Salıq xızmeti xabarları
3.27K subscribers
8.65K photos
2.15K videos
159 files
7.47K links
Tarawǵa baylanıslı múrájatlardı jollaw ushın: @saliq_murajat_bot

Instagram https://www.instagram.com/saliq_xabarlari
Facebook https://www.facebook.com/saliqxabarlari
Youtube https://www.youtube.com/channel/UCs9W8hHE

Maģlìwmat ushın tel: (61) 222-00-33
Download Telegram
#салықшы_көмекши #қәниге_жуўап береди

🧑🏻🎓 Мәмлекетлик жоқары оқыў орынларындағы контракт баҳалары жәрияланды. Усы орында салық төлеўшилерден орынлы сораўлар келип түспекте.
Әмелдеги нызамшылықта контракт пулына өткерилетуғын дәраматларға жеӊиллик барма?

🔵 Өзбекстан Республикасы Салық кодексиниӊ 378-статьясы 16-бәнтине муўапық салық органына 👩🏻💻📄декларация тапсырыў арқалы контракт төлеминде салық шегирмесинен пайдаланыў мүмкин.

👨👩👧👦 Жоқары оқыў орынларында оқыў (өзиниӊ, 26 жасқа толмаған перзентлериниӊ ямаса күйеўиниӊ (ҳаялыныӊ)оқыўы) ушын төлем әмелге асырылғанда, төлем қылынған бөлеги дәрамат салығынан азат етиледи.

📄 👩🏻💻 Оқыў ушын төлем төмендегилер есабынан әмелге асырылғанда салық жеӊиллиги бериледи:

👉 өз қәрежетлери;
👉 физикалық шахсқа коммерциялық банклер тәрепинен берилген тәлим кредитлери;
👉 юридикалық шахслар тәрепинен физикалық шахсларға қайтарыў шәрти менен берилген қаржылары (ссудалар).
👉 төлем айлық ис ҳақысынан емес, ғәрезсиз әмелге асырылғанда, салық органына жәми жыллық дәрамат ҳаққындағы декларацияны тапсырған ҳалда салық жеӊиллигинен пайдаланыў мүмкин (27.05.2010-жыл Әдиллик Министрлигинен 2107-сан менен дизимге алынған Нызам).

❗️Бунда, салық жеӊиллиги ЖООда оқыў ушын ҳақыйқатта әмелге асырылған қәрежетлер суммасына, салық дәўири ушын көрсетилген физикалық шахстыӊ жәми жыллық дәраматы муғдарында бериледи.

📄 👩🏻💻 Салық жеӊиллигине болған ҳуқықты тастыйықлаў ушын төмендегилер тапсырылады:

👉 студент пенен жоқары оқыў орны арасында төлемли-контракт тийкарында оқытыў ҳаққында дүзилген шәртнама нусқасы;

👉коммерциялық банк пенен тәлим кредитин алыў ушын дүзилген шәртнама (шәртнамалар) нусқасы;

👉 жоқары оқыў орынлары есап бетине пул қаржыларын ғәрезсиз төлегенлигин тастыйықлаўшы ҳүжжетлер нусқасы;

👉 паспорт нусқасы ҳәм студенттиӊ туўылғанлық ҳаққындағы гүўалығы нусқасы.

❗️ Салық жеӊиллиги мәмлекетлик салық хызмети органлары арқалы физикалық шахстыӊ жәми жыллық дәраматы ҳаққындағы декларацияны тапсырыў арқалы ҳәм салық төлеўшиниӊ жазба арзасына тийкар төлем дерегинде – жумыс бериўши тәрепинен де берилиўи мүмкин.

👩💻 😷Еслетип өтемиз, жәми жыллық дараматыӊыз ҳаққындағы декларацияны салық инспекциясына 🚶 барып ямаса ✉️ почта арқалы буйыртпа хатта жибериў яки болмсаса 📧 салық төлеўшиниӊ жеке кабинети арқалы электрон формада тапсырыўыӊызға болады. (https://my.soliq.uz/fizdecl/index?user_type=1)

👩🏻💻📲 Қосымша сораўларыӊызды социаллық тармақлардағы https://t.iss.one/saliqqa_murajat_bot мәнзилине жолласаӊыз болады.

