа да бир қатар жуўапкерлер қатнасты.
Пуқаралардың абадан турмысын тәмийинлеў бағдарында республикамыздың алыс аймақларында жасаўшы пуқараларды ишимлик суўы менен тәмийинлеў, олардың күнделикли турмысында пайдаланыўы ушын суў жеткерип берилиўин жолға қойыў да усы тийкардағы жумыслардан болып, тайнапыр бурғылаўшы техникалар жәрдеминде артезиан қудықларын қазыў жумыслары Тахтакөпир районының алыс Белтаў АПЖ аймағынан басланған еди. Ҳәзирги ўақытта аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан үлкен көлемдеги артезиан қудықлары қазылып, 500-600 мт тереңликтен суў шығарыўға ерисилди.
Сондай-ақ, аймақта жаңа егислик жерлерин ашыў мақсетинде 2000 гектар жер майданы таярланды. Бул ушын зәрүрли барлық техникалар мобилизация етилди. Соның менен бирге, усы егислик майданларына тамшылатып суўғарыў жолы менен суў жеткерип берилиўин тәмийинлеў мақсетинде 12 орында жасалма суў сақлаўшы бассейнлерди қазыў жумыслары алып барылды. Нәтийжеде жыллар даўамында қараўсыз қалған егислик майданлары қайта жанланды.
Бул әмелге асырылып атырған жумыслар нәтийжесинде аўыл турғынлары суў менен тәмийинленди, ең баслысы, жаңа жерлер ашылыўы менен аўыл халқы ушын жаңа жумыс орынлары да жаратылып, аймақ турғынларының турмыс абаданлығы жақсыланыўы ушын бар мүмкиншилик жаратылды.
Аўыл ҳәзирги ўақытта жаңадан өмир баслаған.

#Шыпакер кеңеси
Ҳәр күни бир алма жесеңиз, "шыпакер алдына барыўға ҳәжет жоқ"
Себеби, 1 дана алма саламат болыўыңызға үлкен жәрдем береди.
45 ккал енергияға ийе болған (100 гр) алма қурамында 45 мғ калий, 6 гр углевод, 1-2 гр клечатка, мәлим муғдарда кальций, темир, натрий, фосфор, фолат кислотасы, А, В, С, PP витаминлери, белок бар. Егер алмаға қосып 5-6 дана туқымын жесеңиз, суткалық йод муғдарына ийе боласыз.
Және бир қызық мағлыўмат 1 дана алма инсан өмирин 15 секундқа узайтады!
Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў : https://t.iss.one/shimbayrk

This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
⚡️❗️Өзбекстанда буннан былай жоқары оқыў орынларына абитурентлер қәлеген билимлендириў формасын (күндизги, сыртқы ҳәм кешки яки аралықтан) таңлап оқыўы мүмкин.
👨🎓Алдын абитурентлерге ҳәр қандай оқыў формасын таңлаўға рухсат берилмейтуғын еди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter

Алыс ҳәм шетки аймақларда ислеп атырған шыпакерлерге айлық үстеме ҳәм үй-жай алыў ушын жеңиллик белгиленген
Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Бирлемши медициналық-санитария жәрдемин халқымызға жақынластырыў ҳәм медициналық хызметлердиң нәтийжелилигин арттырыў бойынша қосымша ис-иләжлар ҳаққында"ғы 2022-жыл 25-апрельдеги ПҚ-215-санлы қарарының 4-бәнтине муўапық:
2022-жыл 1-июлдан баслап алыс ҳәм шетки аймақларда шаңарақлық шыпакерлик пунктлери ҳәм шаңарақлық поликлиникалардың шыпакерлери ушын "Аўыл шыпакери" бағдарламасының жетилистирилетуғыны, бунда усы бағдарлама шеңберинде:
➖алыс ҳәм шетки аймақлардағы шыпакерлик пунктлери ҳәм шаңарақлық поликлиникаларда жумыс алып барып атырған барлық шыпакерлердиң айлық мийнет ҳақысына қосымша 2 миллион сум муғдарында айлық үстеме белгилениўи ҳәмде оларға өзи ислеп атырған алыс ҳәм шетки аймақтан ипотека тийкарында үй-жай сатып алыўда үй-жай баҳасының 50 процентине шекемги болған бөлеги, бирақ базалық есаплаў муғдарының 500 есесинен аспаған муғдарда жергиликли бюджет қаржылары есабынан қаплап берилетуғыны;
➖алыс ҳәм шетки аймақларда үзликсиз үш жыл ислеген шыпакерлер клиникалық ординатураға тест сынақларысыз қабыл етилетуғыны белгиленген.
Алыс ҳәм шетки аймақлардың дизими менен танысыў ушын-https://lex.uz/uz/docs/6200123#6201968

Пенсионерге есаплап шығарып қойылған, бирақ пенсионер тәрепинен өз ўақтында талап етип алынбаған пенсияны төлеў мүддети 12 айдан 24 айға узайтылып атыр
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 28-февральдағы «2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясын «Инсанға итибар ҳәм сапалы билимлендириў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама ҳаққында»ғы ПП-27-санлы Пәрманы қабыл етилди.
✅Бул Пәрманда халықтың турмыс дәрежесин және де жоқарылатыў, пуқараларды социаллық қорғаўды күшейтиў, соның менен бирге пуқаралардың пенсия муғдарларын мәмлекеттиң экономикалық көрсеткишлерине муўапық турақлы асып барыўын тәмийинлеў бойынша ўазыйпа белгиленген.
✅ атап айтқанда, пуқаралардың пенсия тәмийнатын жақсылаў ҳәм оларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде, 2024-жылдың 1-январь сәнесинен баслап пенсионерлерге есапланған, бирақ өз ўақтында алынбаған пенсияны төлеў мүддети 24 айға узайтылыўы нәзерде тутылған.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 28-февральдағы «2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясын «Инсанға итибар ҳәм сапалы билимлендириў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама ҳаққында»ғы ПП-27-санлы Пәрманы қабыл етилди.
✅Бул Пәрманда халықтың турмыс дәрежесин және де жоқарылатыў, пуқараларды социаллық қорғаўды күшейтиў, соның менен бирге пуқаралардың пенсия муғдарларын мәмлекеттиң экономикалық көрсеткишлерине муўапық турақлы асып барыўын тәмийинлеў бойынша ўазыйпа белгиленген.
✅ атап айтқанда, пуқаралардың пенсия тәмийнатын жақсылаў ҳәм оларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде, 2024-жылдың 1-январь сәнесинен баслап пенсионерлерге есапланған, бирақ өз ўақтында алынбаған пенсияны төлеў мүддети 24 айға узайтылыўы нәзерде тутылған.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Алыс Белтаў аўылында жаңа өмир басланған
Толық мағлыӯмат : https://shimbay.uz/7101.html
Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў : 👉 https://t.iss.one/shimbayrk

ХАБАРЛАНДЫРЫЎ!!!
2023-жыл 24-май күни Қарақалпақстан Республикасы суды ҳәм Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды, Қарақалпақстан Республикасы судлары судьялары квалификациялық коллегиясының басшылары тәрепинен Шымбай, Тахтакөпир ҳәм Қараөзек районлары пуқаралары ушын онлайн тәризде қабыллаў өткериледи.
Қабыллаўда пуқаралардың суд-ҳуқық тараўына байланыслы мүрәжатлары тыңланады.
Қабыллаўға келген пуқаралар жынаят ислери бойынша Тахтакөпир районы суды имаратындағы залдан қатнасады.
Қабыллаў ўақты: 24-май, саат 10:00 ден 13:00 ге шекем