Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги
3.72K subscribers
9.42K photos
1.67K videos
21 files
3.03K links
ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң рәсмий телеграм каналы — t.iss.one/qrdssm
Министрликтиң мурәжатлерди қабыллаў рәсмий телеграм бот каналы
(телеграм бот @qrdsmbot ) 24/7

Ютуб каналымыз: https://youtube.com/channel/UCps0pNq_35e1bRZuGHKsJGg
Download Telegram
🚘 Автомашина ишин коронавирусқа қарсы қалай дезинфекциялаў мүмкин?

Коронавирус инфекциясы жүзе бөлимлерде, буйымлар бетинде бирнеше сааттан 2-3 күнге дейин сақланады.

Автомобильдиң есик ашатуғын жери, қол асты көпшиги, қәўипсизлик ремениниң қысқышы дезинфекциялы салфеткалар менен сыпырылыўы шәрт.

Транспорт қуралының ишки салонын турақлы тәризде самаллатып турыў тийис.

Автотранспорт қуралларын басқарыў бөлимлери, сондай-ақ, мультимедиа экранлары дезинфекциялаў қураллары (водород пероксид, 70 пайызлы спирт, қурамында хлор болған қураллар), тери қапламалар болса жуўыў қураллары менен турақлы тәризде сыпырып турылады.

Бизди социал тармақларда бақлап барың

Telegram | Instagram | Facebook | Web Site
Алкоголлик зәҳәрлер тәсиринде ҳаяллық жыныс клеткалары биротала зақымланады. Өзи ҳаял-қызларда жыныс клеткаларының анық белгиленген саны болады. Оннан артық қәлиплеспейди. Ҳаял-қызлар өмиринде алкоголь зәҳәрлерин ишкен сайын олардағы ҳаяллық жыныс клеткалары кемейип барады ямаса аўырыў бала туўылыў мүмкинлиги жоқары болады.

Углов Ф.Г. (хирург, академик РАМН)

Бизди социал тармақларда бақлап барың

Telegram | Instagram | Facebook | Web Site
Қарақалпақстанда эпидемиологиялық жағдай қандай?

Бизди социал тармақларда бақлап барың👇

Telegram | Instagram | Facebook | Web Site
МАКТАБЛАРДАГИ АНЪАНАВИЙ ДАРС ЖАРАЁНЛАРИДА КАСАЛЛИКДАН ҲИМОЯЛАНИШ УЧУН НИМАЛАРГА ЭЪТИБОР БЕРИШ ЛОЗИМ?

ССВ Матбуот хизматининг ушбу саволига Соғлиқни сақлаш вазирлиги ҳузуридаги Коронавирусга қарши кураш штаби аъзоси Севара Убайдуллаева жавоб берди:

— Тўғри, болалар коронавирус инфекциясининг тарқатувчиси эканлиги тўғрисида кўп бора таъкидлаб келамиз. Қачонки болалар ва уларнинг мураббийлари ҳамда ота-оналар карантин қоидаларига риоя қилмаса, бу омил касаллик тарқалишига сабаб бўлиши мумкин.

Биламизки, ҳар бир мактабда болалар саломатлиги ва ҳолатини назорат қилувчи фильтрлар мавжуд. У ерда ўқувчиларнинг тана ҳарорати ўлчанади. Болалар мактабга ниқобда бориш, қўлларни совунлаб ювиш каби қоидаларга тўлиқ риоя қилиши зарур.

Болаларга тушлик учун ота-оналар уйдан имкон қадар витаминларга бой овқатларни бериб юборишлари мақсадга мувофиқ. Шу билан бирга, ўқувчиларда кўпроқ суюқлик ичиш имкони бўлиши керак.

Бу каби қоидалар билан мактаб директорлари, ўқитувчилар ва тиббиёт ходимларидан ташқари, қолган ишчи-ходимлар ҳам тўлиқ танишиб чиқиши лозим.

Ота-оналар фарзандларига мактабдан қайтгач, албатта, юз-қўлларини совун билан яхшилаб ювиши зарурлигини ўргатиши лозим.

Шунингдек, болалар уйда устки кийимларини ечганларидан кейин, томоқ ва бурунларини оддий илиқ сувда 2-3 марта чайганидан сўнггина оила аъзолари ёнига кирсалар, уларни ҳимоялаган бўлади.

Шу ўринда, мамлакатимизда вакцинация жараёнларининг дастлабки босқичларида халқ таълими ва мактабгача таълим муассасалари ходимларини эмлашга бежиз алоҳида эътибор қаратилмаганлигини таъкидлаш керак.

Ҳозирда мактаб ўқитувчилари ва бошқа ходимларнинг деярли барчаси вакцина олган.
Табиийки, бу уларнинг COVID-19 коронавирус инфекциясидан ҳимояланганлигини билдиради.

Малумот ўрнида шуни ҳам айтиш керакки, шу кунгача юртимизда жами 15 миллион дозадан ортиқ коронавирусга қарши вакцина қўлланилган. Вирусга қарши тўлиқ эмланган фуқаролар эса 2 123 460 нафарни ташкил қилмоқда.

Халқ таълими вазирлиги янги ўқув йили олдидан дарслар тўлиқ анъанавий тарзда бошланишини маълум қилиб, ўзи ёки оила аъзоларидан бири коронавирусга чалинган ва вақтинча даволанишда бўлган ўқувчилар, шунингдек, ўқув йили давомида ўқитувчи ёки ўқувчилар орасида коронавирус аниқланиб, вақтинчалик карантинга олинган синф ёки мактабларнинг ўқувчилари таълим жараёнига вақтинча масофадан жалб этилишини таъкидлаган эди.

Бундай ўқувчилар учун телевидение орқали “Онлайн мактаб” лойиҳаси доирасида параллель равишда онлайн дарслар бериб борилади.

Соғлиқни сақлаш вазирлиги
Матбуот хизмати.

▶️
@ssvuz
▶️@ssvmatbuotkotibi
💥 Физикалық белсендилик организмге қандай тәсир етеди?
1. Ҳәрекет нәтийжесинде организмде биосинтез процеси активлеседи.

2. Қан айланыў процеси 4-5 есе күшейеди.

3. Жүрек қысқарыўлары саны тезлеседи: 60-70 тен 100-140. Бул болса организмде жаңа энергия болыўына ҳәм энергия менен тәмийинлениў жақсыланыўына алып келеди.

4. Дем алыў 20-30 ға дейин күшейиўи себепли еркин электронлар менен тәмийинлеў күшейеди, ҳәрекет нәтийжесинде СО2 ҳәм клетка биосинтезин шақырып береди.

5. Түрли мақсетли тез ҳәрекетлер нәтийжесинде организмде жаңа еркин электронлар пайда болады.

6. Ҳәрекет нәтийжесинде организмде ишки рецепторлар қозғалады.

7. Тери терлеўи ҳәм териниң ҳаўа менен электрик контактлары нәтийжесинде тери көп энергия алады.

8. Ҳәрекет нәтийжесинде клеткалар протоплазма ҳәм басқа ишки структуралар бузылыўы (созылмалы кеселликлер, тыртықлар…) тиклениўи тезлеседи.

9. Организмниң қайта күшлениўи ушын 1-2 саат шынығыў ең қымбат дәрилерден абзал.

10. Булшық етлер ҳәрекети нәтийжесинде қан айланысы жақсыланады, зат алмасыўы тезлеседи, алдын травма алған буўын булшық етлери тиклениўи тезлеседи.

11. Қәлеген булшық етлер жумысының тезлесиўи мақсетли ҳәрекетлер нәтийжесинде жақын жайласқан органларда жаман сыпатлы безлердиң алдын алады.

Бизди социал тармақларда бақлап барың👇

Telegram | Instagram | Facebook | Web Site
😴 Неге уйқылап атырып сөйлеймиз?

Көбинесе уйқылап атырып сөйлеў нерв системасындағы машқалалардан дәрек береди. Әдетте, уйқыда сөйлеў ҳәдден тыс сезимге берилгиш адамлар арасында бақланады. Қалаберди, күн даўамында зорығып ислеў, мийдиң түрли тәсирлер қоршаўында қалыўы да уйқыда сөйлеўге жетеклеўи мүмкин.

Уйқыда сөйлеў қандай да бир кеселлик белгиси, деген гүманға барғаннан көре, бундай жағдайдың алдын алатуғын нәтийжели усыллардан пайдаланған мақул.

Ең дәслеп, үйиңизде тыныш орталық жаратың, нерв системаңызға тәсир ететуғын фильмлер көрмеўге ҳәрекет етиң. Уйқыдан алдын тойып аўқатланбаң. Ол да адамды тынышсызландырып, түсте сөйлеўге шақырыўы мүмкин. Уйқылаўдан алдын жатақхананы самаллатың. Кеште ҳаўада сейил етиў де күн бойы тәсирленген мийдиң дем алыўына жәрдем береди.

Бизди социал тармақларда бақлап барың👇

Telegram | Instagram | Facebook | Web Site
#Билесиз_бе?

БЕЛДЕ ГРЫЖА БОЛСА ШЫНЫҒЫЎ ОРЫНЛАЎ МҮМКИН БЕ?

❗️ Бел ҳәм омыртқа бағанасындағы грыжаларды түрли усылда емлеў мүмкин. Буған, әлбетте, шынығыўлар да киреди. Ол мейли тибетлилердиң шынығыўы болсын, мейли емлеўши шынығыў болсын, ең дәслеп, тексериўден өтиўиңиз керек. Соннан кейин травмотолог-ортопед сизге қандай шынығыўлар орынлаў мүмкин, қайсылары мүмкин емес екенлигин түсиндиреди.

Егер шынығыўлар орынлап атырғаныңызда аўырыў күшейсе, тексериўден өтпегенше мақулы шуғылланбай турың.

Бизди социал тармақларда бақлап барың👇

Telegram | Instagram | Facebook | Web Site
«Жаслар ТВ» телеканалында эфирге берилген «Шыпакер» көрсетиўиниң 12-саны

👉
https://youtu.be/PsUWD9jSH4o

Бизди социал тармақларда бақлап барың👇

Telegram | Instagram | Facebook | Web Site
#Шетки_аймақларда_медициналық_көриклер

Халықтың саламатлығын үйрениў ҳәм жақсылаў мақсетинде бүгин Республикалық емлеў-профилактикалық мәкемелери ҳәм Төрткул районлық медицина бирлеспесиниң қәнигелери реже тийкарында Төрткул районындағы «Пахтаабад» аўыл пуқаралар жыйыны турғынларын 42-санлы аўыллық шаңарақлық поликлиникасының Пахтаабад филиалында ҳәм үйлерге барған ҳалда медициналық көриктен өткермекте.

Тар тараў қәнигелери (окулист, кардиолог, эндокринолог, хирург, онколог, оториноларинголог, терапевт, педиатр, акушер-гинеколог ҳ.т.б.) өткерген тереңлестирилген медициналық көриклер нәтийжелерине қарап, кеселлик анықланған наўқасларға стационар ҳәм амбулатор шараятта емлениўи ушын тийисли көрсетпе ҳәм усыныслар берип барылмақта.

Бизди социал тармақларда бақлап барың👇

Telegram | Instagram | Facebook | Web Site
Алдын хабар бергенимиздей, август айында 34 орынлы (койкалы) Гемодиализ орайы имаратының қурылыс жумыслары басланған еди.

Бүгин ҚР Денсаўлықты сақлаў министри М. Қурбанов усы имараттың қурылыс жумыслары менен жақыннан танысты. Үйрениўлер барысында министр тәрепинен имараттың қосымша мүмкиншиликлерин асырыў бойынша тийисли усыныс ҳәм көрсетпелер берилди.

Бизди социал тармақларда бақлап барың👇

Telegram | Instagram | Facebook | Web Site
🏬👷‍♂️Республикалық қыстаўлы тез медициналық жәрдем илимий орайы Нөкис филиалының жаңа имараты қурылмақта
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 28-декабрдеги “2021-2023-жылларда Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм ислеп шығарыў инфраструктурасын раўажландырыў ис-илажлары ҳаққында”ғы ПҚ-4936-санлы қарары орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, 2021-жылдан Қарақалпақстан Республикасында 8 денсаўлықты сақлаў объектин жаңадан қурыў, реконструкция ислери режелестирилип, бул объектлердиң жойбар-смета ҳүжжетлери толық таярланып, мәмлекет экспертизасы жуўмақлары алынды.

Жаңадан қурылып атырған денсаўлықты сақлаў объектлериниң ишинде Республикалық қыстаўлы тез медициналық жәрдем илимий орайының Нөкис филиалы да бар болып, оның жаңа имаратының қурылыс жумыслары менен танысыў мақсетинде ҚР Денсаўлықты сақлаў министри Мурад Қурбанов қурылыс майданына барды. Үйрениўлер барысында бар болған машқалаларды сапластырыў бойынша көрсетпелер ҳәм қосымша усыныслар берилди.

Республикалық қыстаўлы тез медициналық жәрдем илимий орайы Нөкис филиалы (қабыллаў диагностика, 40 орынлы хирургия бөлими, 25 орынлы нейрохирургия, 25 орынлы травматология, орайласқан стрилизация бөлими ҳәм биохимиялық лаборатория бөлимлери) ушын 18 миллиард 760 миллион 300 мың сум қаржы ажыратылып, ҳәзирги ўақытта қурылыс жумыслары жедел даўам етпекте.

Бизди социал тармақларда бақлап барың👇

Telegram | Instagram | Facebook | Web Site
ӨЗИҢИЗДИ ҲӘМ ӨЗГЕЛЕРДИ САҚЛАҢ!

🔺2021-жыл 9-сентябрь саат 12:00 жағдайында Қарақалпақстан Республикасы бойынша коронавирус инфекциясы менен кеселленген наўқаслардың саны 775 адамды қурайды. Соннан 148 наўқас стационар шараятта емленип атыр. Соның ишинде:

🛌 98 пуқара Арқа-батыс әскерий округи аймағында жайласқан Нөкис арнаўлы медицина комплексинде;
🛌 12 пуқараРеспубликалық фтизиатрия ҳәм пульмонология орайында;
🛌 38 пуқара Беруний районындағы «Педагогика колледжи спорт комплекси»нде емленбекте.

Соннан: 56 наўқастың аўҳалы аўыр, 7 наўқас жүдә аўыр аўҳалда, 82 наўқастың аўҳалы орташа, 3 наўқастың аўҳалы жеңил (қанаатландырарлы).

Наўқаслар дәри-дәрмақ ҳәм 5 мезгил аўқат пенен тәмийинленген.

🏠 627 пуқара – коронавирустың жеңил симптомлары менен үй шараятында аймақлық поликлиникалар қадағалаўы астында емленбекте.

Бүгинги күнге шекем 15 057 наўқас тәўир болған.

⚠️ Эпидемиологиялық бақлаў жумыслары даўам етпекте.

Бизди социал тармақларда бақлап барың👇

Telegram | Instagram | Facebook | Web Site