Shimbay.uz
10K subscribers
31.3K photos
5.43K videos
30 files
11.4K links
Download Telegram
Президент Шавкат Мирзиёевтың басламасы менен әмелге асырылыўы белгиленген басқарыў реформасы басланды. Бир сөз бенен айтқанда, басқарыў системасы узақ ўақыттан берли оперативлилик ҳәм нәтийжелиликке тосқынлық етип киятырған “бюрократиялық салмақ”ты шығарып таслады. Ведомстволар саны дерлик 2 есе, әмелдарлар аппараты 30% ке қысқарды.

Бирақ, тек ғана бунда емес. Ҳақыйқатында да, ҳәкимшилик реформасы елимиздиң ҳақыйқый жаңаланыўы, мәмлекетлик басқарыўдың жаңа, және де нәтийжели усылларына өтиўдиң айнасы болып табылады.

Бир сөз бенен айтқанда, бул реформада нелерге итибар қаратылған?

✔️ Бәринен бурын, НӘТИЙЖЕЛИЛИККЕ. Мәмлекетлик басқарыў системасының ең әҳмийетли буўыны – Министрлер Кабинети жетилистирилмекте. Атқарыўшы ҳәкимият және де ықшамласып, функциялардың тәкирарланыўы сапластырылмақта. Надурыс, ҳәдден тыс жүкленген аппарат орнын ийилиўшең, белгили бир машқалаларды шешиўге қаратылған структура ийелейди.

Бюрократия қысқартылмақта. Ҳәр қандай ақылға уғрас келетуғын баслама, дизимнен өткеннен соң, ведомстволар аралық муўапықластырыў ҳәм тастыйықлаў сыяқлы 9 азаплы текшеден өтиўге мәжбүр болған әмелият өтмиште қалды.

Қосымша әҳмийетли бонус - бул лаўазымлы шахсларды тәмийинлеў ушын емес, ал социаллық мүтәжликлер ушын сарыпланатуғын бюджет қаржыларын үнемлеў.

✔️Екинши мәселе – ЖУЎАПКЕРШИЛИК. Ендигиден былай министрлер тиккелей Президент, парламент ҳәм жәмийетшилик алдында жуўапкер болып табылады.

Енди басшылар тиккелей жуўапкерликтен қашып қутыла алмайды. Ҳәр бир тараў ҳәм тармақ абстракт емес, ал исенип тапсырылған бағдардағы табыслар, анық нәтийжелер ҳәм кемшиликлер ушын жуўапкер болған анық шахсқа ийе болады.

Бирақ, министрлерден тек ғана талап етилип қойылмайды. Олардың өз ўазыйпаларына сәйкес рәўиште – ажыратылған қаржылардан бийғәрез пайдаланыў, өз ведомстволарының штатларын ҳәм структураларын, мақсетли жөнелислерин белгилеў бағдарындағы ўәкилликлери сезилерли дәрежеде кеңейтилип атыр. Басшылар ушын барлық шараятлар жаратылмақта, олар тек ғана ҳүждан менен, жуўапкершиликли ҳәм нәтийжели ислеўи керек.

Басқарыўдағы реформаның өзи барлық ресурсларды бағдарлаў ҳәм қабыл етилип атырған қарарлардың натийжелилигин арттырыў имканиятын беретуғын зәрүр қәдем екенлигине гүман жоқ. Реформалардың ҳәзирги басқышында бул Президентимиздиӊ ҳақыйқатында да зәрүр ҳәм стратегиялық әҳмийетке ийе қарары болып табылады.
Forwarded from Joqarǵı keńes.uz
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевтың исбилерменлер ушын қабыллаўы болып өтти

Ушырасыўда билдирилген мүрәжатлар тийкарынан бизнести қаржыландырыў ҳәм кредит ажыратыўды әпиўайыластырыў, сондай-ақ, исбилерменлик жумысын жетилистириўде ушырасып атырған бюрократиялық тосықлар ҳәм айырым хызмет көрсетиў жөнелислериндеги исбилерменлик жумысларын қоллап-қуўатлаў бойынша болып, Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен барлық машқалалар тыңланды.

Сондай-ақ, өз басламасы менен келген исбилерменлер пикирлери тыңланып, жаңа жумыс орынларын жаратыў нийети бар ҳәр қандай бизнес жүргизиўши қоллап-қуўатланыўы атап өтилди.

Толық мағлыўмат

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
https://kknews.uz/kk/126758.html
Суд ҳүкими өзгериссиз қалдырылды

Каналымызға қосылың👇
https://t.iss.one/joinchat/AAAAAERIzOESrE0olZr7Ng
#Даналар нәсияты

Өмир бул:

Бир қарасаң барлық нәрсе бир демде таўсылады.

Өмир бул:

Таўсылды дегенде барлығы басынан басланады!

Шамс Табризий
Ўзбекистон Республикаси Президенти Шавкат Мирзиёев Санкт-Петербург шаҳрида Россия Федерацияси Президенти Владимир Путин ташаббуси билан ўтказилган МДҲ давлатлари раҳбарларининг норасмий учрашувида иштирок этди.

Президент Республики Узбекистан Шавкат Мирзиёев принял участие в неформальной встрече глав государств СНГ, прошедшей по инициативе Президента Российской Федерации Владимира Путина в городе Санкт-Петербурге.

#Mirziyoyev #tashrif #MDH #hamkorlik

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter