MXA QARAQALPAQSTAN RESPUBLIKASÍ BASQARMASÍ
347 subscribers
4.13K photos
739 videos
28 files
2.76K links
MÁMLEKETLIK XÍZMETLER AGENTLIGI QARAQALPAQSTAN RESPUBLIKASÍ BASQARMASÍ – Управление Республики Каракалпакстан Агентства государственных услуг

☎️ 1148

📩 qqr@davxizmat.uz

🌐 www.davxizmat.uz

📲 https://www.facebook.com/rkgosuslug/
Download Telegram
April 13, 2021
​​Пуқаралар мүрәжатлары ҳәрдайым дыққат итибарымызда!

2021-жылдың 1-шереги даўамында Мәмлекетлик хызметлер агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасына физикалық ҳәм юридикалық шахслардан жәми 150 мүрәжатлар келип түсти.

Соннан 57 мүрәжат (38 пайызы) өзиниң унамлы шешимин тапқан болса, 72 мүрәжатқа (48 пайызы) ҳуқықый түсиниклер берилди.

Мүрәжатлардың тийкарғы бөлегин мәмлекетлик хызметлер көрсетиў (117 мүрәжат, яғный 78 %) ҳәм ПҲАЖ тараўлары менен (28 мүрәжат, 18,6%) байланыслы мүрәжатлар қурамақта.

Атап айтқанда, туўылғанлықты дизимге алыў мәселесинде мүрәжат еткен пуқаралар С.Сейилханова, У.Каримовалардың мүрәжатлары Басқарма тәрепинен үйренилип перзенлерине туўылғанлығы ҳаққында гүўалықлар рәсмийлестирилип берилди.

Перзенлерин мектепке шекемги билимлендириў мекемелерине жайластырыў мақсетинде мүрәжәт қылған пуқаралар Р.Оразбаева ҳәмде Б.Нурымбетовалардың перзентлери ушын тийисли балалар бақшасына жолламалар берилди.

Буннан басқа, көрсетилген мәмлекетлик хызметлер ушын төленген төлемлерин қайтарып алыў мақсетинде пуқаралар ҳәм исбилерменлерден келип түскен 44 мүрәжат өзиниң унамлы шешимин тапты.
April 13, 2021
April 13, 2021
April 13, 2021
April 13, 2021
April 14, 2021
April 14, 2021