MXA QARAQALPAQSTAN RESPUBLIKASÍ BASQARMASÍ
354 subscribers
4.13K photos
739 videos
28 files
2.76K links
MÁMLEKETLIK XÍZMETLER AGENTLIGI QARAQALPAQSTAN RESPUBLIKASÍ BASQARMASÍ – Управление Республики Каракалпакстан Агентства государственных услуг

☎️ 1148

📩 [email protected]

🌐 www.davxizmat.uz

📲 https://www.facebook.com/rkgosuslug/
Download Telegram
#МХА_ПҲАЖ

ШАӉАРАҒЫМЫЗ ҚУЎАНЫШЫ, МӘМЛЕКЕТИМИЗ КЕЛЕШЕГИ БОЛҒАН БАЛАЛАРҒА ТУЎЫЛҒАНЛЫҚ ҲАҚҚЫНДА ГҮЎАЛЫҚ БЕРИЛДИ.

Туўылғанлық ҳаққындағы гүўалық - инсан туўылған күнинен баслап ол ҳаққында мағлыўмат беретуғын әҳмийетли ҳүжжет болып есапланады.

Бирақ, узақ аймақларда жасайтуғын пуқаралар айырым жағдайларда перезентлерине өз ўактында туўылғанлық ҳаққындағы гүўалық алыўды кешиктиреди. Бул болса баланыӊ билим алыўына ҳәм келешекте басқа да жеке ҳүжжетлерине ийе болыўына кесент етеди.

Усындай машқалаларды сапластырыў мақсетинде бир қатар иләжлар әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, Мәмлекетлик хызметлер агентлиги Қаракалпакстан Республикасы басқармасы баслығы М.Абдижалиев басламасы менен Төрткүл районыныӊ еӊ узақ аймақларынан бири есапланған, район аймағынан 70 км узақлықта жайласқан "Қумбасқан" АПЖ да 2000, 2003 хам 2006-жыл үй шараятында туўылған, туўылғанлығы усы күнге шекем дизимге алынбаған Балхибаев Нурлан, Балхибаева Перийзат ҳәм Балхибаев Баўыржанлардыӊ туўылғанлығы дизимге алынып, туўылғанлық ҳаққындағы гүўалықлары тапсырылды.

Басқарма баслығы балаларды қутлықлап, оларға байрам саўғаларын инам етти.

Каналға ағза болыў: https://t.iss.one/qrmxa
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Qaraqalpaqstan_telekanalı
#Jańalıqlar

Кегейли районы Мәмлекетлик хызметлер орайының жаңа заманагөй ҳәм ҳәр тәреплеме қолай имәраты район орайынан, яғный «Жылўан жап» мәкән пуқаралар жыйыны аймағы, Дослық гузары көшесинен улыўма майданы 0,23 га жер орны ажыратылып қурылыс жумыслары басланды.

Каналға ағза болыў: https://t.iss.one/qrmxa
#Көшпели_хызметлер
#МХО_мәҳәлле_пуқара
#ПҲАЖ
#Онлайн_хызметлер

МАҚСЕТИМИЗ – ХАЛЫҚТЫҢ АЎЫРЫН ЖЕҢИЛ, УЗАҒЫН ЖАҚЫН ҚЫЛЫЎ

Шымбай районы Мәмлекетлик хызметлери орайы ҳәм районлық ПҲАЖ бѳлими хызметкерлери тәрепинен район орайынан 30 км узақлықта жайласқан “Майжап” АПЖда аўыл турғынларына кѳшпели тәртипте 70 тен аслам мәмлекетлик хызметлер кѳрсетилди. Район ПҲАЖ бѳлими тәрепинен Есенбаева Қызларгүлдиӊ перзенти Қурбанбаева Дилназ қызының, туӯылғанлық ҳаққындағы гүӯалығы көшпели тәртипте берилди. Сондай-ақ, аўыл турғынларына бизнес ҳәм исбилерменлик тараўында билим ҳәм көнликпелерин кәлиплестириў, сол арқалы оларды исбилерменликке кең түрде тартыў бойынша ҳәмде “МХО-мәҳәлле-пуқара” принципи тийкарында пуқаралардың электрон мәмлекетлик хызметлерден my.gov.uz порталы арқалы еркин пайдаланыў ҳаққындда кеңнен түсиниклер берилди.

Соның менен бирге Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 23-марттағы ПП–6191-санлы Пәрманына тийкар халық ҳәм исбилерменлик субъектлеринен соралатуғын тастыйықлаўшы ҳүжжетлерди талап етиў бийкар етилгенлиги ҳәмде Мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў тараўына байланыслы болған кейинги өзгерислер ҳаққында пуқараларға түсиниклер берилди.

Каналға ағза болыў: https://t.iss.one/qrmxa
Ўзбекистон Республикаси Президентининг фармонларига мувофиқ, мамлакатимиз мустақиллигининг 30 йиллиги муносабати билан кўплаб ватандошларимиз фахрий унвонлар, орден ва медаллар билан тақдирланган эди.
Бугун Кўксаройда ушбу мукофотларни топшириш маросими бўлиб ўтди.
Мукофотланганлар юксак эътибор учун давлатимиз раҳбарига миннатдорлик билдирди.

В соответствии с указами Президента Республики Узбекистан по случаю 30-летия независимости страны многие наши соотечественники были удостоены почетных званий, орденов и медалей.
Сегодня в резиденции Куксарой состоялась церемония вручения этих наград.
Награжденные выразили главе нашего государства благодарность за высокое внимание.

#Mirziyoyev #marosim #taqdirlash #mukofot

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter