Salıq xızmeti xabarları
3.15K subscribers
8.73K photos
2.17K videos
167 files
7.53K links
Tarawǵa baylanıslı múrájatlardı jollaw ushın: @saliq_murajat_bot

Instagram https://www.instagram.com/saliq_xabarlari
Facebook https://www.facebook.com/saliqxabarlari
Youtube https://www.youtube.com/channel/UCs9W8hHE


Maģlìwmat ushın tel: (61) 222-00-33
Download Telegram
#сораў_жуўап

🔴 Физикалық шахсларға товарлар нақ пулда ямаса терминалда сатылғанда саўда пуллары ҚҚС есабат формасының 5-қосымшасына 💻 қалай киритиледи?

🔵 Товарлар (хызметлер) қадағалаў ­касса машиналары ямаса төлем терминаллары арқалы реализация қылынғанда ⌨️, есабат дәўири, яғный ай жуўмағына көре жәми сатылған өним суммасы “Бир тәреплеме электрон есап­фактура”ны таңлаў арқалы контерагент мағлыўматларын толтырмастан ҚҚС есабатында қәлиплестириледи.

________________________
#савол_жавоб

🔴 Жисмоний шахсларга товарлар нақд пулда ёки терминалда сотилганда савдо пуллари ҚҚС ҳисобот шаклининг 5-иловасига 💻 қандай киритилади?

🔵 Товарлар (хизматлар) назорат­касса машиналари ёки тўлов терминаллари орқали реализация қилинганда ⌨️, ҳисобот даври, яъни ой якунига кўра жами сотилган маҳсулот суммаси “Бир томонлама электрон ҳисобварақ­фактура”ни танлаш орқали контерагент маълумотларини тўлдирмасдан ҚҚС ҳисоботида шакллантирилади.

Каналға ағза болыў: @qrmsb
#сораў_жуўап

🔴 Өнимлеримизди экспорт қыламыз, ҚҚС есабатының 5-қосымшасында бажыхана жүк декларациясы бойынша өткен экспорт суммасын қалай көрсетиўимиз лазым?

🔵 Товарлар экспорт ямаса импорт реализациясы әмелге асырылғанда ҚҚС есабатлары реестриндеги мағлыўматлар автоматик рәўиште бажыхана комитети мағлыўматлар базасынан алынған бажыхана жүк декларациялары тийкарында қәлиплеседи.

_________________________

#савол_жавоб

🔴 Маҳсулотларимизни экспорт қиламиз, ҚҚС ҳисоботининг 5-иловасида божхона юк декларацияси бўйича ўтган экспорт суммасини қандай акс эттиришимиз лозим?

🔵 Товарлар экспорт ёки импорт реализацияси амалга оширилганда ҚҚС ҳисоботлари реестридаги маълумотлар автоматик равишда божхона қўмитаси маълумотлар базасидан олинган божхона юк декларациялари асосида шаклланади.


👉Каналға ағза болыў: @qrmsb
#сораў_жуўап

🔴 Физикалық шахсларға товарлар реализация қылынғанда ЭЕФ қалай толтырылады?

🔵 Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 25-июньдеги 522­санлы қарары менен тастыйықланған “Өз-ара есап­китаплар системасында электрон формадағы есап­фактуралардан пайдаланыў тәртиби ҳаққында”ғы Нызамның 18-­бәнтине тийкар товарларды (хызметлерди) исбилерменлик жумысы менен шуғылланбайтуғын физикалық шахсларға реализация қылыўда товарларды (хызметлерди) сатыўшы тәрепинен қәлиплестирилген ЭЕФ оның электрон санлы имзасы менен бир тәреплеме тастыйықланады.

_____________________________

#савол_жавоб
🔴 Жисмоний шахсларга товарлар реализация қилинганида ЭҲФ қандай тўлдирилади?

🔵 Ўзбекистон Республикаси Вазирлар Маҳкамасининг 2019 йил 25 июндаги 522­сон қарори билан тасдиқланган “Ўзаро ҳисоб­китоблар тизимида электрон шаклдаги ҳисобварақ­фактуралардан фойдаланиш тартиби тўғрисида”ги Низомнинг 18-­бандига асосан товарларни (хизматларни) тадбиркорлик фаолияти билан шуғулланмайдиган жисмоний шахсларга реализация қилишда товарларни (хизматларни) сотувчи томонидан шакллантирилган ЭҲФ унинг электрон рақамли имзоси билан бир томонлама тасдиқланади.



👉Каналға ағза болыў: @qrmsb
#сораў_жуўап
🔴 Бағыўшысын жойтқан көп балалы шаңарақлар жер салығынан азат етилгени рас па

🔵 2019-жыл 30-декабрьде қабыл етилген жаңа редакциядағы 480 статьядан ибарат Салық кодексиниң XVI бөлими Жер салығы менен байланыслы салық мүнәсибетлерин тәртипке салыўға қаратылған.

Кодекстиң 436-статьясында жер салығын төлеў бойынша жеңилликке ийе болған жети айрықша пуқаралар дизими көрсетилген болып, оның 5-бәнтине көре, ата-анасынан бири ямаса ата-анасы дүньядан өткен ҳәм шаңарақта он алты жасқа толмаған бес ҳәм оннан артық балалары болған шаңарақлар салық салыў мақсетинде бағыўшысын жойтқан көп балалы шаңарақлар болып есапланады.

⚠️Бул жеңиллик Финанс министрлиги жанындағы Бюджеттен тысқары Пенсия қоры районлық (қалалық) бөлиминиң мағлыўматнамасы тийкарында берилиўи белгилеп өтилген.

✔️Мағлыўмат орнында, бундай жеңиллик 392 статьядан ибарат болған алдынғы Салық кодексиниң 290-статьясы 6-бәнтинде де бар еди.

👉Каналға ағза болыў: @qrmsb
#сораў_жуўап
#нызамшылықтағы_жаңалықлар

⚡️“Бала пулы”нан салық: оны қайтарыў мүмкинбе?

Хабарыңыз бар, жаңа редакциядағы (2020-жыл 1-январьдан баслап күшке кирген) Салық кодексиниң 369-статьясына муўапық социаллық қамсызландырыў атап айтқанда, ҳәмиледарлық ҳәм бала туўылғанда берилетуғын напақа ҳәм туўыў напақалары физикалық шахслардан алынатуғын дәрамат салығын есаплаўда жәми дәраматлар қурамына киритилмейди.


Нызам ҳүжжетлерине көре берилетуғын басқа түрдеги атап айтқанда, 14 жасқа шекемги балалары болған шаңарақларға сондай-ақ, бала еки жасқа толғанға шекем бала тәрбиясы бойынша аналарға берилетуғын напақалар Салық кодексине тийкар, физикалық шахслардан алынатуғын дәрамат салығын есаплаўда жәми дәраматқа киритилмеген. Президентимиздиң 2020-жыл 20-июль сәнесиндеги “Коронавирус пандемиясының унамсыз тәсирин азайтыў ушын халық, исбилерменлик субъектлери, улыўма аўқатланыў, саўда ҳәм хызметлер тараўын қоллап-қуўатлаўдың қосымша илажлары ҳаққында”ғы ПП–6029-санлы Пәрманында бул напақалар ҳәм ❗️ физикалық шахслардан алынатуғын дәрамат салығына тартылмаслығына анықлық киритилди.


Усы мүнәсибет пенен, жоқарыда көрсетилген напақалар бойынша физикалық шахслардан алдын услап қалынған ҳәм өткерилген ( сондай-ақ, 2020-жыл 1-апрельден баслап) ✔️ физикалық шахслардан алынатуғын дәрамат салығы суммалары қайта есаплап шығылыўы мүмкин ҳәм кейиншелли усы пуллар напақа алыўшыларға төлениўи шәрти менен салық агентине қайтарылады.
#сораў_жуўап

🔴 Онлайн қадағалаў-касса машинасы қымбат болып атыр, арзанластырыўдың жолы барма

🔵 Мәмлекетлик салық комитети тәрепинен ислеп шығылған виртуал касса дәстүрий өниминиң база бөлими тегин бериледи.

👉Онлайн ҚКМны 2021-жыл 1-январға шекем мәмлекетлик салық хызмети органларында 📝дизимге қойыў шәрти менен төмендеги салық жеңилликлеринен пайдаланасыз:

👉 есапланған ҳәм төлениўи лазым болған пайда салығы ямаса айланбадан алынатуғын салық ямаса қатаң белгиленген салық суммасын кемейттириў;

👉 кемейтирриў ҳуқықы онлайн ҚКМны ҳәр бирин сатып алыў, орнатыў ҳәм иске түсириў менен байланыслы қәрежетлер суммасына, ❗️бирақ базалық есаплаў муғдарының 10 есесинен аспаған муғдарда белгиленген.

❗️Еслетип өтемиз, ҳәзирде Мәмлекет реестрына 7 түрдеги онлайн ҚКМ ҳәм 7 түрдеги виртуал кассалар ҳәм 11 техникалық хызмет көрсетиў орайлары киритилген.

💰 Олардың ишинен баҳасы туўры келетуғынын таңлап алыўыңыз мүмкин.

🖥Онлайн ҚКМ ҳәм виртуал касса ислеп шығарыўшылары ҳәм оларға хызмет көрсетиўши ТХКМ ҳаққындағы толық мағлыўматларды 👉 https://soliq.uz/page/davlat-reestri ва https://ofd.uz/uz/pages/view/54 мәнзили арқалы алыў мүмкин.

Каналға ағза болыў: @qrmsb
#сораў_жуўап

🔴Кәрхана баслығы I топар нәгираны болса дәрамат салығынан жеңиллик барма


🔵 Өзбекстан Республикасы Салық кодексиниң 380-статьясы 3-бәнтине муўапық балалықтан нәгиранлығы болған шахслар, сондай-ақ, I ҳәм II топар нәгиранлығы болған шахслар дәраматлар қайсы айда алынған болса, сол айда ҳәр бир ай ушын мийнетке ҳақ төлеўдиң ең кем муғдарының 1,41 есеси муғдарындағы дәраматлар бойынша физикалық шахслардан алынатуғын дәрамат салығы төлеўден азат етиледи.

☝️Бул жеңиллик пенсия гүўалығы ямаса медицина-мийнет эксперт комиссиясының мағлыўматнамасы тийкарында бериледи.

❗️Ҳәзирде мийнетке ҳақ төлеўдиң ең кем муғдары 679330 сум. Демек, бул пуқаралардың 957855.3 сум (679330*1.41) муғдарына шекемги болған дәраматларына салық салынбайды .

Каналға ағза болыў: https://t.iss.one/qrmsb
Пуқараларға қолайлылық жаратыў, артықша әўерешиликлердиң алдын алыў мақсетинде салық тараўы бойынша сораў ямаса мүрәжатларды электрон қабыллаў ҳәм жуўап бериў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик салық басқармасының https://t.iss.one/saliqqa_murajat_bot мәнзили жолға қойылған еди. Бул телеграм бот мәнзили арқалы пуқаралардан келген сораўлар менен таныстырып барыўда даўам етемиз.
#сораў_жуўап

🔴 Мен турақ жай болмаған имаратымды ижәраға берип едим. Буныӊ ушын салық төлейменбе?

