Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги
3.72K subscribers
9.42K photos
1.67K videos
21 files
3.03K links
ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң рәсмий телеграм каналы — t.iss.one/qrdssm
Министрликтиң мурәжатлерди қабыллаў рәсмий телеграм бот каналы
(телеграм бот @qrdsmbot ) 24/7

Ютуб каналымыз: https://youtube.com/channel/UCps0pNq_35e1bRZuGHKsJGg
Download Telegram
ҚР Денсаўлықты сақлаў министри Мурад Қурбанов «9-апрель – Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгенлигиниң 28 жыллығы» мүнәсибети менен Қарақалпақстан медицина институты студентлерин байрам менен қызғын қутлықлады. Конституцияның мәмлекетимизде инсан ҳуқықларының тәмийинлеўдеги тутқан орны ҳаққында айрықша тоқталып, болажақ медицина хызметкерлерине оқыўларында табыслар тиледи.

👉👉👉 @qrdssm
#Шетки_аймақларда_медициналық_көриклер

Халықтың саламатлығын үйрениў ҳәм жақсылаў мақсетинде Республикалық емлеў-профилактикалық мәкемелери қәнигелери реже тийкарында Қанлыкөл районындағы «Қос жап» аўыл пуқаралар жыйыны турғынларын тереңлестирилген медициналық көриктен өткерди.

Тар тараў қәнигелери (окулист, кардиолог, эндокринолог, хирург, онколог, оториноларинголог, терапевт, педиатр, акушер-гинеколог ҳ.т.б.) өткерген тереңлестирилген медициналық көриклер нәтийжелерине қарап, кеселлик анықланған наўқасларға стационар ҳәм амбулатор шараятта емлениўи ушын тийисли көрсетпе ҳәм усыныслар берилди.

👉👉👉 @qrdssm
Төрткул районында жуўапкер қәнигелер районлық медицина бирлеспесинде болып, «Ҳаяллар дәптери»нде саламатлығы бойынша машқалалары бар болған ҳаяллардың ҳалынан хабар алды. Оларға өз ўақтында медициналық жәрдем көрсетиў бойынша усыныслар берилди.

👉👉👉 @qrdssm
#Шетки_аймақларда_медициналық_көриклер

Халықтың саламатлығын үйрениў ҳәм жақсылаў мақсетинде Республикалық емлеў-профилактикалық мәкемелеринен шөлкемлестирилген медициналық бригада Нөкис қалалық медицина бирлеспесине қараслы 4-санлы шаңарақлық поликлиникасының «Бестөбе» МПЖ дағы филиалында халықты тереңлестирилген медициналық көриктен өткерди.

Тар тараў қәнигелери (окулист, кардиолог, эндокринолог, хирург, онколог, оториноларинголог, терапевт, педиатр, акушер-гинеколог ҳ.т.б.) ҳәм инструментал тексериўлер (ЭКГ, УДТ) өткерген тереңлестирилген медициналық көриклер нәтийжелерине қарап, кеселлик анықланған 403 наўқасқа стационар ҳәм амбулатор шараятта емлениўи ушын тийисли көрсетпе ҳәм усыныслар берилди.

👉👉👉 @qrdssm
Медицина тараўында алып барылып атырған жумыслар нәтийжелилигин және де асырыў ҳәм халықтың медициналық аўҳалын жақсылаў мақсетинде ҚР Денсаўықты сақлаў министрлигинен гематолог-шыпакер Р.М.Бегалиева Тақыятас қаласы «Кенегес» АПЖ да хатлаў бойынша мониторинг өткерди.

Қәниге «Кенегес» АПЖ да наўқасларға консультация, көриктен өткериў, мәканларға барып сәўбетлесиў жумысларын жүргизди. Сондай-ақ, халықтың улыўма жағдайы, ишимлик суў, жасаў шараяты, дурыс аўқатланыў ҳәм санитария-гигиена қағыйдалары үйренилди.

Улыўма үйрениўлер барысында 23 наўқастан 19 наўқасқа амбулатор шараятта емлениўи ушын консультация, 4 наўқасқа стационар шараятта емлениўи ушын Республикалық емлеў-профилактикалық мәкемелерге жолламалар берилди.

👉👉👉 @qrdssm
#вакцинация

Төрткул районында коронавирус инфекциясына қарсы емлеў басланды. Дәслепки басқышта 65 жастан үлкенлер, медицина ҳәм билимлендириў тараўы хызметкерлери, ҳуқық қорғаў уйымлары ҳәм созылмалы кеселликлерге шатылған пуқаралар емлениўи көзде тутылған. Тийисли вакциналар жеткерип берилген.

👉👉👉 @qrdssm
#Вакцинация

Вакцинация процеси Қараөзек районында да басланды. Оған көре, пуқаралар алдын ала медициналық тексериўден өткерилди. Сондай-ақ, вакцина алған пуқаралар медицина хызметкерлери тәрепинен қадағалаўға алынған.

👉👉👉 @qrdssm