Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги
3.5K subscribers
11.6K photos
2.3K videos
21 files
4.19K links
ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң рәсмий телеграм каналы — t.iss.one/qrdssm
Министрликтиң мурәжатлерди қабыллаў рәсмий телеграм бот каналы
(телеграм бот @qrdsmbot ) 24/7

YouTube www.youtube.com/@qrdssm
Download Telegram
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Республика тез жәрдем орайы аймақлық филиалының ашылыў мәресими болып өтти

Республика тез ёрдам маркази ҳудудий филиалининг очилиш маросими бўлиб ўтди


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
👍6
#Дыққат_Дағаза

Ҳүрметли ҒХҚ ўәкиллери ҳәм блогерлер,мәлимлеме хызмети қәнигелери, сизлерди ҚР АИЖС ке қарсы гүресиў орайында болып өтетуғын “Баспасөз конференциясына” мирәт етемиз.

Баспасөз конференциясында орайдың 2023 жыл әмелге асырған жумыслары ҳәм жаңа 2024 жыл даўамында әмелге асырылатуғын жумыслар ҳаққында тийисли тараў қәнигелеринен жуўаплар алсаңыз болады.

Болып өтетуғын ўақты: 13.02.2024
Мәнзил: Нөкис қаласы/ А.Досназаров көшеси/ 15 жай
Телефон:
+998612238423
#Саат_11_00

ҚР Денсаўлықты сақлаў минстрлиги
Мәлимлеме хызмети


@qrdssm
👍4
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Онлайн

Ҳаялы өз өмир жолдасына бүйрегин берди


Ҳәзирде У.Халмуратов атындағы Республикалық емлеўхананың, хирургия бөлиминде "Бүйрек көширип өткизиў" операциясы болып атыр.

Операцияны жергиликли ҳәм Ташкент қаласынан келген хирург шыпакерлер әмелге асырмақта.

Операция бойынша бираздан толығырақ мағлыўмат беремиз...

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети

@qrdssm
👍14🔥4
#Онлайн

Ҳүрметли  ҒХҚ ўәкиллери ҳәм блогерлер,мәлимлеме хызмети қәнигелери,ҚР АИЖС ке қарсы гүресиў орайында “Баспасөз конференциясы” басланды.

Егерде сораўларыңыз болса
@qrdssm1_bot телеграм тармағына жолласаңыз болады.

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети

@qrdssm
👍4🔥1
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
“Tepki kasalligi bepushtlikka olib kelishi mumkin” — Sanepidqo‘mita bosh mutaxassisi Xursanoy Jamalova

Tepki (epidemiyali parotit) kasalligi o‘tkir yuqumli kasallik bo‘lib, uni qo‘zg‘atuvchi viruslar havo tomchilari orqali yuqadi.

@daryo_live
👍1
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Ахборот 24 | В Нукусе сданы в эксплуатацию медицинские объекты
#13feb #uzbekiston24

mtrk.uz | Youtube | Facebook | Telegram | uztv.tv | TV-dastur
👍1
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Ахборот 24 | Нукусда учта тиббиёт объекти фойдаланишга топширилди
#13feb #uzbekiston24

mtrk.uz | Youtube | Facebook | Telegram | uztv.tv | TV-dastur
👍2🔥1
#Тайынлаў

Асқаров Акмал Алишерович

Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң буйрығына тийкар, Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министриниң “Медициналық хызметти шөлкемлестириў” бойынша биринши орынбасары етип тайынланды.



Ол усы күнге шекем министрликтиң “Аналық ҳәм балалықты қорғаў,репродуктив саламатлық” бойынша министрдиң орынбасары лаўазымында жумыс ислеп келген.

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме
хызмети

@qrdssm
👍22🔥1
#Операция
У.Халмуратов атындағы республикалық көп тармақлы емлеўханада “Бүйрек көширип өткериў” операциясы тәжрийбели шыпакерлер тәрепинен әмелге асырылып,табыслы жуўмақланды.

Қоӊырат районында жасаўшы, пуқара А.Матмуратов нешше жыллардан берли“Даўамлы гломерулонефрит аралас формасы.Бүйрек жетиспеўшилиги режели гемодиализ”наўқаслығы менен емленип киятырган еди.
Наўқастыӊ доноры,
Р.Жаббарбергенова өз қәлеўи менен бир бүйрегин өмирлик жолдасына беретуғын болды.
“Бүйрек көширип өткериў” операциясы ушын бул еки пуқара, Акедемик В.Вахидов атындағы республикалық қәнигелестирилген илимий хирургия орайында,операция ушын барлық медициналық тексериўлерден өткерилген ҳәм операция ушын жуўмақ берилген.
Операцияны жергиликли ҳәм Ташкент қаласынан келген хирург шыпакерлер әмелге асырды ҳәм нәтийжели жуўмақланды.
Ҳәзирде еки пуқараныӊ да, денсаўлығы жақсы.

Бул операцияныӊ барлық ғарежетлери, “Мәмлекетлик қамсызландырыў қоры” тәрепинен қаплап берилди.

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети


@qrdssm
👍14
Ана ҳәм бала саламатлығы баслы итибарда

Президент Шавкат Мирзиёев басшылығында 2024-жылда билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, санластырыў, мәденият ҳәм спорт тараўларында әмелге асырылыўы керек болған баслы ўазыйпалар бойынша видеоселектор мәжилисинде белгилеп берилген ўазыйпалардан келип шығып, Кегейли районы ҳәкими орынбасары Г.Хожамбергенова Абат аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 27-санлы шаңарақлық поликлиникада болып, аймақтағы туўыў жасындағы ҳәмиледар ҳаяллар ҳәм ҳәр бир аўыл, кɵшеге бириктирилген потранаж мийирбийкелер менен ушырасты. Сәўбетлесиў барысында аналар ҳәм балалардың репродуктив саламатлығын сақлаў, аналар ҳәм гɵдеклер ɵлимшилигиниң алдын алыў ушын ҳәмиле аралығын сақлаў, денсаўлығында машқаласы бар болған болажақ аналардың денсаўлығын қатаң қадағалаўға алыў илажлары бойынша сәўбетлести.

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети

@qrdssm
👍13