Каналға ағза болыў: https://t.iss.one/qrmsb
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#салықшы_көмекши

Артықша салық төлемлерин есаплаўдыӊ жаӊа системасы әмелияты әпиўайыластырылды.

Каналға ағза болыў: https://t.iss.one/qrmsb
#салықшы_көмекши #сораў_бериӊ_жуўап_беремиз

🔴 Онлайн ҚКМ болмаса да термо принтер болса ofd.uz сайтында онлайн кабинетке кирип чек басыўға болады екен бул туўрыма

🔵ҚКМ ямаса виртуал касса болмаған жағдайларда термопринтер арқалы чек басыў мүмкин емес.

📧Сиз нәзерде тутқан қурылма виртуал касса дәстүрий өними болыўы мүмкин.

✔️Бундай жағдайда да виртуал касса белгиленген тәртипте Техникалық хызмет корсетиў орайы арқалы МСИнан дизимнен өткерилип, кейиншелли пуқаралар менен пуллы есап-китапларды әмелге асырыўда қолланылады.

Каналға ағза болыў: https://t.iss.one/qrmsb
#салықшы_көмекши #сораў_бериӊ_жуўап_беремиз

🔴 Көшемиздеги киши саўда дүкәнында онлайн ҚКМ орнатылған. Бирақ, саўда қылғанымда чек бермеди. Мен онлайн касса чегин сорағанымда, сатыўшы нызам бойынша биз еле онлайн касса системасына өтпедик, соныӊ ушын онлайн касса чегин бериўге мәжбүр емеспиз, деп жуўап берди. Сатыўшыныӊ бул жуўабы туўрыма

🔵 Онлайн-ҚКМ ямаса виртуал касса системасына өткен исбилерменлик субъектлери бул қурылмалардан белгиленген талапларға муўапық болған сатып алған өними ушын чегин қарыйдарларға бериўлери шәрт.
🧾 Онлайн-ҚКМ ямаса виртуал касса системасына өткерилген исбилерменлик субъектлери тәрепинен берилген чекте :

✔️ товарлар аты;
✔️муғдары;
✔️баҳасы;
✔️суммасы;

✔️сондай-ақ QR-код ҳәм фискал белги мәжбүрий тәртипте көрсетиледи.

Бул мағлыўматлар көрсетилмеген чеклер ҳақыйқый есапланбайды.

‼️Төлем терминали арқалы қабыл етилген төлемлер ушын қарыйдарларға төлем терминалы чеги менен бирге онлайн-ҚКМ ямаса виртуал касса чеги де берилиўи шәрт.

Онлайн-ҚКМ ямаса виртуал касса системасына өткерилген исбилерменлик субъектлери тәрепинен фискал ядлы ҚКМлар тийисли МСИларынан дизимнен шығарылады.

Каналға ағза болыў: https://t.iss.one/qrmsb
#салықшы_көмекши
#ЭЕФ

Салық төлеўшилер дыққатына ‼️

⚡️ Мәмлекетлик салық комитети электрон есап-фактуралар системасында «Есап-фактуралардыӊ формалары ҳәм оларды толтырыў, тапсырыў ҳәм қабыл етиў тәртиби ҳаққында»ғы Нызам талапларына муўапық 2020-жыл 1-ноябрь сәнесинен төмендеги шәртлер әмелиятқа енгизилиўин мәлим етеди:
👉 Есап-фактура товарлар жиберилген (тапсырылған) ямаса хызметлер көрсетилген 🗓календарь сәнеде рәсмийлестириледи;

👉 Товарлар (хызметлер) турақлы (үзликсиз) тийкарда реализация қылынатуғын жағдайларда есап-фактура товарлар (хызметлер) реализация қылынған айдыӊ ақырғы күниндеги сәне менен 👩🏻💻 рәсмийлестириледи ҳәм товарлар (хызметлер) релазиция қылынған айдан кейинги айдыӊ 📤 оныншы күнине шекем тапсырылады;

👉 Объектлер қурылысында 🏗 есап-фактура ҳәр бир календарь айдыӊ ақырғы сәнеси менен рәсмийлестириледи ҳәм хызметлер реализация қылынған айдан кейинги айдыӊ 📤 оныншы күнине шекем тапсырылады;

👉 Жеткерип бериўши тәрепинен тапсырылған электрон есап-фактура 🗓он календарь күни ишинде сатып алыўшы тәрепинен электрон санлы имза 🔐✍️ менен тастыйықланыўы ямаса себеби көрсетилген ҳалда бийкар етилиўи шәрт.

