QARAQALPAQSTAN KADASTR
2.33K subscribers
8.24K photos
981 videos
2 files
4.98K links
Bul kanalda Kadastr agentligi hám Mámleketlik kadastrlar palatası Qaraqalpaqstan Respublikası basqarmaları jańalıqlarınan xabardar bolıp barasız
Download Telegram
#Xotira #bayram

🇺🇿💐O‘zbekiston Respublikasi Davlat soliq qo‘mitasi huzuridagi Kadastr agentligi jamoasi barcha vatandoshlarimizni 9 may – Xotira va Qadrlash kuni hamda Ikkinchi jahon urushidagi G‘alabaning 77 yilligi munosabati bilan samimiy muborakbod etadi!

Ikkinchi jahon urushida yurtdoshlarimizning ko‘rsatgan jasorat va xizmatlarini alohida taʼkidlash joiz. Jangu jadallarda jon olib-jon bergan minglab o‘zbek o‘g‘lonlari, front ortida tunni tongga ulab mehnat qilgan, rizqu nasibasini o‘zgalar bilan baham ko‘rgan mehri daryo vatandoshlarimiz matonati va fidoyiliklari hech qachon unutilmaydi.

Bayram muborak bo‘lsin!💐

Telegram Instagram YouTube Facebook Web-sayt
#Еслеў_Кадастр

Кадастр агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәмде Мәмлекетлик кадастрлар палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы хызметкерлери пайтахтымызда Еслеў ҳәм қәдирлеў күни ҳәм Екинши жер жүзилик урыста ерисилген Жеңистиң 77 жыллығы мүнәсибети менен естелик алдына гүл шеңберлерин қойды.

sociallıq tarmaqlarda:
Telegram | Instagram | Facebook | Youtube
#Кадастр #Инсан_қәдири #Беруний

Кадастр агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығыныӊ буйрығына тийкар Кадастр агентлиги Қарақалпақстан Республикасы ҳәмде Мәмлекетлик Кадастрлар палатасыныӊ район бөлим баслықларынан ибарат исши топар дүзилди.

Исши топардыӊ тийкарғы жумысы 11-13-май күнлери Беруний районы «Гүлистан» «Науайы» ҳәм «Амир Темур» макан пуқара жыйынларында үйрениў ҳәмде турақ жайларды ҳүжжетлестириў бойынша әмелий жумыслар алып барыўдан ибарат.

11-май күни Кадастр агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы Тлеуов Исатай Абдигалиевичтиӊ Беруний районы «Гулистан», «Науайы» ҳәм «Амир Темур» макан пуқара жыйынларында көшпели қабыллаўы болып өтеди.

📌Мәнзил
: Беруний районы «Гүлистан» МПЖ «Шах-Мираж» тойханасы имараты

🕙Ўақты саат 10:00 ден 16:00 ге шекем.
☎️Мағлыўмат ушын: +99891 370-07-68

sociallıq tarmaqlarda:
Telegram | Instagram | Facebook | Youtube
#Кадастр #Инсан_қәдири

Мәмлекетлик кадастрлары палатасы Қарақалпақсткан Республикасы басқармасы жәмәәти тәрепинен Ҳайыт байрамы және де 9-май еслеў ҳәм қәдирлеў күни мүнәсибети мәҳелле ақсалалары менен үйренилип, аймақларда кем тәмийинленген ҳәм бағыўшысын жойытқан шаӊарақлардан хабар алып, азық-аўқатлар менен жәрдем көрсетти.

sociallıq tarmaqlarda:
Telegram | Instagram | Facebook | Youtube
Нөкис қаласында 5 сотых жер майданын 30 млнға сатпақшы болған пуқара усланды

Нөкис қаласы турғыны Қ.Б. мәмлекет есабындағы Нөкис қаласы «Шымбай гүзары» МПЖ аймағында жайласқан 5 сотых жер майданын пуқара Н.А.ға 30 млн сумға сататуғынын, ҳәм бул жер майданы ушын алдын 15 млн сум пулларын талап еткен. Бул ҳаққында Н.А. 7-май күни Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигине мүрәжатында мәлим қылған.

«Тынышлық сақшысы»ныӊ жазыўынша, арза тийкарында 7-май күни Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Жынаят излеў тараўы ҳәмде Департаменттиң Нөкис қаласы бөлими хызметкерлери менен биргеликте қала аймағында оператив иләж өткерилген.
Иләж барысында арза ийеси болған Н.А.дан 15 млн сум пулларды талап еткен К.Б. Нөкис қаласы Сәрбиназ көшеси бойында алған ўақтында айғақлы затлар менен қолға алынды.

Ҳәзирги пайытта бул жағдай бойынша тергеў алды сорастырыў ислери алып барылмақта, делинеди хабарда.

sociallıq tarmaqlarda
:
Telegram | Instagram | Facebook | Youtube
#Кадастр #Инсан_қәдири #Беруний #Live

Алдын хабар бергенимиздей Кадастр агентлиги ҳәм Мәмлекетлик кадастрлары палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармалары районлық бөлими ҳәм филиал баслықларынан ибарат исши топар Беруний районына жетип келди.

Исши топар ағзаларына аймақлар бөлистирип өз жумысларын баслап жиберди.

sociallıq tarmaqlarda:
Telegram | Instagram | Facebook | Youtube