Өзбекстан Республикасы Президентиниң денсаўлықты сақлаў тараўында мәмлекет-жеке меншик шерикликти раўажландырыўға байланыслы қарарына муўапық, «NEPHROCARE HEALTH SERVICES CENTRAL ASIA» ЖШЖ формасындағы сырт ел кәрханасына Нөкис қаласы, Б.Кетебаев көшесинде жайласқан Академик В.Вахидов атындағы Республикалық қәнигелестирилген хирургия илимий-әмелий орайы Нөкис филиалы аймағынан 34 орынлы (койкалы) Гемодиализ орайы имаратын қурыў ушын 3312 квадрат метр жер майданы мәмлекет-жеке меншик шериклик ҳаққындағы келисимде белгиленген мүддетке берилип атыр.
Бүгин «NEPHROCARE HEALTH SERVICES CENTRAL ASIA» ЖШЖ кәрханасынан Халықаралық бизнести раўажландырыў орайы вице президенти Сукеш Чандра Гаин ҳәм Акроконсултинг хызмети қәнигеси Мухаммед Шахид Нөкис қаласына келип, ҚР Денсаўлықты сақлаў министри орынбасары А.Таңирбергенов, министрликтиң мәмлекет-жеке меншик шерикликти раўажландырыў бас қәнигеси Х.Кадреков ҳәм Нөкис қаласы ҳәкимлигинен тийисли қәнигелер қатнасында ушырасыў өткерилди.
Оған көре, мийманлар ҳәм қәнигелер қурылыс жер майданлары менен танысып, Нөкис қаласындағы УзГАШКЛИТИ мәмлекетлик унитар кәрханасы менен ажыратылған жер майданның тапография жумыслары бойынша шәртнамалар дүзилди ҳәм қурылыс алды жумыслары басланды.
Ҳақыйқат КАДРЕКОВ,
ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң мәмлекет-жеке меншик шерикликти раўажландырыў бойынша бас қәнигеси
👉👉👉 @qrdssm

7-апрель - Дүнья жүзилик саламатлық күни мүнәсибети менен Қарақалпақстан медицина институты студентлери басламасына тийкарланып саламатлық акциясы шөлкемлестирилди.
Акция Нөкис қаласындағы Орайлық дийқан базарында өткерилип, онда адамлардың қан басымы бийпул өлшенди ҳәм қәўипли кеселликлер бойынша түсиндириў жумыслары алып барылды. Сондай-ақ, туберкулёз кеселлиги ҳәм коронавирус инфекциясының профилактикасы сәўлеленген буклетлер тарқатылды.

Бозатаў районлық медицина бирлеспеси қәнигелери тәрепинен 7-апрель - Дүнья жүзилик саламатлық күнине бағышланған илажлар өткерилди.
Оған муўапық, орынларда халық арасында саламат турмыс тәризине әмел етиў ҳәм дурыс аўқатланыў қағыйдалары түсиндирилди.
👉👉👉 @qrdssm
Оған муўапық, орынларда халық арасында саламат турмыс тәризине әмел етиў ҳәм дурыс аўқатланыў қағыйдалары түсиндирилди.
👉👉👉 @qrdssm
Төрткул районлық медицина бирлеспеси қәнигелери мәҳәллебай ислеў системасы тийкарында райондағы тийисли шөлкем хызметкерлери менен биргеликте үйме-үй жүрип «Темир дәптер» ҳәм «Ҳаяллар дәптери»не киргизилген, медициналық жәрдемге мүтәж пуқараларды белгиленген тәртип бойынша медициналық тексериўден өткерип, кеселлик анықланған наўқасларды амбулатор ҳәм стационар шараятта емлениўин тәмийинлеў жумыслары алып барылмақта.
👉👉👉 @qrdssm
👉👉👉 @qrdssm
Республикалық емлеў-профилактикалық мәкемелериниң қәнигелери тәрепинен мәҳәллебай ислеў системасы бойынша Нөкис районында медициналық көриклер өткерилмекте.
Медициналық тексериўлер барысында кеселлик анықланған наўқасларға амбулатор ҳәм стационар шараятта емлениўи ушын тийисли көрсетпе-усыныслар берилмекте.
👉👉👉 @qrdssm
Медициналық тексериўлер барысында кеселлик анықланған наўқасларға амбулатор ҳәм стационар шараятта емлениўи ушын тийисли көрсетпе-усыныслар берилмекте.
👉👉👉 @qrdssm
Қарақалпақстан Республикасы аймағында коронавирус инфекциясына қарсы шаншыў илажлары ҳаққында
Толық: 👉👉👉 https://telegra.ph/%D2%9Aara%D2%9Balpa%D2%9Bstan-Respublikasy-ajma%D2%93ynda-koronavirus-infekciyasyna-%D2%9Barsy-shanshy%D1%9E-ilazhlary-%D2%B3a%D2%9B%D2%9Bynda-04-08
Толық: 👉👉👉 https://telegra.ph/%D2%9Aara%D2%9Balpa%D2%9Bstan-Respublikasy-ajma%D2%93ynda-koronavirus-infekciyasyna-%D2%9Barsy-shanshy%D1%9E-ilazhlary-%D2%B3a%D2%9B%D2%9Bynda-04-08
Telegraph
Қарақалпақстан Республикасы аймағында коронавирус инфекциясына қарсы шаншыў илажлары ҳаққында
COVID-19 инфекциясыныӊ халық арасында кеӊ тарқалыўыныӊ алдын алыў ҳәм республикада коронавирус инфекциясына қарсы шаншыў күнлерин сапалы өткериў илажлары алып барылмақта. Республикамызда 151 шаншыў ханасы ҳәм 18 вакцина сақлаў склады бар болып, булар 45…
Бозатаў районлық медицина бирлеспеси қәнигелери тәрепинен «Көк суў» АПЖ да мәҳәллебай системасы бойынша медициналық хатлаўдан өткен 3-4-топардағы пуқаралар медициналық көриктен өткерилди. Сондай-ақ, имканияты шекленген еки балаға арбаша берилди ҳәм бир жалғыз баслы пуқараның ҳалынан хабар алынды.
👉👉👉 @qrdssm
👉👉👉 @qrdssm
ҚР Денсаўлықты сақлаў министри Мурад Қурбанов «9-апрель – Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгенлигиниң 28 жыллығы» мүнәсибети менен Қарақалпақстан медицина институты студентлерин байрам менен қызғын қутлықлады. Конституцияның мәмлекетимизде инсан ҳуқықларының тәмийинлеўдеги тутқан орны ҳаққында айрықша тоқталып, болажақ медицина хызметкерлерине оқыўларында табыслар тиледи.
👉👉👉 @qrdssm
👉👉👉 @qrdssm