Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги
3.94K subscribers
10.1K photos
1.91K videos
21 files
3.49K links
ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң рәсмий телеграм каналы — t.iss.one/qrdssm
Министрликтиң мурәжатлерди қабыллаў рәсмий телеграм бот каналы
(телеграм бот @qrdsmbot ) 24/7

YouTube www.youtube.com/@qrdssm
Download Telegram
Коронавирустан қорықпаң!

⚠️ COVID-19 бул сондай вирус, адамның қорқыўы ҳәм депрессияға ушыраўы нәтийжесинде организм иммун системасының истен шығыўы себебинен адам денесинде тез көбейип, раўажланып, өкпе фиброзына, қан тамырлар тромбозына ҳәм ақыр-ақыбетинде аўыр дем жетиспеўшилиги, ҳәтте өлимге алып келиўи мүмкин.

Усы кеселлик балаларда аз ушырайды. Себеби балаларды депрессияға түсириў қыйын. Ақылы зайыл адамларда да ушырамайды. Өйткени олардың кеселлик, эпидемия дегенге пәми алыспайды.
Шыпакерлер емлеў процесинде итибар берди, наўқас депрессиядан шығарылғаннан тәўир бола баслайды. Сондай-ақ, наўқаслар менен ислеў процесинде де қорықпаў жүдә әҳмийетли. Адам қорыққанда иммун системасы төменлейди.

Жуўмақлап айтқанда, бул кеселлик тийкарынан ҳаўлықпаға түскен, жүдә қорыққан ямаса түскинликке берилген адамларда гүзетилмекте. Кеселликтен қорықпаң!
Украинада бир пуқара коронавирус пенен избе-из 3 ирет кеселленди

☘️Усы ўақыя тараў қәнигелери ушын жаңалық болды. Тийкарында коронавирус медицина ушын үлкен шақырық. Пүткил дүнья медиклери коронавирус пенен гүреске бел байлаған.

☘️Тротепена ўәлаятында бир ер адамның избе-из 3 ирет коронавирус пенен кеселлениўи вирустың және бир қәсийетин ашып берди. Бул ҳәдийсе бир ирет кеселленгеннен соң коронавирусқа турақлы иммунитет пайда болмайтуғынын түсиндирди.

☘️Егерде бул жағдайдың ҳақыйқатлығы толық дәлийлленсе – онда вакцинаның пайдасы бармекен деген мәселе туўылады.
Вирустың тарқалыўы тоқтайды, егер…

Егер адамлар турақлы тәризде қолларын жуўып, нықап тағып, социаллық аралық сақлағанында, коронавирус пандемиясын вакцинасыз жеңиўи мүмкин еди, деп жаңа изертлеўди дәлиллеп жазбақта «PLoS Medicinе» илимий журналы.

‼️ Мәмлекетлерде карантин шеклеўлери пуқаралардың жеке жуўапкершилиги, ҳәрбир адамның кеселлик қәўпин, салдамлы қатнас жасаў керек екенлигин сезиниўи менен уйғынласқанда еди, вирус тартқалыўы төмен дәрежеде болар еди. Атипикалық пневмония (SARS-CoV-2) халықтың 90 проценти тез-тез қолын жуўған ҳәм аралықты сақлаған мәмлекетлерде жоқары дәрежеде эпидемия шақырмаған.

⚠️ Вирус қалай тарқалыўы ҳаққында жәмийетшиликти хабардар етип барыў, өзин изоляциялаў, аралықты сақлаў, қолды жуўыў ҳәм нықап тағыў — шешиўши әҳмийетке ийе!!!
Зыят салмақ адам саламатлығына қәўип салады

‼️ Уллы Британия Денсаўлықты сақлаў министрлигине қарағанда, мәмлекеттиң 63 процент үлкен жастағы халқы зыят салмақ ямаса семизликтен қыйналады.

Уллы Британия бас министри Борис Жонсон усы темада сөйлер екен, зыят салмақтан қутылыўға ўәде берди ҳәм өзи де апрель айында Covid-19 бенен кеселленип, емлеўханаға жатқарылғанынан берли 14 фунт (6,35 килограмм) салмақ таслағанын айтты.

«Ҳәзирги ўақтағы дәлиллер соны көрсетеди, зыят салмақ ямаса семизлик ҳәрбир адамда коронавирустың аўыр түрин жүзеге келтириўи ямаса өлим ҳалатының итималын жоқарылатады», – дейди бас диетолог Элисон Тедстоун.
Сүт бой өсиреди!

⚠️ Япон илимпазлары не ушын японлардың бойы европалыларға салыстырғанда пәс екенлигин изертлеген. Анықланыўынша, европалылар ҳәрдайым сыйыр сүтин ишеди екен, ал япон ҳәм қытайлылар дерлик ишпейди екен. Усыннан кейин, Японияда орта оқыў орынларында сыйыр сүтин ишиў мәжбүриў ендирилген ҳәм сол әўлад өз ата-аналарынан 10 сантиметрге өскен.
P.S. Аўылдың қол сүти менен дүканлардағы пакет сүтлердиң парқы бар.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баслығы Муса Ерниязов Ваҳидов атындағы қәнигелестирилген хирургия орайының Нөкис филиалында емленип атыр.
Муса Тажетдиновичтиң аўҳалы аўыр ҳәм турақлы. Ол жасалма вентиляция аппаратына жалғанған. Муса Тажетдиновичтиң емлениўи туркиялы ҳәм германиялы қәнигелер менен кеңесилген ҳалда әмелге асырылмақта. Сондай-ақ, жергиликли медициналық қәнигелерге Ташкент қаласынан еки қәниге жәрдем етпекте.
Forwarded from Karakalpakstan.uz
Терең қайғырыў ҳәм аўыр жоғалтыў менен соны мәлим етемиз, бәршемиз ушын қәдирли болған инсан, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы, Өзбекстан Қаҳарманы Муса Тажетдинович Ерниязов аўыр кеселлениўден соң 2020-жыл 31-июль күни Нөкис қаласында өмирден көз жумды.

Катта қайғу ва оғир жудолик билан шуни маълум қиламизки, барчамиз учун қадрли бўлган инсон, Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгесининг Раиси, Ўзбекистон Қаҳрамони Муса Тажетдинович Ерниязов оғир касалланишдан сўнг 2020 йил 31 июль куни Нукус шаҳрида ҳаётдан кўз юмди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баслығы, Өзбекстан Қаҳарманы Муса Ерниязов өткир дем алыў ҳәм жүрек қан-тамыр жетиспеўшилигинен қайтыс болды.

Муса Ерниязовта кеселликтиң клиникалық белгилери күшейгенлиги себепли 30-июнь күнинен баслап Ваҳидов атындағы қәнигелестирилген хирургия орайының Нөкис филиалына алып келинди ҳәм аўыр аўҳалда реанимация бөлимине жатқарылды. Наўқасқа еки тәреплеме интерстициал пневмония, аўыр кешиўи диагнозы қойылған. Кеселлик өткир респиратор дистресс синдромы, өткир дем жетиспеўшилиги асқыныўлары менен кешкен.

Сондай-ақ, наўқас бир неше жыллардан берли қантлы диабет кеселлиги, гипертония кеселлиги, жүрек ишемия кеселлиги киби қәстеликлер менен де аўырған.

Ваҳидов атындағы қәнигелестирилген хирургия орайының Нөкис филиалында Муса Тажетдиновичтиң емлениўи бирдейине шет елли ҳәм Ташкент қаласынан жетекши қәнигелердиң консилиумлары ҳәм консультациялары арқалы әмелге асырылды, олардың кеңеслери тийкарында алып барылды.

Муса Ерниязовтың аўҳалы тийкарғы кеселлик асқыныўлары есабынан турақлы аўыр болып, қәнигелер тәрепинен өткерилген реанимациялық илажларға қарамай өткир дем алыў ҳәм жүрек қан-тамыр жетиспеўшилиги, өткир респиратор дистресс синдромнан қайтыс болды.

Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
⚡️«Коронавирусда осма укол (капельница) олиш зарарли ва ўлим хавфини оширади» — эксперт

Коронавирусга қарши курашиш штаби аъзоси Севара Убайдуллаева:

— Одамлар «Олдин шамоллаганимда осма укол олгандим, яна бир марта олсам, ўтиб кетади деб ўйладим» дейишади. Касалликнинг 6-7-кунига бориб, уларнинг аҳволи оғирлашишни бошлаяпти. Томографияга тушишяпти, ўпканинг жароҳатлангани, сув йиққанини кўришяпти. Бу даврда энди биз амбулатор шароитда ёрдам беролмаймиз.

❗️Осма уколлардан кейин, касалликнинг 5-6-кунида ўпка суюқлик йиғишни бошлаяпти, ўпка шиши келиб чиқяпти. Ҳозирги кунда ўлаётган беморларнинг ҳамма ташхисини кўринг: ўпка шишиши! Булар ўзидан-ўзи келиб чиқмаяпти. Ҳаммаси осма укол таъсири.

💧Буйрак
ларимиз у суюқликн чиқариб ташлашга улгурмаяпти. Бу юрак қобиғида ҳам суюқлик йиғилишига олиб келиши, жигарни ишдан чиқариши мумкин.