✔️Сатып алыўшы тәрепинен белгиленген 🗓 мүддетте, тастыйықланбаған ямаса қайтарылмаған электрон есап-фактура тастыйықланған есапланады.

Каналға ағза болыў: https://t.iss.one/qrmsb
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#салықшы_көмекши

📄 Қосымша қун салығы төлеўшилери босаған қаржыларды 🎯 мақсетли жөнелтириў шәрти менен белгиленген 🚧 бажыхана жеӊилликлеринен пайдаланған ҳалда импорт қылынған товарлар бойынша жеӊиллик қолланылған ҚҚС суммасын 2020-жыл 1-апрелге шекем есапқа алыў ҳуқықы берилиўи мүмкин.
----------------------------
#солиқчи_кўмакчи

📄 Қўшилган қиймат солиғи тўловчилари бўшаган маблағларни 🎯 мақсадли йўналтириш шарти билан белгиланган 🚧 божхона имтиёзларидан фойдаланган ҳолда импорт қилинган товарлар бўйича имтиёз қўлланилган ҚҚС суммасини 2020 йил 1 апрелга қадар ҳисобга олиш ҳуқуқи берилиши мумкин.
------------------------------
#клиентоориентированность

📄 Налогоплательщики НДС, импортирующие товары, которые освобождались от налога при 🚧 ввозе с условием 🎯целевого направления высвобождаемых средств, до 1 апреля 2020 года могут получить право принимать к зачету указанные суммы НДС.

https://t.iss.one/qrmsb
#салықшы_көмекши #сораў_бериӊ_жуўап_беремиз

🔴 Көшемиздеги киши саўда дүкәнында онлайн ҚКМ орнатылған. Бирақ, саўда қылғанымда чек бермеди. Мен онлайн касса чегин сорағанымда, сатыўшы нызам бойынша биз еле онлайн касса системасына өтпедик, соныӊ ушын онлайн касса чегин бериўге мәжбүр емеспиз, деп жуўап берди. Сатыўшыныӊ бул жуўабы туўрыма

🔵 Онлайн-ҚКМ ямаса виртуал касса системасына өткен исбилерменлик субъектлери бул қурылмалардан белгиленген талапларға муўапық болған сатып алған өними ушын чегин қарыйдарларға бериўлери шәрт.
🧾 Онлайн-ҚКМ ямаса виртуал касса системасына өткерилген исбилерменлик субъектлери тәрепинен берилген чекте :

✔️ товарлар аты;
✔️муғдары;
✔️баҳасы;
✔️суммасы;

✔️сондай-ақ QR-код ҳәм фискал белги мәжбүрий тәртипте көрсетиледи.

Бул мағлыўматлар көрсетилмеген чеклер ҳақыйқый есапланбайды.

‼️Төлем терминали арқалы қабыл етилген төлемлер ушын қарыйдарларға төлем терминалы чеги менен бирге онлайн-ҚКМ ямаса виртуал касса чеги де берилиўи шәрт.

Онлайн-ҚКМ ямаса виртуал касса системасына өткерилген исбилерменлик субъектлери тәрепинен фискал ядлы ҚКМлар тийисли МСИларынан дизимнен шығарылады.

Каналға ағза болыў: https://t.iss.one/qrmsb
#ЭЕФ
#салықшы_көмекши

🔴 Көтере саўда бойынша ҳәр бир товарларды бөлек киритиў керекпе
Ямаса көтере саўда деп киритилсе болама

🔵 Көтере саўдада 🚛 шәртнамада 📝көрсетилген ҳәр бир өним ҳәм хызметлер ушын идентификация кодын ( МХИК) өз алдына көрсеткен ҳалда ЭЕФ киритилиўи лазым.