#Тайынлаў
Асқаров Акмал Алишерович
Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң буйрығына тийкар, Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министриниң “Медициналық хызметти шөлкемлестириў” бойынша биринши орынбасары етип тайынланды.
Ол усы күнге шекем министрликтиң “Аналық ҳәм балалықты қорғаў,репродуктив саламатлық” бойынша министрдиң орынбасары лаўазымында жумыс ислеп келген.
ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети
✅ @qrdssm

👍22🔥1
#Операция
У.Халмуратов атындағы республикалық көп тармақлы емлеўханада “Бүйрек көширип өткериў” операциясы тәжрийбели шыпакерлер тәрепинен әмелге асырылып,табыслы жуўмақланды.
Қоӊырат районында жасаўшы, пуқара А.Матмуратов нешше жыллардан берли“Даўамлы гломерулонефрит аралас формасы.Бүйрек жетиспеўшилиги режели гемодиализ”наўқаслығы менен емленип киятырган еди.
Наўқастыӊ доноры,
Р.Жаббарбергенова өз қәлеўи менен бир бүйрегин өмирлик жолдасына беретуғын болды.
“Бүйрек көширип өткериў” операциясы ушын бул еки пуқара, Акедемик В.Вахидов атындағы республикалық қәнигелестирилген илимий хирургия орайында,операция ушын барлық медициналық тексериўлерден өткерилген ҳәм операция ушын жуўмақ берилген.
Операцияны жергиликли ҳәм Ташкент қаласынан келген хирург шыпакерлер әмелге асырды ҳәм нәтийжели жуўмақланды.
Ҳәзирде еки пуқараныӊ да, денсаўлығы жақсы.
Бул операцияныӊ барлық ғарежетлери, “Мәмлекетлик қамсызландырыў қоры” тәрепинен қаплап берилди.

👍14
Ана ҳәм бала саламатлығы баслы итибарда
Президент Шавкат Мирзиёев басшылығында 2024-жылда билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, санластырыў, мәденият ҳәм спорт тараўларында әмелге асырылыўы керек болған баслы ўазыйпалар бойынша видеоселектор мәжилисинде белгилеп берилген ўазыйпалардан келип шығып, Кегейли районы ҳәкими орынбасары Г.Хожамбергенова Абат аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 27-санлы шаңарақлық поликлиникада болып, аймақтағы туўыў жасындағы ҳәмиледар ҳаяллар ҳәм ҳәр бир аўыл, кɵшеге бириктирилген потранаж мийирбийкелер менен ушырасты. Сәўбетлесиў барысында аналар ҳәм балалардың репродуктив саламатлығын сақлаў, аналар ҳәм гɵдеклер ɵлимшилигиниң алдын алыў ушын ҳәмиле аралығын сақлаў, денсаўлығында машқаласы бар болған болажақ аналардың денсаўлығын қатаң қадағалаўға алыў илажлары бойынша сәўбетлести.

👍13
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#савол_жавоб
❓Профилактик кўрик ва скрининг ўзи нима? Бу борада аҳоли нималарни билиши керак?
Ушбу саволларга қуйидаги видеороликдан жавоб оласиз.

👍3
⚡Күшли самал ўақтындағы қәўипсизлик илажлары
- Жасаў орынларында қапы-айналар ҳәм ҳаўа айланыў системаларын беккем бастырыў;
- Электр ҳәм газ қуралларын өшириў;
- көшелерде терек ҳәм электр үстинлери жанында турмаў;
- көп қабатлы имаратлар балконларында, әйнек алды ҳәм сырттағы буйымларды мүмкиншилиги барынша қәўипсиз жерге алып қойыў ямаса беккемлигин тексериў;
- самал күшейген ўақытта, беккем қурылған имаратлар, жер асты өтиў жоллары ҳәм басқа жасырыныў мүмкин болған орынларда қорғаныў;
- ашық майданда жүрген жағдайларда қәўипсиз жерлерде қорғаныў;
- бузылған имаратларға кириў, қәўипли үстинлер, реклама үстинлери ҳәм тереклер артына жасырыныў қадаған етиледи;
- күшли самалдан кейин электр ҳәм газ үскенелеринен олар тексерилгеннен кейин пайдаланыў талап етиледи.
Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы Мәлимлеме хызмети

👍9
Қеўил билдириў
Нөкис районы медицина бирлеспесинде узақ жыллар даўамында экономист болып жумыс ислеп киятырған, Нуржанов Аманбай Бахиевичтиң мезгилсиз қайтыс болыўына байланыслы, марҳумның шаңарағына ҳәм жақынларына терең қайғырыў менен кеўил билдиремиз.
Нөкис районы медицина бирлеспеси жәмәәти ҳәм
Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги.
ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети
✅ @qrdssm
Нөкис районы медицина бирлеспесинде узақ жыллар даўамында экономист болып жумыс ислеп киятырған, Нуржанов Аманбай Бахиевичтиң мезгилсиз қайтыс болыўына байланыслы, марҳумның шаңарағына ҳәм жақынларына терең қайғырыў менен кеўил билдиремиз.
Нөкис районы медицина бирлеспеси жәмәәти ҳәм
Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги.
ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети
✅ @qrdssm
👍9🔥5
Семинар районларда даўам етпекте
Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри орынбасары Ф.Р.Шарипов ҳәм Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры атқарыўшы директорлары тәрепинен 2024 жыл 8-февраль күнги “Қарақалпақстан Республикасында, Мәмлекетлик қамсызландырыў бағдарын енгизиў бойынша жаңаланыўлар ҳаққында” өткерилген семинарда берилген тапсырмаларды орынлаў мақсетинде,Хожели районы “Саманкөл” АПЖ да пуқаралар ҳәм медицина тараў қәнигелери менен ушрасыў өткерилди.
Ушрасыўда пуқаралар тәрепинен берилеген сораўларға,тийисли тараў қәнигелери тәрепинен жуўаплар берилди.