👩🏻‍⚕️Осма укол олишдан аввал албатта шифокор билан маслаҳатлашинг!

Одамлар осма уколлардан воз кечса, Ўзбекистонда ўлим кўрсаткичи камаярди.

Вазирлик расмий канали —
@ssvuz
Қарақалпақстан Республикасы Коронавирус инфекциясының тарқалыўына қарсы гүресиў илажларын муўапықластырыў бойынша оператив Штабының жанында “CALL CENTER” – медициналық орайы өз жумысын даўам етпекте.

“CALL CENTER” – медициналық орайы ҳәр күни 24 саат даўамында Қарақалпақстан Республикасы халқыныӊ медициналық жақтан қорғалыўын күшейтиў, “COVID-19” коронавирус кеселлигиниӊ белгилери пайда болған жағдайда зәрүр мәсләҳәт ҳәм мәлимлеме бериў бойынша күни-түни жумыс алып барады.

Әҳмийетлиси, орайға Нөкис қаласындағы Республикалық емлеў-профилактикалық мәкемелериниӊ жоқары маманлықтағы шыпакерлери бириктирилген.

Ҳүрметли пуқаралар!

Егер Сизде денсаўлығыӊыз бенен байланыслы, яғный коронавирус кеселлигиниӊ белгилери пайда болғанда “CALL CENTER” мәсләҳәт орайыныӊ 1105 телефон номерине қоӊыраў етиӊ!

Өзиӊизди ҳәм өзгелерди сақлаӊ!
Шыпакер

Шыбын жаның көзден ушқан шағыңда,
Шахмак шағып, булт түнейди бағыңда,
Кең дүнья тарылып қысынғаныңда,
Демлериңе дем қосады шыпакер.

Бир қәдем жер еки дүнья арасы,
Бул дүньяға қонақ адам баласы,
Сырқасаң бүлинер кеўил қаласы,
Соны гүл жайнатар жақсы шыпакер.

Бийтап ыңыранса жаны төзбеген,
Меҳир мүриўбетин төгер көзбенен
Жанға мәдет берер шийрин сөз бенен,
Гиппократ перзентлери шыпакер.

Узақ жасаў ҳәр кимсениң әрманы,
Қанша жасаў бир алланың пәрманы,
Дәртлиниң қудайы, сөзи дәрманы,
Бир илаҳий жаратылыс шыпакер.

Жаныңнан басқасы көринбес көзге,
Тилеклес жан жоқтай өзиңнен өзге,
Зәриўсең "жақсысаң" деген бир сөзге,
Алладан соң мәдаткәриң шыпакер.

Шырлайды наўқастың басында турып,
Сыр берип, талықса ""жүзине урып,""
Қайтарар өмирге жүзлерин бурып,
Қаҳармансыз, ҳәм дәрмансыз шыпакер.

Биреўге жан татлы, қол жетпей атыр,
Демди терең алыў әсирге татыр,
Ақ шатырда ақ халатлы бул батыр,
Шықпас жанға сақшы – қалқан шыпакер.

Бийтаплардың дәрти менен айқасып,
Ынжық, шатақлары менен шайқасып,
Жағдай жақсы болса сәл пәл жайғасып,
Пешанасын сыпарады шыпакер.

Кир болмасын кеулиңдей ақ халатың,
Ойлайсаң кун түни наўқас ҳалатын,
Қустай жеңиллетип қомлап қанатын,
Үйлерине ушырасыз шыпакер.

Қәдир бәлент, қыйын қыстаў дәўирде,
Жан дүньяң қаланып отлы ҳәўирге,
Тилеклеспиз, бийтапларың тәўир ме?!,
Мүриўбетлим, ҳәм ҳүрметлим шыпакер.

Г. ДӘУЛЕТОВА
31 июль 2020 жыл.
⚡️COVID-19'ға шатылған дәслепки күнлерден-ақ дәри ишиў пневмония раўажланыў мүмкинлигин асырады

Вирусология институтиның илимий қәнигеси
Раъно Қосимова
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Москвалық қәнигелер тәрепинен таярланған дем алыў гимнастикасы.
Жағдайыңызға қарап орынлаң.
Коронавирус пенен байланыслы пайдалы сораў-жуўаплар:
〰️〰️〰️〰️〰️
Короновирус узақ аралыққа ҳаўа арқалы тарқалыўы мүмкин бе?

🦠 Яқ, коронавирус узақ аралықларға ҳаўа арқалы тарқалмайды.

🤧 Бул вирус тийкарынан жөтелген ямаса түшкирген ўақытта кесел адамның аўзынан ямаса мурнынан шашыраған тамшылар арқалы жуғады.

