MXA QARAQALPAQSTAN RESPUBLIKASÍ BASQARMASÍ
374 subscribers
4.13K photos
739 videos
28 files
2.76K links
MÁMLEKETLIK XÍZMETLER AGENTLIGI QARAQALPAQSTAN RESPUBLIKASÍ BASQARMASÍ – Управление Республики Каракалпакстан Агентства государственных услуг

☎️ 1148

📩 [email protected]

🌐 www.davxizmat.uz

📲 https://www.facebook.com/rkgosuslug/
Download Telegram
#Ҳәр_бир_исбилермен_жасларға_сүйениш

Мәмлекетлик хызметлер орайы Жаслар менен бир қәдемде.

Жаслар ислери агентлиги Шоманай районлық бөлими тәрепинен жаслардың исбилерменлик тараўында зәрүр билим ҳәм тәжирийбелерин асырыў арқалы оларды исбилерменликке қамырап алыў ҳәм бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде Шоманай районы педагогика колледжинде “Жаслар 1+1” дәстүри тийкарында “Жаслар дәптери” дизиминде турыўшы жасларға оқыў-семинар шөлкемлестирилди.

Оқыў-семинарда Шоманай районы Мәмлекетлик хызметлер орайы хызметкерлери тәрепинен жаслардың исбилерменлик көнликпелерин асырыў, кәсип-өнерге бағдарлаў ҳәм билимлендириў сапасын асырыў мақсетинде кең түрде түсиндириў жумысларын алып барды.

Бул өтилип атырған семинар арқалы жасларымызға «Исбилерменлик субъектлери ҳәм оның түрлери», «Электрон ҳүкимет» ҳәмде Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталыннан пайдаланыў тәртиби ҳаққында интерактив методта арнаўлы таярланған слайдлар, роликлер ҳәм тарқатпа материаллар арқалы кеңнен түсиндириў жумыслары алып барылды.

Семинар қатнасыўшылары тәрепинен өзлерин қызықтырған бир қанша сораўлар берилип, оларға унамлы жуўаплар алыўға ерисилди.

Каналға ағза болыў: https://t.iss.one/qrmxa
#Халқаро_ҳамкорлик

Япония делегацияси аъзолари Давлат хизматлари маркази фаолияти билан танишди

Куни кеча Тошкент шаҳрининг Чилонзор тумани Давлат хизматлари маркази фаолияти, Марказда жорий этилган давлат хизматлари, хусусан электрон рақамли имзо калитини олиш ҳамда тадбиркорликни рўйхатдан ўтказиш тартиби билан танишиш мақсадида тадбиркорлардан иборат Япония делегацияси аъзолари ташриф буюрди.

Ташриф чоғида, Давлат хизматлари маркази масъул ходимлари томонидан сўнгги йилларда юртимизда давлат хизматлари кўрсатиш миллий тизимини такомиллаштириш борасида амалга оширилаётган кенг кўламли ислоҳотлар, бюрократик тўсиқларни бартараф этиш йўли билан аҳолига қулай ва шаффоф хизматлар тақдим этилаётганлиги хусусида батафсил маълумот берилди.

Меҳмонлар томонидан айниқса, аксарият давлат хизматларидан масофадан туриб фойдаланиш имкони яратилганлиги, тизимда инновацион технологиялар кенг қўлланилаётганлиги, бу эса ўз навбатида, мамлакатнинг инвестицион жозибадорлигига ижобий таъсир қилиши эътироф этилди.
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Онлайн_хызметлер

Ҳүрметли хызмет пайдаланыўшылар, субсидия алыў ушын арзаны электрон тәризде жибериў тәртибин усынамыз

Каналға ағза болыў: https://t.iss.one/qrmxa
Forwarded from MAKAN.UZ
Пуқаралар дыққатына!

1-марттан баслап, дәраматы жоқары болмаған шахсларға ипотека кредитлери тийкарында үй-жай сатып алыӯы ушын басланғыш тѳлем ямаса кредит пайыз тѳлемлериниң бир бѳлегин қаплап бериӯ мақсетинде мәмлекет бюджетинен қайтарып берилмейтуғын қаржылар ажыратыӯ ушын арзалар қабылланады.

👉https://makan.uz/kk/article/16432

@makan_uz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#TTV_telekanali
#Ҳәр_бир_исбилермен_жасларға_сүйениш

