Salıq xızmeti xabarları
2.19K subscribers
8.82K photos
2.19K videos
169 files
7.6K links
Tarawǵa baylanıslı múrájatlardı jollaw ushın: @saliq_murajat_bot

Instagram https://www.instagram.com/saliq_xabarlari
Facebook https://www.facebook.com/saliqxabarlari
Youtube https://www.youtube.com/channel/UCs9W8hHE


Maģlìwmat ushın tel: (61) 222-00-33
Download Telegram
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

⚡️ Айырым қурылыс техникалары бажыхана төлемлеринен азат етиледи

«Аймақларда көп квартиралы имаратлар қурыў жумысларын жеделлестириў ис-илажлары ҳаққында» Президент қарары (ПҚ-4718-сан, 19.05.2020 ж.) қабыл етилди.

Қарарға муўапық, төмендегилер бажыхана төлемлеринен (қосылған қун салығы ҳәм бажыхана рәсмийлестирилиўи жыйымларынан тысқары) азат етиледи:

▪️2021-жыл 1-январға шекем болған мүддетте импорт етилетуғын жаңа қурылыс ҳам ранаўлы техникалар ҳәмде жүк тасыў транспорт қураллары (27 түрдеги);

▪️2020-жыл 1-июлден 2023-жыл 1-июлге шекем болған мүддетте көп квартиралы монолит үй-жайлар қурыў ушын белгиленген тәртипте қәлиплестирилетуғын дизимге муўапық импорт қылынатуғын бетон қуйыў қәлиплери, бетон таярлаў машина ҳәм механизмлери.

🔺Бажыхана төлемлерин төлеўшилер 2020-жыл 1-июлден 2023-жыл 1-июлге шекем болған мүддетте импорт қылынатуғын қурылыс тараўында пайдаланылатуғын машина ҳәм механизмлер, технологиялық затлар, киши механизация қураллары, әспап-үскенелер, аўысық бөлеклер ҳәм пүтинлеўши буйымлар бойынша бажыхана толемлерин (қосылған қун салығы ҳәм бажыхана рәсмийлестирилиўи жыйымларынан тысқары) 120 күнге шекем кешиктирип ямаса бөлип-бөлип төлеў ҳуқықына ийе болады.

Каналға жалғаныў👇👇👇
#нызамшылықтағы_жаңалықлар
#қонунчиликдаги_янгиликлар
#новое_в_законодательстве

Жер участкаларынан дурыс пайдаланыўдың жаңа тәртиплери

🔵 Жер участкаларынан пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде “Жер ресурслары ҳәм мәмлекет мүлки объектлеринен пайдаланыўдың нәтийжелилигин жәнеде арттырыў илажлары ҳаққында”ғы Президент Пәрманы қабыл етилди.

✔️ Ҳүжжетте 🗓 2020-жыл 1-ноябрь сәнесинен Салық кодекси менен берилген жер салығы ҳәм мал-мүлк салығы бойынша берилген айырым жеңилликлерди бийкар қылыў белгиленди.

_______________________

Ер участкаларидан оқилона фойдаланишнинг янги тартиблари

🔵 Ер участкаларидан фойдаланиш самарадорлигини ошириш мақсадида “Ер ресурслари ва давлат мулки объектларидан фойдаланиш самарадорлигини янада ошириш чора-тадбирлари тўғрисида”ги Президент Фармони қабул қилинди.

✔️ Ҳужжатда 🗓 2020 йил 1 ноябрдан Солиқ кодекси билан берилган ер солиғи ва мол мулк солиғи бўйича берилган айрим имтиёзларни бекор қилиш белгиланди.

________________________________

Новый порядок эффективного использования земельных участков

🔵 С целью рационального использования земельных участков принят Указ Президента «О мерах по дальнейшему повышению эффективности использования земельных ресурсов и объектов государственной собственности».

✔️Документом предусмотрено: начиная 🗓 с 1 ноября 2020 года отменяются некоторые льготы по земельному налогу и налогу на имущество, установленные Налоговым кодексом.



👉Каналға ағза болыў: @qrmsb
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

🔊Халық ҳәм исбилерменлерге бир қатар жеңилликлер бериледи

“Коронавирус пандемиясының унамсыз тәсирин азайтыў ушын халық, исбилерменлик субъектлери, улыўма аўқатланыў, саўда ҳәм хызметлер тараўын қоллап-қуўатлаўдың қосымша илажлары ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманы (ПП–6029-сан, 20.07.2020-ж.) қабыл етилди.

🔰 Пәрманға муўапық, 2020-жыл 1 июль сәнесинен 2020-жыл 31-декабрьге шекем:

🔸 улыўма аўқатланыў кәрханалары ҳәм имаратларды ижараға бериўге қәнигелескен кәрханалар айланбадан алынатуғын салықты төлеўден азат етиледи;

🔸 физикалық шахслар көшпес мүлкти ижараға бериўден алынған дәраматлар бойынша физикалық шахслардан алынатуғын дәрамат салығы төлеўден азат етиледи;

🔸 мал-мүлкти (имаратлар ҳәм автомобиль транспорты) ижараға бериўши физикалық шахсларға салық мақсетинде ижара төлемлериниң ең кем ставкаларын қоллаў тәртиби тоқтатып турылады;

🔸 ижараға бериўшилерге 2020-жыл ушын ижара төлеми муғдарын пәсейтиў мақсетинде, сондай-ақ, берилип атырған салық жеңилликлерин инабатқа алған ҳалда ижара төлемин қайта көрип шығыў усынылады.

➡️ 2020-жыл 1-апрельден 2020-жыл 31-декабрьге шекем улыўма аўқатланыў кәрханалары алкоголь өнимлери менен усақлап саўда қылыў ҳуқықы ушын жыйымды төлеўден азат етиледи.

🗓 Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 19-марттағы ПП–5969-санлы Пәрманында белгиленген алкоголь өнимлериниң көтере саўдасы менен шуғылланатуғын кәрханалардың ажыратпалары муғдарын 5 проценттен 3 процентке азайтыўға байланыслы жеңиллик мүддети 2020-жыл 31-декабрьге шекем создырылады.

🚚 Улыўма аўқатланыў кәрханаларына алкоголь өнимлерин жеткерип бериў арқалы сатыў ҳуқықы бериледи.

_______________________

#Қонунчиликдаги_янгиликлар

Аҳоли ва тадбиркорларга бир қатор имтиёзлар берилади

“Коронавирус пандемиясининг салбий таъсирини камайтириш учун аҳоли, тадбиркорлик субъектлари, умумий овқатланиш, савдо ва хизматлар соҳасини қўллаб-қувватлашнинг қўшимча чора-тадбирлари тўғрисида” Президент Фармони (ПФ–6029-сон, 20.07.2020 й.) қабул қилинди.

🔰 Фармонга мувофиқ, 2020 йил 1 июлдан 2020 йил 31 декабрга қадар:

🔸 умумий овқатланиш корхоналари ва биноларни ижарага беришга ихтисослашган корхоналар айланмадан олинадиган солиқни тўлашдан озод этилади;

🔸 жисмоний шахслар кўчмас мулкни ижарага беришдан олинган даромадлар бўйича жисмоний шахслардан олинадиган даромад солиғи тўлашдан озод этилади;

🔸 мол-мулкини (бинолар ва автомобиль транспорти) ижарага берувчи жисмоний шахсларга солиқ мақсадида ижара тўловларининг энг кам ставкаларини қўллаш тартиби тўхтатиб турилади;

🔸 ижарага берувчиларга 2020 йил учун ижара тўлови миқдорини пасайтириш мақсадида, шу жумладан тақдим этилаётган солиқ имтиёзларини инобатга олган ҳолда ижара тўловини қайта кўриб чиқиш тавсия этилади.

➡️ 2020 йил 1 апрелдан 2020 йил 31 декабрга қадар умумий овқатланиш корхоналари алкоголь маҳсулотлари билан чакана савдо қилиш ҳуқуқи учун йиғимни тўлашдан озод қилинади.

🗓 Президентнинг 2020 йил 19 мартдаги ПФ–5969-сон Фармонида белгиланган алкоголь маҳсулотларининг улгуржи савдоси билан шуғулланувчи корхоналарнинг ажратмалари миқдорини 5 фоиздан 3 фоизга пасайтиришга доир имтиёз муддати 2020 йил 31 декабрга қадар узайтирилади.

🚚 Умумий овқатланиш корхоналарига алкоголь маҳсулотларини етказиб бериш орқали сотиш ҳуқуқи берилади.


Каналға ағза болыў: @qrmsb