This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
✅ Москвалық қәнигелер тәрепинен таярланған дем алыў гимнастикасы.
Жағдайыңызға қарап орынлаң.
Жағдайыңызға қарап орынлаң.
〰️〰️〰️〰️〰️
❓Короновирус узақ аралыққа ҳаўа арқалы тарқалыўы мүмкин бе?
🦠 Яқ, коронавирус узақ аралықларға ҳаўа арқалы тарқалмайды.
🤧 Бул вирус тийкарынан жөтелген ямаса түшкирген ўақытта кесел адамның аўзынан ямаса мурнынан шашыраған тамшылар арқалы жуғады.
〰️〰️〰️〰️〰️
❓Короновирус инфекциясын жуқтырған наўқаслар бийпушлыққа шатылыўы мүмкин бе?
⚡️Коронавирус кеселлигине шатылған наўқасларда бийпушлық раўажланыўы дәлилленбеген.

❓Перзентим карантин дәўиринде мениң менен телевизорда коронавирус ҳаққындағы мағлыўматларды көрип бармақта. Бул тема бойынша маған жүдә көп сораўлар береди. Жас балаларға коронавирус инфекциясы туўралы айтып бериў шәрт пе?
❗️Аўа, айтып бериў шәрт. Бириншиден, олар бул кеселликтиң алдын алыў ушын нелер ислеў керек екенлигин дурыс түсинип жетиўи тийис.
📺 Екиншиден, олар ҳәзирги күнде үйде отырып ҒХҚ арқалы кеселликтиң статистикасы ҳәм өлими ҳаққында еситеди ҳәм бул мағлыўматлар олардың психологиясына надурыс тәсир етиўи мүмкин.
🧒🏻 Себеби балалар буны үлкенлерге билдирмесе де, кеселликтиң ең жаман ақыбетинен жүдә қорқады ҳәм өз шаңарақ ағзалары ушын қатты қәўетерленеди.
〰️〰️〰️〰️〰️
❓Үйде емлеў ушын усыныс етилетуғын дәрилер аптекаларда сатыла ма? Оларды наўқаслар қайерден алыўы керек?
👩🏻⚕ Участка шыпакери наўқастың улыўмалық аўҳалына қарап емлеў тактикасын таңлайды ҳәм оған керекли емлеў усылларын стационар ямаса үй шараятында емлениўи ушын усыныс етеди.
💊 Ҳәзирги күнде үй шараятында емлениў ушын усыныс етилетуғын дәрилер мәмлекет тәрепинен бийпул халыққа тарқатылмақта.

❓Ҳәзирги күнде коронавирус белгилериниң бири қан қойыўласыўының алдын алыў мақсетинде айырым наўқаслар үй шараятында гепарин, флемокс ҳәм т.б. дәрилерди инъекция ҳалатында алыўын бир-бирине усыныс бермекте. Бул қаншелли дурыс?
🔬 Бул надурыс, өйткени қан уйыўы менен байланыслы бул дәрилер лаборатор анализлер тийкарында ҳәм шыпакер қадағалаўында қабыл етилиўи шәрт.
〰️〰️〰️〰️〰️
❓Қоңсым коронавирус кеселлиги менен аўырғанда шыпакер оған үйде емлениўи ушын усыныслар жазып берди. Ол пүткиллей саўалып кетти. Менде 2-күн дене температурам көтерилмекте. Сол усыныс тийкарында мен де емленсам бола ма?
📍Ҳәрбир кеселде коронавирус ҳәрқыйлы өтиўи мүмкин. Соған қарап, биз шыпакерлер, қолдан қолға өтетуғын усыныслар арқалы емлениўди усыныс етпеймиз.
❗️Сиз өзиңиз жасайтуғын аймақтағы поликлиникаға хабарласып шыпакер усынысын алыўыңызды мәсләҳәт беремиз. Балалар ҳәм жасы үлкен адамлар кеселликтиң өтиўине қарап үй шараятында емленсе болады.

❓Халық жүдә ҳаўлығып қалған. Аз ғана дене температурасы көтерилсе ҳаўлығып, шыпакерге хабарласып атыр. Кеселликтиң қәўиплилиги қай дәрежеде?
🦠 COVID-19 қаншелли ҳаўлықпаларға себеп болмасын, 80% жағдайда жүдә жеңил ҳәм ҳәтте улыўма белгилерсиз өтеди. 15% жағдайда жеңил, тек шама менен 5 пайызда аўыр өтеди. Усы 5 пайыз наўқаслардың да 90 проценти кексе адамлар.
〰️〰️〰️〰️〰️
❓Социаллық тармақларда туўыў үйине келип атырған ҳаяллардан тест тапсырып келиў талап етилип атырған жағдайлар туўралы мағлыўматлар гезлеспекте, тест нәтийжесин бермегенше қабыл етилмей атыр деген хабарларға қандай түсиник бере аласыз?
❗️Бул надурыс пикир, өйткени ҳәрбир жүкли ҳаялға жәрдем көрсетилиўи тийис, олардың шараятында ўақытты өткерип жибермеў керек.
Ҳәрбир туўыў үйи жүкли ҳаялларды тест нәтийжелерисиз қабыл етиўи шәрт!

UPL.uz басылымы Ташкент врачлар маманлығын асырыў институты профессоры Машҳура Заҳидова менен коронавирус инфекциясы бойынша сәўбет шөлкемлестирди.
❓ Коронавирустың тийкарғы қәўипи не?
➖COVID-19 жүдә контагиозлығы менен қәўипли. Ол тез тарқалады ҳәм агрессив. Вирус өкпе-дем алыў системасын зыянлайды ҳәм өткир респиратор дистресс синдромын раўажландырыўшы пневмонияны шақырады. Бул болса өз гезегинде өткир дем жетиспеўшилигиниң аўыр түрине алып келеди ҳәм көп жағдайда өлим менен жуўмақланады.
❓ Вирус буйымлардың сырт жүзинде қанша ўақыт сақланып турады?
➖Буйымлардың сырт жүзинде вирус 3 сааттан 8 саатқа дейин сақланады. Буйымларды услағаннан кейин қолларды жуўыў тийис. Бул мәселеде гигиена жүдә әҳмийетли.
❓ Коллектив иммунитет туўралы пикирлер қаншелли дурыс? Көпшилик кеселликке шатылса вирус қайталанбаўы дурыс па?
➖Ҳәзир бул ҳаққында айтыў орынсыз. Тийкарғы мақсетимиз кеселленгенлер саны көбейип кетиўине жол қоймаў. Коллектив иммунитет пуқаралардың үлкен бөлеги аўырып тәўир болғаннан кейин пайда болады. Бизде бундай жағдай болмайды деп үмит етемиз.
❓ Өзбекстанда кеселлениў ең шыңына шығып болды, деў мүмкин бе? Ямаса еле де шыңына шыға ма?
➖Бизде коронавирустың шыңы ҳәзир болып атыр. Соңғы ўақытларда аўырғанлардың саны интенсив тәризде көбейип бармақта. Соннан келип шығып айтатуғын болсақ, шыңынан еле өтип болмадық.
❓ Көплеген сырт ел ҒХҚлары коронавирустан тәўир болған адамлар келешекте денсаўлығы менен байланыслы түрли машқалаларға дуўшар болыўы ҳаққында жазып атыр. Сол дурыс па?
➖ Саламатлық пенен байланыслы машқалалар инфекцияға шатылғанға дейин де көплеген кеселликлери болған адамларда гүзетиледи. Бул зыянлы әдетлер, жасаў шараяты ҳәм басқа көплеген факторларға байланыслы. Шыпакерлердиң усынысларын тыңлаған адамларда машқалалар болыўы керек емес. Ҳәммеси өзимизге байланыслы, денсаўлықты ҳәрдайым сақлаў тийис.
❓ Вакцина адамзатты коронавирустан қутқара ала ма? Не деп ойлайсыз, ол қаншелли тез жаратылады?
➖ Вакцина сөзсиз жағдайды жақсылайды. Бирақ оны усы жылы күтиў керек емес. Ол үлкен итимал менен кейинги жылда таяр болыўы мүмкин.
❓ Вирусқа қарсы профилактикалық дәрилер бар ма ҳәм олар қаншелли нәтийжели?
➖ Профилактиканың арнаўлы терапиясы жоқ. Ең баслысы иммунитет күшли болыўы тийис. Биз ҳәрдайым саламатлығымыз туўралы ойлаўымыз керек. Тек сол жол менен вирусты жеңип шығамыз. Егер адамда вирус жуқтырғанға дейин денсаўлығы менен байланыслы машқалалар болған болса, оны жеңип өтиў қыйын болады.

Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигине @qrdssm1bot боты арқалы хабар, сораў берсеңиз болады.
Forwarded from Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Қарақалпақстан Республикасы Коронавирус инфекциясының тарқалыўына қарсы гүресиў илажларын муўапықластырыў бойынша оператив Штабының жанында “CALL CENTER” – медициналық орайы өз жумысын даўам етпекте.
✅ “CALL CENTER” – медициналық орайы ҳәр күни 24 саат даўамында Қарақалпақстан Республикасы халқыныӊ медициналық жақтан қорғалыўын күшейтиў, “COVID-19” коронавирус кеселлигиниӊ белгилери пайда болған жағдайда зәрүр мәсләҳәт ҳәм мәлимлеме бериў бойынша күни-түни жумыс алып барады.
Әҳмийетлиси, орайға Нөкис қаласындағы Республикалық емлеў-профилактикалық мәкемелериниӊ жоқары маманлықтағы шыпакерлери бириктирилген.
Ҳүрметли пуқаралар!
Егер Сизде денсаўлығыӊыз бенен байланыслы, яғный коронавирус кеселлигиниӊ белгилери пайда болғанда “CALL CENTER” мәсләҳәт орайыныӊ 1105 телефон номерине қоӊыраў етиӊ!
Өзиӊизди ҳәм өзгелерди сақлаӊ!

"Защита от вируса»: интервью с инфекционистом- иммунологом о связи иммунитета, карантина и риска заболеть коронавирусной инфекцией"
Ссылка на стаью:
https://anhor.uz/society/zashita-ot-virusa-intervyyu-s-immunologom-o-svyazi-immuniteta-karantina-i-riska-zabolety-koronavirus?fbclid=IwAR2i6_GvSt2-dOdcRcfEH8XVLYTbqLoL_aDlSjjRrU0vlB9QzyWq0NEN10A

Anhor.uz
«Защита от вируса»: интервью с иммунологом о связи иммунитета, карантина и риска заболеть коронавирусной инфекцией
Формирование иммунитета к COVID-19 – одна из самых актуальных тем для научных исследований в мире. 2 июля учёные из Института вирусологии китайского города Ухань разместили на сайте medRxiv исследование о потенциальных нарушениях...
Forwarded from ССВ матбуот котиби| Эмланиш – соғлик кафолати!
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Тиббиёт ходимлари беморларга руҳий далда бериш учун максимал ҳаракат қилишмоқда. Аслида касалликни енгиш руҳиятга ҳам боғлиқ.
Хурсандчиликдан беморлардан бирининг сатурацияси 98%га кўтарилди
@ssvmatbuotkotibi

➖ Наўқас ҳәм оның жақынлары төмендегилерге итибар бериўи шәрт:
☑️ Биринши гезекте наўқас бөлеклениўи, бөлмеге кириў ҳәм шығыў қатаң шегараланыўы тийис.
☑️ Екиншиден, ажыратылған бөлме терезелери бар, самаллатыў имканияты болыўы шәрт. Бул бөлме күнине 3-4 мәрте самаллатылыўы ямаса терезе айнасы көп ўақыт ашық болыўы тийис. Кондиционерлерден абайлап пайдаланыў керек, өйткени олар бөлмедеги ҳаўаны қурғатыў менен бирге, надурыс пайдаланылғанда аязлаўға себеп болыўы мүмкин.
☑️ Үшиншиден, бөлмеде ҳәр 2-3 сааттан ығаллы тазалаў өткерилиўи лазым. Буның менен наўқастан ҳаўа тамшы жолы менен ажыралған вирусты түрли жүзелерде жабысып қалыўдан ҳәм сол арқалы шаңарақтың басқа ағзаларына жуғыўының алды алынады.
☑️ Төртиншиден, наўқастың жеке буйымлары (ыдыс-табақ, сүлги, кийим-кеншек) 60 дәрежеден жоқары температурадағы суўда бөлек жуўылыўы ҳәм зыянсызландырылыўы тийис.
☑️ Бесиншиден, ҳаўа ыссылығын итибарға алған ҳалда, күнине 3-5 литрге дейин жыллы суйықлық ишилиўи керек. Бунда муздай ҳәм газли, мазалы ишимликлер қатаң қадаған етиледи. Суйықлықлар тийкарынан минерал суў, жыллы шай (лимонлы, имбирьли, қақлы шай), компот, түрли дәрилик өсимликлер демлемеси болыўы мүмкин.
🍵 Суйықлықтың көп муғдарда берилиўи вирустың тәсириндеги зәҳәрлениў – интоксикацияны азайтыў менен бирге, қанның қойыўласыўына жол бермейди. Суйық қан арқалы шыпалы шөплер, азық-аўқат арқалы алынған витамин ҳәм минераллар ҳәрбир органға толық жетип барады.
☑️ Алтыншыдан, наўқас күнине кеминде 5 мәҳәл аўқатланыўы тийис, бунда 11:00 ҳәм 16:00де шай бериледи. Тийкарынан суйық аўқатлар, күнине 400 граммнан аз болмаған мийўе ҳәм палыз, сүт өнимлери ҳәм көк шөплерди қабыл етиўи керек. Майлы, қуўырылған, ашшы, шор ҳәм ярым ҳалда таяр аўқатлар (ҳот-дог, гамбургер, чипс ҳәм басқалар), қамырлы аўқатлардан ўақытша бас тартыў лазым.
🍏🥕 Бахтымызға ҳәзир писикшилик мәўсими басланып атыр. Мийўе ҳәм палыз өнимлерине айрықша итибар бериў тийис, себеби олар тәбийий витаминлер дәреги есапланып, әсиресе вирус жуққан дәўирде қурамында С витамини көп болған алма, шиповник, петрушка, укроп, қызыл болгар бурышы, капуста сыяқлы дәрман болатуғын өнимлер ҳәмме ушын әҳмийетли.
🚶🏻♂ Сондай-ақ, наўқас орында үзликсиз жатпастан, азанда дене тәрбиясы ҳәм күн бойы 10 минуттан бирнеше мәрте аңсат болған физикалық шынығыўларды орынлаўы лазым. Бул шынығыўлар арқалы организмде қан айланыўы жақсыланады ҳәм органлар толық ислеўи тәмийинленеди.
🚫 Наўқас бул дәўирде алкоголь ҳәм темеки өнимлериниң зыянлы тәсири және де көп болыўын умытпаўы тийис.