Төрткүл районы МХО – ЖАСЛАРДЫҢ ИСБИЛЕРМЕНЛИК КӨНЛИКПЕЛЕРИН АСЫРМАҚТА

Каналға ағза болыў: https://t.iss.one/qrmxa
🔰ДЕПУТАТЛАР ҲӘМ ИСБИЛЕРМЕНЛЕР ФОРУМЫ

¬ Өзбекстан Либерал-демократик партиясы басламасы менен “Депутатлар ҳәм исбилерменлер менен пикирлесиў” форумы шеңберинде өткерилип атырған ушырасыў Коңырат районы Жаслар ислери Агентлиги имәратында болып өтти.
Оған партияның районлық Кеңеси хызметкерлери, Қарақалпақстан Республикасы Қонырат районындағы Өзбекстан Республикасы Бас Министриниң исбилерменлер мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханасы ўәкиллери, Қоңырат районы ҳәкимлиги, депутатлар, Қонырат районы мәмлекетлик хызметлер орайы, районлык Жаслар ислери Агентлиги, исбилерменлер ҳәм өз исбилерменлигин басламакшы болған жаслар ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Иләжда Қоңырат районы мәмлекетлик хызметлер орайы қәнийгеси Г.Дощанова тәрепинен исбилерменлик пенен шуғылланыўдың хуқықый тийкарлары, ҳәр бир хожалық жүритиўши субъектти мәмлекетлик дизимнен өткериў ушын талап етилетуғын ҳүжжетлер соның менен бирге субсидиялар бойынша Нызамшылыкта белгиленген нормативлер хаққында кеңнен түсиниклер берилди.
Бунан соң Қарақалпақстан Республикасы Қонырат районындағы Өзбекстан Республикасы Бас Министриниң исбилерменлер мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханасы канийгеси С.Сапаров сөзге шыгып бүгинги күнде қабыллаўхана тәрепинен исбилерменлердиң мүрәжатларын орынлаў бойынша алып барылып атырған жумыслар, жеке сектор тараўындагы ерисилген нәтийжелер менен бирге орынларда ушырасып атырған қәте-кемшиликлерге сын пикир билдирди.
Буннан соң «Онермент» орайы районлық бөлими баслығы А.Байжанова тәрепинен исбилерменлик, шаңарақлық бизнес ҳәм өнерментшилик пенен шуғылланыўдың әҳмийети ҳәм мәмлекетимизде өнерментлерге қаратылып атырған итибар ҳәм жеңилликлер бойынша түсиниклер берип өтти.
Буннан соң Жаслар ислери Агентлиги районлық бөлими қәнийгеси Т.Казакбаев тәрепинен жасларды қоллап-қуўатлау, әсиресе «Жаслар темир даптери»не киритилген жаслардың бәнтлигине көмеклесиў оларда исбилерменлик көнликпелерин қәлиплестириў, “1+1” бағдармаласы шеңберинде ҳәр бир жаска 1 гектар жойбары бойынша районда әмелге асырылып атырған иләжлар хаққында кеңнен түсиниклер берип өтти.
Буннан соң ӨзЛиДеП Қоңырат районлық Кеңеси баслығы орынбасары З.Туребаева тәрепинен исбилерменлик жумысы еркинлигин буннан былайда жетилистириў, халықтың әсиресе жумыссыз пуқаралардын бәнтлиги ҳәм дәраматын асырыўдың баслы дереги болған киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти қоллап-қуўатлаў бойынша партия тәрепинен алып барылып атырган иләжлар, лаўазымлы шаҳсларға жеке сектор тараўындағы машқалалар жүзесинен жиберилген “Депутатлык сорау”лар ҳәм олардың орынланыўы бойынша әмелге асырылып атырған иләжларға тоқталып өтти.
Ушырасыў соңында “1+1 бағдарламасы” тийкарында оқыў курсларын тамамлаған жасларға ӨзЛиДеП китапханасынан орын алған мийуе, овощ ҳәм палыз өнимлерин жетилистириў, жерди егиўге таярлаў, егин мүддети ҳәм егиў схемасы, егинлерди зыянкеслерге қарсы гүресиў ҳәм оларды жыйнап алыу технологиясы, сондай-ақ 1 жыл даўамындағы экономикалық көрсеткишлер бойынша мағлыўматларды өз ишине қамтыған көрсетпе қураллары тарқатылды, сондай-ақ Қоңырат районы мәмлекетлик хызметлер орайы қәнийгелери тәрепинен сол жердиң өзинде жас исбилерменлерди көшпели мәмлекетлик дизимнен өткериў шөлкемлестирилди.


Қоңырат районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети. 👉👉@qongiratrkuz👈👈
#Жаслар_1_+_1

«Исбилерменлик тийкарлары» атамасындағы семинар-тренинглер даўам етпекте.

Нөкис қаласы Жаслар орайында «Исбилерменлик тийқарлары» атамасындағы семинар-теренинг болып өтти.

Онда Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикалық басқармасы тәрепинен «Жаслар: 1+1» жойбары шеңберинде жасларды исбилерменликке қызықтырыў мақсетинде «Исбилерменлик тийкарлары» атамасындағы семинар-теренингде АСБ «Микрокредитбанк», Нөкис қалалық Мәмлекетлик хызметлер орайы, Нөкис қалалық мәмлекетлик салық инспекциясы тәрепинен оқыў бағдарламасына тийкар оқыў сабақлары өткерилди.

Семинар даўамында жаслар өзлериниң пикир ҳәм усынысларын берип, қызықтырған сораўларына толық жуўаплар алыўына еристи.

Каналға ағза болыў: https://t.iss.one/qrmxa