MXA QARAQALPAQSTAN RESPUBLIKASÍ BASQARMASÍ
353 subscribers
4.13K photos
739 videos
28 files
2.76K links
MÁMLEKETLIK XÍZMETLER AGENTLIGI QARAQALPAQSTAN RESPUBLIKASÍ BASQARMASÍ – Управление Республики Каракалпакстан Агентства государственных услуг

☎️ 1148

📩 qqr@davxizmat.uz

🌐 www.davxizmat.uz

📲 https://www.facebook.com/rkgosuslug/
Download Telegram
August 30, 2021
#Мийнети_мүнәсип_баҳаланғанлар

Хабарыңыз бар, ғәрезсизлигимиз байрамы алдынан мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң 30 жыллығы мүнәсибети менен Президентимиздиң пәрманына муўапық Мәмлекетлик хызметлер агентлиги системасында жумыс алып барып атырған бир топар хызметкерлер де мәмлекетлик сыйлықлар, орден ҳәм медаллар менен сыйлықланды.

Сыйлықланғанлар арасында тараўымызда биринши рет, Кегейли районы Мәмлекетлик хызметлер орайы директоры Дауекеев Азамат Караматдинович "Шуҳрат" медалына мүнәсип деп табылғаны бәрешимиз ушын қуўанышлы жаңалық болды.

Соның менен бирге, Мәмлекетлик хызметлер агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы имәратында Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманына муўапық, тараўымыз хызметкерлери “Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 30 жыллығы” естелик нышаны менен сыйлықланды.

Тараўымызда кѳп жыллардан бери жемисли мийнет ислеп, мәмлекетимиз раўажланыўына үлес қосып атырған, тараўымызды раўажландырыўда айрықша үлги болып келген хызметкерлер Мәмлекетлик хызметлер агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы Баслығыныӊ «Ҳүрмет жарлықлары» ҳәм естелик саўғалары менен де сыйлықланды.

Өз нәўбетинде, кәсиплеслеримизди жетискен жетискенликлери менен шын кеўилден қутлықлап, шаңарақларына аманлық, беккем денсаўлық, машақатлы жумысларында табыслар ҳәм кәсипке болған пидәйилығыңыз ҳәр дайым яр болыўын тилеймиз!

Мәмлекетлик хызметлер агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы

Каналға ағза болыў: https://t.iss.one/qrmxa
August 30, 2021
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
August 30, 2021