Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги
3.72K subscribers
9.42K photos
1.67K videos
21 files
3.03K links
ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң рәсмий телеграм каналы — t.iss.one/qrdssm
Министрликтиң мурәжатлерди қабыллаў рәсмий телеграм бот каналы
(телеграм бот @qrdsmbot ) 24/7

Ютуб каналымыз: https://youtube.com/channel/UCps0pNq_35e1bRZuGHKsJGg
Download Telegram
Төрткул районлық медицина бирлеспеси қәнигелери мәҳәллебай ислеў системасы тийкарында райондағы тийисли шөлкем хызметкерлери менен биргеликте үйме-үй жүрип «Темир дәптер» ҳәм «Ҳаяллар дәптери»не киргизилген, медициналық жәрдемге мүтәж пуқараларды белгиленген тәртип бойынша медициналық тексериўден өткерип, кеселлик анықланған наўқасларды амбулатор ҳәм стационар шараятта емлениўин тәмийинлеў жумыслары алып барылмақта.

👉👉👉 @qrdssm
Республикалық емлеў-профилактикалық мәкемелериниң қәнигелери тәрепинен мәҳәллебай ислеў системасы бойынша Нөкис районында медициналық көриклер өткерилмекте.

Медициналық тексериўлер барысында кеселлик анықланған наўқасларға амбулатор ҳәм стационар шараятта емлениўи ушын тийисли көрсетпе-усыныслар берилмекте.

👉👉👉 @qrdssm
Бозатаў районлық медицина бирлеспеси қәнигелери тәрепинен «Көк суў» АПЖ да мәҳәллебай системасы бойынша медициналық хатлаўдан өткен 3-4-топардағы пуқаралар медициналық көриктен өткерилди. Сондай-ақ, имканияты шекленген еки балаға арбаша берилди ҳәм бир жалғыз баслы пуқараның ҳалынан хабар алынды.

👉👉👉 @qrdssm
ҚР Денсаўлықты сақлаў министри Мурад Қурбанов «9-апрель – Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгенлигиниң 28 жыллығы» мүнәсибети менен Қарақалпақстан медицина институты студентлерин байрам менен қызғын қутлықлады. Конституцияның мәмлекетимизде инсан ҳуқықларының тәмийинлеўдеги тутқан орны ҳаққында айрықша тоқталып, болажақ медицина хызметкерлерине оқыўларында табыслар тиледи.

👉👉👉 @qrdssm
#Шетки_аймақларда_медициналық_көриклер

Халықтың саламатлығын үйрениў ҳәм жақсылаў мақсетинде Республикалық емлеў-профилактикалық мәкемелери қәнигелери реже тийкарында Қанлыкөл районындағы «Қос жап» аўыл пуқаралар жыйыны турғынларын тереңлестирилген медициналық көриктен өткерди.

Тар тараў қәнигелери (окулист, кардиолог, эндокринолог, хирург, онколог, оториноларинголог, терапевт, педиатр, акушер-гинеколог ҳ.т.б.) өткерген тереңлестирилген медициналық көриклер нәтийжелерине қарап, кеселлик анықланған наўқасларға стационар ҳәм амбулатор шараятта емлениўи ушын тийисли көрсетпе ҳәм усыныслар берилди.

👉👉👉 @qrdssm
Төрткул районында жуўапкер қәнигелер районлық медицина бирлеспесинде болып, «Ҳаяллар дәптери»нде саламатлығы бойынша машқалалары бар болған ҳаяллардың ҳалынан хабар алды. Оларға өз ўақтында медициналық жәрдем көрсетиў бойынша усыныслар берилди.

👉👉👉 @qrdssm
#Шетки_аймақларда_медициналық_көриклер

Халықтың саламатлығын үйрениў ҳәм жақсылаў мақсетинде Республикалық емлеў-профилактикалық мәкемелеринен шөлкемлестирилген медициналық бригада Нөкис қалалық медицина бирлеспесине қараслы 4-санлы шаңарақлық поликлиникасының «Бестөбе» МПЖ дағы филиалында халықты тереңлестирилген медициналық көриктен өткерди.

Тар тараў қәнигелери (окулист, кардиолог, эндокринолог, хирург, онколог, оториноларинголог, терапевт, педиатр, акушер-гинеколог ҳ.т.б.) ҳәм инструментал тексериўлер (ЭКГ, УДТ) өткерген тереңлестирилген медициналық көриклер нәтийжелерине қарап, кеселлик анықланған 403 наўқасқа стационар ҳәм амбулатор шараятта емлениўи ушын тийисли көрсетпе ҳәм усыныслар берилди.

👉👉👉 @qrdssm