MXA QARAQALPAQSTAN RESPUBLIKASÍ BASQARMASÍ
368 subscribers
4.13K photos
739 videos
28 files
2.76K links
MÁMLEKETLIK XÍZMETLER AGENTLIGI QARAQALPAQSTAN RESPUBLIKASÍ BASQARMASÍ – Управление Республики Каракалпакстан Агентства государственных услуг

☎️ 1148

📩 [email protected]

🌐 www.davxizmat.uz

📲 https://www.facebook.com/rkgosuslug/
Download Telegram
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Qaraqalpaqstan_telekanali
#Қарши_тәжрийбеси
#МХО_мәҳәлле_пуқара
#Онлайн_хызметлер
#ПҲАЖ_жаӊалықлар

Қанлыкөл районы Мәмлекетлик хызметлер орайы хызметкерлери Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 20-май күнги “Балаларды мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мекемелерине қабыл қылыў бойынша мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўдиң ҳәкимшилик регламентин тастыйықлаў ҳаққында 2018-жыл 28-марттағы 244-санлы қарарына өзгертиўлер киритиў ҳаққында”ғы 319-санлы қарарының мәнис-мазмунын кең түрде түсиндириў мақсетине аймақтағы бир қатар мектепке шекемги билимлендириў мекемелеринде болды.

Үгит-нәсият жумысларын өткериўден мақсет, қабыл етилген қарарға киритилген өзгерислер орай арқалы ҳәмде Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер my.gov.uz порталы арқалы мүрәжат етиў тәртиплери, балаларды имтиязлы нәўбетке қойыўдағы жеӊилликлер ҳаққында кең түсиник жумысларын алып барыўдан ибәрат.

Каналға ағза болыў: https://t.iss.one/qrmxa
#Көшпели_хызметлер
#МХО_мәҳәлле_пуқара
#ПҲАЖ
#Онлайн_хызметлер

МАҚСЕТИМИЗ – ХАЛЫҚТЫҢ АЎЫРЫН ЖЕҢИЛ, УЗАҒЫН ЖАҚЫН ҚЫЛЫЎ

Шымбай районы Мәмлекетлик хызметлери орайы ҳәм районлық ПҲАЖ бѳлими хызметкерлери тәрепинен район орайынан 30 км узақлықта жайласқан “Майжап” АПЖда аўыл турғынларына кѳшпели тәртипте 70 тен аслам мәмлекетлик хызметлер кѳрсетилди. Район ПҲАЖ бѳлими тәрепинен Есенбаева Қызларгүлдиӊ перзенти Қурбанбаева Дилназ қызының, туӯылғанлық ҳаққындағы гүӯалығы көшпели тәртипте берилди. Сондай-ақ, аўыл турғынларына бизнес ҳәм исбилерменлик тараўында билим ҳәм көнликпелерин кәлиплестириў, сол арқалы оларды исбилерменликке кең түрде тартыў бойынша ҳәмде “МХО-мәҳәлле-пуқара” принципи тийкарында пуқаралардың электрон мәмлекетлик хызметлерден my.gov.uz порталы арқалы еркин пайдаланыў ҳаққындда кеңнен түсиниклер берилди.

Соның менен бирге Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 23-марттағы ПП–6191-санлы Пәрманына тийкар халық ҳәм исбилерменлик субъектлеринен соралатуғын тастыйықлаўшы ҳүжжетлерди талап етиў бийкар етилгенлиги ҳәмде Мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў тараўына байланыслы болған кейинги өзгерислер ҳаққында пуқараларға түсиниклер берилди.

Каналға ағза болыў: https://t.iss.one/qrmxa