Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Қайта тиклениўши энергия дереклеринен пайдаланыўды ен жайдырыў ҳәм бар болған энергия дереклеринен нәтийжели пайдаланыўды шөлкемлестириў мәселелери қарап шығылды
Ҳүрметли Президентимиздиң 2023-жыл 16-февральдағы 57-санлы қарары тийкарында социаллық ҳәм үй-жай коммунал хызмет көрсетиў тараўында ҳәмде экономикалық тармақларда қайта тиклениўши энергия дереклерин кеңнен енгизиў, энергия нәтийжелилигин арттырыў арқалы энергия жетиспеўшилигин қаплаў мақсетинде социаллық объектлер, исбилерменлик субъектлердиң имаратлары ҳәм пуқаралардың турақ-жайларында қуяш панеллери ҳәм қуяш суў ысытқышларын орнатыўды ен жайдырыў белгиленген. Усы тийкарда бүгинги күнде республикамыздағы бир қатар объектлерде қайта тиклениўши энергия дереклерин орнатыў жумыслары басланған еди.
Қайта тиклениўши энергия дереклерин пайдаланыўды ен жайдырыў бойынша бир қатар жеңилликлер, қолайлықлар берилмекте. Усыған қарамай, бүгинги күнде социаллық тараў ҳәм мәмлекетлик уйымларында қуяш панеллерин орнатыў режеси 39,2 процентке орынланып, -7500 киловатлық панельлер, 4,1 мың литрлик қуяш суў ысытқышлары орнатылмаған.
Өткерилген мәжилисте бул мәселе айрықша қарап шығылып, белгиленген реже тийкарындағы жумысларды жеделлестириў керек екенлиги атап өтилди.
Сондай-ақ, мәжилисте энергия ресурсларынан нәтийжели пайдаланыўды дурыс шөлкемлестириў бойынша да бир қатар әмелге асырылыўы тийис ўазыйпалар сөз етилди. Электр энергиясы ҳәм гәз тәмийнаты бойынша артықша пайдаланылып атырған жағдайлары бойынша энергия ресурсларынан нәтийжели пайдаланыўды дурыс жолға қоймаған айырым басшылар жумыслары сынға алынды.
Мәжилис жуўмағында тийисли тараў басшыларына белгиленген тапсырмаларды орынлаў бойынша тапсырма берилип, алдағы әмелге асырылыўы тийис ўазыйпалар белгилеп алынды.
Толық мағлыўмат
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉ Telegram 🌐Website 📱 Instagram 📱 Facebook 📱 Twitter

Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Жоқарғы Кеңес Баслығы исбилерменлер менен ушырасты
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев елимизде бизнес орталығын жақсылаў, исбилерменликти ҳәм ислеп шығарыўды раўажландырыў бағдарында усынысларды тыңлаў мақсетинде республикамыз аймағында жумыс алып барып атырған исбилерменлер менен ушырасты.
Онда бир қатар исбилерменлик субъектлери басқарыўшылары, тийисли тараў ўәкиллери, коммерциалық банк басшылары қатнасты.
Ушырасыўда Жоқарғы Кеңес Баслығы шығып сөйлеп, республикамыз аймағында исбилерменлик субъектлери жумысларын еле де раўажландырыў, олардың еркин жумыс алып барыўын тәмийинлеў ҳәм басламаларын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, сондай-ақ, бар болған системалы машқалаларды сапластырыў илажларын көриў бойынша ҳәр қандай пикир-усыныслар тыңланатуғынлығы ҳәм шешимин табыў бойынша тийисли илажлар көрилетуғынлығын атап өтти.
Ушырасыў даўамында исбилерменлик субъектлери басқарыўшылары тәрепинен исбилерменликти раўажландырыў бағдарында бир қатар әҳмийетли, әлбетте, қоллап-қуўатланыўы тийис мәселелер көтерилди.
Мәселен, Нөкис қаласы “Мебель орайы” ЖШЖ баслығы экспорт-импорт қылыў тәртиплери ҳаққындағы түсиниклерди исбилерменлерге күнделикли түрде жеткерип барылыўы, инвесторларға итибар қаратыў, олар ушын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси жанынан Исеним телефонлары шөлкемлестириў бойынша усыныс билдирди.
Өз нәўбетинде Жоқарғы Кеңес Баслығы елимизде ислеп шығарыў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў, қолайлы бизнес орталығын еле де жақсылаў бойынша әмелге асырылыўы тийис илажлардың барлығы көрилетуғынлығы, ҳәр бир усыныс итибардан шетте қалмайтуғынлығын билдирди.
Ушырасыў даўамында тараў басшыларына билдирилген усынысларды үйренип шығыў ҳәм тийисли тәртипте шешимин табыў бойынша тапсырмалар берилди.

