Salıq xızmeti xabarları
3.28K subscribers
8.64K photos
2.15K videos
158 files
7.47K links
Tarawǵa baylanıslı múrájatlardı jollaw ushın: @saliq_murajat_bot

Instagram https://www.instagram.com/saliq_xabarlari
Facebook https://www.facebook.com/saliqxabarlari
Youtube https://www.youtube.com/channel/UCs9W8hHE


Maģlìwmat ushın tel: (61) 222-00-33
Download Telegram
#сораў_жуўап

🔴 Физикалық шахсларға товарлар реализация қылынғанда ЭЕФ қалай толтырылады?

🔵 Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 25-июньдеги 522­санлы қарары менен тастыйықланған “Өз-ара есап­китаплар системасында электрон формадағы есап­фактуралардан пайдаланыў тәртиби ҳаққында”ғы Нызамның 18-­бәнтине тийкар товарларды (хызметлерди) исбилерменлик жумысы менен шуғылланбайтуғын физикалық шахсларға реализация қылыўда товарларды (хызметлерди) сатыўшы тәрепинен қәлиплестирилген ЭЕФ оның электрон санлы имзасы менен бир тәреплеме тастыйықланады.

_____________________________

#савол_жавоб
🔴 Жисмоний шахсларга товарлар реализация қилинганида ЭҲФ қандай тўлдирилади?

🔵 Ўзбекистон Республикаси Вазирлар Маҳкамасининг 2019 йил 25 июндаги 522­сон қарори билан тасдиқланган “Ўзаро ҳисоб­китоблар тизимида электрон шаклдаги ҳисобварақ­фактуралардан фойдаланиш тартиби тўғрисида”ги Низомнинг 18-­бандига асосан товарларни (хизматларни) тадбиркорлик фаолияти билан шуғулланмайдиган жисмоний шахсларга реализация қилишда товарларни (хизматларни) сотувчи томонидан шакллантирилган ЭҲФ унинг электрон рақамли имзоси билан бир томонлама тасдиқланади.



👉Каналға ағза болыў: @qrmsb
#сораў_жуўап
🔴 Бағыўшысын жойтқан көп балалы шаңарақлар жер салығынан азат етилгени рас па

🔵 2019-жыл 30-декабрьде қабыл етилген жаңа редакциядағы 480 статьядан ибарат Салық кодексиниң XVI бөлими Жер салығы менен байланыслы салық мүнәсибетлерин тәртипке салыўға қаратылған.

Кодекстиң 436-статьясында жер салығын төлеў бойынша жеңилликке ийе болған жети айрықша пуқаралар дизими көрсетилген болып, оның 5-бәнтине көре, ата-анасынан бири ямаса ата-анасы дүньядан өткен ҳәм шаңарақта он алты жасқа толмаған бес ҳәм оннан артық балалары болған шаңарақлар салық салыў мақсетинде бағыўшысын жойтқан көп балалы шаңарақлар болып есапланады.

⚠️Бул жеңиллик Финанс министрлиги жанындағы Бюджеттен тысқары Пенсия қоры районлық (қалалық) бөлиминиң мағлыўматнамасы тийкарында берилиўи белгилеп өтилген.

✔️Мағлыўмат орнында, бундай жеңиллик 392 статьядан ибарат болған алдынғы Салық кодексиниң 290-статьясы 6-бәнтинде де бар еди.

👉Каналға ағза болыў: @qrmsb
#сораў_жуўап
#нызамшылықтағы_жаңалықлар

⚡️“Бала пулы”нан салық: оны қайтарыў мүмкинбе?

Хабарыңыз бар, жаңа редакциядағы (2020-жыл 1-январьдан баслап күшке кирген) Салық кодексиниң 369-статьясына муўапық социаллық қамсызландырыў атап айтқанда, ҳәмиледарлық ҳәм бала туўылғанда берилетуғын напақа ҳәм туўыў напақалары физикалық шахслардан алынатуғын дәрамат салығын есаплаўда жәми дәраматлар қурамына киритилмейди.


Нызам ҳүжжетлерине көре берилетуғын басқа түрдеги атап айтқанда, 14 жасқа шекемги балалары болған шаңарақларға сондай-ақ, бала еки жасқа толғанға шекем бала тәрбиясы бойынша аналарға берилетуғын напақалар Салық кодексине тийкар, физикалық шахслардан алынатуғын дәрамат салығын есаплаўда жәми дәраматқа киритилмеген. Президентимиздиң 2020-жыл 20-июль сәнесиндеги “Коронавирус пандемиясының унамсыз тәсирин азайтыў ушын халық, исбилерменлик субъектлери, улыўма аўқатланыў, саўда ҳәм хызметлер тараўын қоллап-қуўатлаўдың қосымша илажлары ҳаққында”ғы ПП–6029-санлы Пәрманында бул напақалар ҳәм ❗️ физикалық шахслардан алынатуғын дәрамат салығына тартылмаслығына анықлық киритилди.


Усы мүнәсибет пенен, жоқарыда көрсетилген напақалар бойынша физикалық шахслардан алдын услап қалынған ҳәм өткерилген ( сондай-ақ, 2020-жыл 1-апрельден баслап) ✔️ физикалық шахслардан алынатуғын дәрамат салығы суммалары қайта есаплап шығылыўы мүмкин ҳәм кейиншелли усы пуллар напақа алыўшыларға төлениўи шәрти менен салық агентине қайтарылады.
#сораў_жуўап

🔴 Онлайн қадағалаў-касса машинасы қымбат болып атыр, арзанластырыўдың жолы барма

🔵 Мәмлекетлик салық комитети тәрепинен ислеп шығылған виртуал касса дәстүрий өниминиң база бөлими тегин бериледи.

👉Онлайн ҚКМны 2021-жыл 1-январға шекем мәмлекетлик салық хызмети органларында 📝дизимге қойыў шәрти менен төмендеги салық жеңилликлеринен пайдаланасыз:

👉 есапланған ҳәм төлениўи лазым болған пайда салығы ямаса айланбадан алынатуғын салық ямаса қатаң белгиленген салық суммасын кемейттириў;

👉 кемейтирриў ҳуқықы онлайн ҚКМны ҳәр бирин сатып алыў, орнатыў ҳәм иске түсириў менен байланыслы қәрежетлер суммасына, ❗️бирақ базалық есаплаў муғдарының 10 есесинен аспаған муғдарда белгиленген.

❗️Еслетип өтемиз, ҳәзирде Мәмлекет реестрына 7 түрдеги онлайн ҚКМ ҳәм 7 түрдеги виртуал кассалар ҳәм 11 техникалық хызмет көрсетиў орайлары киритилген.

💰 Олардың ишинен баҳасы туўры келетуғынын таңлап алыўыңыз мүмкин.

🖥Онлайн ҚКМ ҳәм виртуал касса ислеп шығарыўшылары ҳәм оларға хызмет көрсетиўши ТХКМ ҳаққындағы толық мағлыўматларды 👉 https://soliq.uz/page/davlat-reestri ва https://ofd.uz/uz/pages/view/54 мәнзили арқалы алыў мүмкин.

Каналға ағза болыў: @qrmsb
#сораў_жуўап

🔴Кәрхана баслығы I топар нәгираны болса дәрамат салығынан жеңиллик барма


🔵 Өзбекстан Республикасы Салық кодексиниң 380-статьясы 3-бәнтине муўапық балалықтан нәгиранлығы болған шахслар, сондай-ақ, I ҳәм II топар нәгиранлығы болған шахслар дәраматлар қайсы айда алынған болса, сол айда ҳәр бир ай ушын мийнетке ҳақ төлеўдиң ең кем муғдарының 1,41 есеси муғдарындағы дәраматлар бойынша физикалық шахслардан алынатуғын дәрамат салығы төлеўден азат етиледи.

