QARAQALPAQSTAN KADASTR
2.43K subscribers
8.08K photos
968 videos
2 files
4.9K links
Bul kanalda Kadastr agentligi hám Mámleketlik kadastrlar palatası Qaraqalpaqstan Respublikası basqarmaları jańalıqlarınan xabardar bolıp barasız
Download Telegram
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#кадастр #социаллық_ролик

🏠🏢 Турақ жайды өз ўақтында мәмлекетлик дизимнен өткермеслик көплеген машқалалы жағдайларды келтирип шығарыў мүмкин.

🎬Видеода усындай жағдайлардың бири мысал ретинде көрсетилген.

‼️Сизде де мине усындай жағдай болмаўы ушын көшпес мүлкиңизди өз ўақтында мәмлекетлик дизимнен өткериң.

🌟 Kadastr agentligi

🌐Telegram | 🌐Instagram |🌐 Facebook |🌐 Youtube
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#Кадастр_сорау?

Сораў: Мен өз үйымныӊ қасынан турақ жай салыў мақсетинде дамба үйдырип едим, енди маған Кадастр агентлигинен инспекторлар келип ҳуқуқый ҳүжжетлериӊиз болмай турып өзбасымшылық пенен дамба қурғансыз, бул жағдайға ҳәкимшмлик жәрийма қоллаўға себеп болады яки 15 күн ишинде сапластырылмаса, суд тәрепинен көрилип шығылады деп ескертиў берип кетти.
🤔Бул дурыспа?

БУЛ ДУРЫС!
Себеби жерден нызамсыз пайдаланғаны ушын қолланылатуғын жуўапкершиликлер бар. Бул бойынша Өзбекистан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы Кодексинын тийисли статьяларында жуўапкершиликлер көрсетилип берилген.

📁60 -статяья 4-бөлими
«Бул статьяныӊ 2-бөлиминеде нәзерде тутылған ҳуқықбузарлықты биринши рет бузған шахс, егер ол өз басымшалық пенен ийеленген жер участкасының алдынғы жағдайға қайтарылыўин тәмийинлесе ҳәм өз басымшалық менен ийелеп алыўдың ақыбетлерин сапластырса, жуўапкерлишиликтен азат етиледи» деп белгиленген.
(Егер белгиленген мүддет ишинде өзбасымшалық пенен қурылған дамба сапластырылмай жер алдынғы жағдайына келтирилмесе )
__________________________________________________________________
📁60-статья 2-бөлим
«Пуқара өзбасымшалық пенен жер майданқн ийелеп ҳеш қандай ҳуқықий ҳүжжетлерсиз (егислик атыз сыпатында, қурылыс қурыў ушын дамба үйдирсе) жане усыған уқсас жағдайлар анықланса, БЕМ 25 есеси муғдарында жәрийма қолланылады. Лаўазымлы шахсларға БЕМ 50 есеси муғдарында.

Егерде бул нызамсыз жағдай анықланған күннен баслап пуқараның яки лаўазымлы шахстиң өзи тәрепинен сапластырылса (жерди алдынғы жағдайына қайтарса ) ҳәкимшилик жуўапкершиликтен азат етиледи.

Qaraqalpaqstan kadastr
Telegram | Instagram  | Facebook | Youtube|Twitter
#Кадастр_жер_қадағалаў

⚡️Жер дүзиў жойбарларынан өзбасымшалық пенен шетке шығыў, мәмлекетлик жер кадастрын жүритиў қағыйдаларын бузыў, ҳәкимшилик жуўапкершиликке себеп болады.

📌Толық танысыў:
Ѳзбекистан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиӊ 68-статьясы.

Qaraqalpaqstan kadastr
Telegram | Instagram  | Facebook | Youtube|Twitter