〰️〰️〰️〰️〰️
Короновирус инфекциясын жуқтырған наўқаслар бийпушлыққа шатылыўы мүмкин бе?

⚡️Коронавирус кеселлигине шатылған наўқасларда бийпушлық раўажланыўы дәлилленбеген.
〰️〰️〰️〰️〰️
Перзентим карантин дәўиринде мениң менен телевизорда коронавирус ҳаққындағы мағлыўматларды көрип бармақта. Бул тема бойынша маған жүдә көп сораўлар береди. Жас балаларға коронавирус инфекциясы туўралы айтып бериў шәрт пе?

❗️Аўа, айтып бериў шәрт. Бириншиден, олар бул кеселликтиң алдын алыў ушын нелер ислеў керек екенлигин дурыс түсинип жетиўи тийис.

📺 Екиншиден, олар ҳәзирги күнде үйде отырып ҒХҚ арқалы кеселликтиң статистикасы ҳәм өлими ҳаққында еситеди ҳәм бул мағлыўматлар олардың психологиясына надурыс тәсир етиўи мүмкин.

🧒🏻 Себеби балалар буны үлкенлерге билдирмесе де, кеселликтиң ең жаман ақыбетинен жүдә қорқады ҳәм өз шаңарақ ағзалары ушын қатты қәўетерленеди.

〰️〰️〰️〰️〰️
Үйде емлеў ушын усыныс етилетуғын дәрилер аптекаларда сатыла ма? Оларды наўқаслар қайерден алыўы керек?

👩🏻⚕ Участка шыпакери наўқастың улыўмалық аўҳалына қарап емлеў тактикасын таңлайды ҳәм оған керекли емлеў усылларын стационар ямаса үй шараятында емлениўи ушын усыныс етеди.

💊 Ҳәзирги күнде үй шараятында емлениў ушын усыныс етилетуғын дәрилер мәмлекет тәрепинен бийпул халыққа тарқатылмақта.
〰️〰️〰️〰️〰️
Ҳәзирги күнде коронавирус белгилериниң бири қан қойыўласыўының алдын алыў мақсетинде айырым наўқаслар үй шараятында гепарин, флемокс ҳәм т.б. дәрилерди инъекция ҳалатында алыўын бир-бирине усыныс бермекте. Бул қаншелли дурыс?

🔬 Бул надурыс, өйткени қан уйыўы менен байланыслы бул дәрилер лаборатор анализлер тийкарында ҳәм шыпакер қадағалаўында қабыл етилиўи шәрт.

〰️〰️〰️〰️〰️
Қоңсым коронавирус кеселлиги менен аўырғанда шыпакер оған үйде емлениўи ушын усыныслар жазып берди. Ол пүткиллей саўалып кетти. Менде 2-күн дене температурам көтерилмекте. Сол усыныс тийкарында мен де емленсам бола ма?

📍Ҳәрбир кеселде коронавирус ҳәрқыйлы өтиўи мүмкин. Соған қарап, биз шыпакерлер, қолдан қолға өтетуғын усыныслар арқалы емлениўди усыныс етпеймиз.

❗️Сиз өзиңиз жасайтуғын аймақтағы поликлиникаға хабарласып шыпакер усынысын алыўыңызды мәсләҳәт беремиз. Балалар ҳәм жасы үлкен адамлар кеселликтиң өтиўине қарап үй шараятында емленсе болады.
〰️〰️〰️〰️〰️
Халық жүдә ҳаўлығып қалған. Аз ғана дене температурасы көтерилсе ҳаўлығып, шыпакерге хабарласып атыр. Кеселликтиң қәўиплилиги қай дәрежеде?

🦠 COVID-19 қаншелли ҳаўлықпаларға себеп болмасын, 80% жағдайда жүдә жеңил ҳәм ҳәтте улыўма белгилерсиз өтеди. 15% жағдайда жеңил, тек шама менен 5 пайызда аўыр өтеди. Усы 5 пайыз наўқаслардың да 90 проценти кексе адамлар.

〰️〰️〰️〰️〰️
Социаллық тармақларда туўыў үйине келип атырған ҳаяллардан тест тапсырып келиў талап етилип атырған жағдайлар туўралы мағлыўматлар гезлеспекте, тест нәтийжесин бермегенше қабыл етилмей атыр деген хабарларға қандай түсиник бере аласыз?

❗️Бул надурыс пикир, өйткени ҳәрбир жүкли ҳаялға жәрдем көрсетилиўи тийис, олардың шараятында ўақытты өткерип жибермеў керек.

Ҳәрбир туўыў үйи жүкли ҳаялларды тест нәтийжелерисиз қабыл етиўи шәрт!