☝️Бул жеңиллик пенсия гүўалығы ямаса медицина-мийнет эксперт комиссиясының мағлыўматнамасы тийкарында бериледи.

❗️Ҳәзирде мийнетке ҳақ төлеўдиң ең кем муғдары 679330 сум. Демек, бул пуқаралардың 957855.3 сум (679330*1.41) муғдарына шекемги болған дәраматларына салық салынбайды .

Каналға ағза болыў: https://t.iss.one/qrmsb
Пуқараларға қолайлылық жаратыў, артықша әўерешиликлердиң алдын алыў мақсетинде салық тараўы бойынша сораў ямаса мүрәжатларды электрон қабыллаў ҳәм жуўап бериў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик салық басқармасының https://t.iss.one/saliqqa_murajat_bot мәнзили жолға қойылған еди. Бул телеграм бот мәнзили арқалы пуқаралардан келген сораўлар менен таныстырып барыўда даўам етемиз.
#сораў_жуўап

🔴 Мен турақ жай болмаған имаратымды ижәраға берип едим. Буныӊ ушын салық төлейменбе?

🟢 2020-жыл 1-июль сәнесинен баслап 2020-жыл 31-декабрге шекем физикалық шахслар көшпес мүлкти ижәраға бериўден алынған дәраматлары бойынша физикалық шахслардан алынатуғын дәрамат салығын төлеўден азат етилген.
📚Тийкар - Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2020-жыл 20-июль сәнесиндеги ПП-6029-санлы Пәрманы

Каналға ағза болыў: https://t.iss.one/qrmsb
#сораў_жуўап

🔴 Онлайн қадағалаў-касса машинасы қымбатлылық етип атыр, арзанлатыўдыӊ жолы барма

🔵 Мәмлекетлик салық комитети тәрепинен ислеп шығылған виртуал касса дәстүрий өниминиң база бөлими тегин бериледи.

👉Онлайн ҚКМны 2021-жыл 1-январға шекем мәмлекетлик салық хызмети органларында 📝дизимге қойыў шәрти менен төмендеги салық жеңилликлеринен пайдаланасыз:

👉 есапланған ҳәм төлениўи лазым болған пайда салығы ямаса айланыстан алынатуғын салық ямаса қатаң белгиленген салық суммасын кемейтиў;

👉 кемейтиў ҳуқықы онлайн ҚКМны ҳәр бирин сатып алыў, орнатыў ҳәм иске түсириў менен байланыслы қәрежетлер суммасына, ❗️бирақ базалық есаплаў муғдарының 10 есесинен аспаған муғдарда белгиленген.

❗️Еслетип өтемиз, ҳәзирде Мәмлекет реестрына 7 түрдеги онлайн ҚКМ ҳәм 7 түрдеги виртуал кассалар ҳәм 11 техникалық хызмет көрсетиў орайлары киритилген.
💰 Олардың ишинен баҳасы туўры келетуғынын таңлап алыўыңыз мүмкин.
🖥Онлайн ҚКМ ҳәм виртуал касса ислеп шығарыўшылары ҳәм оларға хызмет көрсетиўши ТХКМ ҳаққындағы толық мағлыўматларды 👉 https://soliq.uz/page/davlat-reestri ва https://ofd.uz/uz/pages/view/54 мәнзили арқалы алыўыӊызға болады.

Каналға ағза болыў: https://t.iss.one/qrmsb
#сораў_жуўап

🔴ҚҚСныӊ артықша төленген суммасын қайтарыў бойынша “ҚҚСын қайтарыў бот” арқалы арза бердим, кейинги процессти түсиндирип берсеӊиз?

🟢Усы жылдыӊ 14-августында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ «Қосымша қун салығы ҳәм шет ел юридикалық шахслары менен байланыслы салық ҳәкимшилигин жетилистириў ҳаққында»ғы 489-санлы қарары қабыл етилди.