Дийхан хожалығы жерлерин e-auksion.uz арқалы ижараға алыӊ!
Ҳәзирги ўақытта Қарақалпақстан Республикасы бойынша 2167 жер майданлары ашық таӊлаўға шығарылған. Ашық электрон таӊлаўда қатнасыӊ!
e-auksion.uz
▪️ Әмиўдәрья районы 436 (қараңыз)
▪️ Беруний районы 173 (қараңыз)
▪️ Қараөзек районы 62 (қараңыз)
▪️ Кегейли районы 14 (қараңыз)
▪️ Қоңырат районы 129 (қараңыз)
▪️ Қаңлыкөл районы 75 (қараңыз)
▪️ Мойнақ районы 18 (қараңыз)
▪️ Нөкис районы 112 (қараңыз)
▪️ Тахтакөпир районы 235 (қараңыз)
▪️ Төрткүл районы 148 (қараңыз)
▪️ Хожели районы 90 (қараңыз)
▪️ Шымбай районы 134 (қараңыз)
▪️ Шоманай районы 491 (қараңыз)
▪️ Елликқала районы 50 (қараңыз)
e-auksion.uz
👇Хабардар болыў ушын👇
Telegram | Facebook | Instagram | Youtube

#Пилле қырманы ушын
Шымбай районы пиллекешлери 2023-жылдың пилле өнимин жетилистириў ушын аянбай мийнет етип, бүгин дәслепки мәмлекетке пилле жетилистириў бойынша қабыллаў баслады
Быйылғы жылы да район пиллекешлери белгиленген шәртнаманы артығы менен орынлаўына әўмет тилеймиз
Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў : 👉 https://t.iss.one/shimbayrk

🔰 “Бирлемши медицина-санитария жәрдемин халыққа жақынластырыў ҳәм медициналық хызметлер нәтийжелилигин арттырыў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында”ғы Президент қарарына (ПҚ–215-санлы, 25.04.2022-ж.) бола:
2022-жыл 1-июльдан:
- алыс ҳәм шетки аймақлардағы шаңарақлық шыпакерлик пунктлери ҳәм шаңарақлық поликлиникаларда жумыс алып барып атырған барлық шыпакерлер айлық мийнет ҳақысына қосымша 2 миллион сум муғдарында ҳәр айлық үстеме белгиленеди ҳәмде оларға ипотека тийкарында үй-жай сатып алыўда үй-жай баҳасының 50 процентине шекемги бөлеги, бирақ, БЕМның 500 есесинен (135 млн сумнан) аспаған муғдарда қаплап бериледи;
- алыс ҳәм шетки аймақларда үзликсиз 3 жыл ислеген шыпакерлер клиникалық ординатураға тест сынаўларысыз қабыл етиледи.
Ҳәр жылы 1 000 ға шекем жеңиллиги болмаған, узақ жыллар мәмлекетлик медицина мәкемелеринде ислеп атырған бийтап хызметкерлерге жоқары технологиялық операциялар қамсызландырыў төлемлери есабынан өткериледи.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter

Жоқарғы Кеңес Баслығы өзи аталыққа алған жаслар менен ушырасты
Президентимиз басламасы менен 14-30 жас аралығындағы жаслар социаллық жағдайы, қәбилети ҳәм қызығыўшылықларынан келип шығып, үш категорияға ажыратылды. Мәмлекеттиң итибары ҳәм жәрдемине мүтәж болған жаслар Жоқарғы Кеңес Баслығы, сектор басшылары, министрликлер менен қала ҳәм район ҳәкимлери, сектор басшыларына бириктирилди. Усы тийкарда республикамызда жаслар менен индивидуал ислеў системасы жаратылмақта.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев өзи аталыққа алған жаслардың машқала ҳәм усынысларын тыңлаў мақсетинде бир қатар жаслар ҳәм олардың ата-аналары менен екинши мәрте ушырасты.
Өткерилген ушырасыўда жаслар менен жақыннан пикирлесилип, олардың тилек-өтинишлери, сондай-ақ, турмысында ушырасып атырған машқалалары тыңланды.
Атап айтқанда, денсаўлығын беккемлеў ушын әмелий жәрдем көрсетиў, бәнтлигин ҳәм өзин өзи бәнт етиўин тәмийинлеў, социаллық қоллап-қуўатлаў, оқыў ушын контракт пулларын төлеп бериў, оқыўға кириў ушын арнаўлы таярлаў курсларында оқыў ушын қаржылай жәрдем бериў сыяқлы бир қатар мәселелер жаслар ҳәм олардың ата-аналары тәрепинен көтерилди.
Сол орынның өзинде бир неше жаслардың өзин-өзи бәнт етиўи ушын тигиў машиналары, сантехника буйымлары, кепсерлеў үскенелери жыйнағы менен тәмийинлеў бойынша жуўапкерлерге тапсырма берилди. Сондай-ақ, жумыссыз пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде кәсип-өнерге бағдарлаў бойынша арнаўлы курсларда оқытыў белгилеп алынды.
Жоқарғы Кеңес Баслығы бул машқалаларға шешим табыў бойынша тийисли тараў басшылары менен бирге арнаўлы “Жол картасы”н ислеп шығыў ҳәм тез пурсатта шешим табыў мәселесинде тапсырмалар берди.
Ашық-айдын жақыннан пикирлесиў усылында өткерилген ушырасыўда жаслар өзлеринин пикирлерин емин-еркин билдирди.
Ушырасыў жуўмағында ўазыйпалар белгилеп алынды.