Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги
3.72K subscribers
9.34K photos
1.66K videos
21 files
3.02K links
ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң рәсмий телеграм каналы — t.iss.one/qrdssm
Министрликтиң мурәжатлерди қабыллаў рәсмий телеграм бот каналы
(телеграм бот @qrdsmbot ) 24/7

Ютуб каналымыз: https://youtube.com/channel/UCps0pNq_35e1bRZuGHKsJGg
Download Telegram
“Ҳешким меҳир ҳәм итибардан шетте қалмасын!”

Арқа-батыс әскерий округи Орайлық әскерий клиникалық госпиталы ҳәм Нөкис әскерий госпиталы медицина хызметкерлери
тәрепинен “Ҳешким меҳир ҳәм итибардан шетте қалмасын!” ураны шеңберинде Тахтакөпир районы Жаңадәрья аўыл пуқаралар жыйынында медициналық көрик шөлкемлестирилди.

Жаңадәрья АПЖ Тахтакөпир районы орайынан 18 км узақлықта жайласқан болып, улыўма халқының саны 709, соннан 18 жасқа дейинги балалар – 274, 18 жастан үлкенлер – 435, туўыў жасындағы ҳаяллар – 170, имканияты шекленген шахслар – 24.

Аўылда Арқа-батыс әскерий округи Орайлық әскерий клиникалық госпиталы ҳәм Нөкис әскерий госпиталы (хирург, невропатолог, терапевт, травматолог, лаборант шыпакери, окулист) қәнигелери ҳәм районлық медицина бирлеспесинен (акушер-гинеколог, педиатр, УДТ шыпакери) қәнигелер биргеликте медициналық көрик ҳәм инструментал тексериўлерден (ЭКГ, УДТ) 378 пуқара тереңлестирилген медициналық көриктен өткерилди.

Тексериў нәтийжелер нәтийжесинде 78 пуқарада ҳәрқыйлы кеселликлер анықланып, 5 пуқараға Республикалық емлеў-профилактикалық мәкемелерине, 15 пуқараға районлық медицина бирлеспесине стационар шараятта емлениўи ушын жолламалар ҳәм 55 пуқараға болса амбулатор шараятта емлениўи ушын медициналық усыныслар берилди. Сондай-ақ, халыққа бийпул дәри-дәрмақлар тарқатылды.

Ы.Д. Палўанов,
Тахтакөпир РМБ баслығы

👉👉👉 @qrdssm
Медициналық тексериўлерден көринислер

👉👉👉 @qrdssm
#АИЖС_профилактикасы

Жаслар арасында АИЖС кеселлигиниң алдын алыў ҳәм профилактикасын күшейтиў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы АИЖСке қарсы гүресиў орайы қәнигеси Г.Хабипова тәрепинен ТИТУ Нөкис филиалында ушырасыў өткерилди.

Ушырасыўда қәниге «АИВ инфекциясы профилактикасы» туўралы кең түсиниклер берди, сондай-ақ, қатнасыўшыларға буклет ҳәм плакатлар тарқатылды.

👉👉👉 @qrdssm
#социаллық_қорғаў

Бозатаў районлық медицина бирлеспеси қәнигелери район аймағындағы имканияты шекленген ҳәм аўыр аўҳалдағы наўқаслардың ҳалынан хабар алды. Оларға реабилитациялық буйымлардан арбаша ҳәм дәри-дәрмақлар тарқатылды.

👉👉👉 @qrdssm
Халықтыӊ денсаўлығы ҳәмме нәрседен үстин

Бүгин Нөкис районы “Саманбай” АПЖ аймағында “Абат аўыл” бағдарламасы тийкарында 35-санлы шаңарақ поликлиникасында тәжирийбели шыпакерлер тәрепинен 250 пуқара тереӊлестирилген медициналық көриктен өткерилди.

Бул көриктен өткериўден мақсет халықтыӊ саламатлығын тәмийинлеў, кеселликти өз ўақтында анықлап ҳәм емлеўден ибарат.

Нөкис районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

👉👉👉 @qrdssm
#Халық_саламатлығын_үйрениў

Мәканларда медициналық хызмет сапасын қадағалаў мақсетинде Төрткул районлық медицина бирлеспеси баслығы З.Худайберганов райондағы Ибн Сина, Беруний ҳәм Шадлық мәкан пуқаралар жыйынларындағы шаңарақларға барып, пуқаралар менен сәўбет өткерди.

Сәўбетлер барысында пуқаралардың медициналық жағдайлары үйренилип, оларға үй тазалығы, жеке гигиена қағыйдалары, саламат турмыс тәризине әмел етиў ҳәм грипптиң алдын алыў бойынша кең түсиниклер берилди.

👉👉👉 @qrdssm