COVID-19’дың жеңил формасындағы симптомлар:
👉 дене температурасының 38 дәрежеге дейин көтерилиўи (базы жағдайларда көтерилмеўи де мүмкин);
👉 ҳалсызлық;
👉 жөтел;
👉 мурын ағыўы;
👉 тамақ аўырыўы;
👉 кеўил айныўы;
👉 иш өтиўи;
👉 сүйек ҳәм булшық етлердиң қақсап аўырыўы;
👉 бас аўырыўы;
👉 дәм ҳәм ийис сезбеў.

❗️Гидроксихлорохин адамда өлим қәўипин асырыўы мүмкин екен.
Өзбекстанда гидроксихлорохин коронавирусты емлеў протоколынан шығарылды.
‼️ Үйрениўлер нәтийжесинде илимпазлар бул дәрилердиң тек ғана нәтийже бермеўин емес, ал наўқасларда өлим қәўипин асырыўы мүмкин екенлигин анықлады.
🚫 Өзбекстанда 13-июль күни Денсаўлықты сақлаў министриниң буйрығы менен тастыйықланып, басып шығарылған қолланбада гидроксихлорохин де бар еди. Бүгин болса бул дәри рәсмий дизимнен алып тасланды.
Коронавирустан үй шараятында емленип атырғанлар көп. Бул дәри адамды өлимге дейин алып келиўи мүмкин екен!

⚡️COVID-19'ға шатылғанда дәслепки күнлерден-ақ дәри ишиў пневмония раўажланыўы итималын асырады – шыпакер.
Вирусология институты илимий хызметкери Раъно Қасимова:
✅ «Кеселликтиң биринши күнлеринен күшли тәсирге ийе дәрилерди қабыл етиўи менен нормал ҳалатта баратырған процессти наўқаслардың өзи изден шығарады. Тәжирийбе болса ўақтында суў ишип, дурыс аўқатланған, жетерли муғдарда мийўе-палыз қабыл еткен наўқаслардың 70-80 пайызында коронавирус пневмония формасына өтпестен жеңил формада өтип атырғанлығын көрсетпекте.
‼️ Ақырғы ҳәптеде 20-25 наўқасты көрдим. Олар кеселликтиң дәслепки күнлеринен тамшы дәрилер ("капельница"), дексаметазон, натрий хлор сыяқлы дәрилерди қабыл еткен. Нәтийжеде 7-8-күнлерге келип өкпе зыянланыўы ҳәм қанның кислород пенен тәмийинлениўи төменлеп, реанимация бөлимине жатқарылыўы жағдайлары ушырасып атыр».