🟢 2020-жыл 1-июль сәнесинен баслап 2020-жыл 31-декабрге шекем физикалық шахслар көшпес мүлкти ижәраға бериўден алынған дәраматлары бойынша физикалық шахслардан алынатуғын дәрамат салығын төлеўден азат етилген.
📚Тийкар - Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2020-жыл 20-июль сәнесиндеги ПП-6029-санлы Пәрманы

Каналға ағза болыў: https://t.iss.one/qrmsb
#сораў_жуўап

🔴 Онлайн қадағалаў-касса машинасы қымбатлылық етип атыр, арзанлатыўдыӊ жолы барма

🔵 Мәмлекетлик салық комитети тәрепинен ислеп шығылған виртуал касса дәстүрий өниминиң база бөлими тегин бериледи.

👉Онлайн ҚКМны 2021-жыл 1-январға шекем мәмлекетлик салық хызмети органларында 📝дизимге қойыў шәрти менен төмендеги салық жеңилликлеринен пайдаланасыз:

👉 есапланған ҳәм төлениўи лазым болған пайда салығы ямаса айланыстан алынатуғын салық ямаса қатаң белгиленген салық суммасын кемейтиў;

👉 кемейтиў ҳуқықы онлайн ҚКМны ҳәр бирин сатып алыў, орнатыў ҳәм иске түсириў менен байланыслы қәрежетлер суммасына, ❗️бирақ базалық есаплаў муғдарының 10 есесинен аспаған муғдарда белгиленген.

❗️Еслетип өтемиз, ҳәзирде Мәмлекет реестрына 7 түрдеги онлайн ҚКМ ҳәм 7 түрдеги виртуал кассалар ҳәм 11 техникалық хызмет көрсетиў орайлары киритилген.
💰 Олардың ишинен баҳасы туўры келетуғынын таңлап алыўыңыз мүмкин.
🖥Онлайн ҚКМ ҳәм виртуал касса ислеп шығарыўшылары ҳәм оларға хызмет көрсетиўши ТХКМ ҳаққындағы толық мағлыўматларды 👉 https://soliq.uz/page/davlat-reestri ва https://ofd.uz/uz/pages/view/54 мәнзили арқалы алыўыӊызға болады.

Каналға ағза болыў: https://t.iss.one/qrmsb
#сораў_жуўап

🔴ҚҚСныӊ артықша төленген суммасын қайтарыў бойынша “ҚҚСын қайтарыў бот” арқалы арза бердим, кейинги процессти түсиндирип берсеӊиз?

🟢Усы жылдыӊ 14-августында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ «Қосымша қун салығы ҳәм шет ел юридикалық шахслары менен байланыслы салық ҳәкимшилигин жетилистириў ҳаққында»ғы 489-санлы қарары қабыл етилди.

📃Ҳүжжет пенен “Қосымша қун салығы суммасы орнын қаплаў тәртиби ҳаққында Реже” тастыйықланды. Оған муўапық ҚҚС суммасы орнын қаплаўдыӊ жаӊа шәртлери ҳәм тәртиби белгиленди👉


ҚҚС суммасы орнын қаплаў мәселеси салық төлеўши есапқа алынған аймақтағы мәмлекетлик
салық басқармасы тәрепинен, ири салық төлеўшилер болса Ири салық төлеўшилер бойынша
аймақлараралық мәмлекетлик салық инспекциясы тарепинен көрип шығылады 🔖 ҳәм қарар қабыл
етиледи.


Салық оргнаныныӊ ҚҚС суммасын қайтарыў ҳаққындағы қарары тийкарында ҚҚСын қаплаў
процеси 2 усылда әмелге асырылады: 7️⃣ күннен кешиктирмей (тезлестирилген тәртип) – ири салық
төлеўшилер, дипломатиялық ўәкилликханалар, банк кепиллигине ийе шахсларға, экспортшы
кәрханаларға, өнимниӊ бөлистирилиўине байланыслы келисим қатнасыўшыларына («0» ставка)
ҳәм салық мониторинги қатнасыўшыларына; 6️⃣0️⃣ күннен кешиктирмей (улыўма тәртип) – басқа
кәрханаларға.

Каналға ағза болыў: https://t.iss.one/qrmsb