MXA QARAQALPAQSTAN RESPUBLIKASÍ BASQARMASÍ
349 subscribers
4.13K photos
739 videos
28 files
2.76K links
MÁMLEKETLIK XÍZMETLER AGENTLIGI QARAQALPAQSTAN RESPUBLIKASÍ BASQARMASÍ – Управление Республики Каракалпакстан Агентства государственных услуг

☎️ 1148

📩 [email protected]

🌐 www.davxizmat.uz

📲 https://www.facebook.com/rkgosuslug/
Download Telegram
#Жаслар_бизиң_келешегимиз

Жаслар бизиң келешегимиз

Бозатаў районы Мәмлекетлик хызметлер орайында МХО хызметкерлери тәрепинен район жаслары ушын экскурсия тәризде ушырасыў өткерди.

Ушырасыў даўамында орайда жаратылған имканиятлар менен таныстырды ҳәм мәмлекетлик хызметлерди онлайн түрде алыў көнликпелерин қәлиплестириў бойынша жаслар ушын оқыў семинары өткерилди.

Каналға ағза болыў: https://t.iss.one/qrmxa
#Хизмат_сафари

ДХА директори Улуғбек Муҳаммадиев Қашқадарё вилояти Давлат хизматлари марказлари ва ФҲДЁ бўлимларини кўздан кечирмоқда.

Хизмат сафари давомида ДХА раҳбари Нишон тумани Давлат хизматлари маркази қурилиш жараёни билан танишиб, тегишли кўрсатмалар берди.

Сафар давомида Давлат хизматлари марказлари ва ФҲДЁ бўлимларида яратилган шароитлар, аҳолининг розилиги даражасини ўрганиш режалаштирилмоқда.

🔗Алоқада қолинг:
Telegram · Instagram · Facebook · Youtube · DXA_lotinda
#Сыйлықлаў

Мәмлекетлик хызметлер агентлиги Қаракалпақстан Республикасы басқармасы мийнет жәмәәти атынан жасарыў, жаңаланыў әйямы – Наўрыз байрамы күни мүнәсибети менен қутлықлап ҳәмде тараўда өз хызмет ўазыйпаларын нəтийжели ҳəм шын кеўилден орынлап, пидайы мийнети менен халқымыздың исеними ҳəм ҳүрметин жоқары басқышқа алып шығыўда қосқан үлеси ушын, айрым хызметкерлеримиз байрам мүнәсибети менен «ҲҮРМЕТ ЖАРЛЫҒЫ» менен сыйлықланды!

Каналға ағза болыў: https://t.iss.one/qrmxa
Forwarded from Joqarǵı keńes.uz
Пүткил елимиз бойлап жасарыў ҳәм жаңаланыў, жақсылық ҳәм кеңпейиллик әййямы – Наўрыз улыўма халықлық байрамы жоқары шөлкемлескенлик пенен белгиленбекте.
Бүгин улыстыӊ уллы күни пайтахтымыздағы И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақстан мәмлекетлик көркем өнер музейи алдында көтериңки руўхта өткерилмекте.
Музей алды Наўрыз байрамына сай етип, ояныў пасылы бәҳәр ҳәм миллийлигимизди сәўлелендириўши безеўлер менен безетилген.
Байрам илажына Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов қатнасты.
Наўрыз улыўма халықлық байрамы мүнәсибети менен көркем өнер шеберлери менен бирге жас талант ийелери тәрепинен атқарылған театрластырылған байрам тамашасы, миллий қосық ҳәм ойынлар жыналғанларға байрам кейпиятын инам етпекте.
Forwarded from Joqarǵı keńes.uz
Наўрыз улыўма халықлық байрамы мүнәсибети менен пайтахтымыздағы Жаслар орайы алдындағы майданда да байрам сейиллери өткерилмекте.
Байрам илажына Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов қатнасты.
Халқымыз миллий тиклениў ҳәм миллий раўажланыўдың жаңа басқышына қәдем қойған ҳәзирги ўақытта барлық ийгиликли қәдириятларымыздың ҳәм дәстүрлеримиз қатары Наўрыз байрамының да турмысымыздағы орны ҳәм әҳмийети артып бармақта.
Әсиресе, өсип киятырған жас әўладты кәмил инсанлар етип тәрбиялаўда, олардың қәлбинде ўатансүйиўшилик, миллий қәдриятларымызға ҳүрмет, тәбиятты қәстерлеп-абайлаў сыяқлы сезимлерди оятыўда бул әййемги байрам үлкен әҳмийетке ийе.
Байрам сейиллеринде халқымызға инам етилген концерт бағдарламалары ҳәм сахналастырылған байрам тамашалары жыйналғанларға үлкен заўық бағышлады.
Елимиз бойлап байрам сейиллери даўам етпекте.