📃Ҳүжжет пенен “Қосымша қун салығы суммасы орнын қаплаў тәртиби ҳаққында Реже” тастыйықланды. Оған муўапық ҚҚС суммасы орнын қаплаўдыӊ жаӊа шәртлери ҳәм тәртиби белгиленди👉


ҚҚС суммасы орнын қаплаў мәселеси салық төлеўши есапқа алынған аймақтағы мәмлекетлик
салық басқармасы тәрепинен, ири салық төлеўшилер болса Ири салық төлеўшилер бойынша
аймақлараралық мәмлекетлик салық инспекциясы тарепинен көрип шығылады 🔖 ҳәм қарар қабыл
етиледи.


Салық оргнаныныӊ ҚҚС суммасын қайтарыў ҳаққындағы қарары тийкарында ҚҚСын қаплаў
процеси 2 усылда әмелге асырылады: 7️⃣ күннен кешиктирмей (тезлестирилген тәртип) – ири салық
төлеўшилер, дипломатиялық ўәкилликханалар, банк кепиллигине ийе шахсларға, экспортшы
кәрханаларға, өнимниӊ бөлистирилиўине байланыслы келисим қатнасыўшыларына («0» ставка)
ҳәм салық мониторинги қатнасыўшыларына; 6️⃣0️⃣ күннен кешиктирмей (улыўма тәртип) – басқа
кәрханаларға.

Каналға ағза болыў: https://t.iss.one/qrmsb
#сораў_жуўап
#савол_жавоб
#ҚҚС

🔴 Кәрхана 🚗 жеӊил автомобиль сатып алды.
ҚҚС есапқа алынама

🔵 Салық кодексиниӊ 267-статьясы муўапық, егер кәрхана тәрепинен сатып алынып атырған 🚗 жеӊил автомобиль кәрхананыӊ әмелге асырып атырған жумысы менен тиккелей байланыслы болмаса, сатып алыўда төленген ҚҚС есапқа алынбайды.
______________
#савол_жавоб
#ҚҚС

🔴 Корхона 🚗 енгил автомобиль сотиб олди.
ҚҚС ҳисобга олинадими

🔵 Солиқ кодексининг 267-моддасига мувофиқ, агар корхона томонидан сотиб олинаётган 🚗 енгил автомобиль корхонанинг амалга ошираётган фаолияти билан бевосита боғлиқ бўлмаса, сотиб олишда тўланган ҚҚС ҳисобга олинмайди.
———————
#вопрос_ответ
#НДС

🔴 Предприятие приобретает 🚗 легковой автомобиль.
Вправе ли оно принимать НДС в зачет

🔵 Если покупка 🚗 легкового автомобиля не связана с осуществляемым видом деятельности, то сумма НДС по нему, согласно статье 267 Налогового кодекса, не подлежит зачету.
#сораў_жуўап
#савол_жавоб
#солиқчи_кўмакчи

🔴 Кеселлик тарийхында болған дәўирим ушын есапланатуғын пулдан салық услап қалынама

🔵 Мийнетке қәбилетин ўақтынша жоғалтқанлығы ушын хызметкерге төленетуғын төлемлер (кеселлик тарийхы тийкарында) физикалық шахслардыӊ басқа дәраматлары есапланады (Салық кодекси, 377-статьясы).
✔️Бул дәраматлар өз нәўбетинде жәми дәраматлар қурамына киреди ҳәм белгиленген тәртипте 12 % ставкада физикалық шахслардан алынатуғын дәрамат салығына тартылады.

Каналға ағза болыў: https://t.iss.one/qrmsb
#сораў_жуўап
#ҚҚС

🔴 Мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде балаларға қараў бойынша хызметлер ушын ҚҚСныӊ қайсы ставкасы қолланылады

🔵 Мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде балаларға қараў бойынша хызметлерди реализация қылыў айланысы қосымша қун салығынан азат етилген (Салық кодексиниӊ 243-статьясы).
__________________________

🔴 Мактабгача таълим муассасаларида (ташкилотларида) болаларга қараш бўйича хизматлар учун ҚҚСнинг қайси ставкаси қўлланилади

🔵 Мактабгача таълим муассасаларида (ташкилотларида) болаларга қараш бўйича хизматларни реализация қилиш айланмаси қўшилган қиймат солиғидан озод этилган (Солиқ кодексининг 243-моддаси).
—————————————-
🔴 По какой ставке НДС облагаются услуги по содержанию детей в дошкольных образовательных учреждениях (организациях)

🔵 Оборот по реализации услуг по содержанию детей в дошкольных образовательных учреждениях (организациях) освобождается от налогообложения налогом на добавленную стоимость (статья 243 Налогового кодекса) .
https://t.iss.one/qrmsb
#сораў_жуўап

🔴 Кеселлик тарийхында болған дәўирим ушын есапланатуғын пулдан салық услап қалынама

🔵 Мийнетке қәбилетин ўақтынша жоғалтқанлығы ушын хызметкерге төленетуғын төлемлер (кеселлик тарийхы тийкарында) физикалық шахслардыӊ басқа дәраматлары есапланады (Салық кодекси, 377-статьясы).
✔️Бул дәраматлар өз нәўбетинде жәми дәраматлар қурамына киреди ҳәм белгиленген тәртипте 12 % ставкада физикалық шахслардан алынатуғын дәрамат салығына тартылады.

Каналға ағза болыў: https://t.iss.one/qrmsb
#сораў_жуўап

Арзан көп квартиралы 🏢 үйлерди қурыў 🏗 ҳәм реконструкция қылыў 🏙 дәстүри тийкарында қурылған үйлерден ипотека кредити тийкарында сатып алынған квартиралар мал-мүлк салығынан азат етилгенбе?


Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2016-жыл 22-ноябрь сәнесиндеги 2660-санлы Қарарына муўапық 2017-2020-жылларда қалаларда арзан 🏢 көп квартиралы үйлерди қурыў ҳәм реконструкция қылыў 📄 (дәстүрине) тийкар қурылған көп квартиралы үйлерден 2020-жыл 1-июль сәнесине шекем «Ипотека банк» АКИБ, «Ўзсаноатқурилишбанк» АКБ ҳәм «Асака банк» АКБ тәрепинен берилген ипотека кредити тийкарында квартира сатып алынған болса, бул квартиралар бойынша ⌛️ физикалық шахслар (қарыздарлар) ипотека кредитин төлеп болғанға шекем мал-мүлк салығынан азат етиледи.

Каналға ағза болыў: https://t.iss.one/qrmsb
#салықшы_кɵмекши #сораў_жуўап

🔴 Жеке тәртиптеги исбилерменмен. Усақлап сатыў жумысы менен шуғылланаман, дәрамат салығы ҳәм социаллық салық тɵлеймен. "Paynet" жумысын қостырсам салық тɵлемлери қалай есапланады

🔵 Қатаң белгиленген дәрамат салығын тɵлеўши (айланысы 100 млн. сўмнан аспаған) жеке тәртиптеги исбилерменлер бир неше жумыс түри менен шуғылланғанында, ҳәр бир жумыс түри ушын ɵз алдына қатаң белгиленген муғдардағы салықты тɵлейди. Жумыс пенен еки ямаса оннан артық елатлы пунктларда шуғылланғанында болса, бул елатлы путктлар ушын орнатылған жоқары ставкада салық тɵленеди.

👉Дәлдалшылық хызметлерин кɵрсетиўши жеке тәртиптеги исбилерменлер ушын бир айлық салық ставкалары:

📍Ташкент қаласы ушын - 225 мың сўм;
📍Нɵкис қаласы ҳәм ўәлаят орайлары болған қалалар ушын - 150 мың сўм;
📍басқа қалалар ушын - 100 мың сўм;
📍басқа елатлы пунктлери ушын - 50 мың сўм.


♻️ Айланыстан алынатуғын салық тɵлеўши (айланысы 100 млн.сўмнан асқан, бирақ 1 млрд.сўмга жетпеген) жеке тәртиптеги исбилерменлер ушын салық салыў мақсетинде товарларды (хызметларди) реализация етиўден алынған дәрамат дегенде дәлдалшылық хызметлери ушын кɵрсетилген сап суммасы есапланады.

👉 Дәлдалшылық хызметлерин кɵрсетиўши жеке тәртиптеги исбилерменлер ушын айланыстан алынатуғын салық ставкасы 25 процент муғдарында белгиленген.

📶 Улыўма белгиленген тәртипте салық тɵлеўши (айланысы 1 млрд.сўмнан артық болған) жеке тәртиптеги исбилерменлер ушын егер әпиўайыластырылған тәртип таңланса, салық базасы жәми дәраматтың 25 проценти муғдарында белгиленеди ҳәм 15 процент муғдарда пайда салығы тɵленеди.

Канаға ағза болыў: https://t.iss.one/qrmsb
#сораў_жуўап #онлайн_ҚКМ

Тɵлемлер электрон тɵлем түрлери (PayMe, Click) арқалы қабыл етилгенде (кафе ҳәм дүкәнлардан тысқары) қайсы жумыс түрлеринде онлайн-ҚКМ болыўы ҳәм оннан чек берилиўи керек?
https://saliq.uz/kk/395.html

Каналға ағза болыў: https://t.iss.one/qrmsb
#сораў_жуўап

🔴 Кеселлик тарийхында болған дәўирим ушын есапланатуғын пулдан салық услап қалынама

🔵 Мийнетке қәбилетин ўақтынша жоғалтқанлығы ушын хызметкерге төленетуғын төлемлер (кеселлик тарийхы тийкарында) физикалық шахслардыӊ басқа дәраматлары есапланады (Салық кодекси, 377-статьясы).
✔️Бул дәраматлар өз нәўбетинде жәми дәраматлар қурамына киреди ҳәм белгиленген тәртипте 12 % ставкада физикалық шахслардан алынатуғын дәрамат салығына тартылады.

Каналға ағза болыў: https://t.iss.one/qrmsb
#сораў_жуўап #ЖТИ

🔹Жеке тәртиптеги исбилермен жумысын тоқтатып турса ямаса жаўса, оның жалланба жумысшылары ɵз жумысын даўам еттирсе болама

Жеке тәртиптеги исбилермен ɵзиниң жумысын ўақытша (пүткиллей) тоқтатқан ўақытта ҳәр бир жалланған хызметкер ушын берилген есапқа алыў карточкаларын салық органларына тапсырыўы шәрт.

Егер жумысын тоқтатып турған жеке тәртиптеги исбилермен ҳәр бир хызметкери ушын есапқа алыў карточкасын салық органына белгиленген мүддетлерде тапсырмаса, жеке тәртиптеги исбилерменниң мәжбүриятлары бойынша салықты есаплаў тоқтатылмайды (СК 392 ҳәм 408-статьялары).

Каналға ағза болыў: https://t.iss.one/qrmsb
#сораў_жуўап

🔴Дүзетилген есап-фактуралар қандай жағдайларда рәсмийлестириледи

🟢Дүзетилген есап-фактуралар тɵмендеги жағдайларда рәсмийлестириледи:

қәтелерди дүзетиў нәтийжеси салық базасы ɵзгерген жағдайда;

ɵзгертиў ямаса қосымшалар киритиў зәрүр болғанда.

Дүзетилген есап-фактурада салық базасы ҳәм ҚҚС суммасы ɵзгерсе, жеткерип бериўши ҳәм сатып алыўшы ɵткен есабат дәўири ушын анықластырылған салық есабатларын тапсырыў шәрт.
(МК 489-санлы қарары 2-қосымша, 40- ҳәм 44-бәнтлери, 14.08.2020-жыл).

Каналға ағза болыў: https://t.iss.one/qrmsb