Shimbay.uz
8.84K subscribers
29.1K photos
4.81K videos
29 files
10.8K links
Download Telegram
#Онлайн

#Хош хабар

Бүгин Шымбай районында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Шымбай факультети ашылды.

Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналымызға ағза болың : 👉 @shimbayrk
Шымбай районында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Шымбай факультети ашылды

Өзбекстан Республкасы Президентиниң усы жылы 23-24 февраль күнлери Қарақалпақстан Республикасына сапары ҳәм оның жуўмақларына бағышланған жыйналыс протоколында Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Шымбай факультетин шөлкемлестириў көрсетилген. Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик жоқары билимлендириӯ шөлкемлерине оқыӯға қабыл етиӯ процессин муӯапықластырыӯ бойынша Мәмлекетлик комиссиясының 2022-жыл 4-июль күнги 1-санлы мәжилис баянламасы менен Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Шымбай факультети ушын 2022/2023-оқыў жылы ушын өз алдына квота ажыратылды. Бунда жәми 95 орын болып, соннан 20 грант, 75 төлемли шәртнама тийкарында оқыӯға қабыл етилди. Факультетте 2022/2023-оқыў жылында Психология: әмелий психология, Шет тили ҳәм әдебияты: инглис тили, Математика, Филология ҳәм тиллерди оқытыў: қарақалпақ тили бакалавр тәлим бағдарлары бойынша жоқары мағлыўматлы кадрлар таярлаў басланды. Сондай-ақ бүгин Шымбай факультетиниң ашылыӯ мәресими болып өтти.Онда район ҳәкими А.Тажетдинов,Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң ректоры А.Реймовлар жыйналғанларды Шымбай факультетиниң ашылыӯы менен қызғын қутлықлап дәслепки студентлерге «Студентлик гүӯалықларын» тапсырды.

Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналымызға ағза болың : 👉 @shimbayrk
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Нөкис қаласындағы Президент мектеби оқыўшыларын жаңа оқыў жылы менен қутлықлады

Толық мағлыўмат

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў: @joqargikenes

website |facebook | telegram
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министирлиги, жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте:

Еки ай муддетде Қарақалпақстан Республикасында жайласқан исбилерменлик субъектлерине бийпул жәрдемлесиўши «Инвесторларға жәрдем орайы» ҳәм усы орай жанында аўыл хожалығына мөлшерленген бос турған участкалардан кеминде 10 гектар өндирислик технопаркти шөлкемлестириў белгиленген.

Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Кегейли районындағы 19-санлы мектеп оқыўшылары менен ушырасты

Толық мағлыўмат

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў: @joqargikenes

website |facebook | telegram
Илажда районлық Кеңес депутатлары өзлериниң режелерин белгилеп алды

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 31-августтағы «Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлик, инновациялық технологиялар ҳәм инфраструктураларды жедел пәтлерде раўажландырыў арқалы халықтың абаданлығын арттырыўдың қосымша илажлары ҳаққында»ғы ПП-213-санлы Пәрманының мазмун мәнисин халыққа жеткериў мақсетинде Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси депутатлары қатнасыӯында илаж болып өтти.

Толық оқыӯ: 👉 https://shimbay.uz/5378.html

Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналымызға ағза болың : 👉
@shimbayrk
Президент Шавкат Мирзиёев раислигида асосий озиқ-овқат маҳсулотлари нархлари барқарорлигини таъминлаш ва захирасини яратиш масалалари юзасидан видеоселектор йиғилиши бошланди.

Иқлимнинг кескин ўзгараётгани, кўп давлатларда қурғоқчилик бўлгани оқибатида бутун дунёга озиқ-овқат етишмовчилиги хавф солмоқда.

Халқаро майдондаги вазият туфайли глобал ишлаб чиқариш занжирларининг узилиши, логистикадаги муаммолар сабабли кўпчилик давлатлар озиқ-овқат маҳсулотлари экспортига чекловлар қўяётганини ҳам кўриб турибсизлар.

Вилоят, туман ва шаҳар ҳокимлари бундай шароитда ўз ҳудудида ички талабни тўлиқ таъминлаш ва экспортни ошириш бўйича имкониятларини ҳисоб-китоб қилиши шарт.

Лекин, ҳали кўп ҳокимлар буни тушуниб етмаяпти”, деди давлатимиз раҳбари сўзининг аввалида.

Бу йил 80 минг гектар майдон пахта ва ғалладан қисқартирилиб, аҳолига бўлиб берилди. Бугун имзоланган Президент қарорига кўра йил якунига қадар яна 20 минг гектар экин майдони аҳолига бўлиб берилади. Келгуси йилда 100 минг гектар экин майдони аҳолига танлов асосида ажратилади. Бунинг ҳисобига, 1 миллион 200 минг нафар аҳолини банд қилиш учун шароит яратилади.

Facebook|Instagram|Twitter