Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги
3.94K subscribers
9.62K photos
1.76K videos
21 files
3.14K links
ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң рәсмий телеграм каналы — t.iss.one/qrdssm
Министрликтиң мурәжатлерди қабыллаў рәсмий телеграм бот каналы
(телеграм бот @qrdsmbot ) 24/7

YouTube www.youtube.com/@qrdssm
Download Telegram
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
8-санлы Шаңарақлық Поликлиника пайдаланыўға тапсырылды

Бүгин Нөкис қалалық медицина бирлеспесине қараслы 8-санлы Шаңарақлық Поликлиникасының ашылыў мәресими болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жаңа шаңарақлық поликлиниканың ашылыўы менен жыйналғанларды қутлықлады.

Айтып өтиў орынлы, соңғы жыллары елимизде барлық тараўлар қатарында медицина тараўына да айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда ҳүрметли Президентимиздиң тиккелей басшылығында оғада көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Усы тийкарда халқымыздың денсаўлығын жақсылаў, оларға сапалы медициналық хызмет көрсетиў, медицина мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў ҳәм бирлемши медициналық хызмет көрсетиў мәкемелериниң жумысын түпкиликли жетилистириў жаңа басқышқа көтерилип атыр.

Президентимиздиң арнаўлы қарары тийкарында Нөкис қалалық медицина бирлеспесине қараслы 8-санлы Шаңарақлық поликлиникасының 350 қатнаўға ийе имаратын жаңадан қурыў ушын 9 млрд. сум қаржы ажыратылып, қурылыс жумыслары сапалы етип питкерилди. Әлбетте, бул жаңа объекттиң пайдаланыўға тапсырылыўы халқымызға бирлемши медициналық хызметти еледе жақынластырыў ҳәм пуқараларымыздың саламатлығын жақсылаўда әҳмийетли орын ийелеп, узақ жыллар даўамында халқымыз ийгилиги жолында хызмет етери анық.

Ўзб

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Республика тез жәрдем орайы аймақлық филиалының ашылыў мәресими болып өтти

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жаңа имарат пайдаланыўға тапсырылыўы мүнәсибети менен жыйналғанларды қутлықлады.

Бәршемизге мәлим, медицина тараўы тиккелей ҳүрметли Президентимиздиң итибарында турған тараўлардан бири.

Соңғы жыллары елимизде Президентимиздиң басшылығында «Медицинадағы реформалар инсан қәдири ушын!» деген идея тийкарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Өткен қысқа дәўир ишинде тараўға байланыслы қабыл етилген пәрман ҳәм қарарлар бул бағдардағы илажлар көлемин жаңа басқышларға көтерип атыр.

Айрықша атап өтиў керек, ҳүрметли Президентимиздиң 2022-жыл 16-июньдағы арнаўлы қарары тез медициналық жәрдем хызметин раўажландырыўда әҳмийетли орын тутпақта. Усы тийкарда Республика тез медициналық жәрдем орайы шөлкемлестирилди ҳәм тез медициналық жәрдемниң бирден-бир вертикал басқарыў системасы жолға қойылды, материаллық-техникалық базасы беккемленип, зәрүрли үскенелер менен тәмийинленди.

Филиалдың жаңа имараты ушын дерлик 11 млрд. сум қаржы ажыратылып, қурылыс жумыслары сапалы етип питкерилди. Орайды радио-байланыс қураллары менен тәмийинлеў мақсетинде 7,5 млрд. сум, мебеллер менен тәмийинлеў ушын 1 млрд. сум, «Тез жәрдем» автотранспортларын планшетлер менен тәмийинлеў ушын 734 млн. сум қаржы ажыратылды.

Жаңа объектте «Call-orayı», оқыў-симуляция орайы, администрация, ишки дәрихана ҳәм тез медициналық жәрдем бөлими орын алған. Жылына 670 мыңға шамалас шақырыўларға хызмет көрсетиў имканиятына ийе филиалдың иске түсиўи менен 135 жаңа жумыс орны жаратылған.

Буннан соң Жоқарғы Кеңес Баслығы имаратта жаратылған имканиятлар менен жақыннан танысты.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Нөкис қаласындағы Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайы Қарақалпақстан филиалы жаңа имаратының ашылыў салтанаты болып өтти

Ашылыў салтанатында Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жаңа имараттың пайдаланыўға тапсырылыўы менен тараў хызметкерлерин қутлықлады ҳәм ҳүрметли Президентимиздиң айрықша итибары менен бундай медициналық орай Өзбекстан көлеминде биринши болып, Қарақалпақстанда бой тиклегенин атап өтти.

Айтып өтиў орынлы елимизде барлық тараўлар қатарында денсаўлықты сақлаў тараўында да үлкен өзгерислер менен жаңаланыўлар жүз бермекте. Тараўды раўажландырыў бойынша қабыл етилип атырған пәрман ҳәм қарарлар, белгилеп берилген ўазыйпалар кең көлемли жумысларға беккем тийкар болып хызмет етпекте.

Усындай ийгиликли ислердиң даўамы сыпатында бүгин Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем орайының жаңа имараты пайдаланыўға тапсырылды.

Ҳүрметли Президентимиздиң арнаўлы қарары менен ажыратылған 61 млрд. сум қаржы тийкарында 4 қабатлы етип қурып питкерилген жаңа имарат заманагөй медициналық әсбап-үскенелер ҳәм зәрүрли инвентарьлар менен тǝмийинленди.

Жаратылған мүмкиншиликлер нәтийжесинде усы күнге шекем Ташкент қаласында өткерилип келинген айырым қурамалы операцияларды Орайда өткериў имканияты жаратылды. Имарат 130 орынға мѳлшерленген болып, буннан тысқары, қосымша 50 орын шөлкемлестирилиўи режелестирилмекте.

Сондай-ақ, сырт елдиң тәжирийбели шыпакерлери емлеўханаға келиўи ҳәм айырым қурамалы операциялардың жасалма интелект жәрдеминде әмелге асырылыўы, Орай шыпакерлериниң Европа ҳәм басқа да дүнья еллерине тәжирийбесин арттырыў мақсетинде жиберилиўи ҳәм усы тийкарда Орайдың өзинде шет елден келген тәжирийбели шыпакерлерден мастер-класслар шөлкемлестирилиўи күтилмекте.

Ашылыў мәресими даўамында Жоқарғы Кеңес Баслығы Орайда жаратылған имканиятлар менен жақыннан танысты.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Нөкис қалалық медицина бирлеспесине қараслы 8-санлы Шаңарақлық Поликлиникасының жаңа имараты салтанатлы түрде тапсырылды.

Нукус шаҳар тиббиёт бирлашмасига қарашли 8-сонли Оилавий Поликлиникасининг янги иморати тантанали равишда топширилди
.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Республика тез жәрдем орайы аймақлық филиалының ашылыў мәресими болып өтти

Республика тез ёрдам маркази ҳудудий филиалининг очилиш маросими бўлиб